Ӛзбекстан республикасы жоқары ҩӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги әжинияз атындағы нӛкис


Download 6.22 Mb.
Pdf ko'rish
bet42/266
Sana17.08.2023
Hajmi6.22 Mb.
#1667691
1   ...   38   39   40   41   42   43   44   45   ...   266
Bog'liq
Топлам КОНФЕРЕНЦИЯ 2021

Ádebiyatlar 
1. Qaraqalpaq folklorı. Kóp tomlıq 88-100 tomlar. Nókis. «Ilim» 2015. Balalar sóz 
óneri hám oyınları. 
2. Шылманов П. Миллий балалар ойынлары. Нӛкис., «Қарақалпақстан» 1994. 
3. Bawatdinova S. Qaraqalpaq balalar folklorınıń lirikalıq túrleri. «Tafakkur bostanı» 
2019. 
ҨӘЗИРГИ ЎАҚЫТТА БАСЛАЎЫШ БИЛИМЛЕНДИРИЎДИ 
ИНТЕГРАЦИЯЛАЎДА ИННОВАЦИОН ТЕХНОЛОГИЯЛАРДАН 
ПАЙДАЛАНЫЎДЫҢ ӘҨМИЙЕТИ 
А.Т.Тилегенов - ӚзПИИИ Қарақалпақстан филиалы директоры,
п.и.к., үлкен илимий хызметкер 
 
Ҳәзирги ўақытта билимлендириў тараўында интеграциялаў мәселелси актуаль 
мәселелерден саналады. Ӛйткени халық билимлендириў тараўын интеграциялаў 
күнделикли ўазыйпаға айланбақта. Раўажланған мәмлекетлерде бул мәселе ӛз шешимин 
таппақта. Сол себепли бизиң елимизде де интеграциялаў процесси ӛткерилмекте.
Батыс Европа ҳәм Россия мәмлекетлеринде интеграциялаўдың илимий-
педагогикалық тийкарлары исленип шығылған. Бизиң алдымызда турған ўазыйпалардан 
бири бул билимлендириў системасын интеграциялаў. 
Оқыў системасындағы интеграция. Мектеп - академиялық лицей, коллеж, 
университет, институт, ислеп-шығарыў орайлары, ислеп шығыў бирлеспелери, илимий 
ислеп шығарыў ҳ.т.б. 


56 
Пәнлерди интеграциялаў. Бул айырым уқсас пәнлерди интеграциялаў болып 
табылады. 
Класслар бойынша интеграциялаў. 
Табийғый пәнлерди интеграциялаў. 
Негизги пәнлерди интеграциялаў 
Әлбетте, интеграциялаўдың ӛзи бул бир пүтин ҳалатқа келтириў болып табылады. 
Оқыўшыларға предметлер бойынша барлық қолайлықларды туўдырыў болып табылады. 
Солай екен, биз оқыўшыларға дүнья жүзилик билимлер алыўға имканият жаратыўымыз 
керек. Оларда жаңа педагогикалық технологиялар тийкарында билим, кӛнликпе, 
уқыплылықларды қәлиплестириўимиз керек. 
Дәўирдиң қызғын талаплары ҳәм жәмийет раўажланыўы менен барабар 
раўажланып барыўшы нызамларға тийкарланып, дүнья тәжирийбесине сүйенген ҳалда 
Ӛзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасындағы баслаўыш тәлим мектеплериниң 
таяныш оқыў режеси дӛгерегинде ана тили, оқыў, математика, дене тәрбиясы, музыка, 
сүўрет, экономика ҳәм тәбият тәлими бӛлимлери усылар менен бирге инсан ҳәм 
жәмийет циклине бирлескен интеграл тәлим тараўы киритиледи. Бул тәлим тараўы 
баланың жеке физикалық ҳәм руўхый байлығын тәмийинлеўде зәрүрли әҳмийетке ийе. 
Бул тараўдың тәлим бериў барысында баланың физикалық жақтан шынығыўын 
тәмийинлеўге хызмет қылатуғын ең әҳмийетли кӛнликпелер әдеп-икрамлық нормасын 
билиўши миллий үрп-әдетлер, кийиниў әдислерин, кишипейиллик ҳәм гӛззаллықты 
пайда ете алыў кӛнликпеси, дүньяны, жәмийетти материаллық тәмийинлеўди, адамзат 
дүньясын ҳәм адам искерлигин реңлер жәрдеминде ойлап сәўлелендире алыўға, миллий 
идеяны инсанның пикир-ойларын түрли музыкалы тараўлар жәрдеминде аңлаў 
кӛнликпеси, сондай-ақ, шаңарақ ҳәм оның экономикалық тийкарлары ҳаққында 
дәслепки ең әпиўайы кӛнликпелерди пайда етеди. 
Баслаўыш билим бериўдиң баслы мақсети - балалардың ҳақыйқый ҳәр тәреплеме 
раўажланған адам болып қәлиплесиўин тәмийинлеў. Усыған байланыслы усынылып 
отырған баслаўыш билим бериў системасы ҳәзирге шекем қолланылып келген 
предметди оқытыўға тийкарланған баслаўыш билим бериўден интеграл тийкарындағы 
баслаўыш билим бериўдиң артықмашылығын кӛрсетеди. Нәзерде тутылып атырған 
баслаўыш билим бериў жәмийеттиң раўажланыўы менен бирге қәлиплесип 
жетилисетуғын билим бериў ҳәм теориясына сүйенеди және белгили избе-из дәрежеде 
раўажландырылады, жеке адамның жәмийет талапларына сәйкес ӛсип барыўын 
тәмийинлейди. 
Жас әўладты кәмил инсан етип тәрбиялап жетилистириўде миллий қәдириятлардың 
айрықша әҳмийети бар екенлигине итибар қаратылды. Миллий қәдириятлар халықтың 
неше-неше әсирлер даўамында топлаған материаллар, мәдений, руўхый мийрасларын 
қамтып алады. Халықтың ӛтмиши, арзыў-әрманлары, үрп-әдетлери, мәденияты, тарийхы 
оның менен ӛмир бойы бирге жасап киятырған халық дӛретиўшилигинде ӛз 
сәўлелениўин тапқан болады. Сонлықтан ӛзлигин қайта тиклеўде халық дӛретиўшилиги 
үлкен әҳмийетке ийе болып отыр. Халық дӛретиўшилигиниң үлгилерин тәлим-тәрбия 
бериўде қолланыў бүгинги күндеги актуал ўазыйпалардан есапланады. 
Мектеп сабақлықларын жазыўда, яғный олардың мазмунында тәлим-тәрбиялық 
оқыў материалларының үзликсиз түрде берилиўи, сабақлықлардың интеграциясына 
үлкен итибар бериў керек. Ҳәзирги ўақытта интегратив сабақлықлар жаратыў актуаль 
мәселелерден саналады. Интеграция халық билимлендириў тараўында әмелге 
асырылмақта. Солай екен, ҳәр бир сабақлықты жаратыўда бул мәселелерге үлкен итибар 


57 
берилиўи зәрүр. Пәнлерди интеграциялаў - бул сәйкес пәнлердиң бир жерге топлап 
оқытылыўы болып табылады.
Баслаўыш тәлимди интеграциялаў мәселеси де ҳәзирги күнде жүдә керекли. 
Ӛйткени, келешек әўладқа билим бериў, яғный олардың санасында системалы илимий 
түсиниклерди қәлиплестириў басқышы усы жерден басланады. 
Улыўма тәлимниң биринши басқышы болған басланғыш билим бериў баланы 
пикирлеўге, ойлаўға, ӛз пикирин айтыўға ҳәм жуўмақ шығарыўға, саўатландырыў 
тийкарында беккем раўажланыўын тәмийинлеўге хызмет етеди. 
Баслаўыш тәлим Мәмлекетлик стандарты оқыў пәнлери бойынша емес, билим 
тараўлары, жәмийет талаплары бойынша белгилениўи тийис. Билимлендириў тараўлары 
бойынша стандарт кӛрсеткишлер баслаўыш мектептиң әмелий оқыў пәнлериниң 
мазмунына тийкарланып ғана қоймастан балалардың жас ҳәм раўажланыў 
ӛзгешеликлерин, талап ҳәм имкәниятларынан келип шыққан түринде жәмийетлик 
талапқа билим мазмунының кӛлемин шегаралаў, билим бӛлимлерин интеграциялаў 
имканиятларын береди. 
Ана тили тәлими балалардың еситиў, кӛриў, сезиў, ойлаў қәбилетлерин кеңейтиўге, 
оларда еркин пикирлей алыў, басқалардың пикирин аңлаўға ӛз пикирлерин аўыз-еки ҳәм 
жазба рәўиште еркин баян ете алыўға ҳәм де жәмийет ағзалары менен еркин қатнаста 
бола алатуғын кӛнликпе ҳәм билимлерин раўажландырыўға хызмет қылады. Бул орында 
ана тили тәлимине оқыў пәни емес, бәлким пүтин дүзимин улыўмаластырыўшы тәлим 
стандарты кӛрсеткишлери баланың пикирин саўатлы логикалық ойлаўға, излениўге, 
есапқа алған жағдайда баян ете алыўға үйретиў кӛз қарасынан белгиленеди. Басланғыш 
тәлим басқышында оқыўшылардың ана тили тәлими тараўы бойынша таярлық 
дәрежесине қойылатуғын минимал талаплар тӛмендеги стандарт ӛлшеўи арқалы 
сәўлеленеди. 
Оқыў техникасы, басқышлардың пикирин ҳәм текстиниң мазмунын аңлаў ҳәм де 
пикирлерин жазба түрде баян етиў қәбилети. 
Оқыў техникасы - баланың саўатлы жазба сӛйлеў белгилерин сӛйлеў қәбилетин 
алмастырыў кӛнликпесин анықлаў мақсетинде киритилген. Бул арқалы оқыўшының 
таныс емес болған текстти тәсирли оқыў тәризли яғный минутқа тексттен неше белги 
оқый кӛрсеткиши алынған. Класстан-классқа ӛтиў менен муғдарлық кӛрсеткиштеги 
белгилер санасыўы менен бирге берилген текстти оқыўдағы талаплар ҳәм баланың 
жасына сәйкес рәўиште артып барады. 
Басқалардың пикирин ҳәм текст мазмунын аңлаў қәбилети баланың аўыз еки баян 
етип атырған басқаның пикирин ҳәм жазба текст мазмунын аңлай алыў дәрежесин 
анықлаў мақсетинде киритилген. 
Бул кӛрсеткишлер 10 минутта қанша бетти басқалардың ҳәм текст мазмунын аңлаў 
ҳәм де оны аўыз еки баян ете алыў дәрежесин анықлайды. 
Пикирди жазба түрде баян етиў қәбилети қурамалы процесс болып ана тили 
тәлиминиң мақсети сол кӛрсеткишлерде иске асырылады. Оқыўшы тәрепинен дүзилген 
текстте сәўлеленеди: 
- пикирди логикалық избе-изликте сүўретлеп кӛрсетиў; 
- пикирлеў темасының қурамалылығының дәрежеси (әпиўайы, қурамалы, 
жыйнақлы, конкрет, абстракт ҳәм т.б.) баҳасы; 
- темада тилдиң сәўлелениў қуралларынан пайдаланыў дәрежеси, имлалық жазба 
саўатлылық. 
Муғаллимниң сӛйлеў, түсиндириў методы ең бир жеделли методлардан болып, ол 
сабақтың барлық басқышында қолланып отырылады. Баслаўыш класс оқыўшыларының 


58 
тәжирийбеси менен билимниң жеткиликсиз болыўына байланыслы муғаллим ҳәр бир 
исти оқыўшылардың тәжирийбесине жетерли етип түсиндирип барыўға туўра келеди. 
Түсиндириў методы сабақтың мақсетине байланыслы ҳәр қыйлы түрде қолланылыўы 
мүмкин. Мәселен: Хабарлаў - бунда муғаллим белгили бир түсиник бойынша 
хабарлайды. Мәселен: «Меншикли» атлыклар барлық орында бас ҳәрип пенен 
жазылады», «Сораў гәптиң кейнине сораў белгиси қойылады», ҳәм т.б. Бул жағдайда 
муғаллимниң түсиндириўи айрықша орын тутады. Бунда муғаллим тилди анализ етиў, 
қағыйданы ӛзи тәрепинен шығарыў, соларды қолланыў жолларын кӛрсетиў, дәлиллеў, 
булардың барлығын кӛрсетпелилик, мысаллар арқалы жаңа түсиниклерге қарай алып 
барыў жолы менен исенимли түрде түсиндиреди. Бул методтың қолайлылығы сонда, 
олда болса, билим менен кӛнлигиў кӛрсетпелилик пенен тығыз байланыста алып 
барылады. 
Оқыўшы муғаллимниң түсиндириўин тыңлайды, қадағалайды, кӛреди, 
муғаллимниң кӛрсеткен үлгилери бойынша пикир жүргизеди, дәлиллеў жолларын 
қәстерлейди. Бул жағдайлар оқыўшының белгили бир түсиникке саналы келиўине алып 
келеди. Муғаллимниң пикиринде, сӛзинде епкилик болмаў, тақырыптың мақсети анық 
ўазыйпасы белгили болып оқыўшының еплилик бойынша қабыл етиўине, избе-изликке 
салыўына, қадағалаўына, кейин ала қоллана билиўине қолайлы болып барыўына 
муғаллим ғамхорлық жасаўы тийис.
Муғаллимниң материалды сӛйлеп түсиндириўи 5-7 минуттан аспаўы тийис, себеби 
баслаўыш класстың оқыўшылары абстракт грамматикалық түсиниклерди узақ тыңлай 
алмайды. Сонлықтан, оқыўшыларға түсиндириўи узаққа созбай, ал оқыўшылардың 
ойлаўына, ислеўине қолайлы етип түсиндире билиў олардың исшеңлигин келтирип 
шығарыўға жағдай жасап бериў - түсиндириў методының баслы шәрти. 
Мектеп жумысларының талабына сәйкес, оқытыўдың сапасын арттырыў 
ўазыйпасы қойылып отырғанда, педагогика алдына және де уллы ўазыйпа - оқытыўда 
қолланылатуғын соған сәйкес, жеделли методлары усыныў қойылып отыр, ҳәзирги 
жасларды оқытыўдың ҳәм тәрбиялаўдың қыйын ўазыйпаларын табыслы шешиў 
муғаллимге байланыслы. Мектептиң мақсети ҳәр тәреплеме раўажланған жасларды 
оқытып, тәрбиялап шығарыўдан ибарат. Муғаллим метод таңлаўда, оны қолланыўда 
алдымыздағы усы мақсет пенен ўазыйпаларды нәзерде тута отырып таңлаўдан ибарат. 
қолланыўын тапсаң ҳәр бир оқытыў методына да жан енеди. Оқытыўдың нәтийжели 
болыўының гилти де усында. 
Ҳәзирги дәўирде баслаўыш классларда ана тилин оқытыўда қолланылып киятырған 
ҳәм қолланыўға тийисли методлар тӛмендегилер: муғаллимниң сӛйлеўин (түсиндириўи, 
гүрриң, ӛз бетинше ислеў, сабақлық пенен ислесиў, кӛрсетпелилик методлар менен избе-
из бирге оқытыў менен оқыўдың барысында оқыўшылардың логикалық искерлигин иске 
қосыўшы - аналитикалық, синтетикалық, индуктив, дедуктив методлар болып 
есапланады. 
1. Баслаўыш класста үйренилетуғын тил қубылысының ӛтилиўге тийисли тараўын 
үйрениўге қолайлылығы менен үйлесимлилиги, ямаса оқытыўдың принципи менен 
методтың сәйкес келиўи. 
2. Дидактикалық принциплердиң күн талабына сәйкес келиўи. 
3. Класста оқыйтуғын балалардың мүмкиншилигине (жасы, психологиялық 
ӛзгешеликлерине, таярлығына, билимине, класс ӛзгешеликлерине) сәйкес келиўшилиги: 
4. қолланыўға тийисли методтың объективлиги (билимине, класс ӛзгешеликлерине 
сәйкес келиўшилиги. 


59 
5. Муғаллимниң ӛзиниң мүмкиншилигине (тәжирийбесине, теориялық, әмелий 
таярлығына, жеке ӛзгешелигине қолайлылығы. Және де оқытыўдың барысында 
методтың қолланыўдың барысында муғаллимниң алдына ҳәр қыйлы күтпеген жағдайлар 
ушырасып қалыўы (ӛтилген тема үстинде сораў жуўап ӛткериў барысында 
оқыўшылардың таярланып келмегенлиги анықланады). 
Соның нәтийжесинде, бул жағдайды пайдаланыў ушын қолайлап келген гүрриң 
методы қолланыўға болмай қалады да, ал енди түсиндириў методы менен ислесип 
кетиўге туўра келеди. 
Мәселен, муғаллим гейпара сӛзлердиң ис-ҳәрекетти билдирип келетуғын 
дәслепкилерине ким? не? екиншилерине қандай? үшиншилерине не иследи? деген 
сораўлар қойылатуғынын айтты, олардың мәнилик тәрепи менен сораўларына дыққат 
бӛледи. 
Оқыўшылар бул сӛзлерди ӛз-ара салыстырып, биреўлериниң заттың атын, 
екиншилериниң 
заттың 
сынын, 
үшиншилериниң 
заттың 
ис-ҳәрекетин 
билдиретуғынлығын байқап, олардың лексикалық тийкарғы мәнилерин түсинип алады. 
Соңынан бул сӛзлердиң грамматикалық анықламалары түсиндирип терминлери 
кӛрсетиледи, булар ҳәр қыйлы шынығыўлар арқалы беккемленеди.
Баслаўыш класс муғаллимлериниң тийкарғы ўазыйпаларының бири сабақтан тыс 
оқыўды әмелге асырыўда жүдә керекли тәрбиялық ислерди ӛз ишине алып, баланың 
келешекти түсиниўге, оған тийкар салыўға бағдарланған режени талап етеди. 
Ҳәр бир жас әўлад мектеп басағасына келген күннен баслап тек билим, илим, 
тәрбия сырларын үйретип қоймастан ӛз устазларының жан дүньясынан кӛплеген жақсы 
қәсийетлерди де алып тәрбияланып барады. Ӛмир, тәбият, инсан тәғдири, жақсы менен 
жаманды, дос пенен душпанды, Ўатан еркинлиги ҳаққындағы түсиниклерди баслаўыш 
класслардағы сабақтан тыс оқыўдағы еркин темалар, сәўбетлесиў, гүрриңлесиў арқалы 
оқыўшы ӛз бойына сиңдире алады. Шәкирт билим берген устазына еликлегиш болады. 
Жас әўладтың келешек ӛмирине кӛз тасласақ, түсинген адамға муғаллимниң ӛмир 
ағымына қосар үлеси шексиз. 
Оқытыў дәўиринде ҳәр қандай қыйыншылықларды ӛз ишине алады. Әсиресе 
баслаўыш классларда: Мине, бул ислерди жеке асырыў ушын биз устазларға берилген 
45-минутлық сабақ ўақты азлық ӛтетуғынлығы белгили. Баслаўыш класс муғаллими 
балаға жетерли дәрежеде дәўир талабына сай билимлерди жеткериў ушын түрли ис 
усылларын ойлап, изленип үйренип барыўы тийис. 
Уллы педагог В.А.Сухомлинский «Класстан тыс жумыслар болмағанда 
сабақлықларды оқыў, қуры ядлап алыўға айланған болар еди»-деп кӛрсетеди. 
Ҳәзирги күнде сабақтың ҳәр түрли формалары менен билим сырлары 
үйренилмекте. Мысалы: ойын формасы, жарыс формасы, сораў - жуўаплар, саяхат 
сабақлар баланың ақыллылық дәрежеси, ой-санасы ойын ойнаў яки ӛз кӛзи менен кӛрип 
муғаллимниң анализлеп бериўи арқалы ӛсип раўажланады.
Класстан тыс жумысларды шӛлкемлестириў муғаллимниң ӛз бетинше кӛп, терең 
излениўшиликти талап етеди. Дәўир талабына сай класстан тыс жумысларды шебер 
шӛлкемлестириў арқалы ҳәр бир муғаллим тәжирийбе топлаўы сӛзсиз. Бул машқала 
кӛбирек республикамыз районларында ҳәм аўыллық мектеплерде жийи гезлеседи.
Басқа да балалардың ой-ӛрисин раўажландырыўға байланыслы ҳәзирги күнде бала 
психологиясына сай сабақ материалларына байланыслы ойынлар шӛлкемлестириў жаңа 
тема түсинигин кеңнен қабыллаўына тийкар болады. 
Бул тараў бойынша Республика билимлендириў ҳәм ағартыўшылық хызметкерлери 
бир қанша жумыслар ислемекте. Солардың бири оқыўшылардың билимин тексериўдеги 


60 
тест, рейтинг усылларынан қолланыў бул ойынлар оқыўшыны ӛзинше ойланыўға тестке 
таярланыўға жәрдемлеседи.
Билимлендириўдиң интегратив курсы кӛргизбели тәлим системасы болып, 
интегратив билимлерди тереңлестириў ҳәм кеңеәтиў тийкарында кӛргизбели 
шеберликти пайда етиў сырларын үйренеди.
Кӛргизбели тәлим системасы ҳәр түрли типлер, формалар, усыллар, объектлер 
тийкарында қурылған. Интеграцион курстың мақсет ҳәм ўазыйпалары тәбийғый-илимий 
тәлим системасында характерленеди. Интеграция курсы ўақытттың кӛлемине қарай 
әмелге асырылады.
Баслаўыш классларда интеграцион курстың мақсети тӛмендегише, тәбият ҳәм 
жамийет нызамларына жеке мүнәсебетти қәлиплестириў, дидиактикалық системада 
кӛргизбели жантасыўға алып келиўши методлар ҳәм усыллар, эвристикалық сәўбетлер, 
экскурсиялар, дӛретиўшилик ислер, диктант, жазыў ҳ.т.б. 
Оқытыўдың интегратив курсы басқа пәнлер менен ӛз-ара байланысы бар. 
Философия, логика, психология, педагогика, мийнет тәрбиясы ҳ.т.б. 
Билим тийкары - баслаўышта дейди халқымыз. Усы баҳалы пикирди басшылыққа 
ала отырып келешек жасларды билимли итибарлы, әдеп-икрамлы, ӛз ўатанын сүйиўши 
келешегимизди мәнили рәўиште даўам ететуғын инсанларды тәрбиялаў керек. 
Оқытыўшы сабақ процессинде оқыўшы менен демократиялық қатнаста болыўы 
лазым. Бунда оқыўшы менен мүнәсийбетлер ӛз-ара дослық, ҳүрмет-иззет тийкарында 
әмелге асырылып отырылады. Қатнасықтың бул - түри ҳәзирги заман талапларына 
толық жуўап береди. Булардың барлығы бизиң жәмийетимиздиң еркин-демократиялық 
ҳалда қурылыўына ӛзиниң жәрдемин тийгизеди. 

Download 6.22 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   38   39   40   41   42   43   44   45   ...   266




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling