Өзбекстан Республикасы
В. Грамматикалық мәни ҳәм грамматикалық форма
Download 0.66 Mb.
|
Тил билими хам табийгый илимлер лекция5
В. Грамматикалық мәни ҳәм грамматикалық форма
Грамматикалық мәни лексикалық мәни сыяқлы предметке тән болған белги, қәсийет, қатнаслардың санада сәўлелениўи болып табылады. Бул болса лексикалық мәниге қолланылған семантикалық үшмүйешлик грамматикалық мәни ушын да улыўма ортақ екенин көрсетеди. Сигнификат Акустикалық аңлатыў Денотат Яғный предмет – оған тән болған белги-қәсийеттиң санада сәўлелениўи – санада сәўлеленген белги, қәсийеттиң белгили материаллық қураллар – грамматикалық формалар жәрдеминде аңлатылыўы. Бунда материаллық қурал менен санада сәўлеленген предмет қәсийети мүнәсибети грамматикалық мәни саналады. Сан грамматикалық мәни тәбиятын сан грамматикалық мәниси арқалы түсиндириўге ҳәрекет етемиз. Грамматикалық мәниси бирлик ҳәм көплик мәнилери мүнәсибетин өз ишине алады. Бирлик мәниси бир, тәкирарланбас предметти ғана емес (а ямаса а ҳәм басқалар), ал пүтин предметлер топарын да аңлатады (а, а, ... а). Салыстырың: Бул көзәйнек жүдә анық көрсетер екен; Қарсы алдымыздағы магазинде көзәйнек сатылады. Бул гәплердиң бириншисинде көзәйнек айрықша бир предметти (А бирлик, А бирлик), екинши гәпте болса барлық көзәйнеклерди, көзәйнеклер класын (А бирлик) билдиреди. Көзәйнек лексема сыпатында лексикалық мәнини аңлатады. Оның лексикалық мәниси әтирапты көриў ушын жәрдемши қурал сыпатында қолланылатуғын оптикалық әсбап. Соның менен бирге, көзәйнек сөз формасы да. Сөз формасы сыпатында бир қанша грамматикалық мәнилерге ийе. Бириншиден, ол көзәйнек предметиниң муғдарлық белгисин билдиреди: бир ямаса бир түрдеги предметлер класын аңлатады. Бул белгиси оның грамматикалық сан мәниси есапланады. Бирлик санның айрықша ҳәм улыўма мәнилери өз ара диалектикалық байланысқан. Контекстте қолланылған ҳәр қайсы айрықша мәни улыўма мәниниң бир бөлеги, бир тәрепин сәўлелендиреди. Улыўма мәни болса анаў ямаса мынаў дәрежеде жеке мәнилерди де өзинде бирлестиреди. Соның ушын көзәйнек сөзиниң сеслик комплекси контекстке қарап конкрет предметти де, предметлер класын да аңлатыўы мүмкин. Көплик мәни болса (А көплик) өз мазмуны бойынша улыўма бирлик мәниси менен (А бирлик) мүнәсибетте болады. Сан грамматикалық мәнисиниң дүзилисин төмендеги схемада көрсетиў мүмкин: Солай етип, бириншиден лексикалық ҳәм грамматикалық мәнилер бир лингвистикалық мәниниң түрли аспекти сыпатында белгили улыўмалықка ийе. Грамматикалық мәни тилде өзиниң турақлы көринисине ийе болған, синтаксислик қурылма, сөз формалар қатарына тән улыўмаласқан мәни есапланады. Морфология шеңберинде сөз шақапларына тән (Мәселен, атлықларда «предметлик», фейиллерде «процесслик» мәнилери) улыўма мәни, сондай-ақ, белгили бир морфологиялық категория ишиндеги өз ара қарсыласыўшы сөз формаларының жеке мәнилери (мәҳәл, бет, сеплик) әне усындай улыўмаласқан мәнилер қатарына киреди. Грамматикалық мәни дегенде тек сөздиң формалары мәниси ғана емес, ал синтаксислик бирликлердиң улыўмаласқан мәнилери де түсиниледи. Мәселен, предикативлик, модальлық, тема-рема дүзилиси ҳәм т.б. Грамматикалық мәни системасында объектив барлықтағы предметлер ортасындағы мүнәсибетлер ҳаққындағы билимимиз сана арқалы сәўлеленеди. Соннан, ҳәрекет түсиниги фейилдиң улыўма мәниси ҳәм оның жеке категориалық мәнилери (мәҳәл, дәреже, болымлылық, болымсызлық) арқалы көринеди. Грамматикалық мәни тилден тысқарыдағы барлық предметлер, қубылыслар қәсийетлерин сәўлелендириўши синтаксислик емес (референционал), Мәселен, муғдар, орын, ўақыт мәнилери, сондай-ақ, гәп ҳәм сөз бирикпеси қурамындағы сөз формаларының байланысын билдириўши синтаксислик (реляцион) мәнилерге бөлинеди. Мәселен, дәнекерли дизбеклердеги қарсылық, айырыўшылық мәнилери ҳәм басқ. Буннан басқа, сөйлеўшиниң пикир билдирип атырган ўақыя-қубылысқа яки тыңлаўшыға болған ҳәр қыйлы субъектив мүнәсибетин сәўлелендириўши мәни айрықша қәсийетке ийе. Мәселен, субъектив модальлық, субъектив баҳа, еркелеў ҳәм басқ. Солай етип, грамматикалық мәнини үш топарға бөлиў мүмкин: 1) синтаксислик емес (референционал); 2) синтаксислик (реляцион); 3) субъектив. Биринши мәнини топарлық, екинши мәнини категориалық, үшинши мәнини болса категориалық емес мәнилер деп те классификациялаў мүмкин. Грамматикалық мәни система сыпатында морфологиялық мәни ҳәм синтаксислик мәнилерди өз ишине алады. Солай екен, ол бөлиниўшилик қәсийетке ийе. Соған муўапық, оларды морфологиялық мәни ҳәм синтаксислик мәнилерге бөлиў мүмкин болады. Морфология морфологиялық формалардың морфологиялық мәниси ҳәм синтаксислик имканиятларын үйренеди. Download 0.66 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling