Өзбекстан Республикасы


Download 0.66 Mb.
bet2/33
Sana09.01.2023
Hajmi0.66 Mb.
#1085038
TuriЛекция
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   33
Bog'liq
Тил билими хам табийгый илимлер лекция5

Илимлер системасы

Система дегенимиз не? Бул сораўға ҳәзирге шекем ҳәр түрли жуўаплар бериледи. Система не екенине жуўап бериўден алдын оның қандай әҳмийетли белгилерден ибарат екенине итибар бериў лазым.


Ең әўели, ҳәр қандай система ишки бөлиниўшеңлик қәсийетине ийе. Демек, система белгили бир ишки дүзилиске ийе болып, еки ҳәм оннан аслам бөлимлердиң өз ара мүнәсибетинен қуралады. Мәселен, бир туп теректи алсақ, бул терек система сыпатында ишки дүзилис бирликлериниң өз ара мүнәсибетинен ибарат. Оның ишки дүзилис бирликлери тамыр, дене, шақа ҳәм де олардың мүнәсибетинен қуралған.
Системаның екинши тәрепи соннан ибарат, системаны қурайтуғын бирликлер өз ара шәртленген, бири-бирин талап етиўши көп басқышлы мүнәсибетте болады. Мәселен, тамырсыз денениң, денесиз шақаның болыўы мүмкин емес. Олардың ҳәр қайсысы бирин-бири талап етеди, бир-бири менен шәртленген.
Системаның үшинши тәрепи сонда, ҳәр қандай система ишки бөлиниўшеңлик қәсийетине ийе болғаны себепли системаны қураған бөлимлер менен система ўртасында да мүнәсибет болады. Бул мүнәсибетти «...ден қуралады», «...ның қурамына киреди» түсиндирмеси менен көрсетиў мүмкин. Басқаша етип айтқанда, пүтин ҳәм бөлек, түр ҳәм жыныс мүнәсибетин өз ишине алады. Мәселен, терек ҳәм оның тамыры, денеси, шақасы, жапырақлары ортасында пүтин ҳәм бөлек мүнәсибети болса, терек пенен алма, ерик, шабдалы ортасында түр ҳәм жыныс мүнәсибети бар.
Системаның төртинши тәрепи ишки дүзилисиниң көп басқышлы болыўында (иерархиялығында). Яғный пүтин ҳәм бөлеклик, түр ҳәм жыныслық мүнәсибети салыстырмалы характерге ийе. Белгили бир теклерге қарағанда түр, бөлеклерге қарағанда пүтин болған бөлим басқа пүтин ямаса түр қурамына кирип бөлек ямаса тек болыўы мүмкин. Мәселен, алма бир неше сортлардың улыўмалығы сыпатында сортларға нисбатан түр, ҳәр қайсы сорт болса тек болып келсе, терекке қарағанда алма тек ролин ойнайды.
Системаның бесинши тәрепи субстанционаллығы есапланады. Яғный субстанция ҳәм оны тиккелей бақлаўда тазоҳирлар арқалы реалласыўы, улыўмалық – жеккелик, тийкар – қубылыс, имканият – ҳақыйқатлық диалектикасының өзинде сәўлелендириўи болып табылады.
Солай етип, бирин-бири талап етиўши еки ҳәм оннан артық элементлердиң өз ара шәртленген мүнәсибетинен қуралған пүтинлик система есапланады.
Бул жағынан илим де система. Себеби ол да ишки бөлиниўшеңлик қәсийетине ийе. Солай екен илимди қурайтуғын ҳәр бир бирлик өз ара шәртленген мүнәсибетте болады. Бир илим түри екинши илимниң болыўын талап етеди. Мәселен, геометрия арифметика менен тығыз байланыста. Геометрия ҳәм арифметикасыз астрономияның болыўы мүкин емес ҳәм т.б.
Илим система (пүтинлик) сыпатында ишки бөлиниў қәсийетине, яғный ишки дүзилисине ийе. Оның ишки дүзилиси көп басқышлы. Илим, ең әўели, бағдарларға, бағдар тармақларға, тармақлар және киши қәнигеликлерге бөлинеди.
Бул бөлиниўдиң ҳәр бири бир басқышты пайда етип, кейинги бөлиниўлер ушын киши система ўазыйпасын атқарады. Мәселен, ең әўели, тәбийғый илимлер, социаллық-гуманитар илимлер, техника илимлери сыяқлы бағдарларға бөлинеди. Тәбийғый илимлер илимлер системасында өз ара мүнәсибетте болған бир неше бөлеклердиң биреўи сыпатында система элементи есапланса, кейинги басқышында тәбийғый илимлердиң өзи физика-математика, химия, биология, механика, техника сыяқлы илим тармақларын өз ишине алып, бул илимлер ушын система ролин атқарады. Физика-математика илимлер физика ҳәм математика илимлерине бөлинеди. Физика ҳәм математиканың өзи де және ишки бөлиниўге ийе. Мәселен, математика математикалық анализ, геометрия, итималлықлар теориясы, алгебра ҳәм санлар теориясы сыяқлы қәнигеликлерге бөлинеди.
Ҳәр бир бөлиниўде бөлиниўши система болса, айырма оның ағзасы ўазыйпасын атқарады. Система қурамындағы ҳәр бир ағза усы система шеңберинде өз ара шәртленген, бирин-бири талап етиўши мүнәсибетте болады. Мәселен, математика қурамына кириўши барлық қәнигеликлер өз ара әне усындай мүнәсибетте. Илимлер системасында белгили бир илим тармағы менен мүнәсибетте болмаған бир де бир тармақ жоқ.
Жоқарыда баян етилгенлер тийкарында илимлер системасын төмендеги сызылмада көрсетиў мүмкин.
Ҳәзирги күнде ғәрезсиз республикамызда жигирмадан аслам илимлер қурамына кирген бес жүз сексеннен аслам қәнигеликлер бойынша илимий изертлеўлер алып барылмақта.
Бир объект ҳәзирги күнде бир неше илимлердиң аралығында үйренилиўи лазым болады. Демек, белгили бир илим басқа тутас илимлерсиз толық жетискенликлерге ерисе алмайды.1



Download 0.66 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling