Ӛзбекстан республикасы жоқары ҩӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги әжинияз атындағы нӛкис
Download 6.22 Mb. Pdf ko'rish
|
Топлам КОНФЕРЕНЦИЯ 2021
Адабиѐтлар
1. Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиѐевнинг Олий Мажлисга Мурожаатномаси. 2020 й. 29 декабрь. 2. Ўзбекистон Республикаси Президентининг «Педагог кадрларни тайѐрлаш, халқ таълими ходимларини қайта тайѐрлаш ва уларнинг малакасини ошириш тизимини янада такомиллаштириш чора-тадбирлари тўғрисида» 2017 йил 26 сентябрдаги ПҚ-3289-сонли қарори. 3. Ўзбекистон Республикаси Президентининг ―Халқ таълими тизимини 2030 йилгача ривожлантириш концепцияси‖ ПФ-5712-сонли Фармони. ТӘЛИМ СЫПАТЫН АРТТЫРЫЎДА ЕВРОПА ТӘЖИРИЙБЕЛЕРИНИҢ РОЛИ Б.Н.Палуанов - ТМАУ Нӛкис филиалы оқытыўшысы Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Нӛкис филиалында Европа Аўқамының Эразмус + бағдарламасының БУзНет («BUzNet – Ӛзбекстан ветеринария тармағында аралас тәлим») жойбары 2017-жылдан бери орынланбақта. Жойбар тийкарында инновациялық умтылыслар әмелге асырылмақта. Мәселен, жойбар шеңберинде оқытыўшылардың тәжирийбесин арттырыўда кӛриўге болады. Бул жойбар қатнасыўшылары болған Европа университетлери алымлары жойбарға инновациялық қатнас жасағанын айтып ӛтиў орынлы. «Инновация (инглизше innovation) жаңалық киргизиў, жаңалық. Инновациялық технологиялар педагогикалық қубылыс ҳәм оқытыўшы менен студент хызметине жаңалық ҳәм ӛзгерислер киргизиў болып, оны орынлаўда негизинен интерактив методолардан толық пайдаланылады» [1; 3]. Жойбар жумысына инновациялық қатнас жасап, қатнасыўшылар дәслепки танысыў-мәлимлеме алмасыў ушырасыўын Ӛзбекстанда ӛткериў бойынша шешим қабыл етти. Тәжирийбеден мәлим, дерлик кӛпшилик жойбарларда дәслепки ушырасыў Европадағы бирге ислесиўши жоқары оқыў орнында ӛткериледи. Европалы қәнигелер Ӛзбекстаннан қатнасқан тӛрт аграр тараўына қәнигелескен жоқары оқыў орынларының ҳәр биринде болды, ол жердеги оқыў жумыслары менен танысты. Соның менен бирге, олар тӛрт (Ташкент, Самарқанд, Әндижан, Қарақалпақстан) регионда да әмелий жумыслар менен танысты. Студентлер қай жерде ҳәм қалай әмелият ӛтейтуғынын кӛргеннен соң, олар билим бериў менен әмелият ӛтеўдеги кемшиликлерди, ҳам олардың келип шығыў себеплерин үйренип шықты. Бул бойынша машқалаларды Ӛзбекстанлы қатнасыўшылар менен биргеликте додалап, қалай шешиў ҳәv жетилистириў кереклигин 70 мәсләҳатлести. Оқытыў системасын жетилистириў ушын ҳәм әмелий жумыслар алып барыў ушын қандай әспаб-үскенелер алыў кереклиги туўралы пикирлести. БузНет жойбарының басқа жойбарлардан инновациялық қатнасын профессор- оқытыўшылардың тәжирийбе алмасыў жумысларында да кӛриўге болады. Басқа жойбарларда қәлиплескен ески усыл, яғный бир ўақытта топар қатнасыўшыларын тек те бир Европа жоқары оқыў орнына жибериў менен белгиленсе, бул жойбар шеңбериндеги тәжирийбе алмасыўлар ӛзгеше усылда шӛлкемлестирилди. Жойбар қатнасыўшылары ойласып, ҳәр бир Ӛзбекстандағы жоқары оқыў орнынан еки ямаса үш қәниге биргеликте топар болып, еки ай даўамында стажировкадан ӛткериўди уйғарды. Қатнасыўшылар Европадағы тӛрт жоқары оқыў орнында еки ҳәптелик ўақыт кӛлеминде билимлерин жетилистирди. Олар Европаның ҳәр бир университетинде еки ҳәптеден болып, ол жердеги оқытыў системасы менен әмелият алып барыў усылларын ӛндирис орынларында исленип атырған қубылыслары барып кӛрди. Бул бириншиден, қатнасыўшылар ушын кең имканиятлар жаратты, яғный, оқыў ҳәм ӛндирис орынлары менен кеңирек танысыў мүмкиншилигине ийе болды. Екиншиден, қатнасыўшылардың шет еллерде тәжирийбе арттырыў даўамлылығы болса, Ӛзбекстанда қәнигелигин жетилистириўдиң даўамлылығы менен тең келди. Бул арқалы Европада тәжирийбе арттырған оқытыўшылар, ҳәр үш жылдан ӛтиўи керек болған еки айлық билимин жетилистириў курсларынан азат етилди. Олардың шет ел университетинен алып келген сертификатлары нәтийжесин берип, тек те шет еллердеги хызмет сапарлары туўралы курс қатнасыўшыларына презентация ислеў менен шекленди. БузНет жойбарындағы тағы бир инновациялық қатнас бул студентлер ушын арнаўлы оқыў платформасының дӛретилиўи болды [2: 265-266]. Бул арқалы билим бериў сыпатын байытыў мәксет етилген. Ветеринария тараўы студентлери қол телефонлары яки басқа мәлимлеме технологиялары менен ӛзлериниң билимлерин онлайн форматта раўажландырады. Европа университетлериндеги тараўға тийисли қәнигелер оларға қосымша лекциялар оқыйды. Бул усыл ҳәзирги заманагӛй билимлендириўдеги гибрид форматта билим бериўдиң әмелияттағы кӛриниси болып табылады. Download 6.22 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling