Өзбекстан Республикасы
Тил билиминиң этнография менен байланысы
Download 0.66 Mb.
|
Тил билими хам табийгый илимлер лекция5
Тил билиминиң этнография менен байланысы
Тил менен усы тил ийеси болған халық тығыз катнаста. Халық тарийхындағы ҳәр бир ўақыя, үрп-әдетлери, турмыс тәризи оның тилинде сәўлеленеди. Соның ушын тил менен усы тил ийеси болған этнос ортасында қандай беккем байланыс бар болса, оларды үйрениўши тил билими менен халық тарийхы ҳәм этнография ортасында да усындай байланыс бар. Халық, елаттың социаллық, экономикалық, мәдений ҳәм сиясий турмысында жүз берген ҳәр бир өзгерис оның тилинде де өз сәўлелениўин табады. Соның ушын халық тарийхы ушын тарийхый ҳүжжетлер, археологиялық естеликлер гүўалық бере алмаған жағдайда да, оның тили қымбатлы материаллар бериўи мүмкин. Әсиресе, топоним, этноним, этнотопонимлерди халық тарийхын инабатқа алмай турып үйренип болмайды. Соның менен бирге, тил билими этнография менен де тығыз байланыста. Тилдиң усы тил ийеси болған этнос мәдениятына қатнасын, тилдиң функцияланыў ҳәм раўажланыў процесинде тил менен этномәденият, этнопсихологиялық факторлар ортасындағы қатнасты үйрениўге болған талап себепли этнолингвистика бағдары жүзеге келди. Этнолингвистика атамасы грекше etnos – халық, қәўим ҳәм лингвистика сөзлеринен алынған болып, өз алдына лингвистикалық бағдар сыпатында XIX әсирдиң 70-жылларында Арқа, кейинирек Орайлық Америкадағы индеец қәўимлериниң тили, мәденияты, үрп-әдетлерин үйрениўдиң күшейиўи менен пайда болды. Лекин бул бағдардың дәслепки дәўиринде көбирек этнография мәселелерине дыққат қаратылды, тек әсиримиздиң 20-жылларында лингвистикалық тәрепине итибар күшейтилди. Этнолингвистиканың ғәрезсиз лингвистикалық бағдар сыпатында қәлиплесиўинде Америка тилши алымы, этнографы Ф.Боас ҳәм оның оқыўшыларының хызмети үлкен. Олар бағдардың машқалалар шеңберин ҳәм изертлеў методларын белгиледи. Этнолингвистика Америка алымлары мийнетлеринде көбинесе «антрополингвистика», «этносемантика» атамалары менен де алмастырып қолланылады. Этнолингвистика машқалаларынан ең әҳмийетлиси сыпатында Америка индеецлери тиллериниң генетикалық туўысқанлығын анықлаў мәселеси қаралды. Бул тиллердиң классификациясы дәслеп белгили принципке тийкарланбаған ҳалда, болжаўларға сүйенип исленген болса, кейин ала Э.Сепир, С.Лем, М.Сводеш, Ж.Л.Трейжер ҳәм басқалар тәрепинен анық илимий методларға сүйенилди. Индеецлердиң тиллерын классларға бирлестириўде эмоциональ-тарийхый (Э.Сепир, С.Лем), глоттохронологиялық (М.Сводеш), тарийхый-типологиялық ҳәм ареал (К.Хейил, Ж.Л.Трейжер) методлардан пайдаланылды. Тиллердиң классификациясынан тысқары, және тиллердиң ҳәм мәдениятлардың өз ара тәсири, билингвизм мәселелери, тил раўажланыўына социал мәденияттың тәсири сыяқлы машқалалар да этнолингвистиканың үйрениў шеңберине киритилди. Дәслеп этнолингвистика шеңберине семантика да киритилген еди. Бирақ кейин ала дескриптив лингвистиканың ҳәўиж алыўы нәтийжесинде семантика лингвистикалық изертлеўлер қурамынан шығарылды. Тилдиң семантикалық тәрепине итибар әсиримиздиң 50-жылларында Сепир-Уорф гипотезасын кең талқылаў процесинде қайта жанланды. Ҳәзирги пайытта, этнолингвистика мәселелерине де және итибар күшейди. Бул дәўирде семантикаға итибардың қаратылыўы нәтийжесинде органикалық анализ методы әмелиятта кең қолланылды. Бундай усыл жәрдеминде түрли тиллерде социал-мәдений қәсийетлерди аңлатыўшы сөзлер топары (туўысқан-урыў атамалары, рең билдириўши сөзлер) ҳәр тәреплеме талқыланды. Сондай-ақ, ҳәр түрли этникалық топарларда қолланылатуғын паралингвистикалық қураллар, фольклор материалларын үйрениў де этнолингвистика объектине киритилди. Тийкарынан, әсиримиздиң 70 – 80-жылларында фольклор материалларына итибардың тартылыўы тил ҳәм мәденият ортасындағы қатнастың жаңа түрлерин ашыўға имканият жаратты ҳәм буның менен этнолингвистиканың үйрениў шеңберин кеңейтти. Ҳәзирги күнде этнолингвистика дүньяның дерлик барлық мәмлекетлеринде тил билиминиң бир бағдары сыпатында тән алынды ҳәм бул бағдар бойынша кең изертеў жумыслары алып барылмақта. Download 0.66 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling