Ӛзбекстан республикасы жоқары ҩӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги әжинияз атындағы нӛкис


Download 6.22 Mb.
Pdf ko'rish
bet128/266
Sana17.08.2023
Hajmi6.22 Mb.
#1667691
1   ...   124   125   126   127   128   129   130   131   ...   266
Bog'liq
Топлам КОНФЕРЕНЦИЯ 2021

Адабиѐтлар 
1.Мирзиѐев Ш. Буюк келажагимизни мард ва олийжаноб халқимиз билан қурамиз.-
T.:Ўзбекистон, 2017. 
2. Қосимова К. Она тили ўқитиш методикаси. T.:‖ Ношир‖, 2009. 76-77-б. 
3. Умарова.М ―Ўқиш китоби‖ 3-синф учун. T., ―Ўқитувчи ‖, 2019. 111-112 б. 
ШЫҒЫС ОЙШЫЛЛАРЫМЫЗДЫҢ МИЙНЕТЛЕРИНДЕ ЎАТАНҒА 
МУХАББАТ ҚАДИРИЯТЛЫ АТТРАКТОР СЫПАТЫНДА: 
СИНЕРГЕТИКАЛЫҚ АНАЛИЗ 
 
Б.Ж.Алланазарова – НМПИ, таяныш докторанты 
Адамның социаллық бағдарланыўында руўхый қадриятлар айрықша әҳмийетке 
ийе. Шахсқа қадриятлар мәдений код сыпатында санасына установка етиледи. Адам 
социалласыў процессинде қадриятларға тартылады. Бул синергетика тили менен 
айтқанымызда аттракторды береди. Аттрактор (анг. тил. attract – тартыў, қызығыў) – бул 
системаның ҳәр қыйлы басланғыш шәраятлары менен анықланған системаның 
ҳәрекетиниң барлық траекторияларын ӛзине тартыў, яғный тартыўшы точканы береди.


235 
Бүгинги күнде журтымызда жасларымызды ана Ўатанға пидайы, мәрт, батыр, 
садықлы, миллий идеяға садықлық сезими руўхында тәрбиялаўда руўхыйлықтың орны 
ҳәм роли барған сайын асып бармақта.
Бүгинги күни жасларымызды ҳәр қыйлы аттракторлар ӛзине тартыўы мүмкин. 
Олардың ишинде конструктивликке бағдарлайтуғын аттракторларда (жақсылыққа, 
гӛззалыққа, 
жаратыўшылыққа 
ҳәм 
т.б.), 
деструктивликке 
бағдарлайтуғын 
аттракторларда (бузыўшылыққа, ҳәм т.б.) бар. Соған байланыслы Ўатанға мухаббатты 
қадриятлы аттрактор сыпатында алып қараўымызға болады. Себеби бундай аттрактор 
халықты, әсиресе жасларды бирлестириўши, миллетти сақлаўшы қадрият. Әсиресе, 
миллеттиң пүткиллей миллет мәртебесине жетиўи ушын миллий тилдиң, мәденият, 
үрип-әдат, дәстүрлер, қәдириятлардағы айрықшалығын, яғный, миллий ӛзлигин 
аңғарыўда руўхыйлық зәрүрли әҳмийетке ийе болады. Бүгинги кунге келип
журтымызда жасаўшы халықтың барлық қатламлары арасында атап айтқанда 
жасларымыз ортасында анық мәқсетге қаратылған руўхый - билимлендириў ислерди 
үгит-нәсиятлаў етиўге Мәмлекетимиз тәрепинен айырықша итибар қаратылып атырғаны 
бийкарға емес, әлбетте. Мәмлекетимиз тәрепинен белгиленген мақсетлер – бул 
қадриятлы аттрактор есапланып, жасларды бир мақсетке бирлестиреди. Әсиресе, буған 
байланыслы Ўатанымызды келешектеги перспективасын белгилейтуғын 2017-2021 
жылларда Ӛзбекстан Республикасын және де раўажландырыўдың бес үстин туратуғын 
бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы қабыл етилгенлиги үлкен әҳмийетке ийе 
болып атыр.
Ӛзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиѐев атап айтқанындай: 
«Алдымызда турған әне сол үлкен ўазыйпалардан келип шығып, мәмлекетимиз 
раўажланыўын жаңа басқышқа кӛтериў мақсетинде 2017-2021 жылларда Ӛзбекстан 
Республикасын раўажландырыўдың бес үстин туратуғын бағдары бойынша Ҳәрекетлер 
стратегиясын қабылладық», — деп айырықша айтып ӛткен еди. Ҳәрекетлер 
стратегиясында бәринен бурын, мәмлекет басқарыўы шӛлкемлериниң тӛмен буўынлары 
искерлигин түптен жақсылаў, олардың халық пенен ушырасыўын тәмийинлеў, буған 
байланыслы нәтийжели социал шериклик механизмин беккемлеў үстин туратуғын 
ўазыйпа ретинде белгилеп қойылды. Бул болса, ӛз гезегинде пуқараларымызды атап 
айтқанда, жас аӯладтың ана Ўатанға пидайы ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаўда үлкен 
әҳмийетке ийе болмақта [1]. 
Миллет тәрбиясы ҳәмме даўирлерде де ең актуал мәселе болып келген. Шығыс 
ойшыллары перзент тәрбиясына айрықша итибар берип келгенлер. Орта Азия 
ойшыллары ӛз дӛретпелеринде инсаныйлық, ўатанпарӯарлық идеяларин жырлап, 
халықтың билимлилик, кәмиллик дәрежесине кӛтериўге шақырған. Х1 әсирдиң белгили 
шайыры, данышпан ҳәм мәмлекет искери Юсуп Хас Ҳажибтиң «Қутадгу билиг» 
дәстанында перзенти камалға жеткериўде билим, ӛнер ямаса кәсипти ийелеўи 
кереклигин ҳаққында айтылады.
Бизиң халқымызда да «жаслықта алынған билим, тасқа ойылған нағыс» деген 
ибратлы нақыллар бар.
Балаға билимди жасынан үйрет, 
Қолы бәлент болып кӛреди зийнет. 
Жақсы ислер пайда болар билимнен, 
Билим менен жүзи жайнап күлимлер.
Ақыл ҳәм билим ийелери болған ҳәр қандай адам елде әзиз ҳәм ҳүрметке ылайық 
болады. 
«Илим билим менен шықсан бәлентке, 


236 
Ерисесең халық алдында ҳүрметке». 
Юсуп Хас Ҳажибтың билимлердиң пайдасы ҳаққында ой пикирлери: оқыў, 
түсиник, билимлерди қоллана билиў, ӛзиниң пикири бойынша нағыз адамды 
сыпатлайтуғын барлық нәрсениң, оның даңқын шығаратуғын ҳәм абырайын 
кӛтеретуғынын ашып кӛрсетеди: 
Билимди бийик бил, ақылды уллы, 
Усы екеўи уллығлар адамды толық [2;15]. 
Ақыл зәкаўат адамның айып нуқсанларын тазалайды, билим болса инсанның 
инсаныйлығын асырады. Даналық жолы билим ийелеў, түрли тараўларда мағлуматларды 
үйрениў болып табылады. Билимге ерисип дана болғанлардың елге де пайдасы кӛп 
тийеди. Бахытлы келешек билим менен жаратылады. 
Ўатан сезими әўладтан-әўладқа ӛтеди. Ўатан сезими бул бойынша инсаний 
пазийлетлер болса тәлим-тәрбия процессинде қалиплесип, байып, раӯажланып, 
аўладтан-аўладқа ӛтеди. Сол себепли инсанларды ўатанпарўарлық руўхында камалға 
жеткериў мәселеси барлық дәўирлерде ҳәм үлкен әҳмийетке ийе болған. 
Ўатанпарўарлық ҳәм руӯхыйлық ҳәм ишки руўхый қуўат болып есапланады. Бизлер 
Әмир Темур ӛмири және социал-сиясий искерлигин үйрениў барысында жаслар 
санасында идеологиялық-сиясий мәдениятын қәлиплестириў мәмлекеттың алдында 
турған уллы, қурылыс жумыслары, одан кӛзленген тийкарғы мәқсет инсанлардың еркин 
ҳәм пәраўан ӛмирге жетиўи, азат ҳәм абат Ўатан қурыў жолында ҳәр бир инсан ушын 
ҳәрекет бағдары болыўға қаратылғанының гуўасы боламыз. Амир Темурдың ақлығы 
Мырза Улуғбек мәмлекет басқарыўында илим, билим, дӛретиўшиликти, руўхый-
ағартыўшылықты жоқары баҳалап Самарқандта, Бухарада, Ғиждуанда үлкен медреселер 
(сол дәўирде университет), басқа қалаларда да кӛплеп мектеп ҳәм медреселер қурдырған. 
«Илим алмақлық ҳәр бир муслим ҳәр муслима ушын парыз» деген хәдисти, қурдырған 
медресесиниң тӛбесине жаздырып қойған. Мырза Улығбектиң бул ислерин 
билимлендириў жәрдеминде наданлыққа, күшейип баратырған әдалатсызлыққа қарсы 
гурестиң сол дәўирдеги үлгиси десек болады [3;141].
Шығыс алымлардың мийнетлеринде Ўатанға мухаббат ең жоқары қадирият 
сыпатында қаралады. Еркинликке умтылыў, азат жасаўға болған мүтәжлик инсанға тән 
болған сезим болып табылады. Инсан ӛз ўатанында ғана азат ҳәм еркин жасай алады. 
Сол себепли ўатан азатлығы ушын гүресиў мәселеси әййем-әййемнен алымлардың 
дӛретпелеринде ҳәм де ийгиликли идеяларында бас темасы болып келген. Мысалы, 
Қурани Каримде де Ўатанды сүйиў ийманнан екенлиги айтылады. Абдулла Авлоний ӛз 
дӛретпелеринде «Ўатан» түсинигине тарийп бере отырып, оның гүллениўи ушын 
гүресиў ўатанпарўар инсанға тән ӛзгешелик екенлиги тӛмендегише белгилеп ӛтеди: 
«Ҳәр бир инсанның туўылып ӛскен ели ҳәм мәмлекети сол инсанның ўатаны дейиледи. 
Ҳәр ким туўылған, ӛскен жерин жанынан артық сүйер, ҳәттеки бул ўатан сезими - 
туйғысы ҳайўанларда да бар. Егер бир ҳайўан ӛз ўатанынан - жеринен айрылса, ӛз 
жериндеги сыяқлы рәҳәтте жасамас. Биз туркистанлықлар ҳәм ўатанымызды 
жанымыздан артық суйгенимиз сыяқлы, араблар Арабыстанынын, қумлық, ыссы шӛлин, 
эскемослар самал тәреплерин, ең суўық ҳәм музлық жерлерин басқа жерлерден зыят 
кӛреди. Егер сүймегенде еди, ҳаўасы жақсы, тиришилик аңсат жерлерге ӛз ўатанларын 
таслап хижрат еткен болар еди» [4. 230].
Қарақалпақ халқының уллы шайыры Бердақты халық шын жүректен сүйеди ҳәм 
ҳүрмет етеди. Шайыр адамгершилик қәсийетлерди хәмме нәрседен жоқары қойып 
«Кими кәпир, кими мусылман, бәри адамның перзенти»,- деп жырлайды. Шайыр 
түсинигинде адам ӛзиниң расасы дини, жынысы, миллети, тили қандай болыўынан 


237 
қарамастан тек «бәри адамның перзенти». Демек, адамлар ӛз-ара татыўлықта, миллетара 
дослықта жасаўы керек, деп жырлайды. Шайырдың ӛмириниң мәқсети-ел ушын, халық 
ушын хызмет етиў, халық бахты ушын ислеў деп билген. Ол ӛзиниң белгили 
«Жақсырақ» деген қосығында келтирилген «Жумыс исле, туўылған соң ел ушын, 
жаныңды аяма, елде ер ушын» қатарларында «Ер жигит ели ушын туўылады ҳәм ели 
ушын ӛледи»,- деген халық нақылын ӛз шыгармасының тийкарғы идеясы етип алғанын 
кӛремиз [5].
Демек, Бердақ дӛретпесинде «ис қыл», «талап исле», «халық ушын хызмет ет», 
«киши пейил бол», «жигерли бол» ҳәм соған уқсас мораллық установкаларды кӛремиз, 
ҳәм де усы установкалар арқалы адамның қадриятлы аттрактор сыпатында мораллық 
жақтан бағдарланыўы дыққатқа алынады. 
Қарақалпақ классик шайырларының бири Әжинияз дӛретиўшилигинде де 
ўатанпарўарлық, патриотизм, гуманизм идеялары баслы орынды ийелейди. Шайырдың 
патриотизм идеясы оның «Еллерим барды» қосығында жақсы берилген 
Жайлаўым Үргениш, арқасы теңиз, 
Жаўырыны қақпақтай маллары семиз, 
Рухсатсыз бир-бирине салмас из, 
Бирликли Қоңыраттай еллерим барды. 
Табылады излегениң кереги, 
Кӛлимде бар қасқалдағы үйреги, 
Қуўлары, ғазының пүтин бүйреги, 
Дүньяның аңлары кӛлимде барды [6]. 
Бул қосық шайырдың қазақ халқының арасында жүрген ўақтында жазылған болып, 
қосықтың тийкаргы идеясы ӛз елиниң табиятын ҳәм жақсы дәстүри менен таныстырып 
халқының аўызбиршилиги, инсанлардың бир бирине әдеп икрамлығы сӛз етиледи. Сол 
арқалы басқа да туўысқан халықларға таныстырыў жағынан үлкен әҳмийетке ийе.
Жуўмақлап айтқанда уллы ойшылларымыздың ўатанпарўарлық, әдеп-икрамлық 
үгит –нәсиятлары оғада үлкен тәрбиялық әҳмийетке ийе болып, олар жасларымызға ең 
жақсы әдеп-икрамлық қәсийетлерин қәлиплестириўге, адамгершилик, дослық, ар-намыс, 
хүждан ҳәм т.б .пазыйлетлерди беккемлеўге хызмет етеди. Бундай қадриятлар бүгинги 
жасларымыздың қадриятлы аттракторына айланыўы зәрүр. Егер жаслар санасы Ўатанға 
мухаббат қадриятлы аттракторына бағдарланбас екен, Ўатан, миллет мәселеси қәўип 
астында қалады. 

Download 6.22 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   124   125   126   127   128   129   130   131   ...   266




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling