Өзбекстан Республикасы


Тил билиминиң тәбийғый илимлерге тәсири


Download 0.66 Mb.
bet32/33
Sana09.01.2023
Hajmi0.66 Mb.
#1085038
TuriЛекция
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   33
Bog'liq
Тил билими хам табийгый илимлер лекция5

Тил билиминиң тәбийғый илимлерге тәсири

Биз жоқарыда көбирек тил билиминиң тәбийғый илимлер ерискен жетискенликлерден азықланыўы ҳақкында пикир жүриттик (бул орында социал-гуманитар илимлерден басқа барлық илимлер нәзерде тутылады). Соны атап өтиў керек, илимлер системасында түрли илимлер өз ара мүнәсибетте, қатнаста екен, бул қатнас ҳеш қашан бир тәреплеме болмайды. Белгили бир илим басқа бир илимге тәсир етер екен, бир ўақыттың өзинде, ол кери тәсирге де ушырайды. Тил билиминиң тәбийғый илимлер менен қатнасында да соны бақлаў мүмкин. Тил билими тәбийғый илимлер жетискенликлеринен пайдаланыўы менен бирге, өз гезегинде, тил билими де бул илимлерге белгили дәрежеде тәсирин көрсетеди. Әсиресе, бул түрли илимлер атамаларын нормаға салыў, атамалар сөзлигин дүзиў принциплерин белгилеўде айқын көринеди.


Тәбийғый илимлер бойынша атамаларды нормаластырыў ҳәм бул илимлерге тән атамалар түсиндирме сөзлигин дүзиўде тилши алымлар тәбийғый илим ўәкиллерине әмелий жәрдем бермекте. Тийкарынан, химия атамалары бойынша филология илимлери кандидаты Абдуваҳоб Мадвалиев, илимий-техникалық атамалар бойынша профессор Ренат Дониёров, ботаника атамалары бойынша филология илимлери кандидаты, доцент Ҳасанбой Жамолхонов сыяқлы бир қатар алымлар жемисли мийнет етпекте.
Әсиресе, ғәрезсизлик жылларында илимий-техникалық атамаларды тәртипке салыў машкаласы көтерилди. Улыўма техникалық атамаларды тәртипке салыўдың лингвистикалық тийкарлары баян етилди.
Илимий-техникалық атамаларды тәртипке салыў машқаласы өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилиўи мүнәсибети менен және де жедел түс алды. Министрлер Кабинети жанында бул машқала менен шуғылланатуғын терминком шөлкемлестирилди. Соннан бери терминком жанында тәбийғый илимлердиң түрли тараўлары бойынша бир неше бөлимлерде илимий-техникалық атамаларды муўапықластырыў бойынша көлемли ислер алып барылмақта. Бул ислердиң табыслы әмелге асыўында, тәбийғый рәўиште, тилши алымлар көмегине сүйенбекте.
Тилши алымлар илимий-техникалық атамаларды тәртипке салыўда тәбийғый илим ўәкиллерине қандай көмек бериўи мүмкин?
Ең әўели, жаңа илимий-техникалық түсиниклерди аңлатыў ушын атамалар белгилеўде тил билими илимине сүйенеди. Жаңа түсиниклерге еки түрли жол менен атамалар белгиленеди: 1) өзбек тилиниң өз ишки имканиятлары тийкарында; 2) басқа тиллерден сөз өзлестириў тийкарында.
Ҳәр еки ҳалатта да тәбийғый илимлер тил билими жетискенликлерине сүйенеди. Өзбек тилиниң ишки имканиятлары тийкарында атамалар таңлаўда өзбек тилиниң лексикографиясы, диалектологиясы ерискен жетискенликлерге сүйениледи.
Басқа тиллерден сөз алыў машқаласы бойынша болса өзбек тил билиминиң фонетика, лексикология, этимология бөлимлери ерискен жетискенликлер тийкарында жумыс алып барылады.
Мәселен, өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилиўи алдында баспа сөзде атамаларды бир изге салыў бойынша Европа тиллеринен алынған атамаларды шығарып таслаў, орнына арабша ҳәм парсыша атамаларды ямаса атама вариантларын қолланыўды усыныс етиўши мақалалар пайда болды. Мәселен,
Download 0.66 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling