Ҳǝзирги дǝўирде Жипек жолын тиклеў бойынша халық аралық бирге ислесиўлер


Download 67.06 Kb.
bet1/8
Sana17.06.2023
Hajmi67.06 Kb.
#1522788
  1   2   3   4   5   6   7   8
Bog'liq
Ҳәзирги дәўирде Жипек жолын тиклеў бойынша халықаралық бирге ислесиўлер


ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСИ ЖОҚАРЫ БИЛИМЛЕНДИРИЎ, ИЛИМ ҲӘМ ИННОВАЦИЯЛАР МИНИСТРЛИГИ


БЕРДАҚ АТИНДАҒЫ ҚАРАҚАЛПАҚ МӘМЛЕКЕТЛИК УНИВЕРСИТЕТИ

ТАРИЙХ ФАКУЛТЕТИ
Өзбекстан ҳǝм Қарақалпақстан тарийхы кафедрасы

70220301 –Тарийх қǝнигелигиниӊ


2-курс магистранты Базарбаев Шарапаттыӊ 2022-2023 оқыў жылыныӊ 2-семестри ушын


КУРС ЖУМЫСЫ


Тема: Ҳǝзирги дǝўирде Жипек жолын тиклеў бойынша халық аралық бирге ислесиўлер

Магистратура бөлими баслығы: Phd И. Алламбергенов


Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан


тарийхы кафедрасы баслығы: Phd И. Елмуратов

Илимий басшы: т.и.к. доц. М. Сейтимбетов




Нөкис - 2023
Мазмуны
Кирисиў ……………………………………………………….….........
I бап. Уллы жипек жолын қайта тиклеў мәселесиниң көтерилиўи ҳәм халық аралық бирге ислесиўлер…………………………………………



  1. Уллы жипек жолын қайта тиклеў идеясыың пайда болыўы, оның әҳмийети ………………………………………………............................

  2. Уллы жипек жолын тиклеў бойынша халықаралық бирге ислесиўлер……………………………………………………………………



II - бап. Уллы жипек жолын тиклеў бойынша Европа Аўқамының алып барған жумыслары………………………………………………………

  1. Европа Аўқамының ТРАСЕКА жойбары ҳәм оның әҳмийети…………………………………………………………………….

«Уллы жипек жолы – бирге ислесиў жолы» бағдарламасының қабыл етилиўи ҳәм оның әҳмийети………………………………………………….

Кирисиў


Теманың актуаллығы. Изертленип атырған теманың актуаллығы жаңа концептуал-методикалық тийкарда, бул машқала бойынша илимий көз қарасларды ҳәм концепцияларды салыстырмалы анализ етиў, топланған мағлыўматларды ҳәзирги дәўир көз карасында илимий айланысқа киргизиў зәрүрлиги менен байланыслы.
Өзбекстан аймағынан әсирлер даўамында Шығыс ҳәм Батыс еллерин байланыстырған транзит жоллар өткен, бунда ишки ҳәм сырткы үлкелер арасындағы байланыслар системасында Өзбекстанның ролин үйрениў ўатан тарийхындағы айрықша әҳмийетке ийе мәселелердиң бири болып табылады.
Өзбекстан Республикасы ТРАСЕКА, «Бир мәкан-Бир жол» жойбарларына қатнасыў арқалы транспорт тармақларын жетилистириў ҳәм шет ел базарларына шығыўға ҳәрекет етпекте. Мәмлекетимиз басшысы Ш.М.Мирзиёевтың Олий Мажлиске Мүрәжатында атап өткениндей: «Ҳәзирги күнде Орайлық Азияны Ҳинд океаны менен байланыстыратуғын Транс-аўған транспорт жолын қурыў бағдарындағы дәслепки әмелий қәдемлерди тасладық. Бул жойбардың жүзеге шығарылыўы пүткил регионымызды турақлылық ҳәм экономикалық өсиўди тамийинлеўге шексиз хызмет етеди»1.
Ҳәзирги дәўирде дүнья жәмәәтшилиги Уллы жипек жолын тиклеў ҳәм Өзбекстанды Қытай менен байланыстыратуғын заманагөй жолларды қурыў, сондай-ақ Иран ҳәм Кавказ арты арқалы Қара теңиз портларына ҳәм Афганстан аймағы арқалы Ҳинд океаны портларына шығыў бойынша кең көлемли жумысларды әмелге асырмақта. Сонлықтан транзит жол қатнасларын, экономикалық ҳәм мәдений байланысларды изертлеў тарийхый тәжирийбе көз қарасынан ҳәзирги дәўирде әмелий әҳмийетке де ийе.

Download 67.06 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5   6   7   8




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling