Ӛзбекстан республикасы жоқары ҩӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги әжинияз атындағы нӛкис
Download 6.22 Mb. Pdf ko'rish
|
Топлам КОНФЕРЕНЦИЯ 2021
- Bu sahifa navigatsiya:
- ИЛИМИЙ ИЗЕРТЛЕЎДЕ ИННОВАЦИЯНЫҢ РОЛИ З.Б. Есназарова
Әдебиятлар
1. Ҳәзирги қарақалпақ әдебий тилиниң грамматикасы. Синтаксис.-Н. 1992. 2. Ҳәзирги қарақалпақ тили. Синтаксис. Нӛкис.1996. 3. Дәўлетов М. Ҳәзирги қарақалпақ тилинде қоспаланған жай гәплер. Нӛкис.1976. 4. Есенов Қ. Қазақ тилиндеги күрделенген сӛйлемдер.- Алматы. 1974. 5. Сайфуллаев А.Р.Ҳозирги ўзбек адабий тилида ундалма.-Т. 1968. 7. Ўзбек тили грамматикаси. II том, синтаксис.- Тошкент.1976. ИЛИМИЙ ИЗЕРТЛЕЎДЕ ИННОВАЦИЯНЫҢ РОЛИ З.Б. Есназарова – НМПИ, т.и.к.,доцент А.А.Утемисов – НМПИ, Жәмийетлик пәнлер кафедрасы Ғәрезсиз Ӛзбекстан Республикасы бүгинги күнде жаңа сиясий, социаллық- экономикалық раўажланыў басқышына қәдем қойды. Мәмлекетимизде илим ҳәм билимлендириўди ӛндиристи раўажландырыў менен үйлестириў, жаңа инновациялық идеялар, жәмийетлик әҳмийети жоқары болған жойбарларды турмысқа енгизиў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта. Ҳәркетлер стратегиясының 4.4 бәнтинде кӛрсетилген илимий изертлеў инновация искерлигин хошаметлеў, илимий ҳәм инновациялық жетискенликлерди әмелиятқа енгизиўдиң нәтийжели механизмлерин жаратыў, жоқарғы оқыў орынлары, илимий- изертлеў институтлары жанында қәнигелестирилген илимий экспериментал лабораториялар, жоқары технология орайлары менен технопарклерди шӛлкемлестириў [1], тәлим тараўларын раўажландырыўдың ең әҳмийетли жӛнелислериниң бири спатында белгилеген. Усы кӛз қарастан алып қарағанда, инновация инглис тилинен inovatio, англ. innovation алынған. инновациядан жаңаланыўдан – 1) инновация 2) тилде жаңа қубылыс, жаңа форма лингуа 3) экономикаға инвестициялар (финанс инновациялар), технологиялар әўладларын алмастырыў, жаңа технологиялар, экономкалық жаңалық, базар дәрежесиндеги ӛним ислеп шығарыў, ислеп шығарыўда технологиялар инновациясы жаңа идеяларды жәриялаў [2]. Инновация идеялар оның қолланылыўында кеңирек, инновацияның арнаўлы тараўлары менен шекленген. Буған қосымша рәўиште, инновация сӛзи инновациялардың шынлығы деп аталады. Инновация болса процесслердиң қурамлы бӛлегин ӛзиниң ишине алады. Инновациялардың әмелге асырылыў формасы. Инновациялық басқарыў функциялар ҳәм принциплерге тийкарланған инновациялық басқарыў процесси деп 183 алып қараймыз. Компанияның стратегиясын қәлиплестириў системасының бир бӛлими ҳәм оның конкурентлик стратегиясының тийкары болып хызмет етиўи мүмкин. Инновациялық басқарыў процесси нәтийжели шӛлкемлестириў тийкарында шӛлкемниң мақсетине ерисиўине бағдарланған илимий, техникалық, социал-экономикалық исбилерменликтиң түри. Илимий-техникалық хабар топлаў процесси, базардағы табысларды тәмийинлейтуғын жаңа технология ҳәм технологияларды енгизиў ушын қолланба болған жәмәәт машқаланы системаластырыў ҳәм улыўмаластырыў. Инновациялық машқалаларды шешиўдиң жаңа усылы бизнес идеясы сыпатында ҳүжжетлестириледи. Инновациялық тӛмен баҳада сатыў, жақсы товар, түрли пайдаланыў товарлары, табылмайтуғын ӛним яки хызмет деп қарайммыз. Инновацияның мақсети – жумыс тәртиби, изертлеўдиң аналитикалық усылы илимий билимлерди синтезлестириў усылы қолланылады. Нәтийжелер ашық жаңалықлар моделиниң кереклиги ҳәм кемшиликлери анықланады. Инновациялық процесс дӛгерегинде информацияны қорғаў машқалаларын шешиў усылы қарап шығылады. Изертлеў процессинде алынған нәтийжелерин қоллаў тараўы компаниялардың инновациялық искерлиги есапаланады. Ҳәзирги күнде ашық инновациялардың раўажланыўы темасы ҳәзирги заман миллий экономикасының айырықша қурамы есапланған, мәмлекетлик компанияларға қаратылған. Миллий экономиканың инновацияларға болған тәсиршеңлигин раўажландырыў процессинде мәмлекет қатнасыўында компаниялар жергиликли ислеп шығарыўдың локомотиви болыўы керек. Жергиликли компаниялар конкуренцияларды раўажландырыў мәселесин шешиўде инновациялық искерликти активлестириў жабық системадан ашық моделлерге тийкарланған ӛз радикал инновацияларды актив рәўиште жаратыўға ӛтиў процессин ислеп шығарыў мүмкин емес. Инновациялардың кирип келиўине тосқынлық етиўши айырым фактлорлар бар, бул машқала фундаментал, әмелий илимлер ҳәм санаат ортасындағы тәбийғый шынжырдың үзилиўине алып келеди. Бул машқаланы шешиўдиң тийкарғы дерегин былайынша кӛрсетиўге болады. Мысалы, үлкен жергиликли ислеп шығарыўшылар инновациялардың тийкарғы пайдаланыўшылар, бирақ технологияларды қайта безеў ҳәм жаңа ӛнимлерди ислеп шығарыў ушын жетерли қәрежетке ийе емес. Технологияны жаратыў ҳәм олардан пайдаланыўдың жаңа усылы. Соның менен бирге, кӛплеген теория ҳәм инновациялық басқарыў әмелияты. Чесбро тәрепинен кӛрсетилген концепцияны кӛрсетиўимизге болады. Жумыс 2003-жылы ең алдыңғы технологиялар ҳәм исбилерменлер арасында «Инновация ҳәм Scientific American» Генри Чесбро атындағы ең жақсы китап болып табылады. Бунда ашық инновациялар түсиниги халықаралық конференциялар ҳәм илимий шығармалар темасына айланды. 2006-жылы Гарвард Генри Чесбро тәрепинен «Ашық бизнес моделлери» атлы китабы баспадан шығады [2]. Бул шығарма, тийкарынан қандай етип инновациялық жаңалықты жаратыў керек, усы мәселени шешиўге ҳәрекет еткен. 2006-жылы Оксфортда ашық инновациялардың илимий жумысларының биринши топламы жарық кӛреди, бул жаңа парадигманы қарап шығыўға мүмкиншилик берген. Демек, Генри Чесбро ӛз мийнетинде, ең алды менен Xerox, Intel, IBM, Lucent сыяқлы компаниялардың мысаллары менен инновацияны басқарыўдың жаңа усылларын кӛрсетиўге тырысып, инновациялық бағдардағы кәрханалар басшыларына, инновациялық басқарыўға жаңа жантасыўларды кӛрсетеди. Автор инновацияларды қалай басқараўға болады деген сораўға жуўап беретуғын шӛлкемлестириўшилик инновацияны усынады. Демек, инновация бул негизинен келешекке қарай умытылыў, инновация экономика тараўын, улыўма жәмийет 184 турмысының ең керекли жойбарларын әмелге асырыўда ӛзине тән локоматив ролин орынлайды. Усы тийкарда, мәмлекетимизе алып барылып атырған илимниң раўажланыўы прогресске, дӛретиўшилик абаданлыққа хызмет етеди деген принцип тийкарын әмелге асырылып атырған реформалар пикиримздиң дәлилли деп алып қараймыз. 2018-жылы 14-июльде «Илимий ҳәм илимий-техникалық искерлик нәтийжелерин коммерцияластырыў нәтийжелигин асырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Қарары жергиликли илимий-әмелий ҳәм инновациялық жойбарлар менен исленбелерди жедел енгизиўди тәмийинлеў, мәмлекетимиз экономикасының бәсекелеслигин күшейтиўде илимниң үлесин раўажландырыў, сондай ақ, илимий ҳәм илимий- техникалық искерликтиң келешгеги үлкен жетискенликлерин алға сүриўдиң нәтийжели механизмлерин жаратыўға бағдарланған. Бунда илимий ҳәм илимий-техникалық нәтийжелерди коммерцияластырыў бойынша тийкар сыпатында тӛмендегилер белгиленген: мәмлекет экономикасының бәсекелеслигин және де асырыў мақсетинде илим жетискенликлерин жедел ҳәм кеңнен енгизиў; халықаралық илимий бирге ислесиўди күшейтиў; жоқары технологиялы ӛндирислерди жаратыў бойынша инновациялық изертлеўлер жүргизиў; изертлеўлерди заман талапларына сәйкес, коммерцияластырыў дәрежеси жоқары болған ӛнимлер менен технологияларды ислеп шығарыўға бағдарлаў [3]. Усы қарар тийкарында сатып алыў жолы менен коммерцияластырлыўы тийис болған 43 инновациялық жойбарлар дизими тастыйықланды. Қарақалпақстан Республикасы мысалында қарап шығамыз, Қарақалпақ тәбийий илимлер илим - изертлеў инстиуты алымлары тәрепинен ислеп шығылған инновациялық жаңалықларды алып қараўға болады. 1. Қарақалпақстандағы жергиликли агроудалар тийкарында тӛгинлердиң жаңа түрлерин ислеп шығыў ҳәм енгизиў технологиялары; 2. Тәбиий жайласыў шәриятларында қумлы топырақлардың фильтрлениў коэффициентин анықлаў усылы; 3. Полэтилен шығындыларын утилизациялаў усылы. Бул инновациялық излениўлердиң әмелиятқа енгизилиўи Қарақалпақстанда топырақ эрозиясы менен шорланыў дәрежесин пәсейтиўге, экологиялық тең салмақлықты сақлаўға, топырақ қурамын минерал элементлер менен байытып, агроэкономиканы раўажландырыўға белгили дәрежеде үлес қосты [5]. Жуўмақлап айтқанда, мәмлекетимизде инновациялық раўажландырыў, 2030-жылға шекем Глобал инновация индексинде алдыңғы 50 мәмлекеттиң қатарынан орын ийелеў бойынша кең кең кӛлемли жумыслар әмелге асырылды. Сонай-ақ ӛткен дәўир ишинде илимий-изертлеў жумысларын коммерцияластырыў ҳәм нәтийжелигин арттырыўға қаратылған қарарлар қабыл етилди. Жуўмақлап айтқанда, илимий изертлеў жумысының нәтийжеси ӛним сыпатында қаралса, оның қарыйдарлары алдын-ала анық белгили болған система жаратылса ғана гӛззлеген мақсетке жетилисиў алып қаралады. Усы кӛз-қарастан илимий-инновациялық жойбарларды коммерцияластырыўды, яғный, ӛндириске енгизиўди қоллап қуўатлаў мақсетинде илимий ҳәм илимий техникалық искерлик нәтийжелерин коммерцияластырыўға итибар қаратылды. Download 6.22 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling