Ӛзбекстан республикасы жоқары ҩӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги әжинияз атындағы нӛкис


Биз ӛз алдымызға мәмлекетимизде Ҥшинши Ренессанс дәўирин қурыўдан


Download 6.22 Mb.
Pdf ko'rish
bet145/266
Sana17.08.2023
Hajmi6.22 Mb.
#1667691
1   ...   141   142   143   144   145   146   147   148   ...   266
Bog'liq
Топлам КОНФЕРЕНЦИЯ 2021

Биз ӛз алдымызға мәмлекетимизде Ҥшинши Ренессанс дәўирин қурыўдан 
уллы мақсетти қойған екенбиз, буның ушын жаңа Хорезмийлер, Берунийлер, Ибн 
Синолар, Улуғбеклер, Наўайы ҩәм Бабурларды тарбиялап беретуғын 
имканиятларды жаратыўымыз керек. Бунда биринши нәўбетте тәлим ҳәм тәрбияны 
раўажландырыў, саламат турмыс тәрзин қарар таптырыў, илим - пән ҳәм 
инновацияларды жетилистириў миллий идеямыздың тийкарғы уазыйпалары болып 
хызмет қылыўы лазым. [4] 
Усы мақсет жолында жасларымыз ӛз алдына үлкен шоққыларды қойып, оларға 
ерисиўлери ушын кең имканиятлар жаратыў ҳәм ҳәр тәреплеме кӛмек бериў бәршемиз 
ушын ең әҳимийетли ўазыйпа болыўы зәрур. Сонда ғана жасларымыз халқымыздың 
әсирлик арзыў-үмитлерин жузеге шығаратуғын уллы ҳәм қүдиретли күшке айланады.
Бириншиден, жас әўладқа бақша, мектеп ҳәм жоқарғы оқыў орынларында 
сыпатлы тәлим-тәрбия бериўди жолға қойыу, олар дене тәрбия ҳәм маънауий саламат, 
ўатанға деген садық инсанлар болып улғайыўы ушын бәрше күш ҳәм имканиятларды 
жолға қоямыз. 
Екиншиден, жасларды заманагӛй билим ҳәм тәжирийбелер, миллий ҳәм улыўма 
халықлық үрип-әдетлер тийкарында еркин ҳәм терең пикирлейтуғын уллы пәзийлетлер 
ийеси болған инсанлар етип камалға жеткериў. 
Ҥшиншиден, ул-қызларымызды мийнет базарында талап жоқары болған заманагӛй 
кәсип-ӛнерге үйретиў, оларда исбилерменлик кӛнликпелери ҳәм мийнет суйиўшилик 
пәзийлетлерин қәлиплестириў ҳәм де жаңалықларды жүзеге шығарыў, жумыс ҳәм үй-
жай менен тәмийнлеўге айырықша итибар қаратамыз. 
Бир сӛз бенен айтқанда, бала туўылғанынан баслап, 30 жасқа шекем болған дәўирде 
оны ҳәр тареплеме қоллап-қуўатлайтуғын, ӛмирде мүнәсип орын табыўы ушын кӛмек 
беретуғын, үзликсиз система жаратылады. Дүнья тәжирийбеси соны кӛрсетеди, жас 
әўладты ҳәр тәреплеме бәркамал етип камалға келтириў ушын сарыпланған күш 
жәмийетке он, жуз барабар кӛп пайда келтиреди. Уллы ата-бабаларымыз Абу Али ибн 
Сино, буннан мың жыл алдын ―Даўжурек ҩәм батыр‖ инсанлар келешекте жүзеге 
келетуғын билими ҳәм тәжрийбели, узақты кӛре алыў пәзийлетлерин, жасларымыздағы 
күш-ғайрат, мәртлик ҳәм пидайылық пенен бирлестире алсақ, кӛзлеген шоққыларға 
әлбетте жетемиз. Жаңа Ӛзбекстанды усындай билимли ҳәм жаңалыкка умтылыўшы 
жасларымыз бенен бирге қурамыз. 
Мәмлекетимиз басшысы айтқанындай, «Ӛзбекстанның ертенги күнине исенимди 
беккемлеў, ата-бабаларымызға мүнәсип болыў ушын раўажланыўды илимнен баслаў 
керек. Себеби илимсиз ҳеш бир тараўда нәтийже болмайды» - деген еди. Әлбетте илим - 
бул инсанды кәмилликке жетелейди. Кейинги үш жылда бул барадағы мәселелерди 
нәтийжели шешиў, мәмлекетимизде кадрлар таярлаў системасын еле де жетилистириў 
бойынша кең кӛлемли ислер әмелге асырылды. Усы мақсетте қатар пәрман ҳәм 


262 
қарарлар қабыл етилип, бул бойынша комплекс ис-ҳәрекетлер ушын пухта ҳуқуқый 
орталық жаратылды. Мектепке шекемги тәлим, улыўма тәлим ҳәм жоқарғы тәлим 
системасы мазмун ҳәм сыпат тәрептен жаңаланып бармақта [4].
Ӛбекстанда уллы ойшылларымыз, алымларымыз — Мырзо Улуғбек ҳәм Муҳаммед 
Хорезмий атындағы талантлы балалар мектеплери, халқымыздың ардақлы 
әдебиятшылары атлары менен аталған дӛретиўши мектеплери, «Темурбеклер мектеби», 
Президент мектеплери, арнаўлы мектеплер сыяқлы жаңа заманагӛй үлгидеги тәлим 
орынлары шӛлкемлестирилгени елимиз перзентлери ушын тәлим-тәрбия алыў бойынша 
жаңа имканиятлар ашып бермекте [2]. 
Мәмлекетимиз 
басшысы ӛткен жыл ноябрь айында Қарақалпақстан 
Республикасына келген ўақтында Мәмлекетимизди жаңа раўажланыў басқышына 
кӛтериў ушын, ең әўеле, жаңа әўлад кадрларын таярлаў кереклигин, сол мақсетте 
елимизде 
жаңаша 
түрдеги 
мектеплер 
яғный 
Президент 
мектеплериниң 
шӛлкемлестирилиўи айтып ӛтилген еди. Усы жыл 20 фeвраль күни Мәмлекетимиз 
басшысының «Президент мектеплерин қурыў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл 
қылынды
.
Жуўмақлап айтқанда, ата - бабаларымыздың басып ӛткен жоллары, олардың қандай 
инсанлар болғанлығын кӛз алдымызға келтирип, ӛзимизге үлги алған ҳалда Ҳүрметли 
Президентимиздиң исенимин ақлау биз жаслардың тийкарғы ўазыйпаларымыздың бири 
деп билемиз. Яғный, биз жаслар ӛз үстимизде излениўди тоқтатпай, ҳәмийше 
жаңалықларға умтылып, илим ҳәм билимимизди жетилистириўимиз керек. Себеби биз 
жаслар Ӛзбекстанымыздың ертенги келешегимиз!

Download 6.22 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   141   142   143   144   145   146   147   148   ...   266




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling