Өзбекстан Республикасы


Download 0.66 Mb.
bet31/33
Sana09.01.2023
Hajmi0.66 Mb.
#1085038
TuriЛекция
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   33
Bog'liq
Тил билими хам табийгый илимлер лекция5

2. Ареал лингвистика

Ареал латынша агеа – «майдан», «кеңлик» сөзинен алынған. Ареал лингвистика тил билиминиң бир бөлими болып, лингвистикалық қубылыслардың белгили бир кеңликте тарқалыўын ҳәм тиллер аралық (диалектлер аралық) қатнасты лингвистикалық география методлары тийкарында үйренеди.


Ареал линвгистиканың тийкарғы ўазыйпасы тил қәсийетлериниң аймақлық бөлиниўин сыпталмаў ҳәм изоголоссаларды талқылаўдан ибарат. Нәтийжеде диалектлер, тиллер ҳәм ареал жәмәәтлер (тил аўқамлары) ортасында өз ара тәсир майданлары (ареаллары) анықланады.
Ареал лингвистика атамасы тил билимине М.Ж.Бартоли ҳәм Ж.Виддасси тәрепинен 1943-жылы алып кирилди. Оның тийкарғы принциплери 1925-жылы-ақ М.Бартоли тәрепинен алға сүрилген.
Ареал лингвистика лингвистикалық география ҳәм диалектология менен тығыз байланыслы.
Оның орайлық түсиниги тил ямаса диалект ареалы болып табылады. Басқаша етип айтқанда, айырым лингвистикалық қубылыслардың тарқалыў шегарасы ҳәм олардың жыйындысы. Сондай-ақ, ареал атамасы айырым тиллер ҳәм тиллер топарының тарқалыў шегарасын билдириў ушын да қолланылады. Мәселен, туркий ареал, ҳинд-европа ареалы ҳәм т.б.
Ареал лингвистиканың және бир орайлық түсиниги изоглосса.
Тилдиң барлық яруслары ушын бул түсиник характерли болып, яруслар аралық және конкретрек атамалар менен өзгешеленеди: фонетикалық изоглоссалар ушын изофонлар, лексикалық изоглоссалар ушын изолекслер, семантикалық раўажланыў ушын изосемлер ҳәм т.б.
Изоглоссалар байланыслы ҳәм конвергент изоглоссаларға бөлинеди. Булардың бириншиси бир генетикалық улыўмалықка ийе болған тиллерде раўажланады ҳәм оларды тиклеў ушын салыстырмалы-генетикалық изертлеўлер усылынан пайдаланылады.
Конвертгент изоглоссалар болса узақ дәўирлер бир аймақта жақын қатнаста болыў нәтийжесинде ареал улыўмалықтың жүзеге келиўи тийкарында пайда болады. Бундай изоглоссалар типологиялық анализ усыллары тийкарында анықланады.
Ареал лингвистиканың қәлиплесиўинде диалектологиялық ҳәм лингвистикалық атласлар үлкен орын тутты.
Ареал лингвистиканың пайда болыўы ҳәм раўажланыўында А.Мейе, Бартоли, Б.А.Террачини, Ж.Бонфанте, В.Пизани сыяқлы алымлардың хызмети айрықша ажыралып турады. Олар бул бағдардың теориялық тийкарларын, түсиниклик аппаратын белгилеп берди.
Туркий тиллерди ареал көзқарастан үйрениўде Н.З.Гаджиева, А.Б.Жўраев сыяқлы алымлардың хызметлери үлкен. Әсиресе, А.Б.Жўраевтың өзбек тилин ареал үйрениўдиң теориялық тийкарларын белгилеп бериўдеги хызметлерин айрықша атап өтиў лазым.



Download 0.66 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling