Өзбекстан Республикасы


Тил билиминиң психология менен байланысы


Download 0.66 Mb.
bet13/33
Sana09.01.2023
Hajmi0.66 Mb.
#1085038
TuriЛекция
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   33
Bog'liq
Тил билими хам табийгый илимлер лекция5

Тил билиминиң психология менен байланысы

Лингвистикалық қубылыслар, бир тәрепинен, тил билиминиң үйрениў объекти болса, екинши тәрептен, психологияның да изертлеў предмети саналады. Демек, тил билими менен психологияның да тутасатуғын ноқаты бар. Еки пән аралығындағы кесилиспе ноқаты психолингвистиканың үйрениў объекти болып табылады.


Психолингвистика атамасы АҚШ алымлары тәрепинен илимге алып кирилди. Дәслепки мәрте бул атама 1946-жылы Америка психологы Н.Пронко тәрепинен «Тил ҳәм психолингвистика» атлы мақалада қолланылды. Лекин бул мақалада психолингвистиканың орны кең илимий жәмәәтшилик тән алатуғын дәрежеде белгиленбеген еди.
1953-жылы Индиана штатының Блюмингтон қаласында атақлы Америка психологлары Дж.Кэролл ҳәм Ч.Осгуд пенен белгили тилши ҳәм этнограф алым Т.Сибоек тәрепинен өткизилген университетлер аралық семинарда тил билими менен психология қатнаслары талқыланды ҳәм бул еки пән аралығында психолингвистика атамасы менен аталыўшы айрықша пән бағдары болыўы лазым екенлиги атап өтилди.
Семинарда ҳәр қыйлы қәнигели ўәкиллери қатнасты. Тийкарынан, 1953-жылы «Тилди үйрениў» атлы мийнет жазып, онда тил билиминиң басқа илимлер менен, әсиресе, психология менен байланысын терең анализлеп даңқы шыққан Дж.Кэролл, фольклористика бойынша атақлы болған Т.Сибоек, тил билими бойынша бир қанша белгли болып қалған, индеецлер тили ҳәм мәденияты бойынша атақлы қәниге Ж.Женкинс, тиллердиң генеологиялық классификациясы ҳәм тил тарийхы менен шуғылланыўшы Ж.Гринберг сыяқлы атақлы илимпазлар менен бирге қатар жас изертлеўшилер де қатнасты.
Еки ай даўам еткен семинарда психолингвистикалық изертлеўлердиң теориялық тийкарлары бойынша бир пикирге келинди. Семинарда қатнасқан алымлардың психолингвистика бойынша улыўма платформасы 1954-жылы «Психолингвистика» атамасында баспадан шығарылған коллектив монографияда өз сәўлелениўин тапты.
Бул китап илимий жәмәәтшилик ортасында үлкен атақ-абырайға ийе болды. Нәтийжеде психолингвистика тил билими ҳәм психология аралығындағы өз алдына пән бағдары сыпатында тән алына басланды. Тез арада дүньяның түрли мәмлекетлеринде, тийкарынан, Англия, Франция, Италия, Руминия, Польша, Чехословакия, Голландия, Россия, Норвегия, Канада сыяқлы бир катар мәмлекетлерде психолингвистика мектеплери дүньяға келди.
Психолингвистика әсиримиздиң 50-жылларында қәлиплескен болса да, бирақ оның тамыры узақ дәўирлерге – тил билиминде бир қанша ўақытлардан бери даўам етип киятырған психологиялық бағдарға барып тақалады. Демек, психолингвистика XIX әсир тил билиминде ҳүким сүрген психология бағдарының логикалық даўамы. Соның ушын, ең әўели, психолингвистиканың тамыры болған тил билими теориясындағы психологиялық бағдар ҳаққында пикир жүритиўге туўра келеди.
Тил билиминде психологиялық бағдар бир қанша дәўирлерден бери ҳүким сүрип киятырған тилдиң маңызын логикалық тийкарда жарытыўға қарама-қарсы рәўиште XIX әсирдиң 50-жылларында салыстырмалы-тарийхый тил билими негизинде жүзеге келди.
Бул бағдардың пайда болыўында В.фон Гумбольдттың тил философиясы үлкен тәсир көрсетти. Тил билиминде психологиялық бағдардың тийкарын салыўшысы уллы немис тилши илимпазы В.фон Гумбольдттың шәкирти X.Штейнтал болды.
Психологиялық бағдар өзиниң дәслепки дәўиринде бир қатар дәлиллер тийкарында дәстүрий логикалық бағдардан алыслаўға ҳәрекет етти. Бул тийкарлар төмендегилер:
1) логикалық ҳәм грамматикалық категориялардың өз ара муўапықлығы жүдә күшсиз дәрежеде. Олардың қатнасы шеңбер ҳәм қызыл түсиниклериниң қатнасына уқсайды. Логика улыўма адамзатлық тийкарға ийе. Соның ушын белгили бир халықтың тилине тән қәсийетлерди ашып бере алмайды. Логика гипотезаларға сүйениўши илим болса, тил билими генетикалық қәсийетке ийе. Яғный тил билими «сөйлеў процеси»н изертлеў менен шуғылланса, бул процесс логиканы қызықтырмайды ҳәм т.б.
Психологиялық бағдар тәрепдарлары тил билиминиң методологиялық тийкары сыпатында логиканы емес, ал психологияны тән алды.
В.фон Гумбольдт тәсиринде X.Штейнтал тилде «халық руўхы»ның, халық психологиясының сәўлелениўин көрди. Соның ушын тилдиң социал тәбиятына айрықша итибар берилди.
Ол дәўирдеги психология инливидуал психология еди. Соның ушын X.Штейнтал социал психологияны (этнопсихологияны) жаратыў ҳәм оны ен жайдырыў ушын М.Лоцарус пенен биргеликте «Этникалық психология ҳәм тил билими» атлы журналды баспадан шығарды. XX әсир басларында В.Вундт та тил билиминиң методологиялық тийкары сыпатында халық психологиясы ҳаққындағы пәнди жаратыўға умтылды. Бирақ ол өз алдына пән сыпатында қәлиплеспеди. Соған қарамастан, тил билиминде психологияға таяныў ҳәрекети бир қатар жаңа бағдарлардың ашылыўына себепши болды. Соның ишинде, тил билиминде халық руўъын ашыўға умтылыў себепли фольклорды, мифологияны, жумбақ, нақыл-мақал, тымсалларды ҳәм оларда сәўлеленген халық үрп-әдет дәстүрлерин терең үйрениўге итибар күшейди. Оларға халық даналығының аңлатыўшылары сыпатында қаралды.
6. Психологиялық бағдар тәрепдарлары В.фон Гумбольдт идеяларына садық қалған ҳалда, тилди мудамы раўажланып барыўшы динамикалық, тарийхый қубылыс сыпатында баҳалады. Бундай қатнас жасаў салыстырмалы-тарийхый тил билими идеяларына сәйкес келеди. Соның менен бирге, ассоциатив психология түсиниклери ҳәм әмеллерин тил билимине киритиў ҳәрекетинде психологиялық бағдар тәрепдарлары жанлы сөйлеўге, тиккелей сөйлеў процесине, тилдиң ишки тәрепине, сөз ҳәм гәплердиң мәнилик тәрепине тийкарғы итибарды қаратды. Олардың атап өтиўинше, жанлы сөйлеў тилин үйрениў тилдиң түп маңызын ҳәм келип шығыўын жақсырақ түсиниўге қолай имканият береди.
Психологиялық бағдар ўәкиллериниң тиккелей жанлы сөйлеў тилине итибар қаратыўларында да В.фон Гумбольдттың тәсири сезиледи. В.фон Гумбольдт тил ҳәм сөйлеўди парықлаған ҳалда, жанлы сөйлеў тилин үйрениў процесинде, белгили бир тил ўәкиллери бир улыўма тилде сөйлессе де, олар өз тиллерине де ийе деген жуўмаққа келеди. Соның ушын жанлы сөйлеўди, бир ўақыттығ өзинде, индивидлер сөйлеў тилин үйрениў лазым деген идеяны алға сүреди.
Ҳәммемизге мәлим, В.фон Гумбольдт шығармаларында «тилдиң ишки формасы» түсиниги орайлық орынды ийелейди. Бул жүдә кең түсиник болып, халық руўхы, үрп-әдетлери ҳәм тағы басқаларды өз ишине алады.
Психологиялық бағдар тәрепдарлары да бул түсиникке үлкен итибар берди. X.Штейнтал оны тил тарийхына қарата да қоллаўға урынды. Оның пикиринше, тарийхқа шекем болған дәўирде тиллер жүдә бай ишки формаға ийе еди. Тарийх дәўиринде болса олар әсте-ақырын кемейип барған. Бул пикирлер атақлы француз философы Ж.Руссоның көзқарасларына жүдә уқсас.
«Ишки форма» түсинигинен психологиялық бағдар ўәкиллери сөздиң пайда болыў процесин түсиндирип бериўде де пайдаланады. Тийкарынан, бул түсиник рус тил билиминдеги психологиялық бағдардың көрнекли ўәкили А.А.Потебня мийнетлеринде де орайлық орынды ийелейди. Лекин А.А.Потебня мийнетлеринде қолланған «ишки форма» атамасы астында В.фон Гумбольдт түсинген «халық руўхы» емес, ал сөздиң келип шығыўына тийкар болған «образ орайы» түсиниледи. Мәселен, медведь сөзиниң пайда болыўы ушын хызмет қылған ишки форма, образ орайы «айыўдың пал жеўи» белгиси болған.
Тил бирликлериниң пайда болыўын түсиндириўде психологиялық бағдар ўәкиллери психологияның «ассимиляция», «ассоциация», «апперцепция» сыяқлы атамаларынан пайдаланды.
Әсиресе, «ассоциация» түсиниги А.А.Потенбня дөретиўшилигинде сөздиң пайда болыўы, сөз этимологиясын баянлаўда кең қолланылады.
Психологиялық бағдар тәрепдарлары жоқарыдағы санап өтилген психологиялық атамаларға көбирек мүрәжәт қылғанлықларынан көринип турғанындай, олар тийкарынан тиккелей сөйлеў процесине тийкарғы итибарды қаратты.
Олар бириншилерден болып В.фон Гумбольдттың боғли сөйлеў тилин лингвистикалық изертлеў объектине айландырыў лазымлығы ҳаққындағы пикирине изертлеўшилер дыққатын тартты.
Психологиялық бағдар ўәкиллери, изертлеў методологиясында психологизмге тийкарланыў көзқарасынан улыўмалықты қураса да, бирақ олар түрли мәмлекетлерде бир-биринен парықлы тәреплерге ийе болды. Соннан, Россия психологиялық мектеби ўәкиллериниң көзқараслары немис психологилық мектеби ўәкиллеринен бир қанша парық қылады. Тийкарынан, Штейнтал, Вундт сыяқлы алымлар тилдиң психологиялық тәрепине емес, ал психологияның тил тәрепине итибар қаратты. А.А.Потебня грамматиканың өзине тән қәсийетлерин ашыўда психологиялық түсиниклерден пайдаланды.
Психологиялық бағдардың тийкарын салыўшылар тил раўажланыўында психологиялық факторлардың ролин арттырып жиберди. Көбинесе психологиялық категориялар менен грамматикалық категориялар былғастырылды.
Психологиялық бағдар ўәкиллериниң бундай күшсиз тәреплерин аңлаў XIX әсирдиң 70-жылларында тил билиминде жаңа бағдар – жас грамматикашылар мектебиниң туўылыўына алып келди.
Жас грамматикашылар мектеби идеялары Германияның Лейпциг университети алымлары тәрепинен жаратылды. Бул мектеп психологиялық бағдар қушағында раўажланды ҳәм оған сынлық қатнас жасаў тийкарында қәлиплести. Жас грамматикашылар тилдиң психологиялық тәбиятын тән алған ҳалда, этнопсихологияны илимий тоқыма сыпатында бийкарлады ҳәм тил билиминиң изертлеў объектине берилетуғын бирден бир реаллық индивид тили деп баҳалады. Соның ушын олар тийкарғы итибарды сөйлеў процесин, сөйлеў процесиндеги фонетикалық өзгерислерди үйрениўге қаратты.
Тил билиминиң бирден бир методологиялық тийкары индивидуал психология екенин атап өтти. Соның менен бирге, тилдиң тийкарғы маңызын психология менен шатастырмады. Тилдиң материаллық тәрепин изертлеўге айрықша дыққат қаратты.
Тил билиминде психологиялық қатнас жасаў дәстүри узақ даўам етти. XX әсир басларында А.Марти тийкар салған универсал грамматика теориясы ушын да әне усы қатнас жасаў тырнақ болып хызмет қылды.
А.Марти универсал грамматика жаратыў мүмкинлигиниң таяныш ноқаты сыпатында барлық тиллердиң бирдей психологиялық мазмунды аңлатыўын ҳәм бирдей ишки қурылысқа ийе екенин, себеби ҳәр қандай инсан, қайсы тилде сөйлеўине қарамастан, улыўма психофизиологиялық дүзилиске ийе болыўын атап өтеди. А.Мартидиң пикири бойынша, тил билиминиң тийкарғы ўазыйпасы универсал тил қураллары арқалы аңлатылған мазмун ҳәм психик функцияларды анық сүўретлеў ҳәм анализлеўден ибарат болыўы керек.
Әсиримиздиң 50-жылларында пайда болған психолингвистика психологиялық бағдардың ең жақсы тәреплерин даўам еттирди ҳәм оны жаңа басқышқа алып шықты.
Психолингвистиканың үйрениў объектине нелер киреди? Бул сораўға бүгинги күнги психолингвистлер де ҳәр түрли жуўап береди. Бирақ олардың ҳәммесин жәмлеген ҳалда, төмендеги мәселелерди психолингвистика объекти сыпатында ажыратыў мүмкин.
1. Сөйлеўдиң жүзеге шығыў механизмин үйрениў.
2. Балалардың сөйлеўиниң қәлиплесиў процесин үйрениў.
3. Түрли сөйлеў жағдайында сөйлеўши менен тыңлаўшы ортасындағы қатнасты есапқа алған ҳалда үйрениў.
4. Сөйлеўдиң информация тасыў функциясын үйрениў ҳәм басқалар.



Download 0.66 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling