Өзбекстан Республикасы


Download 0.66 Mb.
bet24/33
Sana09.01.2023
Hajmi0.66 Mb.
#1085038
TuriЛекция
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   ...   33
Bog'liq
Тил билими хам табийгый илимлер лекция5

системасы ҳәм тил билими

Химия илиминдеги И.Д.Менделеевтиң элементлер периодлық системасының дүнья алымлары тәрепинен кең тән алыныўы ҳәм элементлерди системаға салыўда тутылған принциптиң қаншелли дурыслығы басқа тараў алымларының да ҳәўесин келтирди.


Пүтинди бөлеклерге, топарды түрлерге классификациялаўда Д.И.Менделеевке эргашган ҳалда, классификация тийкары сыпатында бир белгини алыўға умтылды.
Д.И.Менделеевтиң жетискенлиги неде? Оған шекем болған алымлар тек бир-бирине уқсас элементлерди ғана салыстырды. Уқсас емес элементлер олардың дыққатынан шетте қалды. Д.И.Менделеев олардан парықлы рәўиште уқсас емес элементлерди өз ара салыстырды. Буның нәтийжесинде элементлердиң атом массаларының мәнилери өзгериўи менен олардың қәсийетлери периодлы рәўиште өзгериўин анықлады.
Д.И.Менделеевке шекем элементлердиң галогенлер, силтили металлар ҳәм силтили жер металлар сыяқлы топарлары белгили еди. Д.И.Менделеев бул элементлерди салыстырып, оларды атом мәселелериниң қийматлари артып барыўы тәртибинде орналастырды.

F=19

CL=36,5

Br=80

Na=23

K=39

Rb=85

Mg=24

Ca=40

Sr=87 сыяқлы.

Демек, элементлердиң атом массалары артып барыўы тәртибинде орналастырылған үзликсиз қатарында фтордан кейин натрий ҳәм магний, хлордан кейин калий, бромдан кейин рубидий ҳәм стронций турыўы керек. Егер бул элементлер атом аўырлықларының артып барыўы тәртибинде орналастырылса, периодлы рәўиште тәкирарланады. Қатарда магний менен хлор, кальций менен бром, стронций менен йод арасында неше элемент жоқлығына қарамастан, элементлер қәсийетлериниң бул периодлық өзгериўи көрине береди. Булардың ҳәммеси Д.И.Менделеевке өзиниң периодлық нызамын жаратыўға тийкар болды.


Элементлердиң периодлық нызамын жаратыўға элементлерди салыстырыўға туўры қатнас жасағаны – периодлық системаны дүзиўде атомның тийкарғы характеристикасы сыпатында оның атом қәсийетин итибарға алғаны себепши болды. Алымның пикиринше, заттың массасы оның сондай қәсийети есапланады, қалған барлық қәсийетлери әне усыған байланыслы болыўы керек.
Д.И.Менделеевтиң химия илиминде ерискен бул жетискенлигин басқа илимлер сыяқлы тил билимине де қолланыў мүмкин.
Бириншиден, тиллик бирликлерди белгили топарларға классификациялаўда классификация принципи сыпатында олардың бир тийкарғы белгисине сүйениў де Д.И.Менделеев принципин қоллаў болып табылады. Мәселен, сөз шақапларын классификациялаўда, гәп ағзаларын топарларға ажыратыўда ҳәм т.б.
Екиншиден, анық бир лексика-семантикалық топарға тийисли лексемалардың орнын белгилеў, белгили бир тилде фонемалардың фонологиялық системадағы орнын белгилеўде де Д.И.Менделеев элементлер периодлық системасы тәсирин бақлаў мүмкин.
Түркий тиллер даўыслылар системасын алсақ, оны айырым авторлар төмендеги призмада орналастырады:

Бунда төменги бөлимде еринликлесиў белгиси жоқ, жоқарғы бөлиминде бар. Алдыңғы бөлим қатты, артқы бөлими жумсақ, алдыңғы қатар, шеп бөлим қысық, оң бөлим ашық ҳәм ҳәр бир даўыслының қатаң жайласыў орны бар. Д.И.Менделеевтиң периодлық системасында элементлердиң периодлық жайласыўында атом массасы артып ямаса кемейип барады. Ямаса фонемалар акустикалық қәсийети бойынша, даўыстың қатнасына қарай да қатаң жайласыў орнына ийе: шаўқымлылар – үнлилер – сонорлар – даўыслылар. Бунда даўыслылар менен шаўқымлылар акустикалық қәсийетине, даўыстың қатнасы белгиси бойынша қатардың еки қарама-қарсы тәрепинде турады. Бири белгиге ийе, екиншиси (шаўқымлылар) ийе емес. Қалған екеўи аралық ҳалатты пайда етеди. Бирақ оларда белги шертен оңға қарап артып барады ямаса, керисинше, оңнан шепке қарап кемейип барады.


Сондай-ақ, элементлер периодлық системасы тийкарында айырым лексемалардың лексика-семантикалық топардағы орнын белгилеў мүмкин. Егер қандай да бир түсиник өз сәўлелениўин тапқан болса, басқаларына салыстырғанда оның орнын, бос кетегин белгилеў де мүмкин. Мәселен, туўысқанлықты билдириўши лексемалар.
Келтирилген пикирлердиң өзи-ақ Д.И.Менделеев элементлер периодлық системасының тил билимине қаншелли тәсир еткениниң айқын дәлили болып табылады.



Download 0.66 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling