Бердақ атындағЫ Қарақалпақ МӘмлекетлик университети
Бөлек жайласқан ушқырсыман қурлыслар
Download 404.5 Kb.
|
Шыгыс Устурт естеликлери
3.4. Бөлек жайласқан ушқырсыман қурлыслар
Айбүйир- VП. Бернияз 3 планировкадан 26-27 км қублада орта әсир қаласының ҳам қуланлы минарынан 3 км арқада жайласқан. Айбүйир ушқырсыман планировка Үстирт платосының шетине жыраның кеңликтен меридиан бағдарына өзгерген жерде жайласқан ҳәм «қубла-шығыс» шығанағын пайда етеди. Естелик жайласқан районда майдан жыраға қарай қыялыққа ийе. (бийикликлердиң өзгериўшенлиги 10 м 0,5м) ҳәм шебенли меридиан бийикликлер менен бай. Планировка майданының бирден бир ен бийик жоқарылықларда жайласқан, ҳәм әсте ақырын шығыс жыраның чинг тигжарлықларға қарай түскен. Жарлықлардан көтерилиў ҳәм түсиў болмайды. Планировкада өзинен үшмүйешликке усап майданда аз белгили пәс шеллер менен қуралған. Тийкары менен үшмүйешлик үстирт жырасына Чинке тақалған. Жоқарысы менен ол платоның ишине-арқаға қараған. Жоқарысында ишке ямаса сыртқа қарай қыйсайған шетлери ҳәм тийкары шаршарсыман ишке қарай тартылған жолдан ибарат үшмүйешлик жайласқан. «Үшмүйешлик» пәс шебенли шеллерден ҳәм параллель супесчаный қатламынан пайда болған. Шелдиң ени 3-4м бийклиги 0,2 - 0,3 м төменликлер 1,5-2,0м, шуқырлығы 0,1-0,15 м «үшмүйешликте» ҳәм планировкада шеллер сыртқы тәрепинде ал ишки тәрепинде жайласқан. Үшмүйешлик меридианлы созылған шебенли бийикликти қамраған, оның үстине үшмүйешликтиң ишине тартылған жол жайласқан. Жолдың ени 13 м «үшмүйешликтиң» узынлығы 120 м тийкарының узынлығы 90м майданы 0,55 га «үшмүйешликтиң» барлық мүйешлеринде дөңгелек қурылыслар жайласқан. Олар жайласыўына қарай шығыс-батыс ҳәм арқа деп бөлинген. Дөнгелеклер бирдей көриниске ийе ҳәм олардың тек биреўиниң көринисин айтып өтемиз – арқасынан дөңгелектиң улыўма диаметри 16 м Оның сыртқы тәрепинде ени 3,5-4,0 м бийиклиги 1 м жақын шебенли шел қоршап тур. Ишки тәрепинен шел известине плиталар менен қапланган. Диаметри 8м әтирапында. Оның орайында қорғансыман дөң жайласқан, оның ушы қоршап турған шелдиң бийиклигинен бийк келеди. Бул қорғансыман дөннин тийкарынан 4,5-5,0м арқа дөңгелек қасынан аз муғдарда қолдан жылыстырып исленген гүлал ыдыс қалдықлары табылды. Буннан басқа бул орынларда Бернияз 3 шахмақ тас орны қазған топарына киретуғын Ақсайман-2, Ибрахим шах-2 Ибрахим шах-3 Казган-1 Қазған-3 Карамат-3 Карамат ата-4 Хантерсек, Сарықамыс ойы топарына киретуғын дарьяның орны ушқыр тәризли, қурылыс орны дарьялық-2 Денча-1, Денча-3, Денча-6, Ербурын Жарын Кудық группасына тийсли Жарын Кудық-6, Жарын Кудық-12, Жарын Кудық-14, Жарын Кудық орынлары. Кендирли топарына киретуғын Қарамал-1, Қарамал-2, Қарамал-3, Қарамал-5, Қарамал-6, Қарамал-7, Қарамал-10-11, Қарамал-12,13, Когусем-2 Бейнеў топарына киретуғын Бейнеў ушқыры қурылыслардың өзлестириўин анықлап тарийх илимине үлкен жаңалықлар киргизилген. Download 404.5 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling