Ӛзбекстан республикасы жоқары ҩӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги әжинияз атындағы нӛкис


Download 6.22 Mb.
Pdf ko'rish
bet92/266
Sana17.08.2023
Hajmi6.22 Mb.
#1667691
1   ...   88   89   90   91   92   93   94   95   ...   266
Bog'liq
Топлам КОНФЕРЕНЦИЯ 2021

Адабиѐтлар
1. Янги Ўзбекистон газетаси. Ўқитувчи ва мураббийлар – янги ўзбекистонни барпо 
этишда катта куч, таянч ва суянчимиздир. 2020 йил 1 октбрь № 188 1-3 бетлар. 
2. Қуронов М. Мактаб маънавияти ва миллий тарбия. – Т.: ФАН, 1995. – 118 б. 
 
ҨАДИСЛЕРДЕ ҚАЙЫР-САҚАЎАТ МӘСЕЛЕЛЕРИ 
Қ.С.Сейтмуратов – НМПИ, п.и.к., доцент 
Республикамызда ғәрезсизликтиң шарапаты менен ислам тәлийматы миллий 
педагогикамыздың методологиялық тийкарларының бирине айлана баслады. Қураны 
кәрим ҳәм оннан кейинги кийели дерек есапланған ҳадислер жасларымызға тәлим-
тәрбия бериўде әҳмийетли дереклер қатарынан орын алмақта. 
Ислам тәлийматы тийкарынан инсанларды жақсылыққа, жақсы пазыйлетлерге 
тәрбиялаўға бағдарланған. Пайғамбарымыз ислам тәлийматының әҳмийетин кӛрсете 
отырып, дин-бул нәсийҳатдур деп кӛрсетеди. 
Пайғамбарымыздың ӛмири даўамында ӛзи әмел еткен қағыйдалары, оның айтқан 
пәнду-нәсиятларынан ибарат болған рәўиятлар мәнисинде бизге жетип келген 
ҳәдислерде инсанлардың бир-бирине жәрдем бериўи, қайыр сақаўат мәселелерине үлкен 
дыққат аўдарылған. 
Ҳәдислерде «Напақа бериўди ӛзиңнен басла, ауысқанын шаңарақ ағзаларына, 
оннанда аўысса туўған-туўысқанларыңа, ағайынлериңе сарыпла. Егер оларданда артып 
қалса дәслеп, жақынларыңа, кейин узақларыңа тарқатабер» (1.51.) делинеди. Иләжы 
болғанынша басқаларға жәрдем бер, «ярым хурманы садақа етип болсада, ҳеш болмаса 
адамларға шийрин сӛзлилик, хош пейиллилик етиў жолы менен болсада ӛзлериңизди 
қайнаған дозақтан сақлаңлар» (1.53.) деп нәсиятлайды. 
Сондай ақ «жетимге рейимиң келсин, оның басынан сыйпа, аўқатыңнан бер, сонда 
кеўлиң жумсарады, мүтәжлигиң питеди» (1.52) деп, инсанларды жақсылыққа, қайыр-
сақаўатқа ийтермелейди. 
Соның менен бирге «Мӛмин адамға ӛлиминен кейин шарапаты тийип туратуғын 
әмеллериː тарқатқан илими, қалдырған садық перзенти, мийрас қалдырған қураны, 
қурған мешити, жолаўшылар ушын салдырған мийманханасы, қазған салмасы ҳәм тири 
ўақтында ҳәм саламатлығында қайыр-сақаўат ушын ажыратқан дүнья-малы» (1.71) деп 
кӛрсетип, адамларды сақаўатлы инсан болыўға шақырады. Қайыр сақаўат етиўди «тири 
ҳәм саламатлығында» деп кӛрсетип, иләжсызлықтан емес, ал толық ӛзиниң ақыл ҳәм 
ҳүжданы менен әмелге асырыўы лазым деп уқтырады. 
Пайғамбарымыз ӛз ҳәдислериниң биринде айтадыː «Жәннетке кирдим ҳәм оның 
есиги үстиндеги тӛмендеги жазыўды кӛрдимː «Садақаға 10 саўап, қарыз бергенге 18 
саўап». –Эй, Жабырайыл, не ушын садақаға 10 саўап, қарыз бергенге 18 саўап делинген?
деп сорадым. Ал, ол-себеби садақа байдыңда қолына түсиўи мүмкин, камбағалдыңда 
қолына түсиўи мүмкин, ал қарыз тек мүтәж адамның қолына түседи.» (1.87). Демек 
мүтәж адамға қарыз берип турыў жүдә саўаплы ис болып, қайыр-сақаўаттың ең жоқары 
кӛриниси сыпатында баҳаланған. Соның менен бирге бул жерде қайыр-сақаўат ислерин 
әмелге асырыўда мүтәж инсанларға бериўдиң саўаплырақ екенлигине дыққат 
аўдарылғанлығының гүўасы боламыз. 
Сондай ақ ҳәдислерде «…сизлерге ант етип айтаман, садақа бериў бендениң дүнья-
малын азайтпайды» (1.79), «садақа бәле-қазаны қайтарады» (1.83), «тиленшини бос 
қайтармаңлар, егер шыбынның басындай зат берип болсада» (1. 88) деген қатарларда 
улыўма инсаный қәдириятларға тән болған қәсийетлердиң улығланғанлығын кӛремиз. 


171 
«Әлбетте сизлер адамлардың ҳәммесине мал-дүньяңызды жеткере алмайсызлар, 
лекин оларға ашық жүз бенен, хош - әдеплилигиңизди жеткере аласыз» (1.71) деп 
инсанларды әдеп-икрамлылыққа, киши пейилликке шақырады. Булардан барлық 
инсанлар, биринши гезекте жасларымыз үлги алса арзыйды. 
Қайыр – сақаўат ислери Авестодан тартып, тарийхымыздың барлық дәўирлеринде 
де адамзат ушын уллы ҳәм баҳалы қәсийет сыпатында баҳаланып келинген. Халық 
педагогикасында, соның ишинде халық аўызеки әдебиятында, дәстанларда қайыр-
сақаўат ислери бәрқулла мәртлик ҳәм кеңпейилликтиң нышаны есапланған.
Узақ дәўирлерге бармай ақ ашлық жылларында Шымбайда Асқар бай ӛз 
қәрежетлери есабынан ун әкелип халыққа тарқатқаны, оның үйиниң алдында ҳәр күни 
үлкен шүлен қазанда аш-жалаңаш халық ушын ешейин жарма-жаўғанның писип турыўы 
үлкен адамгершиликтиң белгиси сыпатында қаралады ҳәм келешек әўлад оның исмин 
елеге шекем ардақлап келмекте. 
Нӛкис районынан шыққан әпиўайы мектеп муғаллими, Ӛзбекстан қаҳарманы 
Алланияз Ӛтениязовтың қылған қайыр - сақаўатлық ислери елимиз, халқымыз тәрепинен 
жоқары баҳасын алып киятыр. Ол 42 жыл даўамында қалыс кем тәмийинленген 36 
шаңараққа имарат, еки жерден орта мектеп, еки жерден бала бақша, және еки жерден 
шыпакерлик пункти, улыўма 42 имарат салып, 174 шаңарақтың жайын пулсыз 
ремонтлап берип, инсаныйлықтың жоқары шыңына шыққан, дүньяда сийрек 
ушырасатуғын қайыр-сақаўатлы адамның бирине айланды (2.50). Оның бундай шын 
мәнидеги қаҳарманлығын елимизде ғана емес ал, пүткил дүнья тән алады. 
А.Ӛтениязовқа Куба президенти Фидель Кастродан, дүнья кӛлеминдеги эстрада 
жулдызлары М.Могамаев ҳәм А.Пугачѐвадан, дүнья чемпионы В.Кличкодан, лѐтчик-
космонавт, еки ирет аўқам қаҳарманы А.Рязанов, Аргентиналы миллионер Х.Сапун ҳ.т.б. 
оның буныңдай шын мәнидеги инсаныйлық хызметлерин тән алып, рахметлер 
жаўдырған хатларын кӛрсетип ӛтиў мүмкин (2.47). Бундай инсанлардың саны жылдан-
жылға кӛбейип, қайыр-сақаўат ислериниң саны артып бармақта. Ҳәзирги ўақытта 
елимизде кӛплеген қайыр-сақаўат фондлары, шӛлкемлери ӛз жумысларын әмелге 
асырып атыр. 
Жуўмақлап айтқанда ҳәдис үлгилеринен ҳәзирги үзликсиз билимлендириў 
системасында кеңнен пайдаланыў жасларға берилип атырған тәлим-тәрбияның сапасын 
кӛтериўге ӛзиниң унамлы тәсирин тийгизери сӛзсиз. Оларды ҳадаллыққа, кең 
пейилликке, ҳәмийше жәрдемге мүтажларға, жетимлерге ғамхорлық етиўге үйретиў, 
оларды қайыр-сақаўатлылық ислерине бағдарлаў ҳәзирги жетилискен инсан 
тәрбиясында үлкен әҳмийетке ийе. 

Download 6.22 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   88   89   90   91   92   93   94   95   ...   266




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling