Өзбекстан Республикасы
А. Объектке субстанционал қатнас жасаў ҳәм тил билими
Download 0.66 Mb.
|
Тил билими хам табийгый илимлер лекция5
А. Объектке субстанционал қатнас жасаў ҳәм тил билими
Субстанция (лат. substantia – «тийкар») атамасы философияда антик дәўирден бери ислетиледи. Бирақ философия тарийхында усы атама ҳәр қыйлы түсиниклерди аңлатыў ушын қолланылады. Антик дәўир философлары субстанция атамасы астында әлемдеги барлық нәрсе ҳәм қубылыслардың тийкарын қурайтуғын материаллық ямаса руўхый бирлемши нәрсени түсинеди. Орта әсир Шығыс философиясының Ал-Киндий, Ар-Розий, Форобий, Ибн Сино, Ибн Рушд сыяқлы көрнекли ўәкиллери субстанцияны ҳәмме нәрсениң тийкары, олардың тийкары деп түсиндиреди. Антик, орта әсир ҳәм кейинги дәўирдеги бир қатар философлар да субстанция дегенде турақлы, өзгермес тийкар пенен оның материаллық дүньядағы өзгериўшең, турақсыз, ҳәр қыйлы көринислери диалектикасын итибарға алады. Әне усы диалектикалық байланысыўды аңлатыў ушын Батыста субстанция ҳәм акциденция, Шығыс философиясында жавҳар (субстанция) ҳәм ораз (акциденция) атамалары қолланылды. Субстанция, жавҳар атамалары тиккелей бақлаўда берилген бир қанша материаллық нәрселер тийкарында жасырынған ҳәм олардың ҳәр биринде тәкирарланатуғын улыўма тийкар, негизди, акциденция, ораз атамалары болса белгили бир тийкар, негиздиң тиккелей бақлаўда сезиў ағзаларымыз бенен түсинилетуғын бир қанша материаллық көринислерин сәўлелендиреди. Аристотель философиясының даўамшысы болған Фарабий бул ҳаққында төмендегидей жазады: «Беадад қарама-қарсылықлар бир-бирин алмастырып турады. Усы тановобларда (алмасып турыўларда) бир өзгермейтуғын турақлы нәрсе бар. Ол усы тановобларни сақлап турады ҳәм оларға сиңип кетеди. Нәрселер бир-бирлерине эргашиб ҳәм өзгерип турғанлары ҳалда доимий болып келетуғын нәрсени «жавҳар» («субстанция») деп аталады. Аўмасып, өзгерип турыўшы нәрселерди «ораз» («акциденция») делинеди». Теориялық философияның тийкаршысы И.Кант та қарама-қарсылықты атап өткен ҳалда (эътироф этган ҳолда), субстанция тәжирийбе мағлыўматларын синтезлестириў тийкарында пайда етилген ойлаўдың абстракт формасы екенин атап өтеди. Оның пикиринше, субстанция сондай бир доимий, турақлы нәрсе, барлық өткинши, турақсыз нәрселер оған салыстырғанда ғана анықланады. Диалектикалық философияның тийкарын салыўшысы Гегель болса субстанция атамасы астында «абсолют идея», «абсолют руўх»ты түсинеди ҳәм оны нәрселердиң әҳмийетли, өзгериўшең, раўажланыўшы тәреплериниң бир пүтинлиги сыпатында талқылайды. Ол субстанцияны бир ўақыттың өзинде ҳәм раўажланыўшы идея – негиз, ҳәм субъект, яғный өзин өзи туўдырыўшы тийкар, ҳәм усы раўажланыўдың моменти сыпатында қарайды. Суфизм философиясында субстанция ҳәм акциденция мүнәсибети зат ҳәм тазоҳир (тажалли) атамалары менен аңлатылады. Зат гә сиймурық, гә гөззал патша, гә сүйикли яр; тазоҳир (тажалли) болса қуслар, гөззал патшаның айнадағы көриниси, ашық сыяқлы тымсаллар арқалы бериледи. Әлем айна (миръот) сыпатында қаралады ҳәм әлемдеги бизиң сезиў ағзаларымызға тәсир ететуғын барлық конкрет нәрселер заттың (субстанцияның), яғный Алланың айнадағы сәўлеси, түрли көринислерде жылўалыныўы деп қаралады. Диалектикалық философия субстанцияның өзгермес екенин тән алыўшы философлар пикирлерине сын көзқараста қатнас жасайды ҳәм оны мудамы раўажлыныўшы моҳият, дүньяның тийкары, материя сыпатында баҳалайды. Тил системасы ҳәм функциясына әне усы көзқарастан қаралғанда сезиў ағзаларымызға тәсир ететуғын, тиккелей бақлаўда берилген нутқ бөлеклери сөйлеў бирликлер, бир түрдеги бир қанша сөйлеў бирликлерге тән улыўма, олардың ҳәр биринде тәкирарланыўшы моҳият тил бирликлери саналады. Тил бирликлери улыўмаласқан, моҳият, абстракция болып, тиккелей бақлаўда олардың ҳәр бири бир қанша көринислерде көзге тасланады. Материаллық әлемниң тийкарында жатқан улыўма моҳиятни излеў материя ҳаққындағы пикирлер раўажланыўына алып келди. Философлардың атап өтиўинше, улыўма материя объектлерди абстрактластырыў ҳәм пикирдиң жемиси есапланады. Себеби әлемде «улыўма материя» емес, ал материяның көринислери ушырайды. Демек, тиккелей бақлаўда берилген материаллық объектлерге тән улыўма қәсийетлердиң комплекси материя. Материя өзиниң мавжудлигини есапсыз хоссалари, қәсийетлери арқалы намоён қилади. Демек, субстанция ҳәм материя бир түсиниктиң еки түрли философиялық тәлийматтағы көринислери есапланады. Мавжудликни субстанционал түсиниў объектив барлықты белгили бир қәсийет ҳәм мүнәсибетлерден ибарат нәрселер комплекси сыпатында қараў есапланады. Әне усындай көзқарас тил билиминле В.Гумбольдт, Ф.де Соссюр сыяқлы алымлар тәрепинен сөйлеў искерлигин система-функция принципи тийкарында тил ҳәм сөйлеў қарсылығында үйрениўге алып келди, нәтийжеде тил бирликери менен сөйлеў бирликлери избе-из рәўиште парықланады. Ф.де Соссюрдың тил-сөйлеў қарама-карсылығы ҳаққындағы көзқарасын структуралық тил билиминиң тийкары сыпатында қараған ҳәм структурализмниң Копенгаген мектебине (глоссематикаға) тийкар салған Л.Ельмслев субстанция атамасын басқашарақ мәниде қоллайды. Ол субстанция түсинигин форма түсинигине қарама-қарсы қояды. Бирақ субстанция атамасы астында моҳият, тийкарды емес, керисинше, оның тиккелей геўделениўин, сезиў ағзаларымызға тәсир ететуғын материаллық көринислерди түсинеди. Алымның атап өтиўинше, белгили бир мәни түрли материаллық қураллар жәрдеминде сәўлелениўи мүмкин. Мәселен, Мен үйге кетип баратырман деген пикир сеслер арқалы, ҳәриплер жәрдеминде графикалық жол менен, телеграф арқалы Морзе әлипбеси менен, байрақша жәрдеми менен, ымлаў аркалы, қағазға ийне жәрдеминде (көзи әззилер), мимика жәрдеминде ҳәм бир қанша басқа жоллар менен билдирилиўи мүмкин. Әне усындай ҳәр қыйлы аңлатыў қураллары (акустикалық, графикалық, семиотикалық ҳәм басқа) субстанция есапланады. Бул ҳәр қыйлы субстанция белгили бир нәрсениң ҳәр қыйлы көринислери есапланады. Әне усы белгили бир нәрссеге форма деп қаралады. Л.Ельмслев формаға доимий, турақлы нәрсе, абстракт моҳият сыпатында баҳа береди. Оның түрли субстанцияларда көрниниўин өзгериўшең, тосынанлық есаплаўы жоқарыда келтирилген мысалда бир форма ҳәр қыйлы субстанция арқалы жүзеге шығыўына тийкарланады. Әне усы тийкарда ол бир субстанцияның ҳәр түрли көриниске ийе болыўын да атап өтеди. Мәселен, үй түсинигиниң физикалық субстанциясы рус ҳәм инглис тиллеринде графикалық белгиси көзқарасынан да (дом, house), сеслер избе-излиги жағынан да ([дом], [haus]) түрли формаға ийе. Л.Ельмслев келтирген жоқарыдағы мысаллар «форма-субстанция» дихотомиясына тийисли. Соның менен бирге, глоссематиклер басқа дихотомияны – «мазмун-белги»ни де киритеди. «Форма-субстанция» ҳәм «мазмун-белги» дихотомиялары тийкарында тилди төрт қатламға бөлиў глоссематика теориясының өзине тән өзгешелиги. Әне усындай бөлиниўге тийкарланып глоссематиклер сәўлелениў формасы ҳәм сәўлелениў субстанциясы, мазмун формасы ҳәм мазмун субстанциясы сыяқлы түсиниклерди бир биринен ажыратып карайды. Тилде өз сәўлелениўин тапқан барлық факт, сана арқалы қәлиплескен барлық, түсиник мазмун субстанциясы, тил жәрдеминде системаластырылған сеслер шынжыры болса сәўлелениў субстанциясы есапланады. Буны Л.Ельмслев Берлин сөзи арқалы түсиндирип береди. Оның пикиринше, жоқарыдағы сөзде биз бир қыйлы сәўлелениў субстанциясына (сес шынжырына) ийе боламыз. Бирақ бул сәўлелениў субстанциясы ҳәр түрли тиллерде ҳәр түрли көринисте болады: ингл. be’lin, нем. Вer’lin, япон. iberulinul сыяқлы. Бирақ мазмун субстанциясы (Берлин ҳаққындағы түсиник) өзгермейди. Керисинше, бирдей аңлатылыў субстанциясына ийе болған ингл. got – «алдым», нем. Gott – «қудай», датча godt – «жақсы» сөзлерин айтқанымызда ҳәр түрли мазмун субстанциясына (объектив барлық мағлыўматлары) ийе боламыз. Бирдей субстанцияның ҳәр түрли аңлатылыў имканияты басқа мысаллар менен де дәлилленеди. Мәселен, билмеймен сөзинен бар болған пикирди аңлатыў керек болсын. Бул пикир Л.Ельмслевтиң атап өтиўинше, материал (мазмун субстанциясы) есапланады. Ол барлық тиллерде бир қыйлы болса-да, бирақ ҳәр қыйлы көриниске ийе. Солай етип, Л.Ельмслев көпшилик философлар моҳият, тийкар деп түсинген субстанцияны лингвистикадан шығарады. Ол лингвистикалық анализдиң бирден бир усылы лингвистикалық бирликлер ортасындағы мүнәсибетти үйрениў деп биледи. Буннан өз ара мүнәсибетлерди аңлатыў ушын функция, функция ағзаларын аңлатыў ушын болса функтив атамаларын киритеди. Философиядағы көпшилик тән алған субстанция машқаласы тил билимине де өз тәсирин көрсетти. Тил билиминде субстанционал бағдар жүзеге келди. Буның нәтийжесинде тилдиң барлық қатлам бирликлери субстанция тийкарында үйрениле баслады. Н.С.Трубецкойдың фонологиялық концепциясы да, Л.Ельмслевтиң фигуралар ҳаққындағы көзқараслары да, лексикада үзликсиз анализ принциплери де, С.Н.Ивановтың субстанционал морфология ҳаққындағы көзқараслары да тил дүзилисине субстанционал қатнас жасаў тийкарында дүньяға келди. Субстанционал морфологияда грамматикалық форма да айрықша бар болыў сыпатында мүнәсибетте (синтактик ўазыйпасында) көринетуғын белгили бир қәсийет (грамматикалық форма мәниси)лерге ийе болған зат, предмет сыпатында қаралады. Зат «сап» субстанция сыпатында өз қәсийетлеринен ҳәм басқа затларға мүнәсибетинен тысқарыда жасамайды. Зат ҳаққындағы билим оның қәсийетлери ҳәм басқа предметлерге мүнәсибетлерин билиўден пайда болады. Предмет өзиниң қәсийетлеринен тысқарыда жасай алмағанындай, оның қәсийети де бул предметтиң басқа предметке болған мүнәсибетинен тысқарыда жасамайды. Солай екен, субстанцияны анықлаў оның қәсийетлери ҳәм мүнәсибетлерин үйрениўден басланады. Соны да атап өтиў лазым, затлар қәсийети оның басқа затларға болған мүнәсибетинде пайда болмайды, ал бул мүнәсибетлерде көринеди. Грамматикалық форманы мүнәсибетте, синтактик функцияда көринетуғын белгили қәсийет – мәнилер тасыўшы сыпатында субстанционал түсиниў оның екиленген ҳәм қарсылықлы морфологиялық-синтактислик тәбиятын сәўлелендиреди. Субстанционаллық көзқарасынан белгили бир мүнәсибетке киргенге шекем де өзиниң мустақил мавжудлигига ийе. Соның менен бирге, ол өзиниң жекке байланысларында ғана реал бар болады. Әне усы көзқарастан грамматикалық формалардың бундай қарсылықлы бирлиги диалектикадағы улыўмалық ҳәм жекеликтиң, тийкар ҳәм қубылыстың көриниси есапланады. Download 0.66 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling