Өзбекстан Республикасы
Валентлик теориясы ҳәм тил билими
Download 0.66 Mb.
|
Тил билими хам табийгый илимлер лекция5
3. Валентлик теориясы ҳәм тил билими
Химиялық байланыс ҳаққындағы тәлиймат ҳәзирги химия илиминиң ең орайлық мәселелерине бири. Химия илиминде атомлардың дүзилиси ҳаққындағы тәлиймат химиялық байланыс тәбиятын түсиндирип береди. Атомның сыртқы басқышында бирден сегизге шекем электрон болыўы мүмкин. Химиялық байланыс валент электронлар есабынан жүзеге келеди. Ол үш усыл менен әмелге асады: 1) квалент байланыс; 2) ионлы байланыс; 3) металл байланыс. Электрон жуплар себепли жүзеге келетуғын химиялық байланыс квалент байланыс деп аталады. Бул еки электронлы ҳәм еки орайлы (еки ядроны тутып турады) байланыс есапаланады. Ионлар арасында электростатик тартысыў себепли жүзеге келетуғын химиялық байланыс электровалент ямаса ионлы байланыс делинеди. Көпшилик металлар атомларының сыртқы энергетикалық басқышында электронлар саны көп болмайды. Атомлар бир-бирине жақынласқанда кристалл пәнжере пайда болыўы нәтийжесинде қоңсы атомлардың валент орбиталлары бир-бирин қаплайды. Соның ушын электронлар бир орбиталдан басқасына биймәлел өтип, металл кристалындағы барлық атомлар арасында байланыс пайда етеди. Әне усындай байланыс түри металл байланыс деп аталады. Атомлар арасында химиялық байланыс пайда болыўында қатнасатуғын электронлар валент электронлар саналады. Химиялық элементлерде атомдағы валент электронлары саны Д.И.Менделеев элементлер периодлық системасындағы топар санына тең келеди. Мәселен, олтингугурт I группаға тийисли. Демек, олтингугурт атомында 16 электрон болып, олардан алтаўы валент электрон есапланады. Ҳәр бир атомның валентлиги бар. Ол элементлер атомларының химиялық байланыслар пайда етиў қәсийети болып табылады. Валентлик берилген атомның басқа атомлар менен бириккен химиялық байланыслар саны сыпатында анықланады. Химия илиминде жүдә үлкен табысқа ерискен валентлик теориясы тил билимине де өткен әсирдиң 40-жылларынан енгизиле баслады. Бул түсиник тил билимине дәслепки мәрте С.Д.Кацнельсон тәрепинен 1948-жылы жазылған «О грамматической категории» («Вестник ЛГУ», 1948) мийнетинде киритилди. Соннан баслап бул түсиник тил билиминде беккем орын алды. Валентлик атамасы лат. valentia сөзинен алынған болып, «қуўат», «күш» деген мәнини билдиреди. Бул атама химияда бир элемент атомының басқа элемент атомы менен байланыс қәсийетин аңлатыў ушын қолланылса, тил билиминде лексеманың басқа лексема менен байланыс қәбилетин аңлатыў ушын жумсалады. Тил билиминде валентлик атамасы кең тарқалған болса да, бирақ бул атама астында ҳәр қыйлы түсиниклер аңлатылады. Батыс Европа тил билимине байланысты аңлатыў ушын бул атаманы алып кирген Л.Теньер оны тек фейилге байланыслы қоланды ҳәм валентликти фейил қосып алыўы мүмкин болған актантлар муғдары сыпатында белгиледи. Л.Теньер фейиллерди авалент (бетленбейтуғын фейиллер), бир валентли (ўтимсиз фейиллер: Ахмет уйқылап атыр), еки валентли (ўтимли фейиллер: Ахмет китап оқыды), үш валентли фейиллерге бөледи. Валентликти бундай түсиниў вербоцентрлик (ҳәр қандай гәптиң тийкарында фейил турады деб есаплаў) теорияның тийкары болып табылады. Онда валентлик вербоцентрлик теорияда логика тәсиринде келип шыққан бир, еки, үш орынлы предикатларға тең келеди. Ҳәзирги тил билиминде предикат атамасы астында тек фейил ғана емес, ал атлықлар да түсинилгени ҳәм предикатлар материалы бойынша фейил ҳәм атлық предикатларға бөлингениндей, валентлик те сөз ҳәм тилдиң ҳәр қандай қатлам бирликлериниң басқасы менен биригиў қәсийети деп түсиниў кең тарқалды. Валентлик дәслеп лексикалық бирликлер ушын (лексикалық валентлик) қолланылған болса, кейинги дәўирлерде синтаксислик бирликлерге де қолланыла баслады (синтаксислик валентлик). Буннан тысқары, формалық ҳәм мазмунлық валентлик те ажыратыла баслады. Байланысыўшы элементлерден қайсы бири бириктирип алыўшы, қайсы бири биригиўши екенлиги бойынша жедел (актив) валентлик ҳәм жедел емес (пассив) валентликке бөлиў әдетке айланбақта. Сондай-ақ, тиллик бирликлер валентликлердиң жүзеге шығыў зәрүрлиги ямаса зәрүр емеслиги белгиси бойынша мәжбүрий (облигатор) ҳәм факультатив валентликлерге де бөлинеди. Валентликтиң бул түрге бөлиниўи позициялық синтаксистиң тәсири нәтийжеси болып табылады. Валентликти бул аспекттен үйрениў позициялық синтаксистиң раўажлынўы ушын кең имканият жаратады. Позициялық синтаксис түсиндириўи бойынша, гәп қурамында орайлық орын ийелеген таяныш сөз, яғный предикат бир қатар позицияларға орын ашады. Бул позициялардан айырымлары гәптиң мазмунлық-грамматикалық қәлиплесиўи ушын толтырылыўы зәрүрли болса, басқалары зәрурли болмайды. Қосымша информация береди. Мәселен, Ахмет шкафтан китап алды гәпинде китап сөзи зәрүрли, шкаф сөзи болса факультатив валентликти толтырып келген бирликлер есапланады. Лексикалық валентликлердиң тиккелей жүзеге шығыўы сөз дизбеклерин пайда етеди. Химиялық байланыстың жоқарыда санап өтилген үш түри болғанындай, синтаксислик дизбеклер де байланыс қәсийети бойынша еки түрге бөлинеди: 1) тең байланыс; 2) бағыныңқы байланыс. Тең байланыс байланысыўшы элементлердиң тең тәсири тийкарында жүзеге келеди. Бағыныңқы байланыста болса байланысыўшылардан бири екиншисин өзине бағындырып, бириктирип алады. Соның ушын бири бағындырыўшы (бириктирип алыўшы), екиншиси бағыныңқы (биригиўши) болады. Тиллик бирликлердиң синтагматикалық қатнасларының бундай түрлерге ажыратылыўында да химия илиминдеги элементлердиң байланыс нызамларына уқсаслық көринеди. Download 0.66 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling