2-мавзу. ?рта Осие инсоният цивилизациясининг


Download 415.5 Kb.
bet12/16
Sana30.12.2022
Hajmi415.5 Kb.
#1072495
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   16
Bog'liq
Узбтар.фак.аро

TAYaNCh TUShUNChALAR
TASSR, T.Risqulov va F.Xujaev, siesiy qatag’onlar, eMilliy istiqlol tashkiloti, mamuriy buyruqbozlik tizimi, fan va madaniyat xodimlari qatag’oni, qatag’onlikning yangi tulkinlari.


ADABİETLAR
. Karimov İ.A. Ozbekiston XXI asr busag’asida T., 
. Karimov İ.A. Ozbekiston milliy istiqlol, iqtisod, siesat, mafkura. T., 
. Rizaev S. Sharaf rashidov. Shtrishi k portretu. T., 
. Mah’mudov M. Qatag’on krubonlari T., 
. Usmonov Sh. Qatag’on kurbonlari T., 
6.Ozbekiston tarixi.T.2003,2006


Лекция 13: Екинши дүнья жүзлик урыс жылларында Өзбекстан ҳәм
Қарақалпақстан халықларының фашизм үстинен ерискен
жеңиске қосқан үлеси
Жобасы:
1. Урыс жылларында Өзбекстанның ҳәм Қарақалпақстанның санааты, аўыл-хожалығы ҳәм мәденияты
2. Өзбекстанлы ҳәм қарақалпақстанлы жаўынгерлердиң фронтта көрсеткен ерлиги.
3. Екинши дүнья жүзлик урыстың тамамланыўы. Фашизмди қыйратыўда Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанның орны. Урыстың жуўмақлары ҳәм сабақлары

 жылда басланған екинши жәҳән урысы себепли пайда болған халықаралық жағдайға бурынғы аўқам халықлары менен бирге Өзбекстан да тартылды. Халқымыздың батыр перзентлери киши урыслар деп аталған Хальхинголь, Хасан Коли, Финляндия урысларына қатнасты.  жылы -июнь куни гитлершилер Германиясының СССРға тосаттан қалған хужими өзбек халқының да тынышын бузып, қәлбин жек кориўшиликке толтырды откерилген митинг ҳәм жыйналысларда арза берген қәлеўшилер саны дәслепки айлардан ақ  мыңнан асламды қурады.


Орта Азия ҳәм қазақстан республикалары халқы ҳәм материаллық ресурсларын мобилизациялаў ҳәм жаўынгер таяр ҳалға келтириўде Орта Азия әскерий огруги улкен роль ойнады. Бир ярым жыл ишинде бул округ  болим дузди. Өзбекстан ҳүкимети миллий әскерий дүзим дүзиў мүнәсибети менен шықты. 1941 жылы 13 ноябрден 1942 жылдың март айына дейин 14 миллий әскерий топар, сол қатардан, 9 оқ атыў бригадасы, 5 атлы әскер дивизиясы дүзилип фронтқа жиберилди. Улыўма, урыстың басларында 6,5 млн. адамнан ибарат болған Өзбекстан халқының 1.433.230 адам урысқа жиберилди.
Урыстың дәслепки кунлеринде Республика қорғаныў фондына  млн сум муғдарында қаржы топланды. Қысқа ўақыт ишинде Өзбекстан халық хожалығы әскерий жағдайға откерилди. Путкил халық барлық материаллық ресурслар Ўатанды қорғаўға атланды.
Урыстың дәслепки күнлеринен баслап ақ Өзбекстанның ҳәмме материаллық ҳәм мәдений күшлери, ресруслары фронт ушын хызмет етти.
Кәрханаларда фронт бригадалары атын алған бригадалар дүзиле баслады, дәслеп октябрьде «Ташсельмаш» заводында шөлкемлестирилген болса, 1942 жылдың басларында олардың саны 1,5 мыңға жеткен. 1942 жылдың орталарына келип халық хожалығын қайта қурып, әскерий изге өткизиў тийкарынан Өзбекстанда жуўмағына жетти.
Урыстың дәслепки күнлеринде республика халқынан 30 млн. сомлық пул, облигация ҳәм кимбат баҳа буйымлар топланды. Өзбекстан халқы урыс жылларында қорғаныў бөлимине жәми 649,9 млн. сом пул ҳәм 55 кг. га жақын алтын, гүмис ҳәм басқа да қымбат баҳа металларды тапсырды. Бул қорғаныў бөлим есабына танк колонналары, авиация экскадрильялары, бронепоездлер қурылып фронтқа жиберилди.
Өзбекстан урыс жылларында Россияның басып алынған районларынан – Украинадан, Белоруссиядан ҳәммеси болып 1 млн. дан артық адамды қабыл етти. Олардан 200 мыңы балалар еди. Ташкент қаласының өзинде 1941-42 жыллары 240 мың адам жайластырылды ҳәм жумыс пенен тәмийнленди. Ташкентлик Шомахмудовлар ҳәр қыйлы миллет перзентлеринен 14 баланы өз шаңарағына тәбияға алды. Каттақорғанлық Хамид Самадов шаңарағы 12 баланы асырап алды. Ф.Қосимова 10, М. Жураева ҳәм Ашурхужаевалар 8 баланы өз шаңарағына алды. 1943 жылдың ақырына келип қалаларда 4672 бала, аўылларда болса 870 бала өзбек шаңарағы тәрепинен тәрбияға алынған еди. Урыс ўақтында республикада 106 дана балалар үйинде 12 мың бала тәрбияланып атырған болса, 1945 жылға келип, олардың саны Өзбекстан ўәлаятларында ҳәм Қарақалпақстанда 263 дана балалар үйинде 31300 балаға жетти. 1943 жылда балалар бақшасында тәрбияланып атырған 53072 баладан 15108 бала эвакуация қылынған балалар еди. 1942 жылдың ақырында Өзбекстан аймағында 39140 орынға ийе болған 113 эвакуация госпиталлары жайластырылды.
Орта Азия республикаларына эвакуация етилген 308 кәрхананың 104 данасы (Ленинград тоқымашылық машиналары заводы, «Қызыл Оқсай», «Россельмаш», Сумск компрессор ҳәм Днепропетровск карборунд заводлары, Москвадағы «Электрокабель» ҳәм «Подъемник» заводлары, Темир жоллар халық комиссарлығының машина оңлаў заводы, Чкалов атындағы авиация заводы, «Красный путь» заводы, Киевтеги «Транссигнал» заводы, Сталинград химия комбинаты ҳәм басқалар) Өзбекстанға: олардан 55 кәрхана Ташкент ҳәм Ташкент ўәлаятына, 14 завод ҳәм фабрика Самарқандқа, 22 данасы Ферғанаға, екеўи Бухара ўәлаятына жайластырылды. Бул кәрханаларды жайластырыў, монтаж етиў ҳәм қысқа мүддет ишинде иске түсириў ўазыйпасын шөлкемлик жақтан тәмийенлеў менен арнаўлы комиссия шуғылланды.
«Россельмаш» 25 күнде, «Қызыл Оқсой» заводы бул жерге жетип келгеннен кейин арадан 29 күн өткенде иске түсирилип, өним бере баслады. 1941 жылдың декабрь айына келип эвакуация етилген кәрханалардың жәми 50 иске түсирилди. 1942 жылдың биринши ярымында болса бәрше келитирилген санаат кәрханалары өним шығара баслады.
Электр энергиясы ислеп шығарыўды көбейтиў мақсетинде 7 ири ҳәм 30 ға жақын киши ГЭС лер қурылды. Әсиресе, Өзбекстанның ең ири гидроэлекторстанциясы болып қалған Фарҳад ГЭСи қурылысы улыўмахалық қурылысына айландырылып, 10 ай ишинде Сырдәрья тосылып, ГЭС иске түсирилди. Салар, Қуйи Бўзсув, Товоқсой, Оққовоқ, Оқтепа, Кибрай ГЭС лери де мүддетинен алдын қурылып иске түсирилди.
Урыс жылларында Өзбекстанда пайда болған әскерий санаат комплекси тәрепинен фронт ушын 2100 самалёт, 17342 авиамотлар, 2318 мың дана авиабомба, 17100 миномёт, 4500 бирликтен ибарат миналарды жоқ етиўши қурал, 60 мыңға жақын әскерий химиялық аппаратура, 22 млн. дана мина ҳәм 560 мың дана снаряд, 1 млн. дана граната, дала радиостанциялары ушын 3 млн. радиолампа, 300 мың парашют, 5 жуўыў поезди, 2200 дана көшпели асхана ҳәм 7518,8мың гимнастёрка, 2636,7 мың пахталы кийим, 2861,5 мың армия етиги таярлап берилди.
Урыс жылларында республикамызда 280 жаңа кәрхананың қурылып иске түсирилиўи нәтийжесинде 1945 жылға келип санаат ислеп шығарыўы урыс ўақтындағыға дерлик еки есе артты, нефт қазып алыў 4, металл ислеп шығарыў 4,8, машина оңлаў өнимлери 13,4 есе, көмир қазып шығарыў 30, энергия ислеп шығарыў 2,42 есеге көбейген.
Урыс жылларында Өзбекстан дийханлары қант ләблеби, күнге бағар сыяқлы азық – аўқат егинлери, зиғир ҳәм каноп сыяқлы техника егинлерин егип жетистириўди көбейтти. Самарқанд, Ферғана, Ташкент ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларындағы өнимли ҳәм суў менен жақсы тәмийнленген жаңа жерлер ҳәм қант ләблеби егип жетистириўге ажыратылды. Аўыл мийнеткешлери 1565 мың центнер қант ләблеби жетистирген 1945 жылда республикадағы Зирабулақ, Красногвардейск, Қоқан, Жаңа жол қант заводларына ғана емес, бәлким басқа республикаларды да қант ләблеби менен тәмийнлеў имкәниятына ийе болды. бул менен Өзбекстан мәмлкетте жетистирилген қанттың 4/1 бөлегин ислеп шығарыўға ерискен болса, 1942 жылда СССР дағы кунжут егилетуғын жердиң 50 5 ти Өзбекстанға туўра келген еди.
Урыс жылларында Өзбекстан аўыл мийнеткешлери 4 млн. 148 мың тонна пахта, 82 млн. пуд ғәлле, 54067 тонна пилле, 195 мың салы, 57 мың 444 тонна мийўе, 36 мың тонна қурғақ мийўе, 159 мың 300 тонна гөш, 22 мың 300 тонна жүн ҳәм басқа да өнимлер жеткерип бериў менен душпан үстинен ерискен жеңисине мүнәсип үлес қосты.
1940 жылда шөлкемлестирилген СССР ФАның Өзбекстан филиалы (ЎзФАН), кейин 1943 жыл ноябрьде ашылған ЎзФА әмелге асырды. ЎзФАның биринши президенти етип Т.Н.Қори-Ниёзий сайланды. Бул ўақытта академияда қурамындағы 22 илимий мекемеде 818 илимий исши пән дүньясының түрли тараўларында изертлеў ислерин алып барды.
Өзбекстанда 29 жоқары ҳәм 52 орта арнаўлы оқыў орнылары ислеп турды, олардың саны Орайдан көширип келинген 31 жоқары оқыў орны ҳәм 7 әскерий академия есабына және артып барды. Бул оқыў орынларында урыс жыллары даўамында 11750 дана жоқары дәрежели мутахассис ҳәм 6673 дана кадрлар таярланды.
Айбек, Хамид Олимжон, Шайхзода, Ғафур Ғулам, Ўйғун, Сабыр Абдулла, Зульфия, Темур Фаттоҳ сыяқлы шайыр ҳәм жазыўшылар урыс майданларына жиберилген қосықлары ҳәм мақалалары халықтың жеңиске ериўине жәрдем етти. А.Ахматова, И.Вирта, С.Городецкий, А.Дейч, К.Зелинский, Я.Колас, Н.Погодин, А.Толстой, В. Ян сыяқлы жазыўшы-шайырлар ҳәм Өзбекстанда жасап, өзбек әдебиятшылары менен биргеликте әжайып шығармалар жаратты.
Москва ушын алып барылған урысларда өзбек халқы қаҳраман қызларының мәртлиги көрнисин көрсеткен Зебо Ғаниева Қызыл Байрақ ордени менен сыйлықланды. Москвада фашист топарын қырып таслаўда көрсеткен мәртлиги ушын 1753 өзбекстанлылықлар «Москва қорғаныў ушын» медалы менен сыйлықланды. С.Қосимхужаев Совет Дәўири Қаҳраманы сыйлығын алды. 1942 жылдағы қысқы ҳүжимлерде мәртлик көрсетип, маҳорат пенен урысқан Қошқар Турдыевке 1942 жылы май айында Совет Аўқамы Қаҳраманы сыйлығы берилди. 2733 өзбекстанлылық урыс қатнасыўшыларына «Сталинград қорғаныў ушын» медалы берилди. Кавказ ушын алып барылған урысларда Ташкенте дүзилген Сабыр Раҳимов басшылығындағы дивизия зәрүр жетискенликлерди қолға киритип, 8 мыңнан артық душпан тәрепти қырып таслады. Бул дивизия заманласымыз басшылығында Шығыс Пруссияға мәртлик жолын басып өтти. Польша жерлерин азат етиўде Сабыр Умарович Рахимов басшылығындағы 37 гвардияшы Речицк оқшы дивизиясы айрықша ажыралып турды. Булар Данциг қаласына бириншилерден болып кирди. Аўыр жарадар болған С.У.Рахимов 1945 жылдың 25 мартында дүньядан өтти. 1965 жыл 6 май айында ған тарийхый ҳақыйқат тикленип, өзбек халқының мәрт инсаны С.У.Рахимовқа өлиминен соң Совет Аўқамы Қаҳраманы сыйлығы берилди.
Днепрди кешип өтиўдеги қаҳраманлықлары ушын 100 ге жақын өзбекстанлылықлар Совет Аўқамы Қаҳраманы сыйлығы менен сыйлықланды. Олардан Ж.Усманов, В.Набиев, Х.Аминовлардың мәртликлерин айрықша айтып өтиў мүмкин.
1944-1945 жылларда Белоруссия, Украина, Молдавия, Болтиқбўйи республикалары ҳәм Россия Федерациясының батыс ўәлаятларында ис алып барған өзбекстанлылықлар урыс қатнасыўшылары мәртликлери екинши жер жүзлик урыс тарийхы қатарларына киргизилген болып, олардың атларының өзи ақ душпан кеўлине қорқыў салған еди. Булардың арасында Мамадали Таўыбалдыев, Ж.Атабаев, И.Мусаев, А.Ҳакимов, И.Қасымов ҳәм басқалардың мәртликлерин атап өтиў мүмкин.
1942 жыл ноябрьде Вали Қаюмхан басшылығындағы «Түркистан миллий шөлкеми» пайда болды. Бул шөлкем 1941 жылдың гүз айында пайда болған Түркистан батальоны базасында әскерий тутқынлардан «Түркистан легиони» ын пайда етиў ҳаққында 1942 жыл декабрьде Вермахттың Жоқары басшылығы рәсмий түрде жәрияланды.
Сондай ақ, бул дәўирде «Арман», «Грузин» легионлары де дүзилип, А.А.Власов басшылығындағы рус азатлық армиясы қурамына киргизилди. Бирақ бул миллий «дүзимлерге урыстың ақырына келип 1 млн. ға жақын адам жазылган болса да, олар гитлершилер күткениндей күшли күшке» айланбады.
Өзбекстанлылықлар партизан отрядлары ҳәм қарсылық көрсетиў ҳәрекетлерине жақсы қатнасып, душпанды қырып таслаўға өзлериниң мүнәсип үлесин қосты.
Екинши жер жүзлик урысының жеңиске ерисип тамамланыўында өзбекстанлылықлардың фронт ҳәм фронт артындағы мәртликлери үлкен үлес болып хызмет етти. 120 мыңнан артық өзбекстанлылықлар СССРдың орден ҳәм медалларына ийе болды.
Бул жылларда миллий сиясатта кеширип болмайтуғын қәтелерге де жол қойылды. - жылларда қалмақлар, қырым татарлар, чеченлер, ингушлар, немислер, карачайлар, турклери өзлериниң тарийхый ўатаны ҳәм турақлы жайларынан мәмлекеттиң шығыс районларына коширип жиберилди. Өзбекстанға  мыннан артық қырым татарлар,  мын чеченлер,  мын ингушлар ҳәм басқа халықлар коширип келтирилди. Урыс жылларында ҳәм оннан кейин аман қалған әскерий тутқынлардың да аўҳалы аўыр болды.
Административлик буйрақпазлық системасының урыс жылларындағы унамсыз коринислеринен бири жоғалтыўлар менен есапласып отырмай, ҳәр қандай қылып болса да әскерий мәқсетлерге ерисиў зәрүр деген принцип болды. Женис оғада қымбатқа тусти. Совет адамларының  миллионға шамаласы урыстың ғажжа ғаж саўашларында набыт болды.  миллионнан аслам жаўынгерлер жарадар болды. Олардың көпшилиги мийнет қәбилетлерин жоғалтып майып болып қалды.
Урыс жылларында бир миллион торт жуз мын өзбекстанлықлар фронтларда саўашларда ерлик корсетти. Олардан торт жуз елиў мын адам қайтып келмеген.
Журтбасымыз айтып өткениндей, Бул урыс кимлер тәрепинен қандай мәқсетлерде, қай жерлерде болып өткенлигине қарамастан онда Өзбекстанлықлар қатнасып өз шанарағы, бала-шағасы, ата-анасы, теберик ана-жерди қорғады. Олардың ерлиги ҳеш қашан умтылмайды.

ТАЯНЫШ ТҮСИНИКЛЕР


Екинши жер жүзлик урыстың басланыўы, оның себеплери ҳәм барысы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанның фронт артындағы базаға айланыўы, санаат кәрханаларының,  миллионға жақын адам, соның ишинде . балалардың көширип әкелиниўи, халықтың қаҳарманлық мийнети, Өзбекстанлы ҳәм Қарақалпақстанлы жаўынгерлердиң фронттағы ерликлери, урыстың жуўмақлары.

ӘДЕБИЯТЛАР


. Каримов И.А. Ўзбекистоннинг ўз истиқлол ва тараққиет йўли. Асарлар. -жилд. Т., Ўзбекистон, .
. Ўзбекистон Республикаси. Энциклопедия. Т., .
. Ўзбекистон тарихи (маърузалар матни). Т., .
. Ўзбекистоннинг янги тарихи. -том. Ўзбекистон совет мустабид мустамлакачилиги даврида. Т., .

4-mavzu. Ozbekistonning davlat mustaqilligini qulga kiritishi. Huquqiy demokratik davlat va fuqarolik jamiyati asoslarining barpo etilishi



Download 415.5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   16




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling