Өзбекстан Республикасы


Тил билиминиң социология менен байланысы


Download 0.66 Mb.
bet15/33
Sana09.01.2023
Hajmi0.66 Mb.
#1085038
TuriЛекция
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   33
Bog'liq
Тил билими хам табийгый илимлер лекция5

Тил билиминиң социология менен байланысы

Тил жәмийетлик қубылыс болғанлықтан жәмийет пенен, жәмийеттиң турмысы менен тығыз байланыста. Демек, оның жәмийетлик негизи, социаллық ўазыйпасы, тилге социал факторлардың тәсири, тил раўажланыўында тил сиясатының роли сыяқлы бир қатар мәселелерди үйрениў менен шуғылланыўшы тил билими бағдарының жаралыўына үлкен зәрүрлик пайда болды.


Әне усындай әмелий талап пенен тил билиминде социал бағдар ҳәм социалингвистика дүньяға келди. Социалингвистиканың тийкарғы үйрениў машқалаларынан бири тилдиң социал дифференциясы мәселеси есапланады.
Белгили бир тилде сөйлесиўши жәмийеттиң социал топарларға ажыралыўы ҳәр қыйлы. Усыған байланыслы, ҳәр қайсы топардың өзине тән лингвистикалық белгилери болады. Мәселен, аймақлық парықланыў, кәсиплик парықланыў ҳәм тағы басқа. Ҳәр қандай социал топардың өзиниң лингвистикалық белгиси бойынша парықланыўы, оның социаллық себеплерин үйрениў үлкен әҳмийетке ийе.
Социалингвистиканың екинши машқаласы белгили бир жәмийеттеги тилдиң жасаў формалары комплекси сыпатында баҳаланатуғын тил жағдайы мәселеси болып табылады.
Мәселен, бурынғы кеңес аўқамы дәўиринде бир неше тиллер бар болған ҳалда, бир тилге, тийкарынан рус тилине үлкен итибар берилгени себепли, басқа тиллер рус тили тәсиринде қалып кетти.
Тил жағдайы еки топарға бөлинеди:
1) экзоглосс жағдай, яғный ҳәр түрли тиллер тийисли болған тиллердиң бир жәмийетте хызмет етиўи;
2) эндоглосс жағдай, яғный бир тилдиң түрли киши системаларының хызмет көрсетиўи.
Тиллердиң өз ара тәсири ҳәм лексикалық өзлестирмелер машқалалары да социалингвистиканың үйрениў объекти есапланады.
Социалингвистиканың ең әҳмийетли машқалаларынан және бири билингвизм мәселеси. Өзбекстанның түрли аймақларында еки тилде тең сөйлесиўши халық жасайды. Олардың еки тилде де еркин пикир алмасыўы нызам менен қорғалады.
Билингвизм шараятында, әлбетте, еки тил өз ара бир-бириниң тәсирине ушырайды. Әне усы тәсирди үйрениў де социалингвистиканың үйрениў объектине киреди.
Социалингвистика машқалалары ишинде тил ҳәм тил сиясаты мәселеси ең әҳмийетли орынды ийелейди. Бурынғы Аўқам дәўиринде миллетлерди ҳәм олардың тиллерин бирлестириў сиясаты алып барылды. Буның нәтийжесинде жетпис жыл ишинде айырым майда миллетлер ҳәм олардың тиллери (мәселен, юкагирлер) жоғалып кетти. Рус болмаған басқа миллетлер ҳәм олардың тиллеринде де турғунлик, хызмет шеңбериниң шеклениў ҳалаты ҳүким сүрди.
Өзбекстан Республикасы ғәрезсизликке ерискеннен кейин демократиялық принципке тийкарланған тил сиясаты жүритиле баслады. Буның айқын дәлили сыпатында Мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызамның тоғызыншы статьясы Өзбекстан аймағында жасайтуғын басқа халық ўәкиллери ҳәм олардың тиллери қорғалыўына қаратылған.
Бунган тысқары, социалингвистика миллет ҳәм миллий тил, тил ҳәм жәмийет сыяқлы мәселелер менен де шуғылланады.



Download 0.66 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling