Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик
Download 1.39 Mb. Pdf ko'rish
|
СТКК-2020(1)
- Bu sahifa navigatsiya:
- Тәртипке салыў функциясы. Хошаметлеў функциясы. Қадағалаў функциясы. Ахборот пенен тәмийнлеў функциясы. Салықлардың ўазыйпалары.
Қадағалаў ушын сораўлар
1.Салықлар қашан пайда болған? 2.Мәмлекетимиздеги биринши салықлар ҳаққында нелерди билесиз? 3.Араблар истилосы дәўириндеги салықларды қоллаў механизми қандай? 4.Монголлар дәўириндеги «калон» ҳәм «копчур» салықлары қандай салықлар? 5.Әмир Темур дәўиринде салық ӛндириў тартиби ҳаққында нелерди билесиз? 6.Бухара әмирлигиндеги салықлардың ӛндирилиў тартиби қандай болған? 7.Оклад системасы қашан енгизилген? 8.Айланыс салығы қай тәртипте ӛндирилген? 9.Хирож салығы мәниси нени аңлатады? 10.Салықлардың раўажланыў дәўирлери ҳаққында нелерди билесиз? 3-тема. Салықлардың экономикалық мазмуны ҳәм ӛзгешеликлери Таяныш сӛзлер Салық түсиниги. Тӛлем түсиниги; Салықлардың объектив зәрүрлиги. Салықлардың улыўма белгилери. Салықлардың функциялары. Фискал функция. Тәртипке салыў функциясы. Хошаметлеў функциясы. Қадағалаў функциясы. Ахборот пенен тәмийнлеў функциясы. Салықлардың ўазыйпалары. 1. Салықлардың экономикалық мазмуны, объектив зәрүрлиги ҳәм ӛзгешеликлери Салық түсиниги экономикалық категория сыпатында класслық ҳүкимдар күш сыпатында жүзеге шығыўшы мәмлекеттиң пайда болыўы ҳәм оның хызметиниң даўам етиўшилиги менен тиккелей байланыслы. Сол орында салық категориясы мәмлекеттиң экономикалық сиясаты арқалы экономикалық ҳақыйқат сыпатында жүзеге шығыўын айтып ӛтиў лазым. Салық түсиниги бул тар мәниде мәмлекет ықтыярына басқалардан мәжбүрий тәртипте ӛндирилетуғын пул түсимлерин аңлатады. Салықлар тиккелей мәмлекеттиң пайда болыўы менен байланыслы, яғный мәмлекет ӛзиниң жуўапкершилигине кириўши ўазыйпаларды орынлаў ушын финанслық дерек сыпатында салықлардан пайдаланады. Салықлардың әмел қылыўы бул объектив, себеби жәмийетти қураўшы индивидлердиң ҳәммеси де реал секторда (ӛндирислик тараўда) хызмет кӛрсетпейди. Жәмийетте басқалар тәрепинен мақулланбаған яки шуғулланыў экономикалық нәтийжесиз болған тараўлар да бар, булар салықлардың объектив әмел қылыўын талап етеди. Анығырақ етип айтқанда жәмийеттиң рентабелсиз (қорғаныў, медицина, илим, билимлендириў, мәденият ҳәм басқа.) ҳәм рентабелли тараўға ажыралыўы ҳәмде рентабелсиз тараўды финансластырыўдың тәбийий зәрүрлиги салықлардың объектив әмел қылыўын зәрүр қылып қояды, рентабелсиз тараўдың социаллық хызметлери, тийкарынан мәмлекет тәрепинен әмелге асырылады, оларды финансластырыў усылы сыпатында жүзеге келиўши салықлар да сол себепли тиккелей мәмлекетке тийисли болады. Мәмлекеттиң орынлайтуғын функциялары ҳәм ўазыйпалары кӛп ҳәм базар экономикасы раўажланып барыўы менен базы бир социаллық қорғалған базар қатнасықларына сай келмейтуғын ўазыйпалар жоғалып барса, жаңа ўазыйпалар пайда бола баслайды. Буларға бизиң республикамызда кем тәмийнленгенлерге социаллық жәрдем кӛрсетиў, базар экономикасы инфраструктурасын (санаатта, аўыл хожалығыда, финанс системасында) шӛлкемлестириў киреди. Усы жерде мәмлекет күшли социаллық сиясат иләжларын әмелге асырыў ушын пенсионерлер, напақа алыўшылар, студентлер, кӛп балалы аналар ҳәм басқаларды кӛбирек қаржы менен тәмийнлеў зәрүрлигин аңлап шекленген товарлар баҳасындағы парқты бюджет есабынан қаплайды ҳәм оларға басқа қәрежетлерди мәмлекет есабынан әмелге асырады, кем тәмийнленгенлерге материаллық жәрдемлер шӛлкемлестиреди. Соның менен бирге, мәмлекет жәмийет ағзалары тынышлығын сақлаў мақсетинде ӛзиниң қорғаныў қәбилетин сақлап ҳәм беккемлеп турыўға да қаржылар сарплайды, қалаберсе, мәмлекет пухаралар қәўипсизлигин сақлаў, мәмлекетте ишки тәртип интизам орнатыў, оны басқарыў функцияларын орынлаў ушын да кӛплеген қаржы сарплаўға мәжбүр. Бундай қәрежетлерди әмелге асырыўдың мәжбүрийлиги олар ушын дерек болған салықларды да объектив зәрүр қылып қояды. Айтып ӛтиў керек, ҳәзирге шекем мәмлекеттиң функцияларын орынлаў ушын лазым болған финанслық қаржылар қәлиплестириўдиң салықлардан басқа усылы жәҳән әмелиятында қолланылған емес. Демек, ҳүкимдар күш сыпатында мәмлекет бар екен, финансластырыў усылы сыпатында салықлар да әмел қылады. Жәмийеттиң экономикалық турмысы жүдә қурамалы экономикалық ҳәдийселерден ибарат. Усы қурамалылық тиккелей салықларға да тийисли, бул ҳалат салықлардың экономикалық мазмунын терең аңлаўды талап етеди. Салықлар мәжбүрий тӛлемлерди аңлатыўшы пул қатнасықларын билдиреди. Бул қатнасықлар салық тӛлеўшилер менен оларды ӛз мүлкине айлантырыўшы мәмлекет ортасында болады. Кәрхана ҳәм шӛлкемлер халыққа хызмет кӛрсеткенде, жумыслар орынлағанда яки базарларда алды- сатты қылыў процесинде пул қатнасықларын пайда етеди. Лейкин олар салық бола алмайды, салық қатнасығы болыўы ушын мәмлекет мәмлекетте жаратылған ӛним қунын бӛлистириў жолы менен мәмлекет бюджетине мәжбүрий тәртипте тӛлениўи яки ӛндирилиўи лазым болған тӛлемлер түсиниледи. Мәмлекет ушын бюджеттиң тийкарғы дереги есапланған салықлар үлкен әҳмийетке ийе. Салықлар ҳаққындағы кӛз қараслар тарийхта объектив ҳәм субъектив факторлардың тәсиринде қәлиплескен. Салықларға байланыслы түрли тәрийплерди анализ қылыў олардың конкрет экономикалық-социаллық раўажланыўлар процесиндеги мазмунын тийкарлаў, салықлардың экономикалық ролин ҳәм салық нызамшылығына тийкар болған салық принциплерин белгилеў ҳәмде салық системасында, жәмийетлик раўажланыўда бар болған салықлардың тутқан орнын анықлаў зәрүр. Себеби, мәмлекет пайда болыўы менен салықлар жәмийеттеги экономикалық қатнасықлардың зәрүрий талапларынан бири болып есапланып келинген. Мәмлекетлик дүзим формаларының раўажланыўы менен бир ўақытта салық системасы да ӛзгерген ҳәм жетилистирилген. Салық системасының ӛзгериўи ҳәм жетилистирилиўи салықлардың түрлери, муғдарлары ҳәм жыйып алыў усыллары ҳәр қыйлы болғанлығы менен тийкарланып келинген. Мәселен, шығыс мәмлекетлери экономикасы тарийхында салықлар халықтан жеке мал-мүлк, жерден алынған ӛним, үй ҳайўанлары ҳәм басқалар ушын «закат» сыпатында алынған. Салықлар, жыйымлар, бажылар ҳәм басқа тӛлемлер есабынан мәмлекеттиң финанслық ресурслары шӛлкемлестириледи. Мәмлекет хызметиниң барлық бағдарларын қаржы менен тәмийнлеўдиң тийкарғы дереклеринен бири салықлар есапланады. Салық системасын тәртипке салыў ҳәм жетилистириў мәмлекеттиң экономикалық сиясатын нәтийжели алып барыўға, сондайақ финанслық системаны раўажландырыўға жәрдем береди. Экономиканы мәмлекет тәрепинен салықлар арқалы тәртипке салыў, мәмлекет бюджетин қәлиплестириў, салық салыў арқалы жәмийеттеги ҳәр қыйлы процесслердиң раўажланыўына тәсир етиўши усылы есапланады. Солай етип, мәмлекеттиң бар болыўы салықлар менен ӛз ара байланыслы, себеби салықтан түсетуғын түсимлер мәмлекеттиң экономикалық ғәрезсизлигиниң дереклериниң бири есапланады. Халықты салық қатнасықларына тартыў бойынша, инсаният тарийхында ири мәмлекетлик хызметкерлерден бири, орта әсирлерде уллы салтанат қурған Әмир Темур үлкен итибар қаратқан. Ол мәмлекетти дүзиў системасын жүзеге шығарыўда тийкарынан салықларға таянған. Усы дәўирдиң мәмлекетлик финансы бул системаның ең әҳмийетли элементлеринен бири екенлиги, ол мәмлекетти басқарыўдың барлық тәреплерине ӛз ара байланыслылығы менен түптен парқ қылып турғаны ҳәм усы ӛзгешеликке кӛре басқарыўдың барлық қурам бӛлимлери арасында орайлық орынды ийелегени бүгинги күнге келип ҳәммеге белгили болмақта. Бирақ салық қатнасықлары ҳаққында қаншама рәўятлар айтып ӛтилседе, ол ӛз мазмунын қазнада тапқан. Қазна ҳәр қандай системада да мәмлекетти басқарыў қуралы болып хызмет қылған. Бундай қурал тек ғана мәмлекетти басқарыўда, бәлким соның менен биргеликте халық мәплерин қанаатландырыўда пайда болған. Нәтийжеде, қазналық бӛлистириў раўажланыў таянышы болып хызмет қылған. Салықлар әййемги дәўирлерден баслап алынған, бирақ ол ўақытларда салықлар азат ҳәм еркин болмаған кисиниң белгиси болып хызмет қылған. Адам Смит (шотланд филосфы ҳәм экономисти, 1723-1790) ӛзиниң «Халқлар байлығының себеплери ҳәм тәбиятлары» атлы китабында (1776) биринши рет салық принциплерин тийкарлап берди, Салықлардың әҳмийетин кӛрсетип, оларды мәмлекетке тӛлеў қуллық емес, бәлким еркинлик әламаты екенлигин тийкарлап берди. Н.Тургенев ӛзиниң «Салық теориясы тәжирийбеси» атлы китабында (1818 жыл) былай дейди, «Билимли болыўдың табыслары олардың халқлар үрп-әдетлерине пайдалы тәсири дәрежесине қарап салықлар системасының жетилисиўине де тәсир еткен», «…салықлар билимге ийе болыў менен бирге пайда болып, оның белгиси болып қалды. ….Салықлардың пайда болыўы, бӛлистирилиўи ҳәм жыйылыў усылына қарап халқ арасында тарқалған мағлыўматлар ҳаққында; жыйылатуғын салықлар муғдарына қарап оның байлығы ҳаққында пикир жүргизиў мүмкин, бул билимлилик ҳәм ағартыўшылықты аңлататуғын еки ең тийкарғы ӛзгешелик саналады» бул сӛзлерден және бир рет салықлар әййемги финанслық институтлар есапланып, мәмлекеттиң пайда болыўы менен жүзеге келгенлигине исеним оятыўымыз мүмкин. Салықлар мәмлекет шӛлкемлерин тәмийнлеў ҳәм олар алдында тутқан ўазыйпалардың орынланыўын материаллық тәмийнлеўдиң дереги сыпатында хызмет қылған. Мәмлекеттиң раўажланыўы менен оның ўазыйпа ҳәм функциялары жаңаша ӛзгешеликлерге ийе болды. Лейкин салықлардың мәмлекетти ҳәм оның шӛлкемлерин финансластырыўда дерек сыпатындағы роли ӛзгермей қалды. Сол орында салықларға түрли экономистлер тәрепинен берилген тәрийплерди келтирип ӛтиў орынлы. «Салықлар, - деп жазады Д. Рикардо, - ҳәкимят ықтыярына келип түсетуғын жер ӛними ҳәм мәмлекет мийнетиниң бир бӛлимин қурайды ҳәм ақыр-ақыбетинде олар капитал есабынан яки мәмлекет дәраматы есабынан тӛленеди». 10 Соны айырықша айтып ӛтиў лазым, Д.Рикардо салықлар мазмунын тәрийплеп, ӛз нәўбетинде А.Смит тәрепинен жаратылған салықлар теориясын белгили дәрежеде раўажлантырған. Және бир альтернатив тәрийп С.Пепеляев тәрепинен берилген: «Салық - ғалабалық ҳәкимят субъектлериниң тӛлеў қәбилетин тәмийнлеў мақсетинде физикалық ҳәм юридикалық тәреплер мүлклерин жатластырыўдың мәжбүрийлик, қайтармаў, мәмлекеттиң мәжбүрлеўи менен тәмийнленгенлик тийкарларында ҳәм жаза яки контрибутсия характерине ийе болмаған нызамда белгиленген бирден бир формасы». 11 Ҳәзирги пайытта экономикалық әдебиятларда салықлардың экономикалық мазмунын үйрениўге бағышланған бир қатар илимий ислер баспадан шығарылған. Мәселен, профессор Д.Черниктиң пикиринше «Салықлар — мәмлекет тәрепинен хожалық субъектлери ҳәм пухаралардан нызамлы тәртипте орнатылған ставкаларда ӛндирип алынатуғын мәжбүрий жыйымларды ӛзинде сәўлелендиреди». 12 Профессор Б.Болдирев басшылығында жазылған оқыў қолланбасында салықларға тӛмендегише тәрийп берилген: «Салықлар — мәмлекет тәрепинен ӛндирип алынатуғын, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мәжбүрий тӛлемлери» 13 ҳақыйқаттан да бундай алып қарайтуғын болсақ, жоқарыда келтирилген тәрийплер ең әпиўайы ҳәм кең ҳәмме ушын қолай ҳәм түсиникли болыўы мүмкин. Лейкин бул тәрийплер ӛзинде салықлардың 10 Rikardo D. Sochineniya t. I. «Nachalo politicheskoy ekonomiki i nalogovogo oblojeniya». Per. s angl. - M.: Gospolitizdat, s.360. 11 Osnovo‗ nalogovogo prava S.G.Pepelyaev Moskva, 1995, 24-bet 12 Chernik D. G. «Nalogi v ro‗nochnoy ekonomike». - Finanso‗, 1992, №3 s. 19. 13 Boldo‗rev «Finanso‗ kapitalizma». «Finanso‗», M.: 1987 s. 21. шӛлкемлестирилиў ҳуқықый тәреплерин толық сәўлелендире алмайды. Буннан тысқары, усы тӛлемлер не мақсетте ӛндирип алыныўы ҳәмде қашан ӛндирип алыныўы ҳаққында жетерли мағлыўматлар бере алмайды. Ш.Гатаулин «Салықлар мәмлекеттиң экономикалық таянышы» мақаласында — «. . .салықлар ӛзи не ҳәм олар неге керек», деген сораўға тӛмендегише жуўап береди: «Салықлар — бул мәмлекет қәрежетлериниң тийкарғы дереги болып, экономиканы тәртипке салыўшы ҳәм дәраматларды беккемлеўши қуралы. 14 Салықлар мәмлекет бюджети дәраматларын дүзиўши тийкарғы дерек ҳәм экономиканы басқарыўшы әҳмийетли қурал есапланады. Бирақ бул тәрийп салықлардың мазмунын толық ашып бере алмайды ҳәмде салықлардың шӛлкемлестириў ҳуқуқый тәреплерин ӛзинде сәўлелендире алмайды. Буннан тысқары экономикалық қатнас сыпатында, бул қатнасықлар объекти болып не есапланады? деген саўалларға жуўап бера алмайды. Соны айтып ӛтиў керек, проф. О.Олимжановтың пикирине қарағанда салықлар тӛмендегише тәрийпленсе, салықлардың мазмуны кеңирек ашып кӛрсетиледи ҳәм мақсетке муўапық болады «Салықлар - мәмлекет ҳәм жәмийеттиң пул қаржыларына болған талабын қанаатландырыў мақсетинде нызам тәрепинен белгилеп қойылған кӛлемде ҳәм орнатылған мүддетте физикалық ҳәм ҳуқуқый шахслардан мәмлекет ықтыярына мәжбүрий рәўиште ӛндирип алынатуғын тӛлемлер есапланады». 15 Салықларға берилген усы тәрийп ең алтернатив тәрийп болып, салықлардың мазмуны, олардың экономикадағы орны ҳәм ролин, салықлардың ҳәрекет процесин теориялық жақтан тереңирек ашып берип, салықлар ҳаққында анығырақ түсиник пайда етиўге жәрдем береди. Тарийхта салықлар, мәмлекетти сақлап турыў ушын зәрүр болған мәжбүрий тӛлемлер сыпатында, мәмлекеттиң пайда болыўы менен қәлиплесе баслаған. Салықлар, мәмлекеттиң хызмет кӛрсетиўиниң материаллық 14 Gataulin Sh. К. «Soliqlar va soliqqa tortish». O‗quv qo‗llanmasi. Uz RFSQ. Tashkent 1996. 18 bet. 15 Olimjonov. O. «Bozor iqtisodiyotiga o‗tish davrida soliq siyosati». «Ҳayot va iqtisod». 1992. тийкарын дүзеди, олардың экономикалық тәбияты усы жерден келип шығады. Биз салықлардың экономикалық мазмунын толық түсиниўимиз ушын, дәслеп салық сӛзиниң тарийхый бар болған экономикалық мәнисин туўры түсинип анализ қылып алыўымыз лазым. Салық түсиниги - экономикалық қатнасықларда тийкарғы орынды ийелейди. Оның характерли тәрепи сонда - ол исбилерменлик хызмети менен шуғулланатуғын юридикалық ҳәм физикалық шахслардан оларға меншиклик, хожалық жүргизиў яки оператив басқарыў ҳуқуқында тийисли болған пул қаржыларын мәмлекетлик ҳәм муниципиал системаларды финанслық тәмийнлеў мақсетинде жатластырыў формасында ӛндирилетуғын мәжбүрий, жеке тәртиптеги қайтарып берилмейтуғын тӛлемлерди сәўлелендиреди, яғный салық - мәмлекет тәрепинен хожалық жүритиўши субъектлер ҳәм пухаралардан мәжбүрий нызамлы тәртипте белгиленген ставкалар бойынша, салық тӛлеўшиниң буннан ҳеш бир белгили мәп кӛриўи менен тиккелей байланыслы болмаған тәризде ӛндирилетуғын пул жыйымы. Ҳәзирги ўақытта салықлар жәрдеминде мәмлекет дәраматларының тийкарғы бӛлими қәлиплестириледи. Базар қатнасықларының қәлиплесиўи дәўиринде салықлар кәрханалардың экономикалық хызметин тәртипке салыўдың қуралы есапланады. Жоқарыдағы тәрийплерди анализ қылған ҳалда тӛмендегилерди аңлатыў мүмкин: а) салықларды белгилеў ҳуқуқы тек ғана мәмлекеттиң нызам шығарыўшы жоқары шӛлкеми - парламентке бериледи; б) салықты пухара емес, мүлкдар тӛлейди; в) салық мәмлекет бюджетине дәрамат алыў ушын белгиленеди; г) салық тӛлеў мәжбүрий ӛзгешеликке ийе. Демек, салықлар - бул бюджетке түсетуғын пул ҳәм нызамда белгиленген мәжбүрий қатнасықлар есапланады. Салықлардың мәжбүрийлиги Олий Мажлис тәрепинен тастыйқланған ҳуқуқый ҳәм норматив нызамлар менен тәмийнленеди. Солай екен, салықларды тӛлемесликке, салық объектин жасырыўға, салық суммасын кемейтип кӛрсетиўге юридикалық ҳәм физикалық шахслардың ҳақы жоқ. Салық тӛлеў хожалық жүритиўши субъектлер ҳәм пухаралар менен мәмлекет ортасында жаңадан жаратылған қунды бӛлистириўдиң тийкарғы қуралы есапланады. Ҳәр қандай жәмийетти салық системасысыз елес қылыў мүмкин емес. Себеби, салықлар бюджет дәраматларын (пул фондын) шӛлкемлестириўдиң тийкарғы қуралы болып ғана қалмай: Ӛним ӛндириў кӛлемин асырыўға; Ӛндиристи хошаметлеўде инвестицияларды кӛбейтиўге; Бәсекиге шыдамлы ӛним үлесин кӛбейтиўге; Киши бизнести раўажландырыўға; Жеке меншик кәрханалар ашыў менен байланыслы болған базар инфраструктурасын дүзиўге; Мәмлекетлик мүтәжликлерди қанаатландырыўға ҳәм басқаларға хызмет қылады. Жәмийет раўажланыўы тарийхында еле бирде бир мәмлекет салықларсыз болған емес. Базар экономикасында да мәмлекет ӛзиниң ишки ҳәм сыртқы ўазыйпаларын, ҳәр қыйлы социаллық, экономикалық ҳәм сиясый шара-иләжларды әмелге асырыў ушын зәрүр болған қаржылардың тийкарғы бӛлимин салықлар арқалы топлайды. Соннан, салықлар республика ҳәм жергиликли бюджетлар дәраматларын қәлиплестиреди, мәмлекет социаллық дәстүрлери ушын финанслық негиз жаратады, салық тӛлеўши шахслардың исбилерменлик хызметин басқарады, олардың табийий ресурслардан ӛнимли пайдаланыўға болған умтылыўын хошаметлейди, баҳа белгилеўге тәсир кӛрсетеди, халықтың турмыс дәрежесин тәртипке салып турады. Жеңилликлер жәрдеминде халықтың кем тәмийнленген қатламларын социаллық қорғаўды шӛлкемлестириўге жәрдем береди. Соның ушын салықлар арқалы қәлиплескен қаржылардың ең кем муғдары мәмлекет ўазыйпасының орынланыўына тийисли ең кем қәрежет кӛлеми менен байланыслы болады ҳәм сол муғдар менен шегараланады. Салықлар раўажланған товар ӛндирисиниң әҳмийетли категориясы болып, мәмлекет бюджети менен шеңберли байланысқан. Себеби, салықлар бюджеттиң қәлиплесиўинде қатнасады. 16 Салықлар финанслық ресурслардың мәмлекет ықтыярында топланып барыўын тәмийнлейди, бул ресурслардан экономикалық раўажланыўдың мәмлекетлик, регионаллық ўазыйпаларды шешиў, истиң нәтийжелилиги ҳәм сапасын хошаметлеў, социаллық әдиллик принциплеринен келип шығып дәраматларды тәртипке салыў ушын пайдаланылады. Мәмлекет салықларды мәмлекет бюджетин қәлиплестириў ушын әмелге киритеди, салықлар бир анық қәрежетлерди қаплаў мақсетине ийе емес, бул айырым түрдеги дәраматлардан түсетуғын түсимлерден әмелге асырылатуғын қәрежетлер оларға байланыслы болып қалыўдың алдын алыў зәрүрлиги менен тийкарланған. Бирақ бир қанша ҳалларда улыўма салықлар менен бирге мақсетли салықлар да белгиленеди, олардың әмелге киритилиўи экономикалық хызметте унамлы рол ойнаўы мүмкин. 17 Download 1.39 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling