Бердақ атындағЫ Қарақалпақ МӘмлекетлик университети


Download 404.5 Kb.
bet12/13
Sana23.02.2023
Hajmi404.5 Kb.
#1223905
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   13
Bog'liq
Шыгыс Устурт естеликлери

ЖУЎМАҚЛАЎ
Профессор С.П.Толстов басшылық еткен Хорезм археолого-этнографиялық экспедициясының қурамында өткен әсирдиң қырқыншы жыллардан баслап қарақалпақ педагогикалық институттың тарийх факультети студентлери қатнаса баслады. Экспедицияның тәсиринде Қарақалпақстанлы талантлы жаслар арасынан дәслепки тарийхшы илимпазлар жетилисип шықты. Экспедиция қурамында қатнасқан жаслардың арасында В.Н.Ягодинде бар еди. А.В.Гудкова ҳәм В.Н.Ягодинниң археология илимине деген қызығыўшылығын сезген С.П.Толстов Москваға аспирантураға алды ҳәм оларға өзи илимий басшы болды. Соның ақыбетинде өткен әсирдиң алпысыншы жылларының басларында А.В.Гудкова ҳәм В.Н.Ягодинлер археология бойынша дәслепки илим кандидатлары дәрежесине ериседи. Олардың изин ала профессор С.П.Толстовтың, академик Я.Г.Гулямовтың ҳәм профессор Гинзбургтиң қоллап қуўатлаўы менен Қарақалпақстаннан Т.К.Ходжайов, М.Мамбетуллаев, Е.Бижановлар өзлериниң кандидатлық диссертацияларын табыслы жақлап шығады. Нәтийжеде илимниң жаңа тараўы болған археология бойынша үлкемизде археология мектеби қәлиплесиўине тийкар болады.
В.Н.Ягодин, С.П.Толстовтың археологиялық изертлеў усылларын сол дәўирдеги заман жетискенликлеринде тезде өзлестирип алып археологиялық изертлеў усылларында кеңнен қолланыла баслады.
В.Н.Ягодинниң сол дәўирлерде С.П.Толстовтан, оның экспедициясынан үйренген усылларының қатарына археологиялық естеликлерди комплексли изертлеў усылы болып есапланады. С.П.Толстовтың бул услы бурынғы аўқамда бириншилерден экспедицияда пайдаланылған усыл болып табылады. Бунда археологлар менен бирге илимниң басқа көплеген тараўларынан алымлар қатнастырылады.
В.Н.Ягодин археолог алым ретинде Қарақалпақстан Республикасының арқа районлары, Үстирт кеңислигинде, соның менен бирге қоңсылас Туркменстан Республикасының Ташаўыз областы, Қазахстан Республикасы, сондай ақ Хорезм областлары территориясында жайласқан археологиялық естеликлерде илимий жумыслар алып барды.
В.Н.Ягодин халықаралық археологиялық изертлеўлердиңде қатнасыўшысы. Өткен әсирдиң жетписинши ҳәм сексенинши жылларда ол СССР-Афганистан, Сидней-Иордания халықаралық археологиялық экспедицияларында жумыс иследи.
В.Н.Ягодин 1958-1959 жыллардан баслап Әмиўдәрьяның төменги бойы археологиясына, Кердер проблемасына бағдарланған илимий жумыслар ХХ-әсирдиң орталарына шекем даўам еттириледи. Соған байланыслы Төк қала, Қорғанша қала, Ҳайуан қала, Куюк қала, Бограхан сыяқлы онлаған қалаларда археологиялық изертлеў жумысларын алып барады. Алып барылған бул изертлеўлердиң жуўмақлары Кердер мәселесиниң локализациясы (1963), Қубла Арал бойы Әмиўдәрьяның оң тәрепи дельтасындағы изертлеўлер (1963), Кердерлер антропологиясы ҳәм мәденияты (1973), Ҳайўан қала ҳәм орта әсирлердеги Кердер (1981) атамалардағы илимий мақалалар ҳәм топламлар түринде жарық көрди.
Хожели қаласының әййемги ҳәм орта әсирлердеги бөлеги болған Миздаҳкан ҳәр тәреплеме изертленип, онда әййемги оссуариялық ҳәм ерте мусулман қойымшылығы ашылды. Изертлеўлер жуўмағы Орайлық Азияда белгили антрополог алым Т.К.Ходжайов пенен бирликте Әййемги Миздахкан Некрополи (1971) атлы монография болып баспадан шықты.
1971-жылдан баслап В.Н.Ягодинниң қатнасыўында алып барылған изертлеўлер нәтийжесинде Үстирттиң Қартпай қум, Алан, Барлыбай, Чурук, Барсакелмес әтирапларында, Жарынқудық, Айдабол территорияларында палеолит, мезолит ҳәм неолит дәўирлерине тийисли, бурын илимде белгисиз, онлап жаңа археологиялық естеликлер ашылды. Каспий-Арал аралығында тас дәўирлеринде қәлиплескен мәдениятлар, олардың бизиң тарийхымыздағы орыны, отырықшы ҳәм көшпели халықлардың өз ара қатнаслары мәселелериндеги орнын толықтыратуғын көп мағлыўматлар топланды.
Үстирт территориясында узақ уақытлар даўамында алып барған изертлеўлер нәтийжесинде топланған археологиялық дереклер Қубла Арал бойының, соның ишинде Қарақалпақстан Республикасының тарийхын толықтырып қоймастан, оны және бир неше мың жылларға тереңлестирди, Арал бойының биринши рет адамлар тәрепинен өзлестирилиўи мәселесин шешиўге мүмкиншилик берди. В.Н.Ягодинниң илмий қызығыўшылығы жүдә кең болып, ол Қарақалпақстан территориясында қола дәўиринен баслап орта әсирлерге шекемги археология мәселелери бойынша 180-нен аслам илмий мийнетлер менен мақалалары жәрияланды.
Қарақалпақ тарийхшы-археологларының үлкен устазы профессор С.П.Толстовтың үй китапханасын Өзбекистан илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими китапханасына алып келиўде де В.Н.Ягодинниң хызметлери айрықша болды.
Соңғы дәўирде, әсиресе мәмлекетимиз ғәрезсизлик алған жыллар даўамында шет мәмлекетлери алымлары бирге ислесиўге айрықша итибар берди. В.Н.Ягодин Австралияның Сидней университети менен биргеликте үлкен проблемалық жойбарды иске асырды. Бул бойынша Қарақалпақ-Австралия археологлары тәрепинен сонғы жигирма жыл даўамында республикамыздағы Беруний дияры аймағында жайласқан Ақшахан қаласы ҳәм Тасқырман естеликлеринде кең көлемдеги изертлеў жумыслары алып барылды. В.Н.Ягодинниң басламасы менен Беруний районы аймағында халықаралық археологиялық экспедициясының базасы шөлкемлестирилди. Нәтийжеде бул жерде жылдың қәлеген ўақтында археолог қәнийгелердиң излениў жумысын алып барыўға қолайлы жағдай туўғызды.
Археологиялық қазыў нәтийжесинде Ақшаханның топографиясы-ишки ҳәм сыртқы қала, қорғаныў объектлери, орайлық храм, «жүз колонналы» зал, әййемги Хорезм живописи, (дийўал сүўретлери) ашылды, Ақшахан қаланың Хорезм мəмлекетиниң биринши пайтахт қала екенлигине анықлықлар киргизилди.
Изертлеўлердиң дәслепки нәтийжелери ҳаққындағы мағлыўматлар айрым мақалалар түринде, Ташкент, Самарқанд, Астана, Москва, С-Петрбург, Париж, Сидней, Лондон ҳәм.т.б. қалаларында шығатуғын илимий баспаларда жәрияланды.
Қырантаў естелигинде алып барылған изертлеўлерге Франциялы алымлар қатнастырылды. 2002-2004 жыллары Кырантауда археологиялык изертлеўлер даўам еттирилип онын жумысына каракалпак археологлары менен бирге Франция алымлары, Лион университетинин генетика лабороториясынан Кэтрин Эни хэм Людвик Орландо, сондай-ак Франция миллий илим изертлеў орайының антропологы Хулео Бендузалар катнастырылды. Қырантаўдан биринши рет Кердерлердин VII-VIII әсирлерге тийисли койымшылыклары ашылды.
Тарийх илимлериниң докторы, Нью-Йорк Академиясының академиги, пидайы алым В.Н.Ягодин Өзбекстан илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими тарийх, археология ҳәм этнография институтының диреукторы лаўазымында өмириниң ақырына дейин жумыс ислеген. Археология илими тараўындағы изленислери оның нәтийжелери бүгинлиги халықтың руўхый ийгилигине айланыў менен бирге, ол бул саладағы жаңа ашылыўлар миллетимиз атының дүньяға жайылыўна да хызмет етпекте. В.Н.Ягодинниң еткен хызметлери мәмлекет тәрепинен жоқары баҳаланып ол Өзбекстан Республикасының Мийнетте шуҳрат ордени менен сыйлықланды, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери ҳәм Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери деген ҳүрметли атақларға ийе.
Вадим Николаеви Ягодин ҳаққындағы жумысымызды оның өмир жолы менен хызметлери ҳаққында академияда көп жыл даўамында В.Н.Ягодин менен бирге ислескен, филология илимлериниң кандидаты, шайыр Жалғас Хошниязов тәрепинен оның 70 жыллық юбилейине арнап жазылған «Илим бостанына енген екенсиз» қосығы жазылған ҳәм қосық сол юбилей байрамында оқып еситтирилген1.
Буннан кейинги дәўирде В.Н.Ягодинниң 80 жыллық юбилейи 2012-жылда белиленип өтилген. Усы быйылғы жылы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы кеңеси қарары менен В.Н.Ягодинниң 90 жыллық юбилейи 12-13 май айында кең турде белгиленип өтилип оған Ташкент қаласынан белгили археологлар қатнасты.
ПАЙДАЛАНЫЛҒАН ӘДЕБИЯТЛАР


Download 404.5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   13




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling