Өзбекстан Республикасы


Тил билиминиң тарийх пәни менен байланысы


Download 0.66 Mb.
bet16/33
Sana09.01.2023
Hajmi0.66 Mb.
#1085038
TuriЛекция
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   33
Bog'liq
Тил билими хам табийгый илимлер лекция5

Тил билиминиң тарийх пәни менен байланысы

Тил жәмийеттиң қарым-қатнас қуралы сыпатында жәмийет тарийхы менен тығыз байланыста. Себеби жәмийетте жүз берген ҳәр бир өзгерис усы жәмийеттиң тилинде өзиниң изин қалдырады. Соның ушын жәмийет тарийхының белгили тәреплерин жарытыўда тарийхый ҳүжжетлер, жазба естеликлер әззилик қылып қалған жерде лингвистикалық материаллар жәрдемге келиўи мүмкин. Ҳәзирги пайытта, белгили бир лингвистикалық фактлерди тарийхый материалларға сүйенбей турып түсинидириў жетерли болмайды. Бул болса жәмийет тарийхы менен усы жәмийет тилиниң ҳәм оларды үйрениўши тарийх пәни менен тил билими пәниниң қаншелли байланыслы екенин көрсетеди.


Жәмийет үзликсиз ҳәрекетте, раўажланыўда, өзгеристе болғанындай, оның тили тынымсыз ҳәрекетте өзгеристе, раўажланыўда. Соның ушын тил билими тарийхында тилли үйрениўде оның тарийхый раўажланыўына ҳәр түрли мүнәсибетте болып келинди. Тийкарынан, салыстырмалы-тарийхый тил билими мектеби ўәкиллери тилди тарийхый аспектте үйрениўге көбирек итибар берген болса, жас грамматикашылар мектеби ўәкиллери оларға сынлық қатнас жасаған ҳалда, тилдиң статикалық ҳалатына, тийкарынан жанлы сөйлеў тилин үйрениўге үлкен итибар берди.
Атақлы швейцариялы алым Фердинанд де Соссюр болса тилдиң еки тәрепин де өз ара байланыста үйрениў лазым екенлигин атап өтеди. Соның ушын ол тилдиң еки ҳалатын парықлаған ҳалда, тил билиминиң изертлеў методының да еки түрли болыўы лазым екенлигин атап өтти: синхрония ҳәм диахрония. Ҳәзирги күнде тил еки бағдарда үйрениледи: статикалық (синхрон) ҳалаты ҳәм динамикалық (диахрон) ҳалаты.
Тил раўажланыўының белгили бир дәўириндеги ҳалаты синхрон ҳалат саналады. Тил синхрон ҳалатта үйренилденде, оның ҳәзирги ҳалаты изертлеў объекти болады. Диахрон үйрениўде болса тил бирликлериниң тарийхый раўажланыўына итибар бериледи. Бирақ синхрония менен диахрония өз ара байланыста. Синхрония диахрония шынжырындағы бир ҳалқа есапланады. Соның ушын көпшилик ҳалларда диахрониясыз тилдиң синхрон ҳалатын түсиндириў қыйын болады.
Тил тарийхы жәмийет тарийхының қурамлық бөлими, соның ушын тил тарийхын (тилди диахрониялық үйрениў) жәмийет тарийхынан ажыралған ҳалда үйрениў мүмкин емес. Тилде бар болған бир қатар қубылыслар негизи жәмийет тарийхы тийкарында ашылады.
Бирақ тил системасының барлық қатламлары да жәмийет тарийхы менен бирдей байланыспаған. Жәмийет турмысындағы ҳәр қыйлы жаңалықлар усы жәмийет тилиниң сөзлик қурамында өз сәўлелениўин тапқаны себепли тил системасының лексикалық қатламы басқа қатлам бирликлерине қарағанда көбирек жәмийет тарийхы менен байланыслы болады.
Тилдиң лексикалық қатламында жәмийеттиң жасаў тәризи турмысындағы өзгерислер өз сәўлелениўин тапқаны себепли сөзди анализлеў тийкарында бул тил ийеси болған жәмийет турмысына байланыслы тарийхый мағлыўматларға ийе болыў мүмкин. Мәселен, қазан асыў сөз дизбеги бар. Ҳәзирги күнде қазанның асылмайтуғыны, ал ошақ ямаса газ плитасы үстине қойылыўы белгили. Бул дизбектиң мәнисин түсиндириў жәмийеттиң әййемги көшпели турмыс тәризи ҳаққындағы түсинигимизди кеңейтеди. Әййемде отырықлы турмыс кеширмеген жағдайда жәмийет ағзалары түрли орынларда аўқат писириў ушын астына от жағылатуғын қурылмаға аўқатлық затлар салынған ыдысты илдирген.
Тил материалларын үйрениў тарийхтың үш түрли машқаласын шешиўде жәрдем бериўи мүмкин:
1) халықтың келип шығыўы;
2) тарийхый раўажлынўдың түрли басқышында халық мәденияты ҳалаты;
3) басқа халықлар менен қатнасы.
Өзбек халқы тарийхый жақтан бир қанша этникалық топарлардың узақ дәўирлер даўамында бирге жасап, өз ара мүнәсибетте болыў ҳәм бирлесиўи нәтийжесинде қуралған. Қандай этнослардан қуралғаны ҳәзирги өзбек тилиниң жергиликли говорлары материаллары тийкарында айқынласады. Мәселен, сөз басында [й] ның (ж) ға алмасыўы, сөз ортасында еки даўыслы аралығындағы г даўыссызының й ға (сигир // сийир) ямаса, керисинше, й даўыссызының г ға (кейин // кегин) алмасыўы, усы ҳалатта бир қатар үнсиз даўыссызлардың үнли даўыссызға айланыўы (чиқиб // чиғиб) ҳәм басқалар бул тил ийелериниң ески қыпшақ қәўимине тийисли болғанын билдиреди.
Сондай-ақ, сөз басында үнсиз даўыссызлардың үнли даўыссызға алмасыўы (тоғ // дағ, туш // душ), созымлы даўыслылардың бар екенлиги (да: ғ) усы тилде сөйлесиўшилердиң оғуз қәўиминен келип шыққанынан белги береди.
Ямаса бир қатар этнотопонимлер усы жерде жасап атырған этнослардың тарийхый жақтан қайсы урыў ямаса қәўиминен келип шыққанын билдирип турады. Мәселен, Андижан әтирапында Найман, Сулдуз, Мундуз, Сарой, Бахрин, Бешкал сыяқлы аўыллар бар. Бул аўылларда жасаўшылар өзлериниң тарийхый жақтан қыпшақлардан келип шыққанын ҳәзирги күнде билмейди. Тек топонимлик мағлыўматлар ғана олардың генетикалық жақтан қыпшақларға тийислилигинен дәрек береди. Қыпшақ элементлери бул аўылларда жасаўшы халық тилиниң фонетикалық дүзилисинде де сезилмейди.
Тил фактлери усы тил ийелериниң белгили бир дәўирдеги турмыс мәденияты ҳаққында да мағлыўмат береди. Мәселен, ески туркий-руникалық жазба естеликлеринен «Култегин» естелигинде бадиз шегиў, балбал, бадизчи сыяқлы сөз ҳәм фразалар ушырасады. Ески түрк тилинде бадиз «қабир үстине орнатылған тасқа ойып жазылған естелик», бадизчи «тасқа ойып естелик жазыўшы», балбал болса бал (балшық) «ылай» ҳәм бал (ш) «бас» түбирлериниң қосылыўынан пайда болған қоспа сөз болып, «бюст», «ылайдан исленген инсанның бас бөлими» мәнилерин береди. Текетте баян етилиўинше, Култегин қайтыс болғаннан соң оның қәбири үстине бадизши тәрепинен бадиз шегилип балбал қойылады. Усы тил фактиниң өзи-ақ сол дәўирдеги түркий қәўимлер атақлы тулғалар қәбирине естелик жазылған қәбир тасы қойғаны ҳәм бюст орнатқанлары ҳаққында мағлыўмат береди.
Лингвистикалық материаллар тил ийелериниң басқа этнослар менен өтмиштеги қарым-қатнаслары ҳаққында информация береди. Мәселен, өзбек тилиниң лексикалық қатламында бир қатар парсыша-тәжикше, арабша лексемалар бар. Мәселен, барг, гўшт, мушт, ғишт; мәни, раъно, вақт, китоб, қалам ҳәм т.б. Бул лексемалар өзбек халқының әййемнен парсы-тәжиклер менен бир аймақта туўысқан болып жасағаны, соның менен бирге, араб басып алыўынан соң исламның тәсири ҳаққында мағлыўмат берип турады.
Айырым ўақытлары тарийхый машқалаларды шешиўде тарийхшы менен тилши алымның бирге ислесиўи зәрүр болады. Тийкарынан, хронология машқалалары көбинесе әне усы жол менен өз шешимин табады.
Өткен әсирдиң 50 – 60-жылларында тил материалларының жасын анықлаў бойынша Америка алымы Моррис Сводеш тәрепинен усыныс етилген ҳәм лексикостатистикалық метод деп аталған метод кең қолланылмақта.
Ол биология илимлериндеги радиоуглерод жәрдеминде жасты белгилеў методын тил билимине алып кирди. Ҳәр қандай тири организмде (ҳайўанларда, өсимликлерде ҳәм басқ.) белгили муғдарда радиоактив углерод бар. Бул зат организм өлиўи менен әсте-ақырын белгили бир тезликте тарқала баслайды. Өли организмдеги углерод муғдарын өлшеў арқалы оның өлгенине қанша ўақыт болғанын анықлаў мүмкин. Бул жол менен археологиялық естеликлер жасы анықланады.



Download 0.66 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling