Ӛзбекстан республикасы жоқары ҩӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги әжинияз атындағы нӛкис


Download 6.22 Mb.
Pdf ko'rish
bet111/266
Sana17.08.2023
Hajmi6.22 Mb.
#1667691
1   ...   107   108   109   110   111   112   113   114   ...   266
Bog'liq
Топлам КОНФЕРЕНЦИЯ 2021

Адабиѐтлар 
1. 
Хеннер Е.К., Соловьева Т.Н. Изучение информатики в вузе в условиях 
цифровой образовательной среды // Преподаватель XXI век. 2016. № 4.С.46–53. 
2. 
Бутаков С.А. Структурирование учебного материала на основе принципа 
восхождения 
от 
абстрактного 
к 
конкретному//Известия 
Южно-Уральского 
регионального отделения АПСН. – Магнитогорск, 2001. – С. 154-159. 
3. 
Ермаков А.В. Многомерное структурирование учебного материала как пример 
инновационного обучение физике в вузе // Физическое образование в вузах – М.: Изд. 
ДомМФО, 2007. - Т13, №4. - С. 105-112. 
4. 
Юсупов Д.Ф. Структуризация задач для активизации самостоятельной 
деятельности студентов по предмету программирование на С++//European Scientific 
Conference: сборник статей XIV Международной НПК. – Пенза: МЦНС «Наука и 
Просвещение». – 2019. – С. 277-279. 
ПРОФЕССОР НАГМЕТ УРУМБАЕВТЫҢ ИЛИМИЙ ПЕДАГОГИКАЛЫҚ 
ХЫЗМЕТИ ҨӘМ ТӘЛИМ-ТӘРБИЯЛЫҚ
ОЙ-ПИКИРЛЕРИ 
Д.М.Курбанбаева – НМПИ, «Улыўма педагогика
ҳәм психология» кафедрасы, ассистент оқытыўшысы 
 
Педагогика илимлериниң докторы, профессор Нағмет Урумбаев пүткил ӛмир 
бойы даўамында илим изертлеў жумысларын ӛзиниң педагогикалық, жәмийетлик 
жумыслары менен қатар алып барды. Илимпаздың республикамыздың илимий ислери 


203 
тараўындағы хызметлериниң ишинде биринши гезекте оның қарақалпақ 
мектеплеринде рус тили сабақлығы мәселелерин ҳәр тәреплеме изертлеўге қосқан 
үлеслери айырықша кӛзге түседи. Қайсы илим пидайысының ӛмир жолына нәзер 
тасласақта келешек әўлад ушын ислеген мийнетлерин мақтаныш тутасаң.
Нағмет Асқарович Урумбаев 1921-жылы Шымбай районында, ҳәзирги 
«Қостерек» МПЖ аймағындағы белгили ахун - Асқар қазы шаңарағында туўылған. 
Тәғдир соқпақлары себеп жас ӛспирим дәўиринде ағасы Жүмек пенен Москва 
қаласына кетип, кӛп қыйыншылықларды бастан кеширип, сол жердеги мектеп 
интернатда бир неше жыл даўамында тәлим алады. 
Арадан бираз жыллар ӛтип елимизге қайтып келген Нағмет Урумбаев орта 
мектепти питкергеннен соң Тӛрткүлдеги Қарақалпақ мәмлекетлик муғаллимлер 
институтына оқыўға киреди. Сол жерден урысқа шақыртылып, саўашларға қатнасады. 
Қайтып келгеннен соң оқыўын даўам етип, 1948-жылы Ташкент қаласындағы Орта 
Азия Мәмлекетлик университетиниң рус филологиясы бӛлимин табыслы тамамлап 
Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының «Рус тили ҳәм әдебияты» 
кафедрасында аға оқытыўшы болып жумыс ислеўди баслайды. Рус тили бойынша 
жергиликли халық ўәкиллеринен шыққан биринши қәнигелер қатарында қарақалпақ 
мектеплеринде рус тили әлипбесин дүзиў, рус тилин оқытыў бойынша оқыў - 
методикалық қолланбалар таярлаў ислеринде белсендилик кӛрсетти. Бул қолланбалар 
рус тилин аңсат оқый алыўға үйрениўге, сондай-ақ рус тилиндеги әдебиятларды оқыў 
арқалы халықтың мәдениятын үйрениўге, мәдений байланысларды раўажландырыўға 
мүмкиншилик туўдырды. Соның менен бирге рус тилинде оқытылатуғын мектеплер 
ушын қарақалпақ тилин оқытыў бойынша сабақлықларды баспадан шығарды. 
1953-1957-жыллары 
Москва 
қаласындағы 
Педагогикалық 
Илимлер 
Академиясының изертлеў институтының аспирантурасында оқыйды ҳәмде 1959-
жылы рус тилин оқытыў методикасы бойынша кандидатлық диссертациясын табыслы 
жақлап педагогика илимлери кандидаты, соң доцент болады. 1960-жыллары 
Ӛзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан филиалының тарийх, тил ҳәм 
әдебият институтында аға илимий хызметкер, сӛзликлер секторының баслығы болып 
мийнет жолын даўам еттиреди. Нағмет Урумбаев рус тили грамматика тараўындада 
изертлеўлер жүргизип, үлкен мийнет жазып қалдырды. Илимпаз 1960-жыллары 
«Қарақалпақстан» баспасынан «Пособие по сопоставительной грамматике 
(морфология) русского и каракалпакского языков» атамада муғаллимлер ушын 
қарақалпақ мектеплеринде оқытылатуғын рус тили қолланбасын шығарды.[1.1] Бул 
қолланба қарақалпақ мектеплериниң рус тили грамматикасы бойынша берилетуғын 
теориялық мағлыўмат ҳәм әмелий кӛнликпени терең ӛзлестирип алыў уқыплылығын 
тәмийинлейди. Бул қолланбада қарақалпақ тилинде оқытылатуғын мектеплерде рус 
тили ҳәм қарақалпақ тили грамматикасы (морфология)сы бойынша түсиник берилген. 
Грамматикалық категориялар барлық тиллерде бир түрли болмай, ҳәр түрли болады. 
Мәселен, рус тиллериндеги род категориясы түркий тиллерде жоқ. Қарақалпақ 
тилиндеги тартым категориясы арнаўлы аффикслер арқалы билдирилетуғын болса 
болса (китаб-ым, китаб-ын, китаб-ы), рус тилинде бундай категория жоқ. Рус тилинде 
бул мәни алмасықлар арқалы билдириледи (моя книга, твоя книга, его книга). Рус 
тили муғаллими бул қолланбаны пайдаланыў арқалы рус ҳәм қарақалпақ тилиниң 
грамматика тараўларын жақсы үйренип шығады. Бул қолланба баслаўыш класс 
муғаллимлерине рус грамматикасын үйретиўдиң нәтийжелилигине имканият береди. 
Нағмет Урумбаевтың 1963-жылы «Изучение рода русских имѐн существительных в 
каракалпакской школе» китабы баспадан шықты. Ол профессор Н.А.Баскаковтың 


204 
басшылығында Москвада басып шығарылған биринши қарақалпақша - русша ҳәм 
1967-жылы үлкен русша – қарақалпақша сӛзликлерди дүзиўге ҳәм оларды 
редакторлаўға белсене қатнасды. Илимпаз 1969-жылы Н.Н.Баскаков редакторлығында 
жәрияланған «Основы методики русского языка в каракалпакской школе» деген 
илимий мийнетин жәриялады. Бул илимий мийнетиниң кирисиў бӛлиминде рус 
тилини оқытыўдың мақсети, ўазыйпасы ҳәм изертлеў методлары жазылған. Китаптың 
биринши бӛлими «Общее вопросы методики преподование русской грамматики в 
каракалпакской школе» деп аталады. Ол үш баптан турып, биринши бабында рус 
мектеплери ушын қолланылатуғын рус тилиндеги грамматиканы оқытыўдың 
тарийхый раўажланыў методикасы ҳаққында сӛз етиледи. Екинши бабында 
қарақалпақ мектеплери ушын рус тили грамматикасын оқытыўдың методикасы 
ҳаққында сӛз етиледи. Үшинши бабында қарақалпақ мектеплериндеги рус тили 
сабақлығында улыўма грамматиканы оқытыўдың усыллары ҳаққында сӛз етиледи 
[1;1]. Оқыўшылар рус тилин оқытыў арқалы сӛзлерди дурыс таңлаў, оларды 
күнделикли әмелий жумысларында орынлы қоллана бериў, гәплерди дурыс дүзе алыў, 
яғный сӛзлерди бир-бири менен байланыстырыў ӛзгешелигин ӛзлестирип алыў 
кӛнликпелери қәлиплеседи. 
Илимий изертлеў жумысларын үзликсиз даўам еттирген Нағмет Урумбаев 1973-
жылы «Научные основы методики преподования морфологии русского языка в 
каракалпакской школе» деген атамада докторлық диссертациясында табыслы 
жақлады. Бул мийнетинде қарақалпақ билим бериў мектеплеринде рус тили 
сабақлығында морфологияны оқытыўдың мазмуны, ўазыйпалары, усыллары 
берилген. Бул китап үш баптан ибарат болып, онда рус тили морфологиясын 
оқытыўдың лингвистикалық, психологиялық ҳәм педагогикалық тийкарлары 
берилген.
Профессор Н.Урумбаевтың исми тек ғана Қарақалпақстан ҳәм Ӛзбекстанға емес, 
ал Орайлық Азияның илимий жәмийетшилигине кеңнен мәлим. Оның авторлығында 
200ден аслам илимий мийнетлер баспадан шыққан. Соның ишинде монографиялар 
менен сабақлықлар талабалар ушын оқыў қолланбалары, баҳалы кӛрсетпелер, оқыў 
бағдараламалар, халық аралық ҳәм республикалық илимий конференция және 
симпозиумларда (Москва, Ленинград, Баку, Ашхабад, Кишинев, Рязан, Ташкент, 
Самарканд) жасаған баянатлары, республикамыз газеталардағы мақалалары 
илимпаздың мийнетлери ҳәзирги күнге дейин басланғыш, орта ҳәм жоқары оқыў 
орынларында және изертлеўшилердиң илимий жумысларында кең қолланылмақда. 
Илимге болған пидәйы хызметлери ылайықлы баҳаланып, «Қарақалпақстан 
Республикасына мийнети синген илим ғайраткери» ҳүрметли атағына еристи. Оған 
екинши дүнья жүзилик урыс қатнасыўшысы болғанлықтан бир қанша орден ҳәм 
медаллар, Ӛзбекстан Республикасы халық тәлим және жоқары тәлим ағласы, 
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ҳүрмет жарлықлары, «Мийнет 
ветераны» белгиси ҳүрметли атақлары берилди. 
Жақсылардың исми умытылмайды дегениндей, оның илим тараўындағы 
мийнетлерин қанша мақтасақта, қанша жазсақта кӛплик етпейди. Бул илим 
пидайысының ӛмир жолы келешек әўлад ушын баҳалы сабақ. Сонлықтанда олардың 
салып кеткен нурлы соқпағы еле берин руўхый азық болып хызмет ете береди. 

Download 6.22 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   107   108   109   110   111   112   113   114   ...   266




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling