Буйрықты орынламаў


Бап. Буйрықты орынламаў жынаяты


Download 124.32 Kb.
bet4/6
Sana17.06.2023
Hajmi124.32 Kb.
#1550549
1   2   3   4   5   6
Bog'liq
курс 2

Бап. Буйрықты орынламаў жынаяты.

  1. Буйрықты орынламаў жынаяты түсиниги.

Әскерий жынаятлар дегенде, әскерий хизметкерлер тәрепинен, соның менен бирге, әскерий жыйынлар ўақтында резервдеги әскерий хызметке мәжбүр шахслар тәрепинен әскерий хизметти отеўге қарсы жынаятлар түсиниледи.
Әскерий хизметти отеў тәртиби - әскерлер турмысы ҳәм жаўынгерлик искерлиги процессинде жүзеге келетуғын мунасәбетлер болып, олар нормалар, әскерий ант ҳәм нызамларда белгилеп қойылған. Бул ҳүжжетлерде әскерий хызмет пуқараның конституциялық миннети екенлиги, өз басымшалық ҳәм одан келип шығатуғын бағынықлы шахстың баслыққа сөзсиз бойсыныўы, бул мунасәбетлер субектлери ҳуқық ҳәм еркинликлериниң анық белгилеп қойылыўы сыяқлы әскерий шөлкем принциплеры беккемленип қойылған¹.
Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлеринде орнатылған бағыныў тәртиби жынаяттың тийкарғы тиккелей обиекти есапланады. Қосымша тиккелей обиект болып болса, инсанлар турмысы ҳәм саламатлығының қаўипсизлиги, өзгелер мал-мүлкиниң сақланыўын тәмийинлейтуғын жәмиетлик мунасәбетлери хызмет етеди.
Буйсуниш тәртиби әскерий қағыйдалар менен тәртиплестириледи. Әскерий хызметте басшы ҳәм оған бойсыныўшы ортасындағы өз-ара мунасәбетлер тийкары «жекебасшылық» Принципи есапланып, ол командир (басшы) дың өз қол астындағыларды басқарыўда бирден-бир жуўапкерлигин ҳәм бойсыныўшылардың командирниң буйрығын сөзсиз орынлаўын түсиниледи.
Буйрық - нызам талапларына муўапық, орынланыўы мәжбурий болған, командир (басшы) ның қол астындағыларға қаратылған буйрығы есапланды.
Баслық – қол астында басқа әскерий хызметшилер болған, оларға буйрық, пәрман бериў ҳәм оның орынланыўын бақлаў ҳуқуқына ийе болған әскерий хызметши.
Әскерий хизметкер лаўазымы ямаса әскерий атағы бойынша басшы болыўы мүмкин. Әскерий лаўазымлар әскерий қағыйдалар ҳәм басқа ҳүжжетлерде белгиленген. Бул - бөлимлер, взводлар, роталар, баталёон ҳәм басқа жаўынгер бөлиндилер командирлари, бөлимлер ҳәм хызметлер, суткалы наряддың бөлек түрлери (қараўыл, қадағалаў -өткериў шақапшалары ҳәм басқа.) басшыларының штат лаўазымлары болып табылады.
Басшы лаўазымы штаттан тысқары болыўы да мүмкин, ол мәлим бир ўақытқа, мәлим ўазыйпаны орынлаў ушын (мысалы, атыў шынығыўлары, хожалық жумыслары, оқыў шынығыўлары ҳәм басқа.) дүзилиўи мүмкин. Әскерий хизметкер басшы лаўазымын турақлы түрде ямаса ўақтыншалық иелеўи мүмкин. Басшының ўазыйпаларын, соның менен бирге, оның орынбасары ямаса арнаўлы көрсетпе бойынша басқа әскерий хизметкер орынлаўы мүмкин.
Әскерий хизметкердиң атақ бойынша бағыныўы Қураллы Күшлер ишки хызмет Қағыйдасы менен белгиленеди. Оған муўапық, мысал ушын офитсер әпиўайы әскер ҳәм сержантлик қурамындағы барлық шахслар ушын басшы есапланады, сержант - өзи менен бир әскерий бөлектеги әпиўайы әскерлер ушын басшы есапланады ҳәм т.б.

Download 124.32 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling