Ӛзбекстан республикасы жоқары ҩӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги әжинияз атындағы нӛкис
Download 6.22 Mb. Pdf ko'rish
|
Топлам КОНФЕРЕНЦИЯ 2021
- Bu sahifa navigatsiya:
- АВТОР ОБРАЗЫН ДӚРЕТИЎДЕ ИННОВАЦИЯЛЫҚ УМТЫЛЫС Б.Н.Палўанов
Әдебиятлар
1. Ўзбекистон Республикаси қонун ҳужжатлар тўплами, 2017 йил 13 февраль, 6 сон,70-модда. 185 2. Кирьяков А. Г.Воспроизводство инноваций в рыночной экономике (Теоретико- методологический аспект). – Ростов-на-Дону: Изд-во РГУ, 2000. Материал из Википедии — свободной энциклопедии. 3. Chesbrough H. (2003) «Open Innovation. The New Imperative for Creating and Profiting from Technology», Harvard Business School Press, ISBN 1-57851-837-7. 4. Ўзбекистон Республикаси Президентининг 2018 йил 14 июлдаги ПҚ-3855- сон Қарори. Қонун ҳужжатлари маълумотлари миллий базаси (www. Iex. uz). 5. Еркин Қарақалпақстан. 2- август 2018-жыл. АВТОР ОБРАЗЫН ДӚРЕТИЎДЕ ИННОВАЦИЯЛЫҚ УМТЫЛЫС Б.Н.Палўанов - ҚМУ доценти Автор образы анық кӛринетуғын жанрлардың бири - бул автобиогра-фиялық прозада автор «мени» жазыўшының ӛзи болады. Мемуарда автор ӛзиниң ядында қалғанларын баян етиў менен шекленсе, бунда хронология, ўақыялар избе-излиги және ўақыт ҳәм кеңислик мемуарға салыстырғанда толық сақланады. «Жазыўшы ӛз ӛмирин, бастан кеширгенлерин әдебий формада баянлайды. Бунда жазыўшы ӛзиниң ӛмирине, басынан кеширген ири-баслы ўақыяларға жуўмақ ислейди, оларға кӛркем талқы жасайды. Ӛмирнамада автордың ӛзи баслы қаҳарман сыпатында қатнасады» [1; 9]. Эссе менен автобиографиялық прозаны автор образы бираз жақынластырады. Бирақ, эссениң жанрлық тәбиятына тән еркинлиги оның қағыйдаларына бойсынбайды. Бир темадан келесиге, бир дәрежедеги ойлар дәрежесинен басқасына ӛтиў мүмкиншилиги эссеге тән. Эсседе жоқары философияны күнделикли бақлаўларды турмыс тәжирийбелерин, энциклопедиялық эрудицияларды, анекдотларды, жоқары әдеп-икрамлық ӛлшемлерин кӛриўге толық болады. Объективликтен гӛре субъектив пикирлерге талпыныс эссе менен автобиографиялық проза арасына шегера қояды. Эссе жанрлық тәбиятына бола дӛретиўшиликте лирикалық проза формасында жазылған шығармалар менен де байланыслы. Лирикалық прозада автор тек те гүрриң етиўши емес, ал шығарманың лирикалық субъекти есапланады. Мине, усы тәрепинен ол эссе менен жақынласады. Лирика сыяқлы, лирикалық проза бәрқулла монолог формасында бериледи. Ал, эсседе монодиалог формасы ҳәрекет етеди. Эссе сыяқлы, лирикалық прозада автор сүўретлеўдиң орайлық предмети болады. Эсседе сүўретленген «мен» менен баян етиўши «мен» арасындағы қатнас сезилмейди. Ал, лирикалық прозада болса, булардың арасындағы қашықлық бир текст шегерасында-ақ анық сезиледи. «Лирикалық проза эсседен, автордың сүўретленип атырған фактке қатнасына қарай айрықшаланады: эссе бақлаў ҳәм бастан кеширгенлердиң нәтийжеси болса, лирикалық проза китап оқыўшыларының кӛз алдында раўажланыўшы қубылыс» [2; 106]. Кеңислик ҳәм ўақыт бирлиги эсседе шекленбеген еркинликти таңлаў арқалы берилсе, лирикалық прозада ўақыт ҳәм ўақыттан тыс «ўақыялар» жәрдеминде характерленеди. Баслы айырмашылығы, эсседеги автор образы ӛзиниң объективтен гӛре субъектив пикирлеўге мейиллиги менен ӛзгешеленеди. Очерк прозаның басқа жанрларына салыстырғанда ӛзиниң ҳүжжетлиги менен айрықшаланады. Ал усы тәрепинен ол эссеге жақын келеди. Олардың жақынлығы сонда автор образы еки жанр тәбиятында айқын кӛринеди. Бирақ та булар екеўиниң тийкарғы айырмашылығы очерк характери қаҳарманның жетискенлигин сыпатлаўдан ибарат болса, эсседе буның кериси-сынлық сыпаты басым келеди. Эссе менен очерк ҳүжжетлилиги менен жақынласады. Эссени базы бир сӛзликлерде публицистика менен сын жанрына киргизеди. Эссе 186 синкретизмге умтылады; кӛркем болып басланған ол публицистикалық ҳәм философиялыққа жеңил биригеди. М.Эпштейнниң пикири бойынша, эссениң тийкарын адамның тийкарғы концепциясы қурайды, ал ол - билимди емес, ал пикирди тасыўшы болып табылады [3; 356]. Эссениң публицистика жанры сыпатында үйренилиўи, бунда публицист сыяқлы автор «мени» анық кӛринеди [4; 130]. Публицистикада автор ӛзи арқалы жәмийетлик проблемалардың бетин ашса, эсседе буның кериси, басқалар арқалы автор образы ашылады. Публицистика менен эссениң жақынлығы, буларда автор «мен»и адамлар санасына тәсир етиў усылының ҳәрекет етиўинде кӛринеди. Публицистикада да эссе сыяқлы, илимийлик, кӛркемлик, баслы критерия есапланады. Публицистика жәмийетлик санаға тәсир етеди, бунда ол кӛбирек жәмийетлик пикирди пайда етеди. Эсседе де усындай қубылысты бақлаўға болады, бирақ онда жеке пикир арқалы ҳәрекет болады. Публицистика жанрлары ишинде интервью менен репортаж - эссениң характерлик белгилерин ӛзинде кӛбирек сақлайды. Мине, усы тәрепин есапқа алып алымлар эссени публицистика жанрлар топарына киргизип атырған болыўы да мүмкин. Репортажда автордың ӛзи ўақыялар орайында болыўы талап етиледи. Бул эсседеги автор «мен»иниң берилиўи менен үнлес келеди. Интервьюда болса, сораў-жуўап формасы қатаң сақланады. Бул жерде эссе жанрындағы автордың китап оқыўшысы менен туўрыдан- туўры сәўбет жүргизиўи кӛринеди. Усыннан болса керек, жазыўшы Т.Қайыпбергенов шығармаларының жанрын белгилегенде «репортаж-эссе», «роман-эссе», «асығыс сораўларға асығыс жуўаплар» терминлерин қолланады. Бул жанрдың мазмуннан ғана емес, ал форма жағынан да синкретикалық екенлигин кӛрсетеди. Жоқарыдағы пикирлерден автор образы дӛретиўде эссеистлер менен публицистлердиң инновациялық умтылысларын кӛриўге болады. Оның раўажланыў дәрежеси кӛркем сӛз тарийхының барлық дәўирлери ушын бирдей деп жуўмақ шығарыўға болмайды. Ол әдебияттың басқа жанрларына салыстырғанда қоспалы, Download 6.22 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling