Ӛзбекстан республикасы жоқары ҩӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги әжинияз атындағы нӛкис


Download 6.22 Mb.
Pdf ko'rish
bet132/266
Sana17.08.2023
Hajmi6.22 Mb.
#1667691
1   ...   128   129   130   131   132   133   134   135   ...   266
Bog'liq
Топлам КОНФЕРЕНЦИЯ 2021

Ádebiyatlar
1. O`zbekiston Respublikasi Prezidentining 2019-yil 6-sentabr «Professional talim 
tizimini yanada takomillashtirishga doir qo`shimcha chora-tadbirlar to`g`risi»dagi PF-5812-son 
farmoni 
2. Selena.Jackson@education.gsi.gov.uk 
 
ХАЛЫҚ ПЕДАГОГИКАСЫ АРҚАЛЫ ЖАСЛАРДЫ ЎАТАН 
СҤЙИЎШИЛИККЕ ТАРБИЯЛАЎ МӘСЕЛЕЛЕРИ 
 
Ж. Р. Бекбагамбетова – НМПИ, Педагогика
теориясы ҳәм тарийхы 1 басқыш магистранты
 
Бүгинги күнде билимлендириў тараўындағы ең әҳмийетли мәселелердиң бири 
жаслар тәрбиясын раўажландырыў менен байланыстырылатуғын болса, муғаллим, ата-
ана, мәҳәлле беретуғын тәрбиядан тысқары оларға сырттан тәсир ететуғын ҳәр қыйлы 
технологиялық қуралларда тәрбияшы хызметин атқармақта. Келешегимиз болған жас 
әўладларды физикалық ҳәм руўхый жақтан жетик инсан етип тәрбиялаў ҳаққында 
Президентимиз Ш.М.Мирзиѐев «Тәлим ҳәм тәрбия, илим-пән, ден-саўлықты сақлаў, 
мәденият ҳәм кӛркем ӛнер, спортты раўажландырыў мәселелери, жасларымыздың терең 
билимге ийе болыўы, шет тиллерди ҳәм заманагӛй информациялық-коммуникациялық 
технологияларды пухта ийелеўин тәмийнлеў барлық ўақытта баслы ўазыйпамыз болып 
қалады»-деп атап кӛрсеткен еди [1]. 


243 
Жаслардың бос ўақытларына кӛбирек итибарды қаратыў, қызығыўшылығы 
бойынша исленген жумысларын хошаметлеў, оларға жол кӛрсетиўинде шаңарақ, оқыў 
орынлары, мәҳәллениң тутқан орны айрықша.
Биринши Президентимиз И.А Каримовтың кӛрсетип ӛткениндей, «миллий идеяның 
және бир үлкен әҳмийети соннан ибарат, ол миллетимиздиң, халқымыздың ӛзин аңлаўға, 
ӛзиниң миллий қәдириятларын, үрп-әдетлерин жоқ етпестен оларды қайта тиклеп, 
қәдирлеп жаңа ӛсип киятырған әўладқа жеткизип бериў ушын хызмет қылыўы керек» 
[2]. деген еди. 
Қарақалпақ халқы жас әўладты турмысқа таярлаўда кӛп әсирлер даўамында 
қолланған ӛзине тән үрп-әдет дәстүрлери, тәрбия ҳаққындағы идеяларды, турмыслық 
тәжирийбеси халық педагогикасында баян етилген. Еле мектеп болмаған педагогика пән 
сыпатында 
қәлиплеспеген 
дәўирлерде-ақ 
қәўим 
ағзаларының 
балаларды 
мийнетсүйгишлик, қырағылық әдеп-икрамлылық, гӛззалық, дослық, меҳрибанлық, 
рейимшиллик, инсанға ғамхорлық сезимлерин қәлиплестириў, санасына сиңдириў ҳәм 
раўажландырыў мәселесинде арттырған тәжирийбелери, ақыл-ойы, ӛмирде топлаған 
хызметлериниң мийўеси сыпатында бизиң дәўиримизге шекем жетип келди ҳәм бул 
халық педагогикасы болып қәлиплести. 
Қарақалпақ халқының аўызеки әдебиятында нақыл - мақал, жумбақ, жаңылтпаш, 
қосық, ертек, аңыз, әпсана, дәстанларында халық руўхы, дослық, туўысқанлық, мәртлик, 
Ўатан сүйиўшилик ата-ананың, туўысқанлардың, ӛз-ара татыўлығы, перзентлериниң 
иззет-ҳүрмети усаған инсанның ең жақсы пазыйлетлери жәмленген. Қарақалпақ халқы 
ӛзиниң жақты жәҳәнге шыққан, туўып ӛскен жери Арқа Хорезмде ханалас ӛзбек, қазақ, 
түркмен халықлары менен ӛз Ўатанында турақлы жасаўды неше мың жыллар даўамында 
әрман етип, оны жер сыпатында кийели қорған деп билди. Соның ушын халық арасында 
«Ана журтым алтын бесигим», «Киндик қаным тамған жер», «Әкем жигит болған жер, 
анам келин болған жер», «Ҳәр кимниң туўған жери, Мыср шәҳәри», «Ӛз үйим-ӛлең 
тӛсегим» деп «тәкирарланбас муқаддес босағам» деп ардақлап келди. Ўатанға қыянет, 
сатқынлық етиўди арсызлық, Ўатан гедайы, - кепин гедайы деп қарғыслар айтып бетине 
күйе жағып келди. Ўатан ушын ӛлиўге даңқ, шарап деп ҳасылға бӛледи. 
Миллий ўатан сүйиўшилик идеясы бул халқымыздың қан тамырларына сиңип 
кеткен ийман, инсап, мийрим-шәпәәт, аяныш, ҳүждан, ар-намыс ана журтына, ӛз елине 
садықлық сыяқлы идеялар қан тамырларында мәўжүрип урып турады. 
Бирақ қарақалпақ халқы тәғдирдиң ермегине ушырап, жаўгершилик, суўсызлық, 
экологиялық жағдайларға байланыслы кӛп ғана руўлардың арқа Хорезмди таслап, кӛшип 
қоныўларға ушырап, қайда барса да Едил жайық бойларын, Түркистан, Сығанақ, 
Ферғана, Зарапшан, Жийдели Байсын, Қазақстан, Монголияға шекем тарыдай шашырап 
кетиўге мәжбүр болған. Қайда жүрсе де жүрген жерлерин абат етип, ол жерлерди 
сағынып қосықлар, дәстанлар дӛреткенин кӛремиз. «Балқан таўда, балқан таў басына 
шыққан жолаўшы» ямаса «Едил қайда, ел қайда, Едилге жетер күн қайда, жалаң аяқ 
пақырға тикенексиз жол қайда», «Жийдели Байсынды жайлаған ермей душпаннан 
қорықпайман кетсе де гелем, жаз болса жайлаўым Әму жағасы, қыс болса қорғаным 
Қоңырат қаласы» деп ӛзлери жайлаған пайтахт жерлерин мақтаныш етип сағыныш 
пенен тәрийипледи. Кӛшип қоныўдың екинши бир тәрепи эрамыздан илгери басланған 
Япония, Қытайдан басланған «Жипек жолы» ның Европаға бизиң үстимизден ӛтиўи тек 
саўда-сатық, сиясий экономика, мәдениятта ғана емес бәрше халықлардың үрип-әдет 
дәстүрлери менен әдебият, музыка улыўма мәденияттың бир-бирине үйлесимли 
раўажланыўда әҳмийетли орын ийеледи. [3]. 


244 
Орта Азия бәрше шығыс халықларындай балажанлы халқымыздың бир қәсийети - 
кӛп балалы болыўды әрман еткен ҳәм оларға азық-аўқат, кийим-кеншек таўып бере 
алмайман деп қорықпаған. «Әўеле биреўин туўып тәрбиялап, ал оннан соңғылары 
ӛзлери-ӛзлерин тәрбиялай береди, деп олардың ӛзлерине ылайық кәсип, мәкан таңлап 
бериўге әдетленген. Бир данышпан үш баласын шақырып, ҳәр қайсысына бир-бирден 
терек қырқып, оны жонып ӛзлериңиз сүйген бир-бирден зат ислеп келиң деп буйырған. 
Сонда бир баласы гүнде, екиншиси оқ жай, үшиншиси дуўтар соғып келген. Атасы буған 
қуўанып, «Әй балаларым, үшеўиңиз де кәсибиңизди тапқан екенсиз, деп дуўтар соққан 
баласына енди қос айдап дийқаншылық ет, сонда сен нанның қәдирин билесең, дийхан 
болғысы келген баласына гүзетте тур, сонда сол кәсиплердиң қәдирин билесең ҳәм 
солардың, кеўлин таўып жырлайтуғын боласаң, оларда сени ынтығып тыңлайтуғын 
болады, ол оқ жонғанға дийханшылық ет сонда сен нанның қәдирин билесең, дийхан 
болғанға гүзетте түр, сонда сен батырдың қәдирине жетесең, ал сизлер екеўиңиз дуўтар 
шертпей-ақ қойың, бақсы болыў сизлердиң қолыңыздан келмейди, ол аллаталаның 
жекке сийрек адамларға беретуғын айрықша саўғасы» дейди. 
Мине соның ушын да халқымыз «Уяда не кӛрсе, ушқанда соны қылады» деп 
бийкарға айтпаған. Сонлықтан келешек ӛтмиштен басланады дегендей, ӛтмиштеги ата-
бабаларымыздың гейде муңлы, гейде аянышлы, гейде қуўанышлы кешкен ӛмирин, 
олардың уллылығы не менен ӛлшенетуғынын, сӛз бенен ғана емес, ӛзлери жаратқан 
мийнет мектеби ҳәр иске қәдир ӛнермент, дийхан қурылысшы, шебер усталары менен 
мақтаныш етип, олардың ӛмирге жан бериўши сыйқырлықларын келешек жасларға 
мезгил күтпей, күн-түн демей үйретип барған. Ата-бабаларымыз жаслар бул бизиң 
келешегимиз, деп ақыллы, дана, елге дәркар, Ўатан ышқы менен жасайтуғын сақшы, 
ғамхоры халық етип тәрбиялаўға умтылған. Халықтың бундай руўхый ағартыўшылық 
дүньясының 
раўажланыўына 
қосқан 
хызметлери 
миллий 
идеологиямыздың 
раўажланыўынан дерек береди. 
Адамзат бала тилегинде ата-ана, ел-халқына хызмет етиў, ӛткендеги уллы 
затлардың хызметлерин қәдирлей билиў, ўатанға, халық мүлкине садық болыў, ҳадал 
мийнет етип, хожалықты сүйрей билиў сыяқлы пазыйлетлерге ийе болғай деп тилек 
тилеген. 
А қудайым пана бер, қулағы қысқа тана бер, 
Ол тананы баққандай тал туяғы қолында, 
Талтайып турған бала бер, ақыл ҳуўшы болмаса, 
Есабын тапта ала бер-деп ел қәдирине, Ўатанның қәдирине жететуғын адам 
болмаса, оның барынан жоғы деген түсиникке келеди. Халқымыз шаңарақ болыў 
мәселесин, Ўатан-халық бирлигиниң тутқасы болып, сүйискен жаслар татыўлық пенен 
жасаса, сырттан болатуғын ҳәр қандай тәсирдиң кесент етпеўине ҳәрекет етилсе, ӛмирде 
бир мәрте ушырасатуғын бахытын қорғай билсе деген тилек ҳәм тастыйықлаўшы 
нийетлерин ортаға қойған. Оның ушын қызды да, улды да салдамалы, сабырлы, тӛзимли, 
бир үйди уршықтай айландыра алатуғын, ӛз бахтын қорғай алатуғын етип тәрбиялаўды 
мақсет еткен ҳәм соған ерискен.
Ата-ананы ҳүрмет етиў, устазды сыйлаў, бир ҳәрип үйреткенге ӛмиринше, әдеп 
пенен хызметин етиў ҳәр бир инсанның муқаддес миннети «Устаз атаңнан уллы» 
дегенде тек илим үйретиўши, сабақ бериўши, тәрбиялаўшы ғана емес, ол ата-анаң 
бермеген нәрселерин беретуғын досты, сырласы, меҳрибан сүйениши, екинши ата-
анасы. 
Ата-бабаларымыздың 
үрип-әдетлерин, 
миллий 
мәдений 
дәстүрлерин 
жасларымызға үйретиў оларды нәсиятлаў арқалы Ўатанға садық етип тәрбиялаў, 


245 
олардың нурлы жолын даўам етип, ылайық мийрасхор болыўына бағдар бериў - бүгинги 
күнниң жедел хызметлериниң бири болып табылады. 

Download 6.22 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   128   129   130   131   132   133   134   135   ...   266




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling