Өзбекстан Республикасы


Тил билиминиң басқа илимлер менен байланысы


Download 0.66 Mb.
bet3/33
Sana09.01.2023
Hajmi0.66 Mb.
#1085038
TuriЛекция
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   33
Bog'liq
Тил билими хам табийгый илимлер лекция5

Тил билиминиң басқа илимлер менен байланысы

Тил билими илимлер системасында дерлик барлық пәнлер менен тығыз байланыста. Буның себеби тил билими пәниниң үйрениў объекти болған тилдиң моҳияти менен байланыслы.


Ең әўели, тил адамлар ортасындағы ең әҳмийетли қатнас қуралы сыпатында социаллық характерге ийе. Демек, ол басқа жәмийетлик қубылыслар менен тығыз байланыста. Мәселен, тил ийеси болған халықтың тарийхы, мәденияты, руўхыяты ҳәм басқалар.
Бул соны көрсетеди, өз ара мүнәсибетте болған барлық жәмийетлик қубылысларды үйрениўши социаллық пәнлер де өз ара байланыста есапланады. Тийкарынан, тил билими философия, тарийх, этнография, социология, психология сыяқлы пәнлер менен тығыз байланыста.
Тил – пикирди қәлиплестириўши ҳәм сәўлелендириўши қурал. Демек, тил билими тилдиң ойлаў менен байланысын үйренер екен, ойлаў нызамлылықларын үйрениўши логика ҳәм психология пәнлери менен тутас ноқатларға ийе болады.
Тил белгили бир жәмийеттиң қатнас қуралы сыпатында усы халықтың тарийхы, этнографиясы менен де тиккелей байланыста есапланады. Сол байланыс тил билиминиң тарийх, этнография менен байланыслы екенин көрсетеди.
Халық мәдений әлеминиң сондай тармағы бар, олар ушын тил, художник ушын рең-бояў, скульптор ушын ылай яки тас сыяқлы, материаллық қурал болып хызмет етеди. Бул тараў – әдебият. Соның ушын әдебият сөз өнери есапланады. Сөз бир ўақыттың өзинде ҳәм тил билиминиң, ҳәм әдебияттаныўдың үйрениў объекти есапланады. Олардың парқы тек сөзге қандай көзқарастан қатнас жасаўға байланыслы.
Сөздиң атаў мәниси ҳәм оның онтологиялық дүзилиси тил билиминиң үйрениў объекти болса, оның тәсир етиў, көркем-эстетикалық ўазыйпасы әдебияттаныўдың үйрениў объекти болады.
Тил ўазыйпа орынлаў көзқарасынан социаллық характерге ийе болса да, лекин жүзеге шығыў көзқарасынан инсанның физиологиялық дүзилиси менен тығыз байланыслы. Себеби тиллик (лисоний) искерлик бас мий искерлиги менен байланыслы ҳалда, сөйлеў органларының ҳәрекети нәтийжеси сыпатында жүзеге шығады. Бул болса тил билими менен физиологияның өз ара қаншелли дәрежеде байланыслы екенлигин көрсетеди.
Ҳәр қандай сөз сеслер дизбегинен қуралады. Сес болса анық бир материаллық денениң сыртқы тәсир себебинен ҳәрекетлиниўи ҳәм ҳаўаның тербелиўи нәтийжесинде пайда болады. Сестиң жүзеге келиўи ҳәм оның акустикалық қәсийетин үйрениў процесинде тил билими физиканың акустика бөлими менен тығыз байланыста болады.
Тил адамлар ортасында информация тасыўшы тийкарғы қурал есапланады. Адамлар басқа информация қуралларынан да пайдаланады. Бул информация қуралларының ҳәммеси белгили тәбиятқа ийе. Себеби усы қураллар объектив әлем ҳаққындағы информацияны тиккелей емес, ал басқаша формада, белгилер жәрдеминде сәўлелендиреди. Тилдиң басқа информация тасыўшы қураллар сыяқлы белгили тәбиятын, оның белгилер системасы екенин ашыўда тил билими семиотика менен бирге ислеседи.
Информация белгили бир техникалық қураллар жәрдеминде узаққа узатылыўы да мүмкин. Информация узатыў қуралларын үйретиў ушын тил билими информация теориясы менен байланыс орнатады.
Ҳәзирги күнде автоматикалық аўдарыў кең ен жаймақта. Автоматикалық аўдарма болса аўдармаланып атырған тиллердиң лексикалық имканиятларын программаластырыў нәтийжеси есапланады. Демек, автоматикалық аўдарма тил билими ҳәм кибернетиканың өз ара мүнәсибети арқалы жүзеге келеди.
Усы қысқа дәлиллер дизиминиң өзи-ақ тил билиминиң пәнлер (илимлер) системасындағы жүдә көп пәнлер менен тығыз байланыслылығынан дәрек береди.



Download 0.66 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling