Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


Download 340.7 Kb.
bet113/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   109   110   111   112   113   114   115   116   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

АЛТЫНШЫ БӨЛИМ
ЖӘМИЙЕТЛИК ҚӘЎИПСИЗЛИК ҲӘМ ЖӘМИЙЕТЛИК ТӘРТИПКЕ ҚАРСЫ ЖЫНАЯТЛАР

ХVII БАП. ЖӘМИЙЕТЛИК ҚӘЎИПСИЗЛИККЕ ҚАРСЫ ЖЫНАЯТЛАР

242-статья. Жынайый бирлеспе шөлкемлестириў
Жынайый бирлеспе шөлкемлестириў, яғный жынайый бирлеспе яки оның бөлимллерин дүзиў ямаса оған басшылық етиў, сондай-ақ, олардың бар болыўын ҳәм ислеп турыўын тәмийинлеўге қаратылған искерлик —
он бес жылдан жигирма жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Шөлкемлескен қураллы топар дүзиў, сондай-ақ оған басшылық етиў яки қатнасыў —
он жылдан он бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

243-статья. Жынайый ҳәрекетлерден алынған дараматларды легалластырыў
Жынайый ҳәрекетлерден алынған дараматларды легалластырыў, яғный мүлк (пул қаржлары ямаса басқа мал-мүлк) жынайый ҳәрекет нәтийжесинде алынған болса, оны өткериў, мулкке айландырыў яки алмастырыў жолы менен оның келип шығыўына нызамлы түс бериў, сондай-ақ усындай пул қаржлары ямаса басқа мал-мүлктиң түп қәсиетлерин, дәрегин, турған орнын, ийелик етиў, тасырыў усылын, пул қаржларына ямаса басқа мал-мулкке болған ҳақыйқый ийелик ҳуқықларын яки оның кимге қаратылғанлығын жасырыў яки сыр сақлаў, —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

244-статья Ғалабалық тәртипсизликлер
Ғалабалық тәртипсизликлерге ҳәм пуқараларға зорлық етиўге көпшилик алдында шақырық қылыў —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен үш жүз есесине шекем жәрийма ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип;
б) ғалаба хабар қуралларыннан, телекоммуникациялар тармақларынан, Интернет жәҳән информация тармағыннан, сондай-ақ текстти көбейтиўдиң баспа ямаса басқа усылларынан пайдаланып исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен төрт жүз есесине шекем жәрийма ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Қурал ямаса қурал ретинде пайдаланатуғын басқа затларды ислетип яки ислетиў менен қорқытып шахсқа зорлық ислетиў,қырғын салыў, от қойыў, мулкке зыян келтириў ямаса оны набыт етиў, ҳәкимят ўәкилине қарсылық көрсетиў арқалы исленген ғалабалық тәртипсизликлер шөлкемлестириў, сондай-ақ, ғалабалық тәртипсизликлерде белсенди қатнасыў —
он жылдан он бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   109   110   111   112   113   114   115   116   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling