Буйрықты орынламаў
Бап. Әскерий хызметти өтеў тәртибине қарсы жынаятлар
Download 124.32 Kb.
|
курс 2
Бап. Әскерий хызметти өтеў тәртибине қарсы жынаятлар.
Әскерий хызметти өтеў тәртибине қарсы жынаятлар түсиниги. Ҳәзирги күнде жынаят нызамшылығы Қураллы Күшлерди шөлкемлестириўдиң жаңа тенденциялары ҳәмде әскерий ҳуқуқ-тәртибат ҳәм интизамды беккемлеўдиң заманагөй шараятлардағы талапларын өзинде сәўлелендиреди. Бул талаплар Өзбекистан Республикасы Конститутсиясы әскерий қурылысты тәртипке салыў бойынша талаплары, Қураллы Күшлердиң улыўма әскерий нызамлары ҳәм басқа тийкарғы әскерий нызамлар, йағный биринши наўбетте 1992-жыл 3-майдағы (жаңа редаксиясы кашан екенин билмеймен) “Қорғаныў ҳаққында”ғы ҳәм “Улыўма әскерий миннетлеме ҳәм әскерий хызмет ҳаққында”ғы, 1992-жыл 28-августтағы “Алтернатив хызмет ҳаққында” ғы, 2003-жыл 28-апрелдеги “Өзбекистан Респуликасы Қураллы Күшлериниң резервдеги хызмет ҳаққында”ғы нызамларында беккемленген. Жоқарыда айтып өтилген нызамларға муўапық, Өзбекистан Респуликасы Қураллы Күшлери жаўынгер тайынлығының тийкарғы қурамлық бөлими болып, ең алдыңғы техника менен тәмийнленгенлиги менен бир қатарда олардың жоқары дәрежедеги интизамлылығы есапланады. Қураллы Күшлерде орнатылған әскерий хызметти өтеў тәртибин ҳәмме әскерий хызметшилер тәрепинен әмел қылыныўы әскерий интизамның тийкарғы талапларынан бири есапланады. Ҳәр бир әскерий хызметкердиң бул талапларды турақлы раўиште туўра орынлаўы әскерлердиң жаўынгерлик дәрежесин тәмийнлеў ушын зәрүр есапланады. Әскерий хызметти өтеў тәртибине қарсы жынаятлар түсиниги ЖК 14-статясында белгиленген жынаяттың улыўмалық белгилениўине тийкарланған. Әскерий хызметти өтеў тәртибине қарсы жынаятлар, бул әскерий хызметти Өзбекистан Респуликасы Қураллы Күшлеринде, басқа әскерий дүзилмелер ҳәм органларда шақырық бойынша яки шәртнама тийкарында өтеп атырған әскерий хызметшилер тәрепинен, сондай-ақ әскерий жыйынларды өтеўге шақырылған ўақытта резервдеги пуқаралар тәрепинен әскерий хызметти өтеўдиң орнатылған тәртибине қол қатылытуғын жәмийетлик қаўипли қылмыс есапланады. Көрип шығылып атырған жынаятлардың түрлес обйекти – әскерий хызметти өтеў тәртиби. Әскерий хызметти өтеў тәртиби деп, әскерлер өмири ҳәм жаўынгерлик искерлиги даўамында жүзеге келетуғын қатнасықлар болып, олар нызамлар, әскерий ант ҳәм нызамларда беккемлеп койылған. Усы хүжжетлерде әскерий хызмет пуқараның миннетлемеси екенлиги, жекебасшылық ҳәм одан келип шығатуғын қарамлық шахстың баслыққа сөзсиз бойсыныўы, усы қатнасықлар субектлери ҳуқуқ ҳәм еркинликлериниң анық белгилеп койылыўы киби әскерий шөлкем принсиплери беккемлеп қойылған¹. Әскерий хызметшилер тәрепинен жынаят нызамшылығында белгиленген басқа обйектлерге қол қатыў, ЖК Арнаўлы бөлими жетинши бөлимине кирмеген басқа статялар менен жуапкерликти келтирип шығарады. Өзбекистан Республикасы Олий суды Пленумының 2000-жыл 15-сентябрдеги “Әскерий хызметти өтеў курамына қарсы жынаятларга тийисли ислерди көриў бойынша суд әмелийаты ҳаққында”ғы қарары -Т. қонун номи билан. No 4.-2000.-27 б. Обйектив тәрептен әскерий хызметти өтеў тәртибине қарсы жынаятлар түрли ҳәрекетлер менен тәрийпленедт, мысалы, баслыққа қарсылық көрсетиў яки оны хызмет ўазыйпаларын бузыўға мәжбүр қылыў (ЖК 281-ст), дезертирлик (ЖК 288-ст), сондай-ақ, ҳәрекетсизлик арқалы, мысалы, буйрықты орынламаў (ЖК 280-ст). Бул бапта көрилип атырған жынаятлардың көпшилиги қандайда бир ақыбеттиң келип шығыўын нәзерде тутады, мысалы, денеге зыян жеткериў (ЖК 283-ст), қараўыл хызметин өтеў қағыйдаларын бузыў (ЖК 291-ст). Бирақ бир қатар жағдайларда жынайый жуапкершилик ушын қандайда бир ақыбетлер келип шығыўы талап етилмейди, бәлки белгиленген хәрекетлердиң ислениўи фактының өзи тамам болған жынаят қурамын қурайды, мысалы, бойсынбаслық (ЖК 279-ст). Субйектив тәрепден көрип шығылып атырған жынаятлардың көпшилиги туўра қаст пенен исленеди, бирақ абайсызлық арқасындада болыўы мүмкин, мысалы, хызметке немқурайлық пенен қараў (ЖК 302-ст). Қылмыстың мотивы ҳәм мақсети квалификатция қылыўға тәсир етпейди. Жынаят исленгенде қатар жағдайларда ЖКниң 23-статясында белгиленген қурамалы айып бар екенлигин белгилеў керек, мысалы, ишки хызметти өтеў яки гарнизонда патруллик қылыў қағыйдаларын бузыў (ЖК 292-ст), машиналарды басқарыў яки олардан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў (ЖК 298-ст) киби жынаятлар. Әскерий хызметти өтеў тәртибине қарсы жынаятлардың субйекти арнаўлы субйект есапланады. Қураллы Күшлер, Мәмлекет шегарасын қорғаў комитети, Ишки Ислер Министрлиги қараўыл қошынлары, Миллий қәўипсизлик хызмети, Айрықша жағдайлар министирлиги,басқа министирликлер ҳәм шөлкемлер әскерий бөлимлериниң әскерий хызметшилери, сондай-ақ, оларда әскерий жыйынларды өтеп атырған шахслар әскерий жынаятлардың субйекти бола алады¹. Сол менен бирге, әскерий хызметти өтеў тәртибине қарсы жынаятлардың бир қатар түрлери субйект болып тек ғана бөлек арнаўлы буйрыққа ийе болған әскерий хызметшилер ғана болыўы мүмкин, мысалы, жаўынгерлик наўбетшиликти өтеп атырған (ЖК 293-ст) шегера хызметин өтеп атырған (ЖК 294-ст) ҳәм .т.б. Әскерий хызметтиң басланыўы деп, әскерий бөлим яки әскерий оқыў шөлкеми жеке қурамы дизимине киритилген күн есапланады. Шақырылыўшылар ушын хызметти өтеўдиң басланыўы қорғаныў ислери бөлимине яки әскерий бөлимге жибериў ушын шақырыў пунктине келген күн есапланады. Резервде болған пуқараларға болса, әскерий жыйынларға қатнасқан биринши күннен есапланады. Әскерий хызметтиң тамамланыўы деп, әскерий хызметтиң яки контракт мүддетиниң тамам болған ҳәм резерге босатылыў ҳаққындағы ҳүжжетлерди алған күн, сондай-ақ әскерий жыйынлар өтеўдиң ақырғы күни есапланады. Әскерий хызметти өтеў тәртибине қарсы жынаятлардың субйекти деп тән алыў ушын көрип шығылып атырған жынаятлардың фатклиги әҳмийетке ийе емес. Жуапкершиликке тек ант қабыл еткенлер тартылады. Әскерий хызметши болмағанлар, сол қатарда әскерий бөлимлерди пуқаралық персоналы, ишки ислер органлары ҳәм салық хызмети хызметкерлери әскерий хызметти өтеў тәртибине қарсы жынаятлар субйекти болыўы мүмкин емес. Өзбекистан Республикасы Олий суды Пленумының 2000-жыл 15-сентябрдеги “Әскерий хызметти өтеў курамына қарсы жынаятларга тийисли ислерди көриў бойынша суд әмелийаты ҳаққында”ғы қарары -Т. қонун номи билан. No 4.-2000.-27 б. Жоқарыдағыларға көре , әскерий хызметти өтеў тәртибине қарсы қарсы жынаятлар жынаят нызамшылығанда нәзерде тутылған басқа жынаятлардан еки өзгешелиги менен: Кол катыў обйекти Жынаяттың арнаўлы субйекти менен парық қылады. Download 124.32 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling