Ӛзбекстан республикасы жоқары ҩӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги әжинияз атындағы нӛкис


Download 6.22 Mb.
Pdf ko'rish
bet101/266
Sana17.08.2023
Hajmi6.22 Mb.
#1667691
1   ...   97   98   99   100   101   102   103   104   ...   266
Bog'liq
Топлам КОНФЕРЕНЦИЯ 2021

синкретикалық жанр болғаны ушын дәўир талабына бойсынып, кӛп ӛзгерислерге 
ушырамақта. Сонлықтан эссе қурылысында бурын болып, соң жоғалған ямаса жаңадан 
кӛринген қандай да бир баслы белги жанр мазмунын белгилеўши кӛркем элемент бола 
алмайды. Эссе жанрын үйренгенде ҳәр бир халықтың миллий дәстүрлериниң ӛзине 
тәнлигин, раўажланыў қәсийетлерин есапқа алған жағдайда ғана дурыс теориялық 
жуўмаққа келиў итималы бар.
Әдебиятлар
1. Ахметов С., Есенов Ж., Жәримбетов Қ. Әдебияттаныў атамаларының орысша-
қарақалпақша түсиндирме сӛзлиги. - Нӛкис: Билим, 1994, 9-бет. 
2. Геймбух Е.Ю Лирическая прозаическая миниатюра в системе родов и жанров. 
(Лингвостилис-тический аспект). - Москва: МГПУ, 2004. - 106-бет. 
3. Хализев В.Е. Теория литературы. - Москва: Высшая школа, 2002. Б 356. 
4. Дмитровский А.Л. Жанр эссе. Очерк теории жанра.- Орел: ОГУ, Картуш, 2006. – Б.130. 
 
ӚЗБЕКСТАНДА ҤШИНШИ РЕНЕССАНС ДӘЎИРИ: ТӘЛИМНИҢ 
ФИЛОСОФИЯЛЫҚ - АКСИОЛОГИЯЛЫҚ АНАЛИЗИ 
Р.А.Арзиев - Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты
Нӛкис филиалы баспасӛз хаткери
 
Жаңа жәмийет тийкарларын қурыў жаңа адамды қәлиплестириў проблемасы менен 
тиккелей байланыслы. Сонлықтан да, жаңа адамды қәлиплестириўде тәлим 
философиясыныӊ орны айрықша. 


187 
Философия болса педагогика ушын методологиялық тийкар болып хызмет етеди. 
Себеби, ҳәзирги тәлим-тәрбия теориясының жетискенликлери философиялық 
пикирлердиң гүреси ҳәм раўажланыўының жемиси. Философия педагогиканы илимий 
усыллар менен қуралландырады, тәлим-тәрбияның объектив нызамларын ислеп 
шығыўға дерек болады. Бул бағдарда хәзирги заман илиминде тәлим философиясы 
дисциплинасы ӛз алдына илим сыпатында статусы беккемленбекте. 
Ӛзбекстан 
Республикасы 
Президенти 
Ш.Мирзиѐевтиң 
айтқанындай: 
«Халқымыздыӊ қүирети кӛтерилген ҳәзирги заманда Ӛзбекстанда жаӊа бир ояныў – 
Үшинши Ренессанс дәўириниӊ тийкары жаратылмақта, десек ҳақыйқат болады. Себеби, 
бүгинги Ӛзбекстан – кешеги Ӛзбекстан емес. Бүгинги халқымыз да кешеги халық емес» 
[1]. 
Тәлим философиясы тәлим процессиндеги барлық қубылыслардың тәбиятын ҳәм 
тийкарын қарап шығады. Атап айтқанда, тәлим философиясы ӛзлик нәрсе сыпатында 
тәлим дегенимиз не? (тәлим онтологиясы), ол қандай келип шығады? (тәлим логикасы), 
тәлим қадириятларының дереги ҳәм тәбияты қандай? (тәлим аксиологиясы), тәлим 
процессиниң қатнасыўшыларының минез-қулықы қандай болыўлары керек? (тәлим 
этикасы), тәлим процессине тәсирдиң қандай методлары бар ҳәм олар қандай болыўлары 
лазым? (тәлим методологиясы) сыяқлы мәселелерди үйренеди.
Демек, ендиликте шахсқа бағдарланған тәлим системасын раўажландырыўда 
жаңаша методологиялық ӛлшемлерин ислеп шығыў ҳәм бул ӛлшемлердиң реал 
тийкарларын жаратыў актуал мәселелердиң бирине айланды. 
Бүгин Ӛзбекстанныӊ жаӊа раўажланыў басқышы Үшинши Ренессанс дәўирин 
қурыў Ӛзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиѐев тәрепинен белгилеп берилди. 
Бул ҳаққында Президентимиз ӛзиниӊ Жоқары Кеңеске жоллаған мүрәжәтнамасында: 
«Биз ӛз алдымызға елимизде Үшинши Ренессанс тырнағын қурыўдай уллы мақсетти 
қойған екенбиз, оның ушын жаңа Хорезмийлер, Берунийлер, Ибн Синалар, Улығбеклер, 
Наўайы ҳәм Бабурларды тәрбиялап беретуғын орталық ҳәм шараятларды жаратыўымыз 
керек. Онда, бәринен бурын, тәлим-тәрбияны раўажландырыў, саламат турмыс тәризин 
енгизиў, илим ҳәм инновацияларды раўажландырыў миллий идеямыздың тийкарғы 
үстинликлери болып хызмет етиўи керек» [2], деген еди. 
Ҳақыйқатында да, тәлим - бул шахстың илимий билимлер, билиў кӛнликпелер хәм 
тәжрийбелер системасын басқарыў, соның тийкарында шахста дүньяға кӛз қарасты, 
руўхый хәм басқа да қәсийетлердиң қәлиплестириў, адамның творчестволық күшин хәм 
уқыплылығын раўажландырыў процесси ҳәм жуўмағы. Тәлимди иске асырыўда 
системалы түрде оқытыў әҳмийетли орын тутады. Оқытыў-тәлим-бул арнаўлы түрде 
таярланған адамның басшылығы астында ӛткизилетуғын адамзаттың жәмийетлик 
тарийхый тәжрийбесиниң белгили бир тәреплерин оқыўшылардың ӛзлестириў процесси, 
билим бериў, тәрбиялаў ҳәм раўажландырыў ўазыйпаларын органикалық бирликте 
орынлайтуғын процесс. 
Тәлим-оқытыўшы менен окыўшылардың мақсетке бағдарланған ӛз-ара бирге 
ислесиўи барысында адамның мағлыўмат, билим алыўы. Тәлим процессинде 
тийкарынан билимлер берилгени ҳәм ийеленгени менен адамның тәрбиясы ҳәм 
раўажланыўында үлкен тәсир жасалады. Тәлим, әлбетте, адамның тәрбиясы, 
раўажланыўы мәселелерин толық шеше алмайды. Соның ушын мектеплерде оқыўдан 
тысқары тәрбия жумыслар иске асырылады. Тәлим-тәрбия тәсири арқалы адамның 
толық ҳәр тәреплеме раўажланыў иске асырылады, тәмийинленеди. 
Демек, 
заманагӛй тәлим системасында тәлим аксиологиясыныӊ орны 
методологиялық әҳмийетке ийе. Бунда шахсқа тәлим менен биргеликте руўхый 


188 
қәдириятларды да сиӊдириў талап етиледи. Тәлим аксиологиясы философиялық 
әдебиятларда тәлим аксиологиясына байланыслы тӛмендеги парадигмалар бар: тәлим 
аксиологиясында конверватизм парадигмасы, тәлим аксиологиясында эксперементализм 
парадигмаларын бӛлип кӛрсетеди [3;85]. Тәлимде консерватизм парадигмасы: 
Тәлим мәдений жетискенликлерди узатыў болып табылады. Оқытыўшының баслы 
ўазыйпасы – ескиниң билим ҳәм дәстүрлерин сақлаў ҳәм бериў. Тәлимниң 
системасының тийкарғы қәдирияты алдынан ислеп шығылған мәдениятты сақлаў алып 
қаралады. Консерватистлер ушын тәлимниң мақсети ӛмирге, оның нормаларына, 
ӛткинши стандартларға бийимлесиў емес, ал, мәңги шынлыққа ерисиў. Бул традициялық 
дисциплиналар: әдебият, тарийхларды үйрениў менен ерисиледи (Шумер, египетли, 
спартанлық 
мектеплер 
консерватизм 
қадириятлық 
мазмунға 
ийе 
болған). 
Консерватизмниң соңғы раўажланыўы классикалық реализм, эссенциализм ҳәм 
перенниализм бағдарларында раўажландырылды. 
Тәлимде экспериментализм парадигмасы мазмуны тӛмендегише. Бунда 
қәдириятларды табыўда эксперименталистлер тәжрийбениң ӛзинен қыдырады. 
Оқыўшының жеке мәпи тәлимниң тийкарғы шешиўши факторы болып табылады. 
Қәдириятларды ислеп шығыўда ҳар қандай искерликте мақсетсиз, ҳәм ҳәттеки 
тәжрийбеде – тәлимсиз болыўы мүмкин, демек мектептиң ўазыйпасы шахстың 
тосынанлы искерлигин анық ҳәм түсиникли билим алыўға ийтермелеў лазым. Тәлимде 
ӛз бетиншеликке итибар қаратылып, шахс ӛмирлик проблемаларды ӛзлери жеке 
тәжрийбелери тийкарында шешиўге үйретиў болып табылады. Улыўма алғанда 
қәдириятлар тәжрийбеден келип шығып, мектеп олардың ислеп шығылыўын 
беккемлейди [4; 33]. 
Заманагӛй тәлим системасында гуманистлик парадигманыӊ методологиялық роли 
айрықша. Бунда баслы мақсет – инсаныйлық принципине тийкарланады.
Жуўмақлап айтқанда, ҳәр қандай жәмийетте жаӊа ояныў дәўирин баслаў, яки оныӊ 
тырнағын қалаў ӛз-ӛзинен болмайды. Жәмийетте тәлим қәдирият дәрежесине 
кӛтерилмес екен онда ҳеш қандай раўажланыўды кӛре алмаймыз. 

Download 6.22 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   97   98   99   100   101   102   103   104   ...   266




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling