Өзбекстан Республикасы


Тил билимининг химия менен байланысы


Download 0.66 Mb.
bet19/33
Sana09.01.2023
Hajmi0.66 Mb.
#1085038
TuriЛекция
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   33
Bog'liq
Тил билими хам табийгый илимлер лекция5

Тил билимининг химия менен байланысы

Тил билими химия илими жетискенликлеринен де пайдаланып келмекте. Химия илиминде атом-молекуляр тәлийматының жүзеге келиўи, ең киши атомлардың да бөлиниўшилик қәсийетине ийе болыўының ойлап табылыўы, Я.Н.Менделеев элементлер периодлық системасының жүзеге келиўи тил билимине де өз тәсирин тийгизди. Тил билиминде тил бирликлериниң белгили бир дүзилиске ийе екени, тиккелей бақлаўда ең киши бирлик – тәбийғый илимлердеги атомға теңлестирилиўши фонеманың да бөлиниў қәсийетине ийе екени, пүтин қурамындағы бөлеклердиң өз ара мүнәсибетте, бир ўақыттың өзинде, пүтин менен пүтин де үлкен пүтинлик қурамында өз ара мүнәсибетте екени тән алына баслады. Нәтийжеде тил билимине системалы изертлеў усылы кирип келди.


Соның менен бирге, химия илиминде молекула ҳәм атомлардың тоқтаўсыз ҳәрекетте екениниң анықланыўы тил билиминде синхрония ҳәм диахрония теориясының жүзеге келиўине түртки болды.
Химиялық байланыс тәлийматының күшейиўи, химиялық байланыста валентлик түсинигиниң орайлық орын ийелеўи тил билимине де өз тәсирин көрсетти. Тил билиминде валентлик теориясы жүзеге келди.
Қулласы, химия илиминде қолға киргизилген үлкен жетискенликлер басқа илимлер қатарында тил билимине де сезилерли тәсир етип келмекте.


1. Атом-молекуляр тәлийматы ҳәм тил билими

Химия илиминде атом-молекуляр тәлийматының пайда болыўы тәбияттаныў әлеминде уллы ойлап табыў болып есапланады.


Атом-молекуляр тәлийматтың тамыры Фарабий, Ибн Сина, Берунийлерге барып тақалады. Тийкарынан, Фарабий субстанцияның бөлимлерге ажыралыўы ҳәм оның түрли бөлеклерден ибарат екени ҳаққында пикир жүритеди.
Олар затлардың дүзилиси бойынша дәслепки мағлыўматларды берген болса да, бирақ оны тәлиймат дәрежесине көтермеди.
Химия илиминде атом-молекуляр тәлийматы Л.М.Ломоносов аты менен байланыслы. Бул тәлийматтың тийкарғы тәреплери 1741-жылы жазылған «Математикалық химия элементлери» мийнетинде сәўлеленген.
Атом молекуляр тәлийматының тийкарғы маңызы төмендегилерди өз ишине алады:
1) «Барлық затлар корпускулалардан» (молекулалардан) қуралады.
2) Молекулалар «элементлерден» (Ломоносов атомларды усылай атаған) қуралады.
3) Молекула ҳәм атомлар үзликсиз ҳәрекетте болады.
4) Әпиўайы затлардың молекулалары бирдей атомлардан, қурамалы затлардың молекулалары ҳәр түрли атомлардан ибарат.
М.В.Ломоносовтан соң атомистик тәлийматын инглис алымы Жон Дальтон раўажландырды. Соған қарамай, химия илиминде атом-молекуляр тәлийматы тек XIX әсир орталарынан баслап таныла баслады. Химиклердиң 1860-жылы Карлсруэ қаласында болып өткен халық аралық съездинде молекула ҳәм атом түсиниклериниң тәрипи бойынша бир пикирге келинди. Буған муўапық, молекуланың химиялық қәсийетлери оның қурамы ҳәм химиялық дүзилиси менен анықланады.

Download 0.66 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling