Ӛзбекстан республикасы жоқары ҩӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги әжинияз атындағы нӛкис


Download 6.22 Mb.
Pdf ko'rish
bet149/266
Sana17.08.2023
Hajmi6.22 Mb.
#1667691
1   ...   145   146   147   148   149   150   151   152   ...   266
Bog'liq
Топлам КОНФЕРЕНЦИЯ 2021

Adabiyotlar
1. 
Alobova Dinora Vohidovna
, Ta'lim jarayonida zamonaviy innovatsion 
texnologiyalarning ahamiyati. 
T: 
O'qituvchi.
2. 
Azbarov Yu.T. Bolalarni sеvish san‗ati. T: O‘qituvchi.1991. 138-b. 
3. 
Azizхo‘jayеva N.N. O`qituvchi tayyorlashning pеdagogik tехnologiyasi. –T.: 
TDPU. 2000. 52.b. 
4. 
Bozorov E.B., Musurmonova O.A. O‘qituvchi ijodkorligi davr talabi. - 
T.:O`qituvchi.1991 
ОҚЫЎШЫЛАРДЫ ӚЗ-АРА АЎХАМЛАСЫП
МИЙНЕТ ИСЛЕЎГЕ ҤЙРЕТИЎ МӘСЕЛЕЛЕРИ 
 
С.К.Кадрекова – Нӛкис қаласы, 39 санлы улыўма орта 
тәлим мектеби оқытыўшысы 

Балаларда оқыў процесинде қәлиплесетуғын әдеп-икармлы қатнас сыпаты класстан 
тыс жумысларда беккемленеди ҳәм бир қанша толықтырылып жетилистириледи. 
Класстан тыс жумыслар оқыўшылар хызметиниң ҳәр түрли формаларына ҳәм конкрет 
мазмунына күтә бай. Балалар сабақтан тыс ўақытта жәмийетлик пайдалы мийнетке 
араласады, оқытыўшы берген тапсырмаларды орынлайды, класс топарларының 
жыйналысларына қатнасады, бирге ойнап, бирге экскурцияларға, шығып, жуўырыў, 
секириў ҳәм тағы басқа ойын түрлеринен жарысқа түседи. Гейде класстан тыс 
ўақытлары бирлесип атқарған хызмет муғаллимге жәмәәтте балалардың ӛз досларының 
қандай да болмасын биреўи жӛнинде қәлиплескен қәте пикирлерин ӛзгертиў, 
балалардың ӛз-ара қатнасларын керекли бағдарға қарай бурыў мүмкиншилигин береди. 
Мысалы, бир оқыўшының сабақтағы тәртипсизлиги, муғаллимниң оған жийи жасаған 
ескертиўлери, оның қатал мүнәсебетлери жәмәәтте баланы жек кӛриўшилик қарым-
қатнасының жүзеге келиўин пайда етиўи итимал. Ол оқыўшы ӛзиниң сабақтағы минез-
қулқын жақсылағаннан кейин де жәмәәттеги қәлиплескен бул жағдайды муғаллимге 
ӛзгертиў аңсат болмай қалады. Усыларды сапластырыў мақсетинде педагог ӛзиниң 
алдына қойған мақсетине жетиў ушын тәбиятқа жасалған экскурция ўақтында ол 
баладан оның жақсы билетуғын нәрсеси, ҳаққында айтып бериўин сораўы мүмкин. 
Усындай жағдайда балалар ол оқыўшы менен араласып жүрип, оның минез-қулқының 
жақсы тәреплерин кӛриўге ериседи. Бул ҳәрекетлерден кейин баланың ӛзи де дүзеледи, 
басқа балаларға исеним менен қатнас жасай баслайды, балалардың гейбиреўлери менен 
досласып кетеди. 
Класстан тыс жумыслар барысында балалардың арасында ҳәр қайсысының жеке 
ӛзгешелигин белгилейтуғын қарым-қатнасы қәлиплеседи. Қәлиплескен усы ӛз-ара 
қарым-қатнаслар оқыўшы жеке басының раўажланыўының буннан кейинги барысына да 
тәсир жасаўы жийи сезилгени мәлим. 
Балалардың ӛз-ара қарым-қатнасы ушын олардың жәмәәтлескен түрде ис алып 
бара билиўиниң де әҳмийети уллы. Балалардың ӛз ҳәрекетлерин басқалардың 


269 
ҳәрекетлери менен үйлестире билмеўи, бир-бирине жәрдем бере билмеўи, олардың бирге 
болыўға умтылмаўын пайда етеди, олардың ӛз-ара қарым-қатнасына унамсыз тәсирин 
тийгизеди. Балалардың бирлесип ҳәрекет етиўге үйрениўи ушын жумысты 
жобаластырыў, мийнетти бӛлистириў, ӛзине берилген тапсырманы орынлаў ҳәм барлық 
исти бир тутас жумыс түринде дыққатта тутыў, ортақ жумысқа есап бере билиўин 
нәзерде тутып муғаллим балаларға кӛрсетпе береди ҳәм бул ислерди қалай орынлаў 
кереклигин түсиндиреди. 
Балаларды жәмәәтлик ҳәрекетти алып барыў усылларына үйретиў муғаллимниң 
айрықша ҳәм арнаўлы ўазыйпасы болып табылады. Жәмәәтлик жумыс үстинде 
балалардың арасындағы пайда болатуғын искерлик қарым-қатнасықлар кӛплеген 
жағдайда үлкенлер тәрепинен ретлестирилип отырылады. Муғаллим жумыстың 
сапасына, ойын процесине, жыйынларды ӛткериўге ғана емес, соның менен бирге усы 
жәмәттлик ҳәрекетке қатнасыўшылар арасында пайда болатуғын қарым-қатнасларға да 
анық талаплар қойыўы керек. Балалар бул талапларды билиўи ҳәм түсиниўи тийис. 
Улыўма билим беретуғын мектеп биринши класстан баслап барлық оқыўшылардың 
шамасына қарай коллектив мийнетке араласыўын тәмийинлеўи керек. Мийнетке 
тәрбиялаў тек технология сабақлары процессинде ҳәм айырым мийнет ҳәрекетлеринде 
ғана емес, ал мектептиң барлық оқыў-тәрбия жумысларының жыйындысы менен әмелге 
асады.Бул исте халық педагогикасы [1] дәстүрлеринде есапқа алған жӛн. 
Ӛз оқыўшыларын оқытып ҳәм тәрбиялай отырып, баслаўыш класс муғаллими 
балаларды алды менен қол мийнетине үйренип барыўшы. қол мийнетин талап ететуғын 
жерлерде мийнет етиўге, ҳәм билимин тереңлестириўди даўам етиўге таяр туратуғын 
мектепти питкериўшилер ретинде кӛреди. Муғаллим күнделикли класс пенен алып 
баратуғын жумысында ҳәзирги заман билимлери менен қуралланған, дӛретиўшилик 
хызметке уқыплы жәмәәт пенен ислесе алатуғын ӛзиниң маманлық ҳәм улыўма 
мәдений дәрежесин кӛтериўге умтылатуғын, белсенди турмыслық кӛз-қарасқа ийе 
мийнеткеш, кәмил инсанды тәрбиялаўға умтылады [2]. Бул идеалға муғаллим мийнет 
тәрбиясының мақсетин, мазмунын, сиясий ҳәм әдеп-икрамлық тәрбия менен бир 
пүтинликте жобаластыра отырып ҳәрекет етиўи лазым. 
Оқыўшыларды мийнетке үйретиў, оған ҳүрмет пенен қараўды тәрбиялаў, оларды 
жәмийетлик пайдалы мийнетке актив тартыў жағдайында ғана иске асыўы мүмкин. 
Муғаллим ўазыйпаны шешиўде балаларға жетерли ӛз бетинше ислеўге мүмкиншилик 
береди, пайда болған сораўларға ӛз бетинше жуўап излеўге үйретеди, балалардан 
ойланыўды, излениўди яғный сырттан турақлы кӛмексиз белсендилик пенен ӛз бетинше 
ислеўди талап етеди.
Жәмәәтлик жумыс ушын балалар бӛлимшелерге бӛлистириледи. Жумыс процесси 
ўақтында муғаллим балаларға ӛз ара қатнасларды жолға қойыўға аўызбиршиликли 
жумыстың қәддин ислеп шығыўға, мийнет ҳәрекетинде пайда болатуғын мәселелерди ӛз 
бетинше шешиўге кӛмеклеседи. Балаларды жумысқа берилип бар интасы менен ислеўге 
үйретиў оғада әҳмийетли. «Бӛлимшелерди» дүзиўде муғаллим оның ишинде 
шӛлкемлестириўши бола алатуғын оқыўшы, сондай-ақ ортақ жумысқа инициатива
дӛретиўшилик руўх енгизе алатуғын, айқын дослық сезимлери менен кӛзге кӛринетуғын 
оқыўшылардың болыўына дыққат аўдарады. Егер бул ўазыйпаны дәслепки гезде шешиў 
мүмкин болмаса жумыстың келеси түрлеринде муғаллим балалар бир-биринен мийнет 
кӛнликпелерин, шӛлкемлестириўшилик уқыпты, дослық ҳәрекетлерди үйрене 
алатуғындай етип оқыўшылар топарын ӛзгертиўи зәрүр. 
Кем-кемнен балалар бир-бириндеги мийнет уқыпларын -«Ол кӛп нәрселерди ислей 
алады, оның менен бирге ислеў қызықлы», иске дӛретиўшилик қатнасты пайда етип, - 


270 
«Кӛп нәрсени ойлап табады» Жақсы ойлай биледи, дослық дыққатты ҳәўижлендирип, - 
«Кӛмеклесе алады, сықымар емес, ҳәммеге жақсы болыўын ойлайды» - сыяқлы баҳалай 
баслайды. Жумыс ислейтуғын адамның унамлы сапаларын усылайынша түсиниўге 
муғаллимниң баҳалаўы да, ортақ истиң барысы нәтийжесин жәмәәт болып таллаў да 
жәрдем береди.
Усындай педагогикалық тәсир жасаўлар жәрдеминде муғаллим кем-кемнен 
балаларды аўызбиршиликли атқарылған жумыс ғана дурыс шӛлкемлестирилген 
жәмәәтлик мийнет нәтийжесиниң жақсы сапасына еристиретуғын, кеўил-хошлықты 
кӛрип, қуўаныш алып келетуғынын сезиниўге ериседи. Әсиресе мийнетке қызығыўды 
қуўатлайтуғын ҳәм раўажландыратуғын, сондай-ақ балаларды ӛз уқыплықларын кӛрсете 
алатуғын, ӛз билимлериниң пайдасын кӛре алатуғын зәрүр есапланған мийнетке ҳәм 
жәмәәтлесип жасаўға тартыў әмелге асырылады. 

Download 6.22 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   145   146   147   148   149   150   151   152   ...   266




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling