Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик


-тема. Салық исин шӛлкемлестириўдиң теориялық тийкарлары


Download 1.39 Mb.
Pdf ko'rish
bet55/57
Sana19.12.2022
Hajmi1.39 Mb.
#1033247
1   ...   49   50   51   52   53   54   55   56   57
Bog'liq
СТКК-2020(1)

 
8-тема. Салық исин шӛлкемлестириўдиң теориялық тийкарлары
Республикамызда ҳәзир әмел қылып атырған салық ҳәм бажыхана 
мекемелери системасы ӛзиниң белгили тарийхына ийе. Салық мекемелери 
бурынғы аўқамда да бар еди ҳәм олардың структурасы, Ӛзбекстан 
территориясында да әмел қылды. Соңынан олар хызмети тоқтатып қойылды 
ҳәм 1990 жыл 12 майда қабыл қылынған «Мәмлекетлик салық 
инспекцияларының 
ҳуқуқлары, 
ўазыйпалары 
ҳәм 
жуўапкершилиги 
ҳаққында»ғы Нызамға муўапық, 1990 жылдың 1 июлынан баслап қайта 
тикленди. Бирақ бул системалар финанс шӛлкемлери системасында әмел 
қылатуғын еди. 
Республикамызда салық мекемелери хызмети 1990 жылдың ақырында 
Ӛзбекстан 
Республикасы 
Министерлер 
Кабинетиниң 
«Ӛзбекстан 
Республикасы Финанс Министерлиги жанында Мәмлекетлык финанс-салық 
бас басқармасын шӛлкемлестириў ҳаққында»ғы Қарары (1990 жыл 17 
декабрьдеги 383-санлы) қабыл қылынғаннан соң активлесе баслады ҳәм 
Ӛзбекстан Республикасы Жоқары Кеңесиниң «Ӛзбекстан Республикасының 
мәмлекетлик салық мекемелери ҳаққында»ғы 1991 жыл 14 июньдағы 
Нызамы ҳәм Ӛзбекстан Республикасы Министерлер Кабинетиниң 


«Ӛзбекстан Республикасының мәмлекетлик салық мекемелери ҳаққында»ғы 
1991 жыл 12 августтағы 217-санлы Қарары қабыл қылынғанынан кейин 
мәмлекетлик қадағалаў ҳәм басқарыўдың ғәрезсиз структурасы сыпатындағы 
салық мекемелериниң қәлиплесиўи ҳәм хызмет кӛрсетиўине тийкар салынды. 
Республикада мәмлекетлик басқарыўдың усы структурасы 1994 жылға 
шекем, яғный Ӛзбекстан Республикасы биринши Президентиниң пәрманына 
муўапық Министерлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик бас салық 
басқармасы Ӛзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетине 
айлантырылғанына шекем хызмет кӛрсетти. 
Ӛзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетиниң статусы, 
тийкарғы ўазыйпалары, функциялары ўәкиллик шеңбери ҳәм хызметиниң 
шӛлкемлестирилиў 
тийкарлары 
Ӛзбекстан 
Республикасы 
биринши 
Президентиниң 
«Ӛзбекстан 
Республикасы 
Министерлер 
Кабинети 
жанындағы Мәмлекетлик бас салық басқармасын Ӛзбекстан Республикасы 
Мәмлекетлик салық комитетине айлантырыў ҳаққында»ғы 1994 жыл 18 
январьдағы пәрманына муўапық ҳәм Ӛзбекстан Республикасы Министерлер 
Кабинетиниң «Ӛзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетин 
шӛлкемлестириў ҳәм хызмет кӛрсетиўи мәселелери ҳаққында»ғы 1994 жыл 
18 мартта қабыл қылған Қарары менен тастыйқланған «Ӛзбекстан 
Республикасы Мәмлекетлик салық комитети ҳаққында»ғы Нызамы менен 
белгиленди. Ӛзбекстан Республикасы Министерлер Кабинетиниң усы 
қарарына сәйкес Мәмлекетлик салық комитети салық ҳәм бажыхана 
сиясатын әмелге асырыў, сондай ақ мәмлекеттиң экономикалық мәплери ҳәм 
мүлкий ҳуқуқлары қорғалыўын тәмийнлеў тараўында мәмлекетлик қадағалаў 
шӛлкеми екенлиги белгилеп қойылды. 
1997 жыл бажыхана исин шӛлкемлестириўди жетилистириў, бирден бир 
бажыхана сиясатын алып барыў, республика бажыхана шӛлкемлери 
хызметиниң оперативлиги ҳәм тәсиршеңлигин асырыў, олардың мәмлекет 
экономикалық қәўипсизлигин беккемлеўдеги ролин күшейтиў, сондай ақ, 
бажыхана иси тараўында халықаралық бирге ислесиўди жәнеде күшейтиў 


мақсетинде Ӛзбекстан Республикасы биринши Президентиниң «Ӛзбекстан 
Республикасы Мәмлекетлик Бажыхана Комитетин шӛлкемлестириў 
ҳаққында»ғы 1997 жыл 8 июльдағы ПФ-1815-санлы Пәрманына ҳәм 
Ӛзбекстан 
Республикасы 
Министерлер 
Кабинетиниң 
«Ӛзбекстан 
Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети хызметин шӛлкемлестириў 
ҳаққында»ғы 1997 жыл 30 июльдағы 374-санлы Қарарына муўапық 
Мәмлекетлик Бажыхана Комитети шӛлкемлестирилди, яғный салық ҳәм 
бажыхана хызметиниң функциялары бир биринен ажыратылды. Усы 
мүнәсибет пенен Ӛзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик салық хызмети 
ҳаққында»ғы 1997 жыл 29 августтағы Нызамы ҳәм Ӛзбекстан Республикасы 
Министерлер Кабинетиниң «Ӛзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық 
комитети хызметин шӛлкемлестириў мәселелери ҳаққында»ғы 1998 жыл 12 
январьдағы Қарарына муўапық салық шӛлкемлериниң тийкарғы функция ҳәм 
ўазыйпалары белгиленди. 
Ӛзбекстан 
Республикасының 
«Мәмлекетлик 
салық 
хызмети 
ҳаққында»ғы 
Нызамына 
муўапық 
Мәмлекетлик 
салық 
комитети, 
Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Ташкент қаласының мәмлекетлик салық 
басқармалары, областлық мәмлекетлик салық басқармалары, сондай ақ, 
районлар, қалалар ҳәм қалалардағы районлар мәмлекетлик салық 
инспекциялары мәмлекетлик салық хызметиниң тӛменги шӛлкемлери 
есапланады.
Мәмлекетлик салық хызмети шӛлкемлери ӛз хызметлеринде Ӛзбекстан 
Республикасының 
Конституциясы, 
«Мәмлекетлик 
салық 
хызмети 
ҳаққында»ғы Нызам ҳәм басқа нызам ҳүжжетлерине, Министерлер 
Кабинетиниң қарарлары, Президент пәрманлары ҳәм басқа норматив 
ҳүжжетлер, сондай ақ, Ӛзбекстан Республикасының халықаралық 
шәртнамаларына әмел қылады. 
Халықаралық салыққа тартыў 

Download 1.39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   49   50   51   52   53   54   55   56   57




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling