Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик


 Салықлардың функциялары ҳәм ўазыйпалары


Download 1.39 Mb.
Pdf ko'rish
bet12/57
Sana19.12.2022
Hajmi1.39 Mb.
#1033247
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   57
Bog'liq
СТКК-2020(1)

3. Салықлардың функциялары ҳәм ўазыйпалары 
И. Малмигинниң пикирине кӛре салықлар үш функцияны орынлайды
яғный фискал, бӛлистириў ҳәм хошаметлеў. Оның пикирине кӛре биринши 
функция мәмлекет дәраматлары дереклериниң шӛлкемлестирилиўи менен 
байланыслы, екиншиси юридикалық ҳәм физикалық шахслардың 
дәраматларының бӛлистирилиўин нәзерде тутады. Хошаметлеў функциясы 
түрли жеңилликлер бериў жолы менен әмелге асырылады.
19
Ӛз-ӛзинен кӛринип турыпты, батыс экономикалық әдебиятларындағы 
дәраматларды басқарыў функциясы И.Малмигинда бӛлистириў функциясы 
сыпатында кӛрсетилмекте. 
Салықлардың функциялары олардың мазмунын әмелиятта ҳәрекет 
қылып атырғанлығын кӛрсетеди. Солай екен, функция бәрҳама жасап, салық 
19
Malmigian I. Nalogi kak elemento‗ finansa. M.: perevod s angl. 1997 g. str. 69 


мазмунын кӛрсетип турыўы зәрүр. Бүгин пайда болып ертең жоқ болып 
кететуғын ҳалатлар салық функциясы бола алмайды. Демек, функция 
категориясы бәрҳама, турақлы тәкирарланып туратуғын ҳақыйқатлықты 
аңлатады. Усындай методикалық жағынан келип шығып салықлар 
функциясын анықлаў керек. 
Салықлардың функциялары мәселесинде үлкен тартысыўлар бар, лейкин
бир пикирге келинген емес. Кӛпшилик экономистлер салықларға фискал, 
басқарыўшы, хошаметлеўши ҳәм қадағалаў функциялары тән деп тәрийп 
береди. 
Бизиң пикиримизше, салықлардың тӛмендеги тийкарғы функцияларын 
ажыратып кӛрсетиў мақсетке муўапық: 
1. Салықтың фискал функциясы 
2. Тәртипке салыў функциясы. 
3. Хошаметлеў функциясы 
4. Салықтың қадағалаў функциясы. 
5. Салықты есаплаў процесин ахборот менен тәмийнлеў функциясы.
1. Салықлардың тийкарғы функциясы - фискал функция есапланып 
(латынша фисcус сӛзинен алынған болып, қазна деген мәнини аңлатады), бул 
функцияның мазмуны соннан ибарат, салықлар жәрдеминде мәмлекеттиң 
финанс ресурслары пайда болады ҳәмде мәмлекеттиң хызмет кӛрсетиўи 
ушын материаллық шәраят жаратылады. Салықлар арқалы кәрханалар ҳәм 
пухаралар дәраматының бир бӛлегин мәмлекет аппаратын, мәмлекетлик 
қорғаныўды, ӛндирислик емес тараўдың улыўма ӛз дәраматлары дерегине 
ийе болмаған бӛлимин (мәденият мекемелери, соннан, китапханалар, 
архивлер ҳәм басқалар) яки белгили дәрежеде раўажланыўын тәмийнлеў 
ушын ӛзиниң қаржысы жетиспейтуғын тараўларды (фундаментал орган, 
театрлар, музейлер, кӛплеген оқыў орынлары ҳәм басқалар) сақлап турыў 
мақсетинде ӛндирип алыў жолы менен мәмлекет бюджетиниң дәрамат 
бӛлимин қәлиплестириў салықлардың фискал функциясының ең әҳмийетли 
элементи есапланады. 


Ӛндиристиң раўажланыўы менен фискал функцияның әҳмийети артып
барады. Ӛндиристиң социаллық характериниң тереңлесиўи ҳәм илим-
техниканың раўажланыў мүнәсибети менен тийкарынан салықлар 
есабынан қәлиплестирилетуғын финанслық ресурслар ағымын 
кӛбейтиўдиң реал зәрүрлиги жүзеге келеди. Мәмлекет экономикалық ҳәм 
социаллық илажларға кӛбирек итибар берген сайын кӛп финанслық 
ресурсларды сарпламақта, лейкин салық системасы ӛзиниң фискал 
функциясы ўазыйпаларын орынлаўы процесинде ӛндирирстиң ӛсиўине, 
топлаў процесине кесент бермеўи, социаллық әдалатты бузбаўы ҳәмде халқ 
хожалығының улыўма системасында унамсыз ақыбетлердиң пайда болыўына 
жол қоймаўы, базар процесине зыян жеткермеўи керек. 
Салықлардың усы функциясы арқалы пайда болатуғын пул 
ресурсларының мәмлекетлик фонды (мәмлекет бюджети) арқалы қайта 
бӛлистириледи, олар ӛндирислик ҳәм социаллық инфраструктураны 
раўажландырыўға, тийкарғы тараўларды инвестициялаўға бағдарланады. 
Жәҳән әмелиятында социаллық қорғаўға мүтәж болған шахслар ушын 
салық жеңилликлери ҳәм жоқары дәрамат алыўшы шахслар ушын 
прогрессив ставкаларын белгилеў де қолланады, яғный халықтың кем 
дәрамат алатуғын бӛлимин социаллық қорғаў мақсетинде дәраматлардың бир 
бӛлими қайта бӛлистириледи. Бундай процесте салыққа тартылатуғын 
дәрамат аниқланғанда салыққа тартылмайтуғын минимум муғдарындағы 
дәрамат қосылмайды, артықша дәраматлар салыққа бағаналарға бӛлинген 
ҳалда жоқары прогрессив ставкалар бойынша тартылады. 
Салықлардың кӛпшилиги ӛндириўшилер ҳәм тутыныўшыларды жүзеге 
келген жағдайды есапқа алған ҳалда кәрханалар хызметиниң экономикалық 
шәрт-шәраятларын ӛзгертиўге мәжбүр етип, финанслық ресурсларды 
макродәрежеде қайта бӛлистириўге алып келеди. 
2. Базар қатнасықларының қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы шәраятында 
салықлардың екинши әҳмийетли функциясы олардың экономикадағы 
тәртипке салыўшылық роли есапланады, яғный мәмлекет салықлар арқалы 


товарлар, хызметлерди ӛндириў ҳәм сатыўдың экономикалық шәрт-
шәраятын тәртипке салады ҳәм буның менен халқ хожалығы тараўларының 
экономикалық хызметин әмелге асырыў ушын белгили «салық орталығын» 
жаратады. Усы функция арқалы салық экономика тараўларына тәсир 
кӛрсетеди, яғный белгили тараўда ӛндирис пәтлерин хошаметлейди яки 
жылаўлап турады, капиталдың бир тараўдан салық орталығы ең мақул 
болған басқа тараўға қойылыўын күшейттиреди яки пәсейттиреди, сондай ақ 
халықтың тӛлеўге қабылетли талабын кеңейттиреди яки кемейттиреди.
Салықлардың тәртипке салыўшы сыпатындағы функциясының әҳмийети 
базар шәраятында ӛсип барады, бул дәўирде исбилерменлерди 
административлик ғәрезли қылыў усыллары жоқ болып кетеди яки жүдә аз 
ҳалда қалады, кәрханалар хызметин пәрманлар, кӛрсетпелер ҳәм буйрықлар 
жәрдеминде тәртиплестириў ҳуқуқына ийе болған «жоқары шӛлкем» 
түсинигиниң ӛзи әстелик пенен қалып барады. Бирақ экономикалық 
активликти изге салып турыў, оның раўажланыўын жәмийет ушын 
альтернатив болған бағдарда хошаметлеў зәрүрлиги сақланып қалады. 
3. Хошаметлеў 
функциясы салық системасының ең әҳмийетли 
функцияларынан бири болып, ӛндиристи раўажландырыўға, материаллық 
шийки зат ресурслары, сондай ақ финанслық ҳәм мийнет ресурслары, 
топланған мал-мүлктен нәтийжели пайдаланыўға хошаметлеўши тәсир 
кӛрсетеди, 
яғный 
салық 
жүгин 
кемейтиў 
арқалы 
ӛндиристи 
раўажландырыўға, финанслық жағдайды беккемлеўге ҳәм инвестиция 
хызметин күшейтиўге үндейди. Салықлардың хошаметлеў функциясы 
арқалы мәмлекет халқ хожалығы раўажланыўын хошаметлейди, буның менен 
фискал функцияны орынлаў ушын базаны кеңейттиреди, ӛндиристи 
салықлардың хошаметлеў функциясы арқалы хошаметлеп, мәмлекет әдил 
салық сиясатын алып барыў менен салық жүгин күшейттирместен хожалық 
жүритиўши субъектлердиң еркин хызмет кӛрсетиўи тәмийнленеди. 
4. Салықлардың қадағалаў функциясы салық тӛлеўши тәрепинен 
усынылған, салыққа тартыў объекти, салыққа тартылатуғын база, 


жеңилликлер қусаған ҳәм басқада тийисли салық кӛрсеткишлериниң есап-
китапларын тексериўдей қурамалы процесстен ибарат. Салық есабы салық 
мекемелерине белгиленген салық есабы формалары арқалы салық 
тӛлеўшилер ӛзлериниң салық мәжбүриятларын қандай орынлап атырғанын 
жәнеде нәтийжели қадағалаў имканын береди. 
5. Салықларды 
есаплаў процесин мағлыўмат пенен тәмийнлеў 
функциясы да үлкен әҳмийетке ийе болып, бул функция арқалы қәрежетлер 
кӛлеми ҳәм конкрет салықлар мәмлекеттиң қандай социаллық-экономикалық 
функцияларын орынлаўға сарпланғанлығы ҳаққында мағлыўмат берип 
турылыўы жүдә зәрүр. Сонда ғана, салықлардың бюджетке түсиўи толық, ӛз 
ўақтында орынланады. 
Бизиң салық функцияларын қысқаша кӛрип шығыўымыз салықлардың 
финанс ресурсларини тиклеў, хожалық хызметин тәртипке салыў ҳәм 
дәраматлардың социаллық жақтан әҳмийетли мақсетлер ушын қайта 
бӛлистирилиўи бойынша кӛплеген ўазыйпаларды орынлайды деп жуўмақ 
шығарыўымыз ушын имканият береди. 
Салықлардың экономикадағы жоқарыда айтып ӛтилген әҳмийетли 
орнын белгилеўши бир қанша функциялары бар. Ӛзбекстан Республикасы 
экономикасының ҳәзирги раўажланыў басқышында салықлардың орнын 
белгилеўши тӛмендеги тийкарғы факторлады кӛрсетип ӛтиў мүмкин. 
1. Базар 
экономикасына ӛтиў шәраятында халықты социаллық 
қорғаўдың зәрүрлиги.
Бизге 
белгили 
болғанындай, 
республикамызда 
экономиканы 
реформаластырыў ҳәм мәмлекет дүзилисин әмелге асырыў Ӛзбекстан 
Республикасының биринши президенти И А. Каримов тәрепинен илгери 
сүрилген бес тийкарғы принципине тийкарланады. Бул принциплерден бири 
күшли 
социаллық 
сиясатты 
әмелге 
асырыў 
есапланады. 
Базар 
қатнасықларына ӛтиў шәраятында халық, әсиресе оның кем тәмийнленген 
қатламлары жетерли дәрежеде социаллық қорғалған болыўы керек. 
2. Аграр сектордағы реформаларды табыслы әмелге асырыў зәрүрлиги 


факторы. 
Ӛзбекстан Республикасы экономикасында ең тийкарғы тараў аграр 
сектор есапланады. Мәселен, екинши жәҳән урысынан кейин тикленип 
атырған Япония экономикасы ушын машинасазлық жетекши тараў 
сыпатында раўажландырылған еди. Бул тараў Япония экономикасын 
раўажландырыўға үлкен үлес қосты. Бул ең дәслеп, оның мәмлекетке шет ел 
валюта түсимлерин алып келиўде тийкар болды. Ӛзбекстан Республикасында 
аўыл хожалығы усындай тийкарғы тараў ўазыйпасын атқармақта. 
Жоқарыдағылардан кӛрингениндей, аўыл хожалығыда салық, кредит 
қураллары жәрдеминде экономикалық реформаларды әмелге асырыў ҳәзирги 
күнниң актуал мәселелеринен бири. 
Сол себепли, Ӛзбекстан Республикасы Президентиниң 1998 жыл 10 
октябрьдеги Пәрманы, Ӛзбекстан Республикасы Министерлер Кабинетиниң 
1998 жыл 26 декабрьдеги 539-санлы қарарына муўапық аўыл хожалығы 
товар ӛндириўшилери ушын улыўма белгиленген тәртиптеги салық ҳәм 
жыйымлар орнына бюджетке 1999 жылдың 1 январынан баслап бирден бир 
жер салығын тӛлеў тәртиби енгизилди. 
3. Ӛзбекстан Республикасы экономикасында салықлардың орнын 
белгилеўши тийкарғы факторлардан және бири - ҳәзирги күнде кӛбейип 
баратырған исбилерменлик хызмети менен шуғулланыўшы физикалық ҳәм 
юридикалық шахслардың дәраматларын тартыўшы жетилискен салық 
тӛлемин жүзеге келтириў.
Базар қатнасықларының раўажланып барыўы жеке исбилерменлик 
хызметиниң кең ен жайыўы ҳәм меншиклестириў процеслериниң 
тереңлесиўи, исбилерменлер дәраматын есапқа алыўды қыйынластырады. 
Меншиклестирилген бир кәрхана орнында кӛплеген, жеке ҳәм жәмәатлық 
мүлкке тийкарланған кәрханалар пайда болады. Жетилискен салық 
механизми жаратылмағанлығы ушын дәраматлар суммасын анықлаўда 
қәтеликлерге жол қойылыўы мүмкин. 
Ӛзбекстан Республикасы Министерлер Кабинетиниң 1998 жыл 15 


апрелдеги 159-санлы қарарына муўапық киши кәрханалар ушын улыўма 
белгиленген тәртиптеги салықлар орнына бюджетке ықшамластырылған 
салық тӛлеў имканияты жүзеге келди. Ӛзбекстанда исбилерменликти 
раўажландырыўда ықшамластырылған салық системасының енгизилиўи бул 
исбилерменлер ушын мәмлекет тәрепинен кӛрсетилген үлкен жәрдем болды.
Жоқарыда 
айтылған 
факторлар 
салықлардың 
республика 
экономикасында ӛзине тән орны барлығынан дерек береди. 
Салықлар экономиканың тарийхый раўажланыўы басқышларында усы 
раўажланыў процеслерин тәмийнлеў мақсетине бойсыныўшы ўазыйпаларды 
орынлайды. Салықлардың функциялары болса усы ўазыйпаларды орынлаўға 
хызмет қылады. Салықлардың орынлайтуғын ўазыйпалары кӛпшилик 
мәмлекетлердиң салық нызамшылығында улыўма уқсаслықларға ийе. 
Усындай традициялық салық ўазыйпаларына тӛмендегилерди киритиў 
мүмкин: 
- Мәмлекетлик ўазыйпаларды шешиў ушын мәмлекетке зәрүрли 
финанслық ресурсларды тәмийнлеп бериў. Салықлардың фискаллық 
функциясы усы ўазыйпаны шешиў мақсетлерине хызмет қылады. Бул 
ўазыйпаны шешиў мәмлекеттиң экономикаға қай дәрежеде араласыўына 
байланыслы. Бул кӛрсеткиш қаншама жоқары болса, салықлардың 
фискаллық функциясы соншама актив болады. Бирақ салықлардың усы 
ўазыйпасы тек ғана экономикалық процесслерди қамтып алмайды, бәлким 
мәмлекеттиң ӛндирислик емес қәрежетлериниң кӛбейиўи де мәмлекеттиң 
артықша финанслық ресурсларға мүтәжлигин келтирип шығарады. 
- Мәмлекет экономикасында қолайлы инвестициялық орталықты 
жаратыўға кӛмеклесиў. Ӛзбекстан Республикасында салықлардың усы 
ўазыйпасын орынлаўы ӛзине тән ӛзгешеликлерге ийе. Тийкарғы 
ӛзгешеликлеринен бири сонда, ҳәзирги күнде қаржылардың тийкарғы 
бӛлими саўда ҳәм хызметлер тараўына бағдарланып атырғаны тәшўишли 
жағдай. Буның тийкарғы себеби пайда нормасының бул тараўларда 
жоқарылығы. Салықлар қаржыларды тиккелей ӛним ӛндириў тараўына 


бағдарлаўдың күшли қуралы болыўы керек. 
- Халықтың мийнет активлигин хошаметлеў. Салықлар дерлик барлық 
мәмлекетлерде усы ўазыйпаны орынлайды. Себеби, олар халық 
дәраматларын тәртипке салыўдың әҳмийетли қуралы есапланады. 
Дәраматлардан алынатуғын салық ставкаларының ең жоқары шегарасын 
сезилерли дәрежеде пәсейтиў исши күшиниң усынысы менен байланыслы 
унамсыз ақыбетлердиң алдын алыўы мүмкин. 70-80 йилларда Швецияда 
салық ставкаларын халық дәраматларына прогрессив рәўиште қоллаў 
қәнийгели исшилердиң басқа мәмлекетлерге қарай миграциясына алып 
келген. 
- Экономикалық 
ӛсиўди хошаметлеў мақсетинде дәраматларды 
бӛлистириўдиң нәтийжелилик ҳәм әдил принциплери ортасындағы 
муўапықлыққа ерисиў. Әмелдеги салықларға турақлылық ҳәм масласыўшаң 
салық ставкаларының тәнлиги салықлардың узақ мүддетли ўазыйпаларын 
әмелге асырыўға имканят жаратады. Миллий ҳәм шет елли инвесторлар 
капитал қойылмаларын әмелге асырар екен, олар ӛзлериниң салық 
мәжбүриятларын анық билиўи керек. Салық түрлери ҳәм ставкалары турақлы 
ҳәм тез-тез ӛзгермейтуғын болыўы керек. Салық системасына беккем исеним 
болмаған жағдайда узақ мүддетли инвестициялардың ҳәрекети пәсейеди. 
Жоқарыда айтып ӛткенимиздей, салықлардың бюджетке унамлы 
тәсиринен тысқары, әҳмийетли экономикалық реформаларды әмелге асырыў 
тараўында да олардан актив пайдаланыў мүмкин. Баҳаның реформаланыўы, 
сыртқы 
саўданың 
еркинлестирилиўи, 
мийнет 
базарының 
реформаластырылыўы ҳәм басқалар жаңа пайда болған коммерциялық 
структураларды финанслық жақтан қоллап-қуўатлаў зәрүрлигин жүзеге 
келтиреди. Бул ўазыйпаны салық ставкаларын дифференцияллаў жолы 
арқалы шешиў мүмкин. 
Солай етип, салықлардың ўазыйпалары оларды әмелге асырыў 
мүддетине қарап, қысқа мүддетли, орта ҳәм узақ мүддетли ўазыйпаларға 
бӛлинеди. Бул ўазыйпалар мазмунына қарай бир-биринен парық қылады. 


Салықлар мәмлекет бюджетиниң түсимлерге болған зәрүрликлерин 
қанаатландырыўға ғана емес, ал экономиканы тәртиплестириўге де хызмет 
қылады. 

Download 1.39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   57




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling