Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


Download 340.7 Kb.
bet105/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   101   102   103   104   105   106   107   108   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

229 -статья. Өзбасымшалық
Өзбасымшалық, яғный ҳақыйқый яки итимал етилген ҳуқықларды өзбасымшалық пенен әмелге асырыў пуқаралардың ҳуқықлары ямаса нызам менен қорғалатуғын мәплерине яки мәмлекет ямаса жәмийетлик мәплерине көп муғдарда зыян ямаса аўыр зыян келтириўине себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.

2291-статья. Жер участкаларын өзбасымшалық пенен ийелеп алыў
Жер участкаларын өзбасымшалық пенен ийелеп алыў, сондай-ақ бул жер участкаларына қарата нызамлы ҳуқықлары бар болмаған ҳалда олардан пайдаланыў, тап сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен төрт жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылға шекем еркин шеклеў ямаса бир жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Суўғарылатуғын жер участкаларын оларда қурылыс жумысларын ислеген ҳалда өзбасымшалық пенен ийелеп алыў, —
базалық есаплаў муғдарының төрт жүз есесинен алты жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки еки жылдан үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Биринши рет жынаят ислеген шахсқа, егер ол өзбасымшалық пенен ийеленген жер участкасының қайтарылыўы жынаят анықланған күннен баслап отыз күнлик мүддетте тәмийинлесе ҳәм де өзбасымшалық пенен ийелеп алыўдың ақыбетлерин сапластырса, еркин шеклеў ҳәм еркинен айырыў жазасы қолланылмайды.

2292-статья. Диний тәлийматтан сабақ бериў тәртибин бузыў
Арнаўлы диний мағлыўматы болмай турып ҳәм диний шөлкем басқарыўы орайлық органының рухсатысыз диний тәлийматтан сабақ бериў, сондай-ақ жеке тәртипте диний тәлийматтан сабақ бериў, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айрыў менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   101   102   103   104   105   106   107   108   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling