Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик


Download 1.39 Mb.
Pdf ko'rish
bet35/57
Sana19.12.2022
Hajmi1.39 Mb.
#1033247
1   ...   31   32   33   34   35   36   37   38   ...   57
Bog'liq
СТКК-2020(1)

Жанапай салықлар 
15 618,2 
51,78 
19 115,8 
52,83 
 22298,1 
55,05 
Қосымша қун салығы 
9 123,1 
30,25 
10 721,7 
29,63 
12505,0 
30,88 
Акциз салығы 
4 506,0 
14,94 
5 528,8 
15,28 
6480,0 
16,0 


Бажыхана бажы 
1 142,0 
3,78 
1 583,6 
4,38 
1717,4 
4,24 
Транспорт қураллары ушын газ, 
бензин ҳәм дизел жанылғысынан 
пайдаланғанлығы ушын 
алынатуғын салық 
847,1 
2,81 
1 281,7 
3,54 
1595,7 
3,93 
Мүлк салығы ҳәм ресурс 
тӛлемлери 
4 521,4 
14,99 
5 741,8 
15,87 
5806,5 
14,33 
Мүлк салығы 
1 135,0 
3,76 
1 716,7 
4,74 
1874,0 
4,62 
Жер салығы 
665,2 
2,20 
929,6 
2,57 
873,5 
2,16 
Жер асты байлықларынан 
пайдаланғаны ушын салық 
2 595,8 
8,61 
2 931,8 
8,10 
2874,6 
7,0 
Суў ресурсларынан 
пайдаланғаны ушын салық 
125,4 
0,42 
163,7 
0,46 
184,4 
0,45 
Артықша пайдадан 
алынатуғын салық 
388,4 
1,29 
 
548,2 
1,51 
390,2 
0,97 
Басқада дәраматлар 
1 842,4 
6,11 
2 224,8 
6,15 
2672,5 
6,60 
ЖАМИ САЛЫҚЛЫ 
ДӘРАМАТЛАР 
30 160,8 
100 
36184,9 
100 
40505,8 
100 
Дерек: www.мф.уз 
4. Мәмлекетлик салықлар ҳәмде жергиликли салық ҳәм жыйымлар
Республикамызда 
тийкарынан 
салықлар 
бюджет 
системасы 
дәраматларын қәлиплестиреди. Мәмлекет бюджети системасы мәмлекеттиң 
социаллық, экономикалық, сиясый ҳәм руўхый турмысын финанслық қаржы 
менен тәмийнлейди ҳәм бул Ӛзбекстан Республикасының бюджет 
системасында Республикалық бюджет жетекши буўын саналады. Ол 
мәмлекетлик ресурслардың бир бӛлими тиккелей мәмлекет ҳәкимятының 
орынлаўшы ҳәм нызам шығарыўшы жоқарғы шӛлкеми - Ӛзбекстан 
Республикасы ҳүкиметинде орайласыўын тәмийнлейди. Орайласқан 
ресурслар мәмлекетлик әҳмийетке ийе болған, улыўма жәмийет мәплерин 
аңлататуғын иләжларды (экономикалық әҳмийеттеги қурылысларды, ең 
әҳмийетли социаллық иләжларды, қорғаныў, басқарыў, мәмлекеттиң сыртқы 
экономикалық байланыслары, мәмлекеттиң материаллық ҳәм финанслық 
резервлерин) қаржы менен тәмийнлеўге пайдаланылады. Республикалық 
бюджет арқалы миллий дәраматты Қарақалпақстан Республикасы, областлар, 


Ташкент қалалары арасында бӛлистириў ҳәм қайта бӛлистириў процеси 
әмелге асырылады.
Қарақалпақстан 
Республикасының 
бюджети 
пул 
қаржыларын 
республиканың тийисли мәмлекет ҳәкимяты ҳәм басқарыў шӛлкемлери 
әмелге асыратуғын социаллық-экономикалық раўажланыў иләжларын 
финансластырыў ушын орайластырады. 
Жергиликли бюджетлер Ӛзбекстан Республикасы бюджет системасының 
әҳмийетли қурамлық бӛлимин қурайды. Олар мәмлекет ҳәкимятының ҳәр 
бир жергиликли шӛлкеми ӛз хызметин әмелге асырыўы ушын оның 
ықтыярында анық финанслық база жаратады. Жергиликли бюджетлер 
системасы жергиликли талап ҳәм зәрүрликлерди толық есапқа алыў ҳәмде 
мәмлекет тәрепинен орайласқан тәртипте әмелге асырылатуғын илажлар 
менен туўры алып барыў имканиятын береди, жергиликли ҳәкимят 
шӛлкемлери жергиликли бюджет дәраматларының кӛбейиўи ҳәм 
ресурслардың үнемлилик пенен сарпланыўына жуўапкер, себеби орынларда 
экономика ҳәм мәденияттың раўажланыў пәтлери туўрыдан-туўры 
жергиликли хожалық қаржыларына, қаржыларды тежеп ислетиў бойынша 
ислерди шӛлкемлестириў менен байланыслы болады, бул болса ӛз 
нәўбетинде улыўма Ӛзбекстан Республикасы мәмлекет бюджетининг 
табыслы орынланыўына жәрдем береди. Жергиликли бюджетлерден үй-жай 
коммунал хожалығы ҳәм абаданластырыў, билимлендириў ҳәм ден-саўлықты 
сақлаў мекемелери (мектеплер, емлеўханалар, мектепке шекемги тәрбия 
мекемелери ҳәм басқалар), социаллық тәмийнат тараўындағы илажлар қаржы 
менен тәмийнленеди. 
Республикамызда 
салықлар 
бюджет 
системасы 
дәраматларын 
қәлиплестириўине қарап тийкарынан еки группаға бӛлинеди: 
Ӛзбекстан Республикасы салық кодексине муўапық мәмлекетлик 
салықларға тӛмендегилер киреди: 
1) Юридикалық тәреплердан алынатуғын дәрамат (пайда) салығы;
2) физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы;


3) қосымша қун салығы;
4) акциз салығы;
5) жер асты байлықларынан пайдаланғанлығы ушын салық;
6) суў ресурсларынан пайдаланғанлығы ушын салық.
Мәмлекетлик салықлар ҳәр жылы нызамлы тәртипте белгиленетуғын 
нормативлар бойынша тийисли бюджетлер ортасында бӛлистириледи.
Ӛзбекстан Республикасы салық кодексине муўапық жергиликли 
салықлар ҳәм жыйымларға тӛмендегилер киреди: 
1) мал-мүлк салығы; 
2) жер салығы; 
3) ободонлаштириш ҳәм социаллық инфраструктураны раўажландырыў 
салығы; 
4) физикалық шахслардан транспорт қуралларына бензин, дизел 
жанылғысы ҳәм газ пайдаланғанлығы ушын алынатуғын салық; 
5) айырым түрлердеги товарларды сатыў ҳуқуқын бериўши лицензия 
жыйымлары; 
6) Юридикалық тәреплерды, сондай ақ исбилерменлик хызмети менен 
шуғулланыўшы физикалық шахсларды дизимге алғанлық ушын жыйым.
Мәмлекетлик салықлар тийкарынан республика бюджети дәраматларын 
қәлиплестириўге қаратылған болса, жергиликли салықлар ҳәм жыйымлар 
жергиликли бюджетлер дәраматларын қәлиплестиреди. 
Қарақалпақстан Республикасында жергиликли салықлар ҳәм жыйымлар 
салық кодекси, Ӛзбекстан Республикасының басқа нызам ҳүжжетлери, 
сондай ақ Қарақалпақстан Республикасының нызам ҳүжжетлери менен де 
тәртипке салынады. 

Download 1.39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   31   32   33   34   35   36   37   38   ...   57




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling