Ӛзбекстан республикасы жоқары ҩӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги әжинияз атындағы нӛкис


Download 6.22 Mb.
Pdf ko'rish
bet146/266
Sana17.08.2023
Hajmi6.22 Mb.
#1667691
1   ...   142   143   144   145   146   147   148   149   ...   266
Bog'liq
Топлам КОНФЕРЕНЦИЯ 2021

Әдебиятлар
1. «Халқ сўзи» газетасы 29-октябрь, 2020 жыл.
2. «Правда востока» газетасы 31- август 2020-жыл. 
3.
https://yuz.uz/news/ozbekistonda-yangi-bir-uygonish--uchinchi-renessans 
davriga-
poydevor-yaratilmoqda
4. «Hurriyat» газетасы январь айы, 2021-жыл 
https://uzhurriyat.uz/2020/12/02/uzbekiston-uchinchi-renessans-ostonasida-tarixiy-
ildizlar-va-hozirgi-zamon/ 
4. Uza.uz сайыты 31-август 2020-жыл http://uza.uz/posts/3329 
5. ПҚ-4884-санлы Ӛзбекистан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 6-ноябрь 
кунги қарары https://lex.uz/docs/5085887 
МЕКТЕПКЕ ШЕКЕМГИ ЖАСТАҒЫ БАЛАЛАРДЫ СПОРТҚА
ҚЫЗЫҚТЫРЫЎДЫҢ ӘҨМИЙЕТИ 
 
А.А.Абдижамилов - Ӛзбекстан мәмлекетлик дене
тәрбиясы ҳәм спорт университети Нӛкис филиалы
«Спорт түрлери» факультетиниң Мектепке шекемги ҳәм
баслаўыш тәлимде дене тәрбиясы ҳәм спорт тәлим
бағдары 1-курс студенти 
Ҳәзирги ўақытларда балалар турмысында жүз берип атырған ӛзгерислер ҳәм оның 
балалар психологиясына тәсири ҳаққында ойлағанымызда, кӛбинесе оларға кери тәсир 
етиўши тәреплеринде ушыратыўымызға болады. Мәселен, балаларымыздың қолында 
мақсетсиз пайдаланылып жүрген телефон, планшет қусаған қурылмаларды кӛрип, 
мектеп ҳәм балалар бақшасында кишкенелерди физикалық тәрбияға қызықтырыў 
ислериниң мақсетке муўапықлығын абайлаймыз. 


263 
Бәршеге мәлим болғанындай адамның психологиясына кери тәсир ететуғын ис-
ҳәрекетлер менен инсанды басқарып болмайды. Оның ушын биринши нәўбетте баланың 
қызығыўшылығын анықлаўымыз керек болады. Бундай ибратлы исти бала менен 
сәўбетлесиў, оны түрли миллий ойынларға қызықтырыў керек болады. Усы, 
ойынлардың жәрдеминде биз баланы әсте-ақырынлық пенен спортқа қызықтыра 
баслаймыз.
Ҳәзирги күнде мектепке шекемги балалар мәкемелериндеги дене тәрбиясы 
сабақларында балаға кӛбинесе буйрық әмеллери бериледи. Отырып турғызыў, 
акробатикалық шынығыўлар, соған уқсас жеңил шынығыўлар ислетиледи, бирақ буйрық 
әмеллери бала организмин тез шаршатыўы мүмкин. Егерде бала ӛз қәлеўи менен бундай 
ҳәрекетлерди ислесе, онда раўажланыў пайда болады. Бул исте халқымыздың миллий 
ойынларына итибар қаратыўымыз орынлыдай түйиледи.
Себеби, ҳәр бир миллий ойынның ӛзине тән ӛзгешеликлери бар. Мәселен, «теппек» 
ойынын алып қарайық. Бала бул ойында сызылған жерлерден бир аяқ пенен секирип 
барып, артқа қайтарсын екинши аяғы менен секирип қайтады. Ойынның бул кӛриниси 
болса бир жерде турып бир аяқ пенен 5 рет, екинши аяқ пенен 5 рет секиргеннен 
жақсырақ болады. Нәтийжеде баланың шынығыўды ислеў уқыплылығы қәлиплесе 
баслайды ҳәм раўажланады. Сондай-ақ, умытылып баратырған миллий ойынларымыз 
қайтадан қәлиплесе баслайды. 
Мектепке шекемги жастағы балаларды спортқа қызықтырыў усылларының және 
бири баланы басқа баллардың ойнап атырғанын кӛрсетип қызықтырыў болып табылады. 
Баланың ӛзи ойнаўды қәлемесе, оны оның дослары ойнап атырғанлығын кӛрсетиў 
арқалы да қызықтырыўға болады. Бул жердеги негизги мақсет баланы мәжбүрлеместен, 
ӛзи билмеген ҳалда шынығыўлар ислетиўден ибарат. «Мектепке шекемги тәлим 
үзликсиз тәлимниң басланғыш бӛлими есапланады. Ол баланың саў-саламат 
раўажланған шахс болыўын тәмийинлеп, оқыўға болған қызығыўшылығын оятып, 
системалы оқыўға таярлап береди» [1] ҳәм соның менен бирге спортқа деген 
қызығыўшылығын да артырады.
Мектепке шекемги жастағы балаларды спортқа қызықтырғаннан кейин оларды тек 
ғана бир спорт түри менен емес, ал басқа да спорт түрлери менен таныстырып
қызықтыра баслаймыз. Мәселен, гүрес ҳәм басқа да спорт түрлерин алатуғын болсақ, 
балаға сол спорт түринен жеңимпаз, чемпион болған адамларды, олардың медалларын, 
кубокларын ҳәр түрли жетискенликлерин кӛрсетип, айтып ӛтемиз. Егерде балада бул 
спорт түрине қызығыўшылық ояна басласа, оны усы спорт түрине тартамыз. 
Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиѐевтың Ӛзбекстан Жаслар форумында 
айтқан сӛзинде «Елимизде үшинши Ренессанс тийкарын жаратыўға киристик. Биз 
шаңарақ, мектепке шекемги тәлим, мектеп ҳәм жәнеде илимий-мәдений дәргайларды 
ендиги ренесансстың ең керекли бӛлимлери деп есаплаймыз. Сол ушын айтылған 
бӛлимлерди түп-түбинен әмелге асырмақтамыз [2] деген еди. Ол ӛз сӛзинде мектепке 
шекемги тәлимге итибар бериўди де айтып ӛтти.
Ҳәрекетли ойынлардың бала тәрбиясындағы әҳмийети ҳаққында ӛткендеги уллы 
педагоглар «Ҳәр ойын ўақтында балалардың минез қулқын билиў, қандай спортқа 
ийкеми келеди, және де баланың психологиясын жақсы анықлаўдың ең қолайлы усылы 
деп ойлаған»лығын айтып кеткен [3]. 
Әййемги грек ойшылы Платон пәнлерди, ойын жәрдеминде ӛтиўди усыныс еткен. 
Ойында бала ӛз қәбилетин жақсырақ кӛрсетеди деп ойлаған. Платон «Адамларға жаққан 
пәнди оларға мәжбүрлеп емес, керисинше ойынлар арқалы ӛтсе, балалар ӛзлериниң неге 
ийкемли екенин жақсы кӛрсетеди» деп айтып ӛткен. «Бала жаслығынан нени кӛрсе, 


264 
ӛскенде сондай болады» деген халқымызда даналық гәп бар. Әййемги философлардан 
бири Аристотель де «Балалардың бос ўақтын мазмунлы ӛткериў ушын, оларды ойынлар 
менен ойнатқанымыз, олардың ден саўлығына пайдалы және жақсы дем алыўына 
себепши болады» деп атап ӛткен.
Спортты раўажландырыў ушын баланы жастан тәрбиялағанымыз жақсы 
дурысырақ болады. Бул ҳаққында орта әсир педагоглары да «дене тәрбия ҳәм дене 
мәденияты теориясын ислеп шыққанда ойынларға үлкен итибар бӛлгенлигин кӛриўимиз 
мүмкин» [4]. 
Бокс бойынша жәҳән чемпионы Монреал Олимпиадасының гүмис медалы ийеси 
Р.Рисқиевтиң «Ҳәр бир спортшының әрманы, олимпиада ойынларына қатнасыў және 
орын алыў» деген сӛзи де руўхиятымызды кӛтереди.
Жуўмақлап айтқанда, спортышаларымыздың жоқары жетискенликлерге ерисиўи, 
оларды мектепке шекемги жас дәўирлеринен баслап-ақ спортқа қызықтырып 
келгенимизге да байланыслы болады деген пикирдемиз. 

Download 6.22 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   142   143   144   145   146   147   148   149   ...   266




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling