Өзбекстан Республикасы


Б. Диалектикалық категориялар ҳәм тил билими


Download 0.66 Mb.
bet7/33
Sana09.01.2023
Hajmi0.66 Mb.
#1085038
TuriЛекция
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   33
Bog'liq
Тил билими хам табийгый илимлер лекция5

Б. Диалектикалық категориялар ҳәм тил билими

Болмыстағы ҳәмме нәрсе ҳәм қубылыслар өз ара байланыслы. Олар бир-бирине тәсир ҳәм кери тәсир етип турады. Тәбият ҳәм жәмийеттеги ҳеш бир нәрсе ҳәм қубылыс басқалардан ажыралған ҳалда өмир сүрмейди. Бирақ биз әлемди билиў процесимизде оны қураған өз ара мүнәсибеттеги айрықша нәрсе ҳәм қубылысларды улыўма байланыслардан ажыратамыз. Бул процессте оның өзине тән тәреплери ҳәм қәсийетлерин ашып бериў мақсетинде бул нәрсе ҳәм қубылыслардың басқа нәрсе ҳәм қубылыслар менен барлық қатнас ҳәм байланысларын, ҳәмме байланыслылықларын билип барамыз.


Зат ҳәм қубылысларды илимий билиў ушын оның барлық тәреплерин, барлық қатнас ҳәм байланысларын бирге алып үйрениў лазым. Буған ҳеш қашан толық ерисип болмаса да, оларды мүнәсибетлерде көринетуғын қәсийетлер комплекси сыпатынды түсиндириўдиң өзи зат ҳәм қубылысларды билиўде ҳәр түрли қәтеликлерден сақлап қалады.
Диалектикада зат ҳәм қубылыслар ортасындағы өз ара байланыслылықтың ҳәр қыйлы көринислери бар болып, бул қатнасықлар тил бирликлери ушын да тән болып есапланады.
Айрықшалық, жеккелик ҳәм улыўмалық барлықтағы зат ҳәм қубылысардың ҳәр қайсысына тән айрықша, белгили топарына тийисли арнаўлы ҳәм ҳәммесине тән улыўма тәреплери, қәсийетлери ҳәм олар ортасындағы байланысларды сәўлелендиреди.
Тиккелей бақлаўда берилген айрықша зат ҳәм қубылыслардан парықлайтуғын белги ҳәм қәсийетлер бирлиги айрықшалық есапланады.
Билиў процеси айрықшалықларды үйрениўден басланады.
Алоҳидаликларнинг Айрықшалықлардың өзлерине тән белги ҳәм қәсийетлерин бир-бирине салыстырыў арқалы улыўмалық пайда етиледи. Бундай түрдеги бир қанша зат ҳәм қубылысларға тән өз ара уқсаслық, олардың ҳәр биринде тәкирарланыўшы белги ҳәм қәсийетлер бирлиги улыўмалық есапланады.
Алоҳидалик Айрықшалық пенен улыўмалық ортасында жеккелик категориясы да бар. Жеккелик категориясы зат ҳәм қубылыслардағы алоҳидалик айрықшалық ҳәм улыўмалық ортасындағы алоҳидаликка айрықшалыққа қарағанда улыўма, улыўмалыққа қарағанда айрықша белги ҳәм қәсийетлер ҳәм де байланыслылықларды сәўлелендиреди.
Диалектикадағы байланыслылықтың бундай бөлиниўи формал логикадағы үшиншисин жибермеў нызамын бийкарлайды. Буның менен ҳәр қандай зат ҳәм қубылыслардың тарийхый раўажланыўында аралық ҳалат болыўы мүмкинлигин тастыйықлайды.
Алоҳидалик Айрықшалық, даралық, улыўмалық өз ара диалектикалық мүнәсибетте болады. Олар бири-бирисиз өмир сүриўи мүмкин емес. Алоҳидалик Айрықшалық пенен улыўмалық жеккелик арқалы байланысады. Даралық алоҳидаликлардан айрықшалықлардан қуралады, бир ўақыттың өзинде, улыўмалықты алоҳидалик айрықшалық пенен байланыстырады.
Улыўмалық болса алоҳидаликдан айрықшалықтан ажыралған ҳалда болмайды. Ол ҳәр бир алоҳидаликда айрықшалықта оның улыўма қәсийетлери, белгилери, байланыслары формасында бар болады. Буннан көринип турғанындай, бизиң сезиў ағзаларымызға берилетуғын ҳәр бир айрықша зат ҳәм қубылыслар алоҳидалик айрықшалық, жеккелик ҳәм улыўмалық бирлигинен ибарат.
Алоҳидалик Айрықшалық, жеккелик ҳәм улыўмалықлардың өз ара байланысларын диалектикалық көзқарастан тусиниў объектив әлемди туўры билиўде үлкен әҳмийетке ийе.
Соны да атап өтиў керек, диалектикада аралық ҳалатты эътироф этиш зат ҳәм қубылысларды мудамы өзгеристе, раўажланыўда үйрениў имканиятын береди.
Бул көзқарастан алоҳидалик айрықшалық, жеккелик, улыўмалық диалектикасында бир-бирине өтиў ҳалатларын бөлиўи мүмкин.
Белгили бир шараятта алоҳидалик айрықшалық жеккеликке, жеккелик болса улыўмалықка, керисинше, олар бир-бирине өтиўи мүмкин. Бул болса тарийхый раўажланыў, динамика процесин көрсетеди.
Диалектикадағы бул категория тилде де өз сәўлелениўин табады. Тил бирликлериндеги алоҳидалик айрықшалық, жеккелик ҳәм улыўмалықлар ортасындағы қатнас ҳәм байланысларды тил билиминде дәслепки мәрте диалектикалық логика принциплери тийкарында жумыс алып барған С.Н.Иванов ашып берди.
Илимпаздың атап өтиўинше, анаў яки мынаў ҳәр қыйлылық моҳиятини билиў усы ҳәр қыйлылықтың уыўма тийкарын билиўге алып келеди. Әмелий билиўде бир-биринен ажыралған, бир-биринен узақ болып көринген қубылыслар моҳиятини билиў конкретликтен абстрактлыққа принципи тийкарында белгили объект ҳаққында илимий түсиник қәлиплестириў бойынша диалектикалық логиканың маңызын қурайды.
Диалектикалық логика алоҳидалик айрықшалық пенен мүнәсибетте болған улыўмалықка система сыпатында қарайды ҳәм алоҳидаликлар айрықшалықлар усы система шеңберинде функцияласади деп есаплайды.
Егер айрықша затлар тийкарында жасырынған моҳият усы айрықша элементлер мүнәсибетлеринен қуралған белгили бир система есапланар екен, ондай ўақытта моҳиятни түсиндириў ушын әне усы системаға сыпатлама бериў, оның қурамындағы айрықшалықларды үйрениўден баслаў керек болады. Мәселен, белгили бир сепликтиң барлық мәни нәзикликлери ҳәм олар ортасындағы мүнәсибетлерди бақладық. Бул ўақытта айрықша мәниниң мәлим системадағы ҳәр қыйлылығы ҳаққында түсиникке ийе боламыз. Бирақ бундай ҳалатта мәнини тек әпиўайы санаў болады. Негизинде, сеплик морфологиялық жақтан қарағанда синтактислик функциясы жағынан анықланған болады. Бундай шеңберден қалай шығып кетиў жолын С.Н.Иванов диалектикалық логикадан излейди. Белгили бир қурамалы система ҳаққындағы түсиникти ол ҳаққындағы түсиникке айландырыў лазым. Буның ушын белгили бир мүнәсибетлер системасы моҳиятини түсиндириў керек. Егер оны сеплик мысалында көрсек, грамматикалық форманың айрықша мәнилер системасы моҳиятини усы топар қубылыслардың улыўма тийкары сыпатында түсиндириў лазым. Белгили бир моҳиятнинг айрықша көринислериниң улыўма тийкары бул моҳият өзинде өзи болған бирден бир, анық мүнәсибетлер есапланады.
Предметти анықлаў, демек, оны басқаларынан шегаралаў, басқалардан қандай да бир тәрепи менен парық қылыўын белгилеў, оның өз-өзине, бир ўақыттың өзинде, басқа предметлерге мүнәсибетин анықлаў еспаланады.
Предмет, қубылысларды улыўма қатнаста, басқа предмет, қубылыслар менен байланыста қараў лазым деген диалектикалық талап бул предмет өзине-өзи қандай мансублиги ҳаққындағы конкрет билимге алып келиўи керек. Бундай улыўма байланысты үйрениўдиң конкрет толықлығы байланыслардан тысқарыдағы предметти билиўге алып келеди. Анықрағы, бул орындағы байланыслар ишке, предметтиң өзине қаратылған болады. Бул болса усы предметтиң субстанциясын, моҳиятини, өзине-өзиниң айниятлигини билиўимиз болады. Соның ушын морфология грамматикалық категория ҳәм формалардың субстанционал мәниси ҳаққындағы пән болыўы лазымлығын көрсетеди.
Жоқарыдағылардан көринип турғанындай, билиў процеси алоҳидаликдан айрықшлықтан басланады. Биз дәслеп сезиў ағзаларымыз жәрдеминде алоҳидаликни айрықшлықты, жекке зат ҳәм қубылысларды, Мәселен, барыс сеплигиниң ҳәр түрли формасы ҳәм мазмунлық вариантын түсинемиз (тийкарынан, -ға, -ге, -қа, -ке, -на, -не, -а, -е сыяқлы). Соңын ала санамызда усы сезимлик түсиниўден жүзеге келген бар фактларды анализ ҳәм синтез қылып, олардын әҳмийетли тәреплерин әҳмийетсиз тәреплерден, улыўмалық тәреплерин айрықша тәреплеринен ажыратамыз. Оларды өз ара бир-бири менен бирлестиремиз, бир-бирине салыстырамыз. Солар тийкарында санамызда оларды аңлатыўшы түсиникти пайда етемиз. Бул пайда болған түсиникте зат ҳәм қубылыстың, жоқарыдағы ҳалатта барыс сеплигиниң ҳәм жекке тәреплери, ҳәм олардың белгили бир түрге, яғный сепликке тән тәреплери ҳәм де усы зат ҳәм қубылыслардың пүтин бир классқа, яғный сөз өзгертиўши қосымталарға тийисли улыўма тәреплери сәўлеленеди.
Барлықтағы зат ҳәм қубылыслар ортасындағы өз ара қатыслылық, байланыслылықлардан бири моҳият ҳәм қубылыс есапланады.
Моҳият зат ҳәм қубылыслардың ишки, ең әҳмийетли өз ара байланыслары, усы байланыслардың нызамлы қатнасықларын қураўшы тәреплер, қәсийетлер ҳәм байланыслардың көриниў формасы есапланады.
Биз объектив барлықта тиккелей қубылысларды көремиз. Оларды сезиў ағзаларымыз арқалы сеземиз. Моҳият объектив әлемдеги зат ҳәм қубылыслардың өз ара байланыслары, қатнаслылықларын сәўлелендиргени ушын оны тиккелей жанлы бақлаўда көриў, услаў мүмкин емес. Ол зат ҳәм қубылыслардың әҳмийетли белгиси сыпатында бул зат ҳәм қубылыслардың өз ара мүнәсибетлерин үйрениў, терең анализлеў арқалы идрок этилади. Мәселен, тиккелей бақлаўда ҳәр түрли жанлы организмлерди көремиз. Оларды бир-бирине салыстырыў, терең анализлеў тийкарында олардың ҳәммеси ушын улыўма болған әҳмийетли белгини анықлаймыз. Бул белги барлық тири организмлер ушын тән, олардың ҳәр биринде тәкирарланыўы керек. Әне усы әҳмийети белги зат алмасыў белгиси есапланады.
Демек, конкрет түрли көринистеги тири организмлер қубылыслар болса, олардың ҳәммеси ушын улыўма моҳият зат алмасыў болып табылады.
Моҳият пенен қубылыс өз ара тығыз байланыслы болыўы менен бирге бир-бири менен қарама-қарсы қәсийетке де ийе. Олардың қарама-қарсылығы барлықтығы зат ҳәм қубылыслардың өз тәбиятынан келип шығады. Моҳият қубылыста жасырын ҳәм оны тиккелей сезиў ағзалар арқалы билиў мүмкин емес. Қубылыс затлардың көриниў формасы есапланады. Олар ҳеш қашан муғдар жағынан бир-бирине сәйкес келмейди. Егер затлардың көриниў формалары болған қубылыслар менен моҳият өз ара сәйкес келгенде еди, ҳәр қандай илим артықмаш болып калар еди.
Ҳәр қандай илимниң ўазыйпасы қубылыслар тийкарында жасырынып жатқан, олырдың тийкарын қурайтуғын моҳиятини анықлаўдан ибарат.
Әне усыннан келип шыққан ҳалда, тил билиминде де тилшиниң ўазыйпасы сезиў ағзаларымыз жәрдеминде сезетуғын сөлйеў бирликлери тийкарында жатқан улыўма тийкар, моҳиятни табыўдан ибарат болыўы керек. Тил билиминде тилдеги әне усындай моҳият-қубылыс қарсыласыўы тил-сөйлеў дихотомиясы арқалы сәўлеленеди. Сөйлеў бирликлери атамасы қубылысларды аңлатса, тил бирликлери тиккелей сезиў ағзаларымыз арқалы сезетуғын сөйлеў бирликлери тийкарында жасырынған моҳиятни аңлатады. Тил бирликлери - эма менен тамамланатуғын (фонема, морфема, лексема сыяқлы) атамалар арқалы аңлатылады. Бул атамалар менен аңлатылған бирликлерди биз ҳеш қашан сезиў ағзаларымыз жәрдеминде сезбеймиз. Яғный оны айтпаймыз ҳәм еситпеймиз.
Ҳәр қандай тил бирликлери тиккелей бақлаў астында бир қанша сөйлеў бирликлери арқалы материаллық жақтан сәўлелениўин табады. Әне усындай конкрет материаллык бирликлер вариантлар есапланады: фонема варианты, морфема варианты, лексема варианты сыяқлы. Оларды Америка тилши алымлары аллофон, фон: алломорф, морф: аллолекс, лекс атамалары менен де атап келмекте.
Тилдеги жоқарыдағыдай қарсылықты айырым тилши алымлар эмик ҳәм этик бирликлери атамалары арқалы да атайды. Эмик бирликлер -эма менен тамамланған атамалар (фонема, морфема, лексема сыяқлы) арқалы аңлатылған бирликлерди өз ишине алса, этик бирликлер вариант яки алло- менен басланған (аллофон, алломорф, аллолекс) атамалар арқалы аңлатылған бирликлерди өз ишине алады.
Барлықтағы зат ҳәм қубылыслар ортасындағы қатнастың және бир түри пүтин ҳәм бөлек мүнәсибети есапланады.
Пүтин өз ара диалектикалық қатнаста болған бөлимлер, бөлеклердиң тығыз бирлигинен ибарат бир пүтинлик болып табылады. Бөлек болса усы пүтинди қураған, оның қурамындағы белгили бир элемент, бөлим саналады. Барлықтағы ҳәр бир зат ҳәм қубылыс, процесслер әне усы пүтин ҳәм бөлектиң диалектикалық бирлигинен ибарат.
Бул соны көрсетеди, әлемдеги ҳәр бир зат ҳәм қубылыс, үлкен-кишилигине қарамастан, ишки бөлиниў қәсийетине ийе. Бундай бөлиниў көп басқышлы характерга ийе. Үлкен пүтинликтиң қурамлық бөлимлери болған, үлкен пүтинлик ушын бөлек ўазыйпасын атқарыўшы бөлим, өз гезегинде, кейинги бөлиниў ушын пүтин болып келеди. Бундай пүтин-бөлек тийкарында бөлиниў бөлиниўдиң ақырғы ноқатына шекем даўам етеди.
Егер буны тил материаллары тийкарында көрип шықсақ, гәп пүтинлик сыпатында гәп ағзаларына, гәп ағзалары сөз формаларына, сөз формалары морф (алломорф)ларға, морфлар болса фонларға, (алло)фон болса акустикалық ҳәм физиологиялық хоссаларга бөлинеди. Бөлиниўдиң ҳәр бир басқышы пүтин-бөлек диалектикасын өзинде сәўлелендиреди. Сондай-ақ, (лисоний) тиллик бирликлердиң ҳәр қайсысы (фонемадан басқа) мазмунлық жақтан да белгили бир мәни элементлериниң өз ара мүнәсибетлеринен қуралған бир пүтинлик есапланады. Мәселен, мәнили бирликлер ишинде ең кишиси есапланған морфема да еки ҳәм оннан артық семалардың өз ара мүнәсибетинен қуралған пүтинлик есапланады. Мәнили бирлик болмаған ҳәм форма жағынан ең киши бирлик есапланыўшы фонема да нағыз атом сыяқлы бөлиниўшеңлик қәсийетине ийе. оның қурамлық бөлимлери парықлаўшы белгилер саналады. Соның ушын фонема дифференциал белгилер комплекси сыпатында баҳаланады.
Атақлы даниялы тилши алым Л.Ельмслев пүтин-бөлек мүнәсибетин тил бирликлериниң ҳәм форма, ҳәм мазмун тәрепи мысалында изшил жарытып берди.
Форма (ифода) тәрепин текст-период-гәп-сөз-буўын-фонемаларға бөлген болса, мазмун тәрепине де бундай бөлиниўди қоллаған ҳалда оның ең киши бирлиги сыпатында фигураны ажыратады.
Л.Ельмслевтиң фигура түсинигин тил билимине алып кириўи глоссематика теориясының Ф.де Соссюр теориясынан бир қанша парық қылыўын көрсетеди. Соссюр ҳәр қандай лингвистикалық белги белгилеўши ҳәм белгилениўшиниң диалектикалық бирлигинен ибарат деп есаплаған болса, Л.Ельмслев белгилениўши тәрепин және бөлиўди даўам етеди. Оның пикиринше, лингвистикалық бирликлердиң мазмун планында лингвистикалық белгиден басқа белги болмаған элементлерди де ажыратыў мүмкин. Белгилер системасына белгиниң қурамлық бөлими сыпатында кириўши әне усындай белги болмағанлар фигуралар есапланады. Тил сондай дәрежеде дүзилген, бир сиқим фигуралар жәрдеминде ҳәм олардың ҳәр түрли жайласыўы себепли белгилер легионын қурыў мүмкин.
Л.Ельмслев ажыратқан фигуралар элементар мәниге, семаға туўра келеди. Семалар комбинациясы белги мазмунын қурайды. Мәселен, ул белгиси төмендеги фигуралардан қуралады: [инсан] + [жас] + [еркек]. Ақырғы фигураның өзгериўи болса қыз белгисин билдиреди.
Буннан көринип турғанындай, пүтин-бөлек мүнәсибети тийкарында лингвистикада тығыз (компонент) анализ методы майданға келди.
Соны да атап өтиў лазым, пүтин қурамындағы ҳәр бир бөлим пүтинниң өзине тән тәрепин белгили дәрежеде сәўлелендиреди. Бирақ пүтинди қураған бул бөлимлер пүтин қурамында ҳәр бири жеке-жеке емес, ал пүтинниң бөлеклери сыпатында көринеди.
5. Әлемдеги зат ҳәм қубылыслар ортасындағы қатнас, байланыстың түрлеринен және бири форма ҳәм мазмун диалектикасы болып табылады.
Формасыз мазмун болмағанындай, форманың мавжудлиги усылы, структурасы, дүзилиси де мазмунсыз болмайды.
Көринип турғанындай, форма ҳәм мазмун белгили бир зат ямаса қубылыстың өз ара диалектикалық байланыслы болған еки тәрепи.
Бул диалектикалық байланыслылық тилде де жарқын сәўлелениўин табады. Тил бирликлери де форма ҳәм мазмун бирлигинен ибарат. Тек буған фонологиялык қатлам бирликлери кирмейди. Себеби фонологиялық бирликлер бир тәреплеме моҳият болып, тек формаға ийе.
Форма ҳәм мазмун өз ара байланыслы болса-да, бирақ олар бир нәрсениң еки тәрепи болғаныдай, ҳәр қайсысы өзине тән қәсийетке де ийе. Олардың өзине тәнлиги сонда, ҳәр қайсысы өз алдына структураға ийе.
Бул структуралық элементлер бир-бирине сәйкес келиўи шәрт емес.
Лисоний Тиллик бирликлер ортасындағы форма ҳәм мазмун мүнәсибетин төмендегише көрсетиў мүмкин:
1) М=Ш
2) М>Ш
3) М<Ш
Жоқарыдағылардан бириншисинде мазмунлық дүзилис пенен формалық дүзилис ортасында сәйкеслик бар. Екинши ҳалатта бир неше мәни бир формаға ийе (омонимия). Үшинши ҳалатта болса бир мәни бир неше форма арқалы аңлатылады (синонимия). Кейинги ҳәр еки ҳалатта да форма ҳәм мәни ортасында сәйкессизлик бар.



Download 0.66 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling