Поэмалар «Қарақалпақстан»


Download 1.21 Mb.
Pdf ko'rish
bet1/29
Sana06.11.2023
Hajmi1.21 Mb.
#1750462
TuriПоэма
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   29
Bog'liq
2 5197394174621517486



Ибрайым Юсупов 
 
Шығармаларының еки томлығы 
 
II том
 
 
(Қосықлар ҳәм поэмалар) 
 
 
«Қарақалпақстан» - 1979 
 
Бул жыйнаққа Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың тийкарынан 1973-
1976 жыллары жазған қосықларынан, соның менен бирге шайырдың түрли ўақтағы жазылған 
поэмаларынан сайландылары кирген. 
Китап шайырдың туўылғанына елиў жыл толыў күнине арналып шығарылып отыр. 
ҚОСЫҚЛАР 
 
СОНДАЙ БИР ЕЛ МЕНИҢ ЕНШИМЕ 
ТИЙГЕН 
Сондай бир ел мениң еншиме тийген;
Жети ықлым жайғасқандай кеңлиги,
Кӛринеди ҳәр адамнан, ҳәр үйден
Ҳәмме халыққа бирдей ығбал, теңлиги. 
Меридианлар сымын сүйретип ӛтер,
Лайнер тынып ушқан шексиз жеринен.
Бирақ мен сүйгенде ол сыйып кетер
Жудырықтай жүрегимниң тӛрине. 
Арқасы ақ қайың болып ырғалар,
Қублада таўлары бийик турады.
Волга ҳәм Әмиўдей уллы дәрьялар
Ҳәр түрли теңизге қуйып турады.
Бунда қурылысы ӛзге тиллер бар,
Халықлар бар тарийхы табақласпаған,
Бирақ бир анадан туўғандай олар,
Жаны жаным менен сабақлас маған. 
Сондай бир ел: ҳәр жигити, ҳәр қызы, 
Бәри сулыў, бәри мэртликке қардар,
Бунда адамлар атомға муз жарғызып,
Жерде отырып айда луноход айдар.
Бир дарағын Ўатан тоғайларының


Бир осколка жырып кетсе аярман,
Бирақ пүткил дүнья халықларының
Бахты ущын жан бериўге таярман, 
Бул уллы-кишиниң ортақ дияры,
Жетпис тилде қосық жаңлатып турар.
Ҳәтте бир белгисиз авар ҳаялы
Шайыр туўа ғойса, Ғамзатов болар.
Бир аз санлы халықтың улыман мен де,
Бирақта менде бар ең уллы Ўатан.
Қайра-қайра басып жүрсем бул жерди,
Мен әййемги Антейден де мықлыман. 
Сондай бир ел мениң еншиме тийген:
Мийнеткеш инсанның жаңа дүньясы.
Пешанасын бахыт қуяшы сүйген,
Океандай толы ығбал кәсасы.
Мен сондай дәўлетли елден боламан,
Қайсы байлығымнан келсең де сорап,
Зәриў болғаныңда бере аламан,
Бир қысым топырағын бермеймен бирақ. 
 
Февраль, 1975-жыл. Нөкис, 

Download 1.21 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   29




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling