Өзбекстан Республикасы


Download 0.66 Mb.
bet9/33
Sana09.01.2023
Hajmi0.66 Mb.
#1085038
TuriЛекция
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   33
Bog'liq
Тил билими хам табийгый илимлер лекция5

Грамматикалық форма

Грамматикалық форма белгили бир грамматикалық мәниниң сырткы көринетуғын тәрепи материаллық тәрепи есапланады. Грамматикалық форма менен грамматикалық мәни философиядағы форма ҳәм мазмун диалектикасын өзинде сәўлелендиреди. Форма ҳәм мазмун бир пүтинликтиң еки тәрепи – бири сырткы, екиншиси болса ишки тәрепи есапланады. Соның ушын олар бири-бирин талап етеди. Бирисиз екиншисиниң болыўы мүмкин емес.


Тил билими тарийхында грамматикалық форма түсинигине ҳәр қыйлы қатнас жасаўлар бақланады. Бул ҳәр қыйлылықтың тәсирин бүгинги грамматикаға тийисли изертлеўлерде де байқаў қыйын емес. Тийкарынан, ол «грамматикалық категорияның сыртқы лисоний тиллик қураллар менен аңлатылыўы», «айырым грамматикалық мәнини аңлатыўшы формал белги», «белгили грамматикалық мәни аңлатыўшы форма» сыпатында характерленеди.
Грамматикалық форма атамасы дерлик барлық тилши алымлар тәрепинен сөз формасын аңлатыў ушын қолланылады.
Сөздиң грамматикалық формасы мәселеси теориялық грамматиканың ең қурамалы мәселесинен есапланады.
Көп ҳалатларда сөздиң грамматикалық формасы «белгили сеслик көриниси» сыпатында түсиндириледи. Егер сеслик көриниске ийе болмаса, ол грамматикалық форма шеңберине киритилмеди. Бунда белгили бир мәни өз сырткы көринисине ийе болмаса, ол тил фактине айланбайды деген пикирге сүйенеди.
Грамматикалық формаға бундай қараў, әсиресе, Москва формал лингвистикалық мектеби тийкарын салыўшысы Ф.Ф.Фортунатов концепциясының тийкары болды. Ф.Ф.Фортунатов көзқарасларының тамыры тийкарында Н.П.Некрасовқа барып тақалады. Н.П.Некрасовтың пикирине қарағанда, сөздиң мудамы өзгериўин тәмийинлеп туратуғын сеслик тәрепи оның грамматикалық формасы есапланады.
Ф.Ф.Фортунатов та грамматикалық мәниниң формалық тәрепине үлкен итибар береди. Мәнини итибардан шетте қалдырмаса да, бирақ грамматикалық форманы белгилеўде сеслик қурамы биринши планға қойылады. Оның атап өтиўинше, руку, ногу, воду сыяқлы сөзлердеги -у сеси рука, нога, вода сыяқлы сөзлерде берилген мәнини өзгертиў ушын хызмет етеди. Мәлим белгиге қосылып, оның мәнисин өзгертетуғын, бир белгиден екинши белгини пайда ететуғын сеслик қурамы да, өз гезегинде, белги, формалық мәниге ийе болған белги есапланады.
Ф.Ф.Фортунатов сөздиң грамматикалық формасын белгилеўде сөзлерди тийкарғы (материаллық) мәнили ҳәм формалық мәнили бөлимлерге ажыратады. Жеке сөздиң формасы дегенде сөйлеўши санасында жеке сөздиң өзинен тийкарғы ҳәм формал бөлимди ажырата алыў имканияты түсиниледи. Сөздиң басқа формаларында да тәкирарланатуғын, барлық формалар ушын улыўма бөлим есапланады. Тийкарғы бөлимниң форма тәрепин өзгертиў ушын хызмет ететуғын сөздиң бөлими болса формалық бөлими есапланады. Солай етип, Ф.Ф.Фортунатовтың пикири бойынша, сөздиң грамматикалық формасы оның дүзилис бөлимлерге бөлиниў имканияты есапланады. Сөздиң қурамлық бөлимлери тийкарғы, яғный түбир ҳәм формалық, яғный форма жасаўшы аффикслерден ибарат болады. Сөз бирден артық формаға ийе болыўы да мүмкин. Сол себепли оларды парықлаў ушын Ф.Фортунатов сөз өзгериў формасы ҳәм сөз жасалыў формасы түсиниклерин киритеди.
Сөзлер формалық белгисине қарай сөз өзгериў формасына ийе болған ҳәм бундай формаға ийе болмағанларға ажыратылады. Сөз өзгериў формасына ийе болмаған сөзлер жасалыў формасына ийе болған ҳәм ҳеш қандай формаға ийе болмаған, формасызларға бөлинеди.
Ф.Ф.Фортунатов сөз өзгериў парадигмасында ноль форманы да ажыратады. Нәтийжеде сөз формасын материаллық ҳәм формалық бөлимлер бирлиги сыпатында түсиниўге имканият жаратты. Дом сөзин оның басқа формаларына (дом-а, дом-у) салыстырғанда, материаллық бөлим ноль формаға ийе екени белгили болады.
Грамматикалық формаға сап формалық тәрептен қатнас жасаўға А.А.Потебня шек қойды. Белгили грамматикалық форма жеке сеслер менен аңлатылыўы шәрт пе деген сораўға ол белгили сөзден басқа сөз жасалғанда жасалма қурамында мудамы сеслик тәрепинде өзгерис жүз бере ме, деп сораў менен жуўап береди. Басқаша айтқанда, сөздеги белгили сести өзгертиў менен оның формасында өзгерис жүз бере ме? Оның пикиринше, сөздиң сеслик көринисин өзгертиў мудамы грамматикалық мәнини өзгерте бермейди.
Керисинше, айырым ўақытларда сөздиң грамматикалық формасы сеслик тәрепинен парықланбаўы мүмкин: женю (келер мәҳәл) ҳәм женю (ҳәзирги мәҳәл). Соның ушын А.А.Потебня сөздиң формасы оның сеслик тәрепи менен түсиндирилиўи мүмкин емеслигин исенимли дәлиллер менен дәлиллеп берди. Ол биринши болып сөздиң формасын оның ишки мазмуны менен, мазмунлық грамматикалық дүзилиси менен байланыслы екенин атап өтеди. Солай етип, А.А.Потебня өзине шекем ҳүким сүрген формаға бир тәреплеме қатнас жасаўға форма бул сөздиң сеслик тәрепи элементи деп қараўға шек қойды. Ол грамматикалық форманың сес емес, ал мәни екенин қайта-қайта тәкирарлады.
А.А.Потебня грамматикалық форманы парадигмада – сөздиң грамматикалық мәнисин реалластырыўшы сөз өзгериў системасында анықлаў лазым екенлигин көрсетеди. «Бул форма мен ушын түрлениў ҳәм түслениў тәртибинде ийелеген орнына қарай белгили бир мәниге ийе болады», – дейди ол. Буннан усы нәрсе белгили болады, сөздиң формасы тек сыртқы белгиси арқалы ғана емес, ал сөздиң парадигмадағы орны менен анықланатуғын мазмун арқалы да белгиленеди. А.Потебняның атап өтиўинше, көп ҳалларда ГФ сеслик көринисине ийе болмаўы мүмкин: ГФ тек сөздиң формалық қураллары арқалы ғана емес, ал оның синтаксислик байланысы арқалы да аңлатылыўы мүмкин. Солай етип, А.А.Потебня ГФ дегенде семантикалық ҳәм синтаксислик элементлердиң синтезин түсинеди ҳәм бундай көзқарас оны ГФны тек аффикслерден ибарат деп түсиниўши тилши алымлардан кескин парықлап турады.
ГФны қарама-қарсы қойыў тийкарында ажыратыўды усыныс етеди. Оның пикиринше, ГФ системаны қурайды. Белгили бир ГФ басқасына қарама-қарсы қойғанда ғана оның мәниси ҳаққында пикир жүритиў мүмкин. Мәселен, Я кончил гәпинде кончилдиң тамамланғынлық мәниси тиккелей оның сеслик қурамы арқалы емес, ал тилде оған қарсы туратуғын басқа форма – кончал формасы бар екенлиги менен парықланады. Сондай-ақ, сөздиң формасы грамматикалық қоршаў, контекст, гәптиң синтаксислик дүзилисиндеги позициясы менен анықланыўын көрсетеди.
Сөздиң формасы мазмунлы екени, ол грамматикалық жақтан сәўлеленбесе де, лекин сәўлелениўшиниң сырткы белгиси арқалы ғана емес, ал парадигматикалық мүнәсибеттеги орны ҳәм синтагматикалық байланысы арқалы анықланыўы ҳаққындағы пикир А.А.Потебня тәлийматының ең қымбатлы тәрепи есапланады.
В.И.Дегтарёв атап өткениндей, сөздиң әҳмийетли тәрепи оның материаллық – сеслик комплексине, структуралық – грамматикалық бөлиниўине сүйенетуғын лексика-грамматикалық мазмуны есапланады. Мазмун белгили бир формаға ийе болады. Сөздиң материаллық – сеслик дүзилиси ҳәм морфемалық бөлиниўи сөз ҳәм оның грамматикалық формасының материаллық таянышы, жасаў усылын қурайды.
Форма мазмунның сәўлелениўи, оның бөлимлериниң бөлиниўи, өз ара байланысы ҳәм өз ара ҳәрекети есапланады.
6. Диалектикалық философияға муўапық, форма дегенде мазмунның сыртқы сәўлелениў усылы, мазмун элементлери байланысларының нисбатан турақлы анықлығы ҳәм олардың өз ара тәсири, мазмунның типи ҳәм структурасы түсиниледи.
Көринип турғанындай, мазмунның сыртқы аңлатылыў усылы форманың тек бир тәрепи есапланады. Объекттиң форма ҳәм мазмунға бөлиниўиниң өзи тек олардың тығыз бирлиги шеңберинде, олардың бирлиги болса тек ишки тығыз бөлиниў сыпатында өмир сүреди. Форма менен мазмун ҳәр бир конкрет объектте бир-биринен ажыралмас есапланады. Форма мазмун үстине қойылған қандай да бир сыртқы қабық емес.
Форма ишки ҳәм сырткы бирликтен ибарат. Мазмун элементлериниң байланысыў усылы сыпатында форма ишки бир қубылыс есапланады. Ол объекттиң структурасын қурайды ҳәм мазмунның бир моментиндей болып қалады. Белгили бир мазмунның басқа нәрселер мазмуны менен байланысыў усылы сыпатында форма сырткы бир нәрсе есапланады.
Форма менен мазмун ортасындағы қарама-қарсылықты қарап шығып атырғанда соны нәзерден шетте қалдырмаў керек, мазмун формасыз болмайды. Форма болса мазмунның өзинде де бар ҳәм оған нисбатан сырткы бир нәрседен ибарат.
И.Дегтарёв туўры атап өткениндей, грамматикалық форманы тек мәниниң сәўлелендириў қуралы сыпатында түсинип болмайды. Ол сөз грамматикалық мәнисиниң дүзилисинде, мазмун моментинде де өз сәўлелениўин табады. Мәни дүзилиси сыпатында грамматикалық форма сөздиң лексикалық мәниси менен оннан абстрактластырылған ҳәм еркин түрде бирге ҳәрекет етеди. Тийкарынан, өзгермейтуғын сөзлер де белгили бип грамматикалық формаға ийе. Мәселен, рәўиш формасы арқалы, рәўишлик белгисиниң кетегориал мәнисине қарап белгиленеди.
Грамматикалық форманы грамматикалық мәнини аңлатыўшы сыртқы материаллық қураллар ғана емес, ал грамматикалық мәниниң ишки дүзилиси сыпатында да түсиниў тилде формасыз сөзлер де болыўы мүмкин деген пикирди толық бийкарлайды. Мәнини формасыз, форманы болса мәнисиз көз алдыңа келтириў мүмкин емес. Өз гезегинде, формасыз, грамматикалық қәлиплеспеген, грамматикалық дүзилиске ийе болмаған тилдиң болыўы мүмкин емес. Усы көзқарастан аморф тиллердиң ажыратылыўы форманы бир тәреплеме түсиниў нәтийжеси болып табылады.
Сөздиң грамматикалық формасы оның морфемалық қурылысына, парадигмасына ҳәм синтагматикалық мүнәсибетине сүйенеди.
Қулласы, ҳәзирги тил билиминде грамматикалық формаға еки түрли қатнас жасаў әмел қылмақта.
Бириншиси грамматикалық форманы анық бир грамматикалық мәниниң белгили материаллық қураллар жәрдеминде аңлатылыўы, сөздиң грамматикалық қәлиплескен материаллық – сеслик түри сыпатында анализлейди.
Екиншиси болса форманы грамматикалық мәниниң ишки дүзилиси сыпатында түсинеди.
Грамматикалық формаға бундай еки түрли көзқарас бир-бирине қарама-қарсыдай көринсе де, негизинде, бирин-бири бийкарламайды. Грамматикалық бирликти еки тәрептен сыпатлайды: бири мәни планы тийкарында, екиншиси болса ифода аңлатыў планы тийкарында түсиндиреди. И.Дегтарёв грамматикалық форманың бул еки түри ушын еки түрли атаманы – мазмун формасы (МФ) ҳәм ифода сәўлелендириў формасы (СФ) атамаларын усыныс етеди.
Сөз грамматикалық мәнисиниң дүзилиси ишки дүзилис усылы сыпатындағы форма мазмунлық форма (МФ), сөздиң грамматикалық мәнисиниң материалық морфологиялық дүзилиси сыпатындағы форма сәўлелендириў формасы (СФ) есапланады.
В.И.Дегтарёвтың пикиринше, МФ ҳәм СФ сөздиң грамматикалық дүзилисиниң өз ара муўапықласқан ишки ҳәм сыртқы тәреплери есапланады. Еки түрли форма түсиниги тилдиң еки тәреплеме моҳиятига сәйкес келеди. МФ ҳәм СФ диалектикалық бирликте сөз грамматикалық формасын пайда етеди.
Солай етип, грамматикалық формаға бундай қатнас жасаўда сөз грамматикалық мәнисиниң дүзилиси, ишки бөлиниўи ҳәм байланысы МФны қурайды. Сөздиң материаллық – сеслик тәрептен морфологиялық бөлиниўи СФны, бул еки форма бирликте сөздиң грамматикалық формасын пайда етеди. МФ СФға таянады ҳәм ол арқалы жүзеге шығады. МФ сөздиң морфемалық бөлиниўин, структуралық қәлиплесиў, парадигматикалық қатары менен ҳәм де сөзлердиң синтагматикалық қатнасы арқалы өз сәўлелениўин табады.
Грамматикалық формаға түсиник бериўдиң ҳәр еки бағдарын улыўмаластырғанда грамматикалық мәни аңлатылыўының төмендеги усылларын көрсетиў мүмкин: жеке морфемалар, көмекши сөзлер, ҳаўаз, сөздиң морфемалық бөлиниўи, структуралық қәлиплесиўи, парадигматикалық қатары ҳәм синтагматикалық мүнәсибети.
Жоқарыда атап өтилгениндей, грамматикалық форма грамматикалық мәни менен диалектикалық жақтан байланыслы. Соның ушын грамматикалық форма ҳәм грамматикалық мәни ортасындағы мүнәсибетлер тилши алымлар дыққатын өзине тартып келеди. Прага лингвистикалық мектеби ўәкиллери Карцевский ҳәм Скаличка форма ҳәм мазмун ортасындағы сәйкессизликти ашып бериўге ҳәрекет етеди.
Америка тилши алымы Хоккет те грамматикалық форма ҳәм грамматикалық мәни мүнәсибетине итибар берер екен, олар ортасында көбинесе сәйкессизлик бар екенлигин тән алады. Соның ушын бос элемент (морф) атамасын киритти. Мазмунсыз, қандай да бир ўазыйпа атқармайтуғын ифода планы бирлигин бос морф дейди.
Бос морф түсинигине қарсы ноль бирлик (морфема) түсиниги пайда болды. Бос морф пенен ноль бирлик бир-бирине қарама-қарсы ҳәм бирин-бири талап етиўши бирликлер болып табылады. Бос элемент (морф) – бул белгилениўшиден айырылған белги; ноль бирлик болса белгилеўшиси болмаған белгилениўши. Ҳәр еки ҳалатта да асимметриялық, бир тәреплеме белги ҳаққында пикир жүритиледи.
Н.Д.Арутюнова атап өткениндей, белги белгилигин жоғалтпай турып бир тәреплеме болыўы мүмкин емес. Ноль элементлердиң қәсийети белги формасының жоқлығында емес, ал оның өзине тәнлигинде. Соның ушын ноль элемент те ҳәм оның кериси болған бос элемент те бир тәреплеме белги сыпатында қаралыўы мүмкин емес. Соның ушын бундай ҳалларда айырым авторлар мәнили ифодасизлик (значимого отсутствия) атамасын усыныс етеди.
А.В.Исаченко белгили бир грамматикалық мәнини аңлатыў ушын хызмет ететуғын сырткы лисоний тиллик қуралларды категориал көрсеткишлер есаплайды. Оның пикиринше, категориал көрсеткишлер өз тәбияты бойынша белги есапланады. Категориал көрсеткиш ҳәр қандай белги сыяқлы еки қурамлық бөлимнен қуралады: сыртқы материаллық қурал – белгилеўши (десигнатор) ҳәм белгилениўши (десигнат). Тек ҳәр еки бөлектиң бир ўақытта қатнасы ғана белгини пайда етеди.
Оның пикиринше, бегилеўши менен белгилениўши қатнасы узақ ўақтылар даўамында қәлиплескен. Бул катнас усы семантикалық система менен пайдаланыўшы барлық жәмийет ағзалары ушын мәжбүрий есапланады. «Омонимлик» категориал көрсеткишлердиң болыўы буның айқын мысалы. Рус тилиндеги -а түрли категориал көрсеткишлер сыпатында қоллынылыўы мүмкин: сестр-а, стол-а, дом-а...
Контексттен ажыратып алынған -а қандай грамматикалық мәнилерди аңлатады деп сораў логикаға қарсы. Анық бир белгилениўши (десигнат) пенен байланыспаған белгилеўши (десигнатор) белги есапланбайды.
Қарақалпақ тилиндеги ат сеслер дизбеги (ямаса графикалық таңба) еле лингвистикалық белги емес. Ол тек белгили бир мәни менен (ямаса «исм» менен, я «ҳайўан» менен, я «ҳәрекет» пенен) байланысқанда ғана белгиге айланады.
Сөйлеўши ушын омонимия машқала пайда етпейди. Себеби ат сөзин айтар екен ҳәм оның синтагматикалық мүнәсибетин жүзеге шығарар екен, омонимнен пайдаланып атырғанын ҳеш қашан ойламайды. Белгилеўшини белгилениўши менен байланыстырады. Тыңлаўшы да усы сөйлеў процесинде сөйлеўши узатқан информацияны қабыл етеди. Демек, ол да белгилеўшини анық бир белгилениўши менен байланыстырады.
Сондай-ақ, синтаксислик бирликлерде де формалық дүзилис бирликлери менен мазмунлық дүзилис бирликлери көбинесе сәйкес келмейди. Мәселен, Келдим гәпи мазмунлық дүзилис бирликлери агенс (орынлаўшы субъект) ҳәм оның ҳәрекети (предикати) ортасындағы мүнәсибеттен, формалық дүзилис бойынша болса тек бир сөзден – фейил баянлаўыштан қуралған.
Себеп ҳәм ақыбет барлықтағы зат ҳәм қубылыслар ортасындағы байланыслылықты аңлатыўшы бир категория болып табылады. Ҳақыйқатында да, дүньядағы зат ҳәм қубылыслар өзлериниң пайда болыўы, қәлиплесиў ҳәм раўажланыўларында өз ара байланыста болады ҳәм өз ара бири себеп, екиншиси болса усы себеп арқалы жүзеге шыққан ақыбет болады.
Белгили бир қубылысларды жүзеге келтирген, бирақ тиккелей сезиў ағзаларымызға берилмейтуғын жасырын тәреп, тийкар себеп, ол арқалы жүзеге шыққан, сезиў ағзаларымыз жәрдеминде сезетуғын зат ҳәм қубылыслар ақыбет есапланады.
Себепсиз ақыбет жоқ ҳәм болыўы да мүмкин емес. Сезиў ағзалары жәрдеминде әмелий билиў процесинде ақыбетлерге дус келемиз. Ҳәр қандай изертлеўшиниң ўазыйпасы ақыбетти үйрениў арқалы оның негизинде жасырынған себепти анықлаўдан, олардың екеўи ортасындағы себеплик байланысты, себебиятты ашыўдан ибарат болыўы керек. Мәселен, бир наўқастың ысытпасы көтерилип атыр. Бизиң сезиў ағзаларымыз оның ысытпасы бар екенлигин сезеди. Көзимиз бенен еки жүзи қызарғанын, көзлери шаршағанлығын, еринлери кеўип қалғанын көремиз. Қолымыз бенен маңлайын услап көриў арқалы ысытпаның нормадан көтерилгенин билемиз. Бирақ бизиң бул билиўимиз әмелий билиў есапланады. Нениң нәтийжесинде ысытпа көтерилип атырғанын, оның себебин бундай жол менен биле алмаймыз. Буның ушын бир қанша сыртқы белгилерди салыстырыў керек, нәтийжеде ысытпа артында жасырынған себеп анықланады.
Себеп ҳәм ақыбет байланыслылығы, себебият тил системасы ҳәм оның функциясында да әмел қылады. Тийкарынан, сөйлеў процесинде ҳәр түрли фонетикалық өзгерислер жүз береди. Бул фонетикалық өзгерислер де белгили бир себебият арқалы жүзеге келеди. Себеби тил системасындағы ҳәр бир өзгерис, сондай-ақ, тиккелей сөйлеў процесстеги өзгерислер де белгили бир себебият нәтийжеси болып табылады.
Ҳар қандай фонетикалық өзгерислердиң себеби инсанның сеслерди айтыў қолайлығына умтылыў ҳәрекети нәтийжеси есапланады. Себеп сеслерди айтыў нақолайлығын сапластырыў, ақыбет болса фонетикалық өзгерис, яғный қолайлыққа ерисиў.
Сөйлеў процесиндеги әне усы себебиятқа жас грамматистлер мектеби ўәкиллери үлкен итибар берди ҳәм сөйлеўдеги ҳәр бир фонетикалық өзгерис тийкарында жатқан себепти табыўға айрықша дыққат-итибар каратты.
Философиядағы имканият ҳәм шынлық диалектикалық байланысы да тил ҳәм сөйлеў дихотомиясында айқын өз сәўлелениўин табады.
Имканият жүзеге шықпаған, бирақ жүзеге шығыўы мүмкин болған шынлық. Оның жүзеге шығыўы шыңлықты пайда етеди.
Егер бул байланыслылықты тил билими тийкарында көрип шықсақ, тил-сөйлеў дихотомиясында барлық тил бирликлери имканият, олардың сөйлеў процесинде ҳәр қыйлы материаллық көринислери шынлық есапланады.
Булардан тысқары, диалектикадағы раўажланыў нызамлары: муғдар ҳәм сапа өзгерислери бирлиги нызамы, қарама-қарсылықлар бирлиги нызамы, бийкарлаўды бийкарлаў нызамы тилде де әмел қылады.
Диалектиканың бир формасы синергетика есапланады. Синергетика тәбият ҳәм жәмийет раўажланыўында аралық, өткинши ҳалатлардың болыўы мүмкинлигин мойынлайды. Ол раўажланыў процесинде турақсыз ҳалат пенен турақлы ҳалат ортасындағы нызамлылыққа сүйенеди. Турақлылық нызамлылық ҳәм себебият нәтийжеси есапланады. Оны алдын ала билиў, басқарыў мүмкин. Турақлылық қубылыстың тийкарғы маңызын түсиниў ушын оған терең ҳәм дыққат пенен нәзер таслаў лазым болады.
Бундай аралық ҳалатлар тил билимине де тиккелей тийисли. Соның ушын айырым тилши алымлар лингвистикалық бирликлерди үйренер екен, оларды орайлық ҳәм шегара ҳалатларға ажыратады. Шегара ҳалаттағы тиллик бирликлерде еки қарама-қарсы бирликлерге тән қәсийетлер араласқан, тутасқан болады. Бундай ҳалатты төмендеги схема арқалы сүўретлеў мүмкин:
Мәселен, фонологиялық яруста даўыслылырадың аўыздың ашылыў дәрежеси белгиси бойынша бөлниўинде ашық ҳәм қысық даўыслылар аралығында ашық та, қысық та болмаған орта көтериңки даўыслылар бар. Ямаса сөз шақаплары системасында мәнили ҳәм көмекши сөзлер қарама-қарсылығы аралығында мәнили сөзлерге де, көмекши сөзлерге де кирмейтуғын, екеўиниң де белгисин шәртли түрде өзинде жәмлеген сөзлер топары бар. Бундай мысалларды тилдиң ҳәр бир ярусы бойынша көплеп келтириў мүмкин. Усы факттиң өзи-ақ тил системасындағы аралық ҳалатлардың диалектика нызамлылықларына муўапық келиўин көрсетеди.
Жоқарыдағылардан көринип турғанындай, тил билиминдеги ҳәр қыйлы машқалаларды объектив шешиўде философияға сүйенип ис алып барыў үлкен әҳмийетке ийе.



Download 0.66 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling