223-статья. Нызамға қылап түрде сырт елге шығыў яки Өзбекстан Республикасына кириў
Белгиленген тәртипти бузып сырт елге шығыў ямаса Өзбекстан Республикасына кириў яки шегарадан өтиў —
базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесинен төрт жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) шегараны жарып өтиў жолы менен;
б) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип;
в) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
г) сырт елге шығыўы ушын арнаўлы келисим талап етилетуғын лаўазымлы шахс тәрепинен;
д) Өзбекстан Республикасына кириў рухсаты белгиленген тәртипте шекленген шахс тәрепинен исленген болса.
бес жылдан он жылға шекем мүддетке еркинен айырыў менен жазаланады.
Өзбекстан Республикасының Конституциясында нәзерде тутылған сыясый турар жай ҳуқықынан пайдаланыў ушын кирисиў ҳүжжетлерин тийисли дәрежеде рәсмийлестирместен Өзбекстан Республикасына келген сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар жуўапкершиликтен азат етиледи.
225-статья. Әскерий ямаса альтернатив хызметтен бас тартыў
Пуқаралардың мүддетли әскерий хызмет ямаса альтернатив хызметке шақырыўдан, сапарбарлық шақырыўы резерви хызмети қатарына алыныў яки хызметти Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери резервинде өтеўдан кеширимли себепсиз бас тартыў сондай қылмыс ушын хәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) өз денесине жарақат салыў;
б) ҳүжжетлерди қәлбекилестириў ямаса басқаша алдаў жолы менен исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Пуқаралардың Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлерине сапарбарлық бойынша шақырыўдан бас тартыў —
үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |