Буйрықты орынламаў


Download 124.32 Kb.
bet5/6
Sana17.06.2023
Hajmi124.32 Kb.
#1550549
1   2   3   4   5   6
Bog'liq
курс 2

Бойсыныўшы - жаўынгер әскерий бөлим, хызмет, наряд қурамына киретуғын, өз баслығының буйрықларын сөзсиз орынлаўға мәжбүр болған әскерий хизметкер ямаса тийисли басшы әскерий атағына ийе болған басқа әскерий хизметкердиң талапларын орынлаўға мәжбүр болған, әскерий атағы бар әскерий хизметкер.
Буйрық аўызша ямаса жазба формада ямаса техникалық қураллар арқалы, бөлек бир ямаса бир неше әскерий хизметкерге берилиўи мүмкин. Ол бойсыныўшы тәрепинен сөзсиз, анық ҳәм ўақытында орынланыўы керек. Бунда буйрық ўакилликке ийе болған басшы тәрепинен қандай формада берилгенлиги, оның нызам нормаларына муўапық ямаса муўапық емеслиги, бойсыныўшының расында оны орынлаў мүмкиншилигине ийе екенлиги ҳәм не себептен оны атқармағанлығы анықланыўы керек.
Солай екен, буйрық тек ғана орынлау тәртибинде, ҳәмел ўазыйпалары жүклетилген командирлар (баслықлар) тәрепинен берилиўи мүмкин. Бойсыныўшыға хызметтен тысқары мәселе бойынша берилген буйрықты (әскерий мәплерден тысқары, жеке мәплерди гөзлеп) буйрық деп қабыл етилиўи мүмкин емес. Тап соның өзи басшының хызмет бойынша, Нызамнан тысқары формада, бойсыныўшының инсанийлик намысын кемситиўши талапларына да тийисли болып табылады. Басшының нызамсыз талабын орынламағын жағдайда бойсыныўшы жуўапкерликке тартылыўы мүмкин емес.



  1. Буйрықты орынламаў жынаятының квалификатсиясы.

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлеринде орнатылған бағыныў режимин тәмийинлейтуғын социаллық мунасәбетлер жынаяттың тийкарғы тиккелей обиекти болып есапланады. Инсанлар турмысы, ден-саўлығы, өзгелер мол-мулки қаўипсизлигин тәмийинлейтуғын мунасәбетлер қосымша тиккелей обиект болып есапланады.
Обиектив тәрепден ЖК 280-статясында белгиленген жынаят әқибетинде көп муғдарда зыян ямаса басқа аўыр ақыбетлерге алып келген буйрықты орынламаўда көринеди.
“Буйрық”, “буйруқни орынлаў”, “бойсыныўшы”, әскерий жағдай” тусиниклерине жоқарыда тоқталып өтилди.
Бул жынаят көп муғдардағы зыян ямаса аўыр ақыбетлер келип шыққан ўақыттан баслап тамамланған есапланады.
Көп муғдардағы зыян дегенде, базалық есаплаў мўғдарының 100 есесинен 300 есесине шекем болған зыян түсиниледи.
ЖК 280-статясы 1-бөлегинде нәзерде тутылған аўыр ақыбетлер ЖК 279 -статясы 2-бөлегинде нәзерде тутылған ақыбетлер менен бирдей болып табылады.
Бул аўыр ақыбетлер әскерий операцияның орынланыўын тоқтатыў, әскерий бөлим яки бөлек бөолинбелердиң гүресиў уқуплылығының төменлеўи, орташа аўырлықдағы яки оғада тән ауыр тән жарахаты жеткизиў, бөлимниң жеке қурамы өмири яки ден-саўлығына ҳақыйқый зыян жеткизиў қаўпиниң жүзеге келиўи, көп муғдардағы материаллық зыян жеткериў, басқа бойсыныўшыларға тәсир көрсетиў ҳәм басқалар болыўы мүмкин.
Буйрықты атқармаслик жынаяты субйектив тәрепден абайсызлық ямаса хызметке итибарсызлық пенен жантасыў нәтийжесинде исленеди. Сонлай екен, жынаяый абайсызлық нәтийжесинде жынаят әмелге асырылғанда, айыпкер буйрықты орынламай атырғанлығын аңламайди, бирақ керекли дәрежеде зийреклик ҳәм жүзеге келиўи мүмкин болған жағдайларды алдынан көре билгенде, буның алдын алыўы мүмкин ҳәм алдын алыўы керек болады. Жынайый өз-өзине исениў нәтийжесинде буйрықты атқармаў айыпкер буйрықта айтылғанын атқармаған ҳәм буны била турып, буған негизсиз түрде өз-өзине исенип буйрық орынланыўына исенип ҳәрекет еткен жағдайда жүзеге келеди. Бундай жағдайда соны еста сақлаў керек, бойсыныўшы тәрепинен алдыннан белгили болган нызамсыз буйрық атқарылмаганда, оны жынайый жуўапкерликке тартыў мүмкин емес.
Жынаят ислениўиниң мотивы ҳәм мақсети оны квалификатсия қылыў ушын әҳмиетке ийе емес.
Ҳәр қандай 18 жасқа толған әскерий хизметкер ямаса әскерий жыйынларға шақырылған әскерий хызметке мәжбүрли шахс буйрықты атқармаслик жынаятының субйекти болыўы мүмкин.
ЖК 280-статясы 2-бөлегинде жаўынгер жағдайда буйрықты атқармаслик ушын жуўапкерлик белгилеп қойылған.

Download 124.32 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling