Өзбекстан Республикасы
Тил билиминиң пәнлер (илимлер) системасындағы орны
Download 0.66 Mb.
|
Тил билими хам табийгый илимлер лекция5
Тил билиминиң пәнлер (илимлер) системасындағы орны
Жоқарыда баян етилгенлерден белгили болғанындай, тил билими басқа пәнлер менен белгили дәрежеде мүнәсибетте. Бул болса тил билиминиң пәнлер (илимлер) системасындағы орнын белгилеўде бир қанша қыйыншылық туўдырады. Тил билимин анаў яки мынаў пәнлер (илимлер) қатарына киритиўде усы пән үйренетуғын объекттиң тәбияты тийкар етип алынады. Бул жағынан оның үйрениў объекти де көп қырлы, қурамалы есапланады. Бириншиден, тил адамлардың ең әҳмийетли қарым-қатнас қуралы, билимлерин сақлаўшы ҳәм келешек әўладқа жеткизиўши, адамларда эстетикалық заўық оятыўшы қүдиретли қурал. Әне усы ўазыйпаларды итибарға алғанда, тил жәмийетлик қубылыс есапланады. Себеби ол белгили бир жәмийет ушын хызмет қылады. Егер усы жәмийет болмаса, оның тилине де зәрүрлик қалмайды. Жәмийеттеги ҳәр бир өзгерис оның тилинде өз сәўлелениўин табады. Тилди әне усындай жәмийетлик тийкар сыпатында үйрениў тил билимин жәмийетлик пәнлер қурамына киритиўге тийкар болады. Екиншиден, негизинен жәмийетлик характерге ийе тил белгили бир физикалық ҳәм физиологиялық процесслер тийкарында материалласады. Тилдиң әне усы материалласыў тәрепин үйрениў тил билимин тәбийий пәнлер қатарына киритиў имканиятын пайда етеди. Соның ушын А.Аъзамов тил билимин тәбийий пәнлер қатарында санайды. Үшиншиден, тил ҳәм ойлаў өз ара ажыралмас. Тил пикирди қәлиплестириўши ҳәм сәўлелендириўши материаллық қурал есапланады. Бул жағынан тил ҳәм ойлаў форма ҳәм мазмун диалектикасын өзинде сәўлелендиреди. Тилдиң әне усы тәреплерин үйрениў мәселеси тил билимин философия, логика, психология пәнлери системасына киритиўге тийкар болады. Төртиншиден, тил үзликсиз раўажланып, жетилисип барыўшы қубылыс. Бул жағынан ол жанлы организмге уқсайды. Тилдиң әне усы динамикалық қәсийетлерин үйрениў тәрепинен тил билими биология пәнлери менен улыўмалық белгилерге ийе. Булардың ҳәммеси тилдиң қаншелли қурамалы, көп қырлы қубылыс екенлигинен дәрек береди. Соның ушын тил билими тарийхында оны түрли пәнлер қатарына киритиўге урыныўлар болған. Еле тил билими өз алдына пән болып ажыралып шықпастан алдын оған тийисли машқалалар философия қурамында үйренилди. Тийкарынан, Аристотель, Платон, Фарабий сыяқлы алымлардың тил машқалалары менен шуғылланыўы әне усы аспектте алып барылды. Араб тил билиминде орта әсирлерде-ақ тил билими философиядан ажыратылды. Тил билиминиң лексикография, этнография, графика сыяқлы тараўлары менен шуғылланатуғын айрықша қәнигелер дүньяға келди. Лекин бул ислердиң ҳәммеси улыўма филологиялық бағдарда алып барылды. Тил билими өз алдына пән тараўы сыпатында XIX әсирде ғана ажыралып шықты. Лекин оның философия, психология, логика пәнлери менен тығыз байланыслылығы сақланып қалды. Соның ушын улыўма ҳәм салыстырмалы-тарийхый тил билиминиң тийкарын салыўшылар болған Яков Гримм, Расмус Раск, Вильгельм Гумбольдт сыяқлы алымлар бир ўақыттың өзинде көрнекли философ та еди. Соның менен бирге, барлық көзге көринген философлар тил билими мәселелери бойынша да бәсеки жүритеди. Мысал сыпатында Ж.Руссо, В.Чернишевскийди көрсетиўимиз мүмкин. Тил билими ҳәм философияны бундай тығыз байланыста үйрениў ҳәр еки пәнди байытыў ушын үлкен хызмет қылса да, бирақ олардың анық шегарасын белгилеў, өзине тән қәсийетлерин терең анализлеў ушын кесент етер еди. Нәтийжеде тил билими ҳәм философия (мустақил) өз алдына, соның менен бирге, бир-бири менен байланыслы пәнлер сыпатында үйрениле баслады. Тәбийий пәнлердиң раўажланыўы, бул пәнлерде үлкен ашылыўлар болыўы нәтийжесинде тил билимин де тәбийий пәнлер қатарына киритиў, усы пән үйрениўши тилди болса биологиялық қубылыс сыпатында қараў ҳалатлары жүзеге келди. Тийкарынан, XIX әсир орталарында Ч.Дарвин тәлийматы тийкарында тәбияттаныў пәнлериниң гүллеп-жаснаўы дәўиринде дарвинизмниң тил билимине де тәсири күшейди. Тил билиминде немис алымы А.Шлейхер басшылығындағы натуралистлик бағдар майданға келди. Бул бағдар тәрепдарлары биология нызамларын тилдиң ишки дүзилиси тарийхый раўажланыўына қарата қолланыўға умтылды. Тилди биологиялық қубылыс, тил билимин болса биология пәнлери қурамындағы пән сыпатында қараўға умтылды. Нәтийжеде тил билими тәбияттаныў пәнлери қарамағында қалды. XIX әсир басларында болса тил билимин басқа пәнлерден ажыратыўға, оның изертлеў объектин анық белгилеўге итибар қаратылды. Бундай ҳәрекет, әсиресе, атақлы швейцариялы алым Фердинанд де Соссюр мийнетлеринде айқын өз сәўлелениўин тапты. Оның тилди «өзинде ҳәм өзи ушын» үйрениў лазым деген ураны әне усы ҳәрекеттиң айқын көриниси есапланады. Ф.де Соссюр лингвистиканы сыртқы ҳәм ишки лингвистикаға ажыратқан ҳалда тил менен байланыслы қубылысларды сыртқы лингвистиканың үйрениў объекти есаплады. Мәселен, тилдиң усы тил ийеси болған жәмийеттиң мәденияты, тарийхы, ойлаўы ҳәм басқалар менен мүнәсибети. Тилдиң ишки дүзилиси, дүзилис бирликлери ортасындағы мүнәсибетлер ҳәм олырдың өзине тән қәсийетлери сыяқлы мәселелер ишки лингвистиканың үйрениў объекти сыпатында ажыратылды. Ол тилшилерди ишки лингвистикадан сыртқа шықпаўға шақырды. Әне усы шақырық тийкарында тил билими тарийхында структуралық тил билими деп аталған бағдар дүньяға келди. Соның менен бирге, Ф.де Соссюр тилди белгилер системасы деп есаплайды ҳәм лингвистикалық белгилердиң басқа белгилер менен улыўмалық тәреплери бар екенлигин есапқа алған ҳалда, улыўма, белгилерди үйрениўши айрықша пән тараўы – семиология болыўы лазым екенлигин баян етеди. Демек, тил билими де семиология (семиотика) пәнлери қурамына киритиледи. Структуралық тил билими ўәкиллери ишки лингвистика шеңберинде хызмет көрсетиўи менен улыўмалықты қураса да, бирақ олар тилдиң ишки дүзилиси бирликлериниң қайсы тәреплерине көбирек итибар бериўлери көзқарасынан өз ара парықланады. Тийкарынан, Прага тил билими мектеби ўәкиллери структуралық бирликлердиң функционал тәрепине, Копенгаген мектеби ўәкиллери болса олардың имманент (затлық) тәрепине көбирек итибар қаратты. Структуралистлер изертлеўдиң жаңа методларын изледи. Бул жолда физика ҳәм математиканың изертлеў методларына жақынласыўға ҳәрекет қылды. Нәтийжеде физика ҳәм математиканың изертлеў усылына бир қанша жақын болған жаңа изертлеў системасын жаратты. Соңғы дәўирлерде информация теориясының күшейиўи, автоматикалық аўдарыўдың кеңейиўи нәтийжесинде айырым Батыс Европа алымлары тәрепинен тил билимин анық пәнлер – техника пәнлерине киритиўге урыныў ҳаллары сезилмекте. Тил өзи менен байланыслы бир қанша қубылыслар менен қаншелли тығыз байланыста болмасын, ең әўели, жәмийетлик қубылыс есапланады. Себеби ол жәмийеттиң қатнас-араласыў мүтәжлигин қанаатландырыў талабы менен жүзеге келген ҳәм әне усы жәмийеттиң тәғдири, тарийхый раўажланыўы, жасаў тәризи, мәденияты ҳәм басқалар менен байланыслы рәўиште раўажланады. Солай екен, оның жәмийетлик пәнлер қатарына кириўи тәбийий. Басқа жәмийетлик пәнлерден парықлы рәўиште тәбийий пәнлер менен тутас ноқатлары бар. Демек, жәмийетлик пәнлер системасында тил билими шегара орынды ийелейди. Бул шегара тәбийий пәнлер менен жәмийетлик пәнлердиң аралығын қурайды. Download 0.66 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling