Өзбекстан Республикасы
Download 0.66 Mb.
|
Тил билими хам табийгый илимлер лекция5
- Bu sahifa navigatsiya:
- «олий жой (ўрин)»
самолёт орнына тайёра, институт орнына олийгоҳ сыяқлы. Парсы-тәжик тилинде гоҳ «орын», «жай» мәнисин билдириўи, соның ушын ол олий сапасын ала алмаўы, яғный «олий жой (ўрин)» мәниси «илим алатуғын орын» мәнисин бермеўи, соның ушын институт орнына усыныс етилген олийгоҳ атамасы надурыс екени тилши алымлар тәрепинен туўры көрсетип берилди.
Айырым латынша илимий-техникалық атамалар әсиримиз басларында өзбек тилине рус тили арқалы қабыл етилди. Соның ушын рус тилине латын ҳәм грек тиллериндеги атамалар қайсы фонетикалық көринисте өзлестирилген болса, сондай ҳалда қабыл етилди. Мәселен, география, алгебра сыяқлы. Соны да атап өтиўи керек, латын ҳәм грек тиллеринен илимий терминлер әсиримиз басларына шекем де өзбек тилине өзлескен еди. Бирақ бундай терминлердиң көпшилиги араб тили арқалы өткени ушын араб тилиниң фонетикалық қәсийетине сәйкеслестирилген вариантта қабыл етилген еди. Мәселен, жуғрофия, алжабр. Себеби араб тилинде г фонемасы болмағаны ушын бул фонеманы ж фонемасына алмастырады. Араб тилиниң бундай қәсийетин Заҳириддин Муҳаммад Бобур да «Бобурнома» шығармасында атап өткен еди. Алым бул ҳаққында төмендегилерди жазады: «Араблар норгилни муарраб (араб тилине сәйкеслестирип) қылып норжил дейди». Айырым табияттаныўшы алымлар рус тили арқалы кирип келген атамаларды өтмиште араб тили арқалы кирип келген атамалар менен алмастырыўды усыныс етти. Соннан, географияны жуғрофияға алмастырсақ, тарийхыйлық тикленген болады деген идеяны алға сүрди. Бирақ ҳәзирги күнде гео менен пайда болған бир қатар атамалар системасы бар, оларда г фонемасын ж фонемасына алмастырыўға болмайды. Мәселен, геологияни жулогия, геодезияни жудезия, геометрияни жуметрия деп болмайды. Гео бөлими бүгинги өзбек тилинде бир қанша атамалар қурамында келип, бир уя (парадигма)ны қурайды екен, демек, географияның да өзи қалғаны лингвистикалық тийкарға ийе. Көринип турғанындай, илимий-техникалық атамаларды тәртипке салыўда әне усындай лингвистикалық нызамлықлар тийкар ролин ойнайды. Басқа тиллерден қоспа атамалар да алыныўы мүмкин. Бундай атамалардың көпшилиги әсиримиз басларында рус тили арқалы кирип келди. Қоспа атамалардың үлкен бөлеги қурамы бойынша анықлаўышлы дизбеклер есапланады. Анықлаўышлы дизбеклердиң бағыныңқылы бөлеги бағындырыўшы бөлекке рус тилинде ҳәр қыйлы формалар жәрдеминде байланысады: 1) -(и) ческий (-ое, ая-, -ский (-ре, -ая): боровской радиус, математический анализ; 2) -ный (-ое, -ая): контурная карта; 3) -ый (-ое, -ая): кольцевое соединение сыяқлы. Бул түсиниклердиң өзбек тилинде аңлатылыўы ҳәр түрли: 1) ҳәр еки бөлекти аўдармалаў: кольцевое соединение – доирасимон уланиш (шеңбертәризли жалғаныў); 2) биринши сыңардың грамматикалық формасын өзбек тилине сәйкеслестириў. Грамматикалық форманы сәйкеслестириў бойынша өзбек тил билиминде 70-жыллар басларында еки түрли ағым майданға келди. Олардың бириншиси (Аюб Ғулом басшылығындағы тилшилер) русша грамматикалық форманы алып таслаў ямаса қысқартыў жолы менен өзбекшелестириў идеясын усынды. Мәселен: Боровский радиус – Бор радиуси Контурная карта – Контур карта Корреляционный интеграл – Корреляцион интеграл Аккумуляторный сосуд – Аккумулятор идиши Контактное гнездо – Контакт жойи Рентгеновские лучи – Рентген нурлари Асциллографический интегратор – Асциллографик интегратор Басқа бир топар тилшилер болса (Олим Усмон) анықлаўшы бөлегине изшиллик пенен -ий, -вий қосымталарын қосыўды усыныс етти. Мәселен: Технические науки – Техникавий фанлар (техник фанлар емес) Рентгеновские лучи – Рентгений нурлар Тил билиминдеги бул еки ағымның тәсири тәбийғый илимлер бойынша дүзилген сөзликлерде де өз сәўлелениўин тапты. Мәселен, С.З.Зайнобидинов ҳәм Е.Г.Заугольникованың «Инглизча-русча-ўзбекча луғат»ында әне усындай тәсирди байқаў мүмкин. Мәселен, корреляционный интеграл корреляцион интеграл деп берилген ҳалда (175-бет), температурный скачок, магнитное соединение сыяқлы атамалар температуравий сакраш, магнитовий уланиш деп бериледи. Көринип турғанындай, тил билиминиң терминология бөлими бойынша теориялық жуўмақлар барлық илимий атамалардың бир системаға түсиўинде тийкар болып хызмат етеди. Соның ушын барлық илим тараўлары бойынша атамалар сөзлигин дүзиўде бул илим тараўы ўәкиллери менен тилши алымлардың бирге ислесиўи жақсы нәтийже береди. Бизди қоршап турған әлем узвлари өз ара тығыз байланыста, өз ара шәртленген қатнаста болғанындай, оларды үйрениўши илимлер де бир-бири менен тығыз байланыста. Илимлер системасында басқа илимлер менен қатнаста болмаған, оның ерискен жетискенликлеринен азықланбаған бир де бир илим жоқ. Белгили бир илимде табысқа ерискен изертлеў усылы, әлбетте, басқасына тәсир етпей қалмайды. Бир неше илимде бир-бирине жақын түсиниклердиң келип шығыў төркинин анықлаўда бул илимлердиң өз ара қатнасын, бир-бирине тәсирин үйрениў үлкен әҳмийетке ийе. Илимди система сыпатында таныйды екенбиз, ҳәр бир илимге илимлер системасының бир бөлеги сыпатында қараў ҳәм оны басқа илим бөлеклери менен қатнаста үйрениў илимдеги системалылық тәбиятын ашыўға қолай имканият жаратып береди. Тил билиминиң илимлер системасындағы орнын белгилеў, оның басқа илимлер менен қатнасын жарытыў бул илимниң илимлер системасындағы орнын белгилеўде, тил билиминиң бир қатар түсиниклери келип шығыў тамырларын жарытыўда, улыўма, тил билиминиң көп ғана теориялық машқалаларына анықлық критиўде үлкен әҳмийетке ийе. Тил билими илимлер системасындағы басқа илимлер ерискен жетискенликлер менен азықланып ғана қалмастан, өз гезегинде, оның өзи де бир қанша илимлерде бар болған машқалаларды унамлы шешиў ушын жәрдем береди. Тийкарынан, логика, психология, тарийх, этнография тил билими жетискенликлерине сүйенеди. Сондай-ақ, тәбийғый илимлердиң атамалар системасын қәлиплестириў ҳәм тәртипке салыўда да тил билими жәрдемге келеди. Тил билиминиң басқа илимлер менен байланыслылық дәрежеси ҳәр түрли. Айырым илимлер менен тил билиминиң базы мәселелери ғана байланыслы. Тийкарынан, география менен тиллик қубылыслардың тарқалыў аймақларын белгилеўде, бул аймақларды карталастырыўда; физиканың акустика бөлими менен тил сеслериниң физикалық қәсийетин үйрениўде; медицина менен сөйлеў афазиясы мәселелерин үйрениўде байланыс сезиледи. Басқа илимлер менен болса тил билими жүдә тығыз байланыста. Мәселен, философия тил билиминиң барлық мәселелери менен тығыз байланыста. Тил билими қолға киргизген жетискенликлерди халық хожалығының түрли тараўларына қоллаў нәтийжесинде тил билиминиң әмелий тармақлары жүзеге келди. Мәселен, автоматикалық аўдарма, телекоммуникация, сөйлеў искерлиги бузылыўын емлеў, руўхый терапия, жазыўы болмаған халықларға алфавит жаратыў ҳәм т.б. Тил билиминиң басқа илимлер менен қатнасын үйрениў нәтийжесинде ҳәзирги күнде илимлер системасында еки илим аралығындағы бағдарлар пайда болды. Мәселен, ментолингвистика (тил билими ҳәм философия қатнасы), этнолингвистика (этнография ҳәм тил билими қатнасы), психолингвистика (психология ҳәм тил билими қатнасы), паралингвистика (семиотика менен тил билими қатнасы), нейролингвистика (медицина, физиология менен тил билими). Басқа илимлер менен қаншелли қатнаста болмасын, тил билими өз изертлеў объекти ҳәм изертлеў шегарасына ийе болған өз алдына илим сыпатында илимлер системасында белгили орнынан ийе. Download 0.66 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling