Өзбекстан Республикасы


Тил билиминиң жәмийетлик илимлер менен байланысы


Download 0.66 Mb.
bet5/33
Sana09.01.2023
Hajmi0.66 Mb.
#1085038
TuriЛекция
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   33
Bog'liq
Тил билими хам табийгый илимлер лекция5

Тил билиминиң жәмийетлик илимлер менен байланысы

Бизди қоршап турған әлем системалық қәсийетке ийе болғанындай, әлемниң бир ажыралмас бөлеги болған инсаният әлеми де система есапланады. Ең әўели, инсаният әлеми инсанлар ҳәм олардың өз ара мүнәсибетинен қуралады. Демек, инсаниятты қураған инсан өзи бөлек жасай алмайды. Инсан басқа инсанлар менен қарым-қатнаста жасайды. Әне усы қатнас жәмийетлик, яғный инсанлар қарым-катнасынан қуралған белгили бир жәмийетке тән мүнәсибетлер есапланады.


Социаллық, экономикалық, сиясий, ҳуқықый қатнасларды үйрениўши илимлер жәмийетлик илимлер есапланады. Белгили бир жәмийетке тән индивидлердиң өзине тән руўхыяты, көркем-эстетикалық әлеми, нутқий қәсийети сыяқлы тәреплери бар болып, бул тәреплер гуманитар пәнлердиң изертлеў объекти саналады.
Жәмийетлик пәнлер менен гуманитар пәнлер ортасында үлкен тосық, шегара жоқ. Бир пәнниң өзи ҳәм жәмийетлик, ҳәм гуманитар пәнлерге байланыслы болыўы мүмкин. Мәселен, тил билими тилдиң қатнас қуралы сыпатындағы ўазыйпасын, жәмийетлик моҳиятини ашыў менен жәмийетлилик қәсийетине ийе болса, белгили бир индивид сөйлеўиниң өзине тән қәсийетлерин үйрениў менен гуманитарлық пайда етеди. Сондай-ақ, психология да индивидуал жеке адамлар психологиясын үйрениў менен биргеликте жәмийетке тән улыўма психологияны да үйренеди (этнопсихология). Бул болса жәмийетлик пәнлер менен гуманитар пәнлер ортасында өз ара тығыз байланыс бар екенлигин, оларды бир-биринен ажыратыўға болмайтуғынын көрсетеди. Сол себепли ҳәр еки тараў бирлестирилип, социал-гуманитар пәнлер деп жүритиледи.
Жәмийетлик пәнлер қурамына философия, логика, экономикалық теория, педагогика, психология, тарийх, әдебият сыяқлы бир қанша пәнлер киреди.


Тил билими ҳәм философия

Ҳәр қандай пән әмелий билиў үстине қойылған теориялық билиўге тийкарланады. Билиў болса философия пәниниң тийкары есапланады. Теориялық философияның тийкарын салыўшы Кант оның үйрениў предмети нәрселер (тәбият ҳәм жәмийет) емес, ал инсанның билиў искерлигин илимий тексериўден, инсан ақылый искерлигин анықлаўдан ибарат екенин атап өткен еди.


Философия инсанның өз моҳиятини аңлаўы, барлықтың түрли тараўларына тийисли қубылыс ҳәм ўақыялар ҳаққында олардың тийкарғы маңызын сәўлелендиретуғын улыўмалық жуўмақлар шығарыўы дегенди аңлатады. Философиялық ойлаў әлемдеги нәрсе ҳәм қубылысларды пикирде улыўмаластырып, өз ара байланыслылықта ҳәм раўажланыўда үйрениў, олардың маңызын тереңирек ҳәм толығырақ билиў дегенди билдиреди. Философияның орайында барлық ҳәм оны билиў машқаласы турады.
Тил де барлықтағы адамлардың қатнас қуралы сыпатында инсан билимине бериледи. Солай екен, ҳәр қандай пән, соның ишинде, тил билими де философия менен тығыз байланысады. Барлық пәнлер сыяқлы тил билими ушын да анаў яки мынаў философиялық бағдар изертлеў методологиясы болып хызмет етеди.
Тилши алымның өз изертлеўи бойынша қандай жуўмаққа келиўи, илимий ҳақыйқатты қай дәрежеде объектив ашып бериўи оның қандай философиялық бағдарға тийкарланыўына байланыслы. Соның ушын ҳәр бир тилши алым белгили бир философиялық бағдарға тийкарланыўы лазым.
Мәселен, Батыс Европада улыўма тил билиминиң атасы есапланыўшы Вильгельм Гумбольдт изертлеўлери ушын И.Кант ҳәм Гегель философиясы методологиялық тийкар болып хызмет қылды.
И.Канттың философиялық көзқараслары «Сап ақыл сыны», «Әмелий ақыл сыны» ҳәм «Ҳүким қәбилети сыны» сыяқлы шығармаларында өз сәўлелениўин тапқан. И.Канттың атап өтиўинше, бизиң санамыздан тысқарыда, оған байланыслы болмаған ҳалда «нәрселер әлеми» бар. Бундай нәрселерди ол «нәрсе өзинде» деп атайды. Билиў әне усы «нәрсе өзинде»ниң сезиў органларымызға тәсири нәтийжесинде пайда болады. Оның пикринше, сезиў органларымызға тәсир ететуғын «нәрсе өзинде»ниң сырларын билиў мүмкин емес. Ол «трансцентдент» қәсийетке ийе.
В.Гумбольдттың лингвистикалық тәлийматында И.Канттың әне усы көзқарасы орайлық орынды ийелейди. Ол тилдиң анаў яки мынаў қубылысларын билиў мүмкин емеслиги ҳаққында қайта-қайта пикир билдиреди. Тилдиң «халық руўхы» менен байланыслылығы, ҳәтте теңлигин атап өткен ҳалда, бул байланыслылық түсиндирип болмайтуғын сыр екенин көрсетеди.
И.Канттың философия тарийхындағы үлкен хызмети сонда, ол объектив әлемдеги нәрсе ҳәм қубылысларды өз ара байланыста екенлигин мойынлайды ҳәм усы байланыстағы ҳәр бир нәрсе ҳәм қубылыс үзликсиз ишки раўажланыўда екенин, раўажланыў ишки қарама-қарсылыққа тийкарланыўын, ақыл табияты жағынан қарама-қарсылықлыхарактерге ийе, соның ушын диалектикалық қарама-қарсылықлар зәрүрлигин көрсетеди.
И.Канттың усы идеяларынан илҳамланған В.Гумбольдт тилдиң система, тил системасы қурамындағы ҳәр бир ағза болса өз ара мүнәсибетте екенин ҳәм система ағзалары ортасында қарама-қарсылықлы мүнәсибет бар екенлигин, әне усы қарама-қарсылық ҳәр қандай раўажланыўдың тийкары екенин баян етеди. Сол тийкарда В.Гумбольдт өзиниң лингвистикалық антиномия ҳаққындағы тәлийматын жаратты.
Атақлы немис философы А.Гегелдиң «Руўх феноменологиясы» мийнетинде баян етилген абсолют руўх ҳаққындағы идеясы да В.Гумбольдтқа үлкен тәсир етти. Гегелдиң пикиринше, дәслеп болмыс ҳәм ойлаў бирдейлиги болған ҳәм бул бирдейлик дүньяның субстанционал (затлық) тийкарын қураған. Ойлаў тек субъектив инсан искерлиги ғана емес, ал объектив тийкар, барлық тири организмниң бирлемши дереги болған. Ойлаў зат, тәбият ҳалында өзин «жатластырады». «Абсолют идея»ның жоқары раўажланыў басқышы «абсолют руўх», яғный инсаният, инсаният тарийхы есапланады.
Гегелдиң бул идеясы тәсиринде В.Гумбольдт тилдиң «халық руўхы» екени ҳаққындағы пикирлери дүньяға келди.
Гегель тарийхый процесиниң диалектикалық характерин изертлер екен, тил раўажланыўына айрықша дыққат қаратады. Ол тилди теориялық ақылдың жаратыўшысы деп есаплайды. Себеби тил оның сыртқы көриниси есапланады. Сол себепли Гегель тил раўажлыныўын еки басқышқа бөледи:
1) еле тили раўажланбаған ҳалатында болғанда бул тилде сөйлесиўши этникалық топарлар раўажланыўдың жоқары басқышына еристи;
2) жәмийет ҳәм мәмлекет мәдений раўажланыўға ерисиўи нәтийжесинде оның тили кәмбағалырақ болды.
Гегелдиң тил раўажланыўын бундай еки дәўирге ажыратыўы В.Гумбольдтқа үлкен тәсир етти. В.Гумбольдт Гегелдиң жоқарыдағы идеясы тийкарында тиллерди еки топарға – жетилискен ҳәм жетилиспеген тиллерге бөледи. Ол тиллерди бундай еки топарға ажыратыўда белгили бир халықтың өз тилинде объектив барлықты яки субъектив хызметти сүўретлей алыў имканиятына тийкарланады. Оның пикиринше, барлық тиллер бир қыйлы қурылысқа ийе болыўы мүмкин емес. Себеби усы тил ийелери ҳәм олардың жасаў шараяты бир қыйлы емес. Буннан тысқары, түрли халықларда тилдиң ишки формасы менен материаллық (сес) тәрепин синтезлестириў формасы ҳәм дәрежеси ҳәр түрли. Тиллерди жоқарыдағы сыяқлы еки топарға ажыратыўда олардың ишки формасы менен материаллық тәрепи ортасындағы синтезлениў дәрежеси тийкар етип алынады.
В.Гумбольдттың атап өтиўинше, жетилиспеген тиллерде сөйлесиўши халықларда тилдиң ишки формасы менен матеираллық тарепи ортасында синтезлесиў дәрежеси тәбияты жағынан күшсиз ямаса белгили бир ҳалат тәсиринде бузылады. Тил қурылысы жоқары дәрежеде жетилискен тиллерде болса тил ҳәм ойлаў ҳәрекетиниң толық қосылыўы байқалады. Әне сондай көзқарас тийкарында В.Гумбольдт флектив тиллерди жетилискен, агглютинатив ҳәм инкорпорациялы тиллерди болса жетилиспеген тиллер деп есаплайды. Соның менен бирге, ол тилди халықтың ақылый раўажланыўын көрсетиўши қуралы сыпатында тилдиң жоқарыдағы еки формасынан қайсысына тийислилигине қарай бул тиллерде сөйлесиўши халықларды да ақылый раўажланған ҳәм раўажланбаған халықларға бөледи. Бул болса В.Гумбольдт философиялық көзқарасындағы шекленгенликтиң айқын көриниси, Гегель философиясындағы ең әззи тәрептиң тәсири нәтийжеси есапланады.
Өзбек тил билиминде Кеңес ҳүкимети дәўиринде барлық пәнлер ушын марксистлик тәлиймат методологиялық тийкар етип алынды. Бул тәлийматтың жүдә көп тәреплери Кант ҳәм Гегель философиясынан алынған болса-да, бирақ материаллық барлықта не бирлемши – сана ма ямаса материя ма деген сораў философияның бас мәселеси сыпатында қойылды ҳәм материяның бирлемшилиги алға сүрилди. Соған байланыслы, философлар да еки топарға - материалистлер ҳәм идеалистлерге ажыратылды.
Философия тарийхында мыңлаған жыллар даўамында қәлиплесип, раўажанып келген, бир-бири менен тығыз байланыслы түрли тәлийматлар жасалма рәўиште материализм ҳәм идеализм ағымларына бөлип жиберилди.
Адамзаттың илимий, мәнеўий, социаллық кәмалатына үлкен үлес қосқан алымлардың мийрасы бир шетке ылақтырылды.
Ғәрезсизлик қолға киргизилгеннен соң миллий мәдениятымыз, миллий дәстүрлеримиз, бай мәнеўиятымызды тиклеўге айрықша итибар бериле баслады. Солай екен, илимий изертлеўлердиң компасы ўазыйпасын орынлаўшы методологиялық тийкарды да қайта көрип шығыў пайты келди. Бизиң идеологиямыз пикирлер көп түрлилиги, еркин пикирлеўге кең жол ашқан мәмлекетимиз ғәрезсизлигине хызмет қылатуғын идеялар системасынан ибарат болыўы керек. Себеби пикирлер көп түрлилиги раўажланыў тийкары есапланады. Соның ушын бир де бир философиялық система бизиң жеке идеологиямыздың дереги бола алмайды.
Бабаларымыз ушын үлкен ашылыўлар қылыў имканиятын жаратып берген ҳәм Батыс илиминиң раўажланыўы ушын да айрықша тәсир көрсеткен методологияны тиклеў ҳәм оннан орынлы пайдаланыў пайты келди. Тийкарынан, Абу Наср Фарабий, Ибн Сина, Абу Райҳан Беруний қоллаған изертлеў методологиясы менен Европа алымлары таянған философиялық тийкарлардың ең жақсы тәреплеринен дөретиўшилик пенен пайдаланыў лазым. Олардың улыўмалық тәреплери төмендегилер:
1) объектке субстанционал (затлық) қатнас жасаў. Бунда улыўмалық-жеккелик, тийкар-қубылыс, имканият-ҳақыйқатлық диалектикасын есапқа алыў;
2) объекттиң қарама-қарсылықлы тәбиятын ашыў. Ҳәр қандай изертлеў объекти ишки қарама-қарсылықлардан ибаратлығын, әне усы қарама-қарсылықлар объекттиң үзликсиз раўажланыўы тийкары екенин көрсетиў;
3) объекттиң системалық қәсийетин жарытыў. Буның ушын ҳәр қандай объект анық бир үлкен пүтинликтиң ажыралмас бир бөлеги екени, соның менен бир пайытта, ол анық бир ишки элементлердиң өз ара мүнәсибетинен қуралған бир пүтинлик екенин көрсетиў;
4) форма ҳәм мазмун диалектикасын итибарға алыў. Олардың өз ара мүнәсибетин жарытыў;
5) тең баҳалы элементлер ортасында ҳәм түрли баҳалы бирликлер (пүтин менен бөлек, түр менен жыныс) ортасындағы мүнәсибет түрлерин жарытыў ҳәм т.б.



Download 0.66 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling