Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси
Download 340.7 Kb.
|
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1
2295-статья. Жер участкасын нызамға қылап алып қойыў
Жер участкасын нызамға қылап алып қойыў усындай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, — базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесинен еки жүз елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады. Жер участкасының нызамға қылап алып қойылыўы алып қойылып атырған жер участкасындағы биналарды, басқа орынларды, имаратларды ямаса тереклерди яки олардың бөлимлерин, усы мал-мүлктиң базар қыйматы, сондай-ақ оның мал-мүлклиине бундай алып қойыў мүнәсебети менен келтирилген зыянның орны алдынан ҳәм толық қопланбаған ҳалда бузып таслаўға себеп болса, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин ямаса әдеўир муғдарда зыян келтирген ҳалда исленген болса, — базалық есаплаў муғдарының еки жүз елиў есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс сааттан төрт жүз сексен саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки белгили ҳуқықтан айырып үш жылға шекм еркинен айрыў менен жазаланады. Усындай ҳәрекетлер көп муғдарда зыян келтирген ҳалда исленген болса, — базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесиненен бес жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса белгили ҳуқықтан айырып, үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Усындай ҳәрекетлер көпшилик ушын қәўипли болған усылда ямаса оғада көп муғдарда зыян келтирген ҳалда исленген болса, — белгили ҳуқықтан айырып бес жылдан сегиз жылға шекем еркин айырыў менен жазаланады. 2296-статья. Суўғарылатығуын жер участкасына ямаса ониң бир бөлегине болған ҳуқықти сатыў яки нызамға қилап түрде басқаша тәрзде өзге шахсқа бериў Суўғарылатуғин жер участкасына ямаса ониң бир бөлегине болған ҳуқықты сатыу яки низамға қилап түрде басқаша тәризде өзге шахсқа бериў— базалық есаплаў муғдариниң төрт жүз есесинен бес жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса белгили ҳуқиқтан айырып, еки жилдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланади. Усы қылмыс : а) жерлерге көп муғдарда зыян келтириўине себеп болса ; б) бир топар шахслар тәрепинен алдинан тил бириктирип; в) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен; г) хызмет ўәкиллигинен пайдаланип исленген болса, — базалық есаплаў муғдариниң бес жүз есесинен алти жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса белгили ҳуқықтан айырып, бес жылдан жети жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Усы қылмыс : а) жерлерге оғада көп муғдарда зыян келтириўине себеп болса ; б) оғада қәўипли рецидивист тәрепинен; в)шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса ониң мәплерин гөзлеп исленген болса, — белгили ҳуқықтан айырып, сегиз жилдан он жылға шекем еркинен айырыў жазасы менен жазаланады Усы статьяның биринши ҳәм екинши бөлимлеринде нәзерде тутылған жынаятты биринши рет ислеген шахсқа, егер ал жер участкасиниң қайтарылыўы ҳәм де жердиң аўыл хожалығы оборотына киритилиўин тәмийинлесе, еркин шеклеў ҳәм еркинен айыў жазасы қолланылмайды. Download 340.7 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling