Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Әдалатсыз ҳүким, ҳал қылыў қарары, уйғарыў яки қарар шығарыў


Download 340.7 Kb.
bet109/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   105   106   107   108   109   110   111   112   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

231-статья. Әдалатсыз ҳүким, ҳал қылыў қарары, уйғарыў яки қарар шығарыў
Алдынан биле тура, әдалатсыз ҳүким, ҳал қылыў қарары, уйғарыў яки қарар шығарыў —
еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет адам өлиўине ямаса басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

232-статья. Суд ҳүжжетин орынламаў
Арнаўлы бир ҳәрекетлерди ислеў яки оларды ислеўден өзин тийиў миннетлемесин жуклейтуғын суд ҳүжжетин орынлаўдан бас тартыў ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин даўам еттириў, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылға шекем еркин шеклеў ямаса бир жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыслар лаўазымлы шахс тәрепинен исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен еки жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бес жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў ямаса еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

2321-статья. Суд ҳүжжетлерин ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин мәжбурий орынлаў процесине араласыў
Суд ҳүжжетлерин ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин мәжбурий орынлаў процесине араласыў, яғный орынлаў ҳүжжетиниң орынлаўына тосқынлық етиўди ямаса мәмлекет орынлаўшысына түрли тәризде нызамға қылап түрде тәсир өткериўди ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин даўам еттириў, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен еки жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс сааттан төрт жүз сексен саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыслар лаўазымлы шахс тәрепинен исленген болса, —
белгили ҳуқықтан айрып, базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   105   106   107   108   109   110   111   112   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling