228-статья. Ҳүжжетлер, штамплар, мөрилер, бланкалар таярлаў, оларды қәлбекилестириў, сатыў яки олардан пайдаланыў
Қәлбекилестириўшиниң өзи ямаса басқа шахс пайдаланыўы мақсетинде белгили ҳуқық беретуғын яки белгили ўазыйпадан азат ететуғын рәсмий ҳүжжетлер таярлаўы яки рәсмий ҳүжжетлерди қәлбекилестириў яки бундай ҳүжжетлерди сатыўы, сондай мақсетлерде кәрхана, мәкемениң ямаса шөлкемдиң жасама штамплари, мөрилери, бланклерин таярлаў яки сатыў —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
б) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип исленген болса, —
еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Ҳүжжеттиң жасама екенлигин биле турып, одан пайдаланыў —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесинен елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки еки жылға шекем еркин шеклеў ямаса еки жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
2281-статья. Мәмлекетлик проба тамғаларын таярлаў ҳәм олардан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў
Дәмегөйлик ямаса басқа жеке мәплерди гөзлеп мәмлекетлик проба тамғасын нызамға қылап түрде таярлаў, өткериў ямаса оннан пайдаланыў, сондай-ақ оны қәлбекилестириў —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) тәкираран;
б) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип исленген болса, —
үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |