%збекстан республикасы жо№ары
Рәсмий ис қағазлары лексикасы
Download 0.69 Mb. Pdf ko'rish
|
G.Aynazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Leksikologiya (2004) (1)
Рәсмий ис қағазлары лексикасы
Рәсмий ис қағазлары услубы да өзине тән, функциональлық жақтан усы тараўда жийи қолланылатуғын сөз ҳәм терминлерине ийе. Олар бул услубтың узақ жыллар даўамында тарийхый раўажланыўынық барысында дөреди ҳәм улыўма халықлық кең қолланылыў уқыплылығына ийе болды. Қарақалпақ тилинде рәсмий ис қағазлары услубының дәслепки элементлери Октябрьге шекемги дәўирде-ақ дөреди. Бизге келип жеткен жазба естеликлердиң көпшилиги буған толық дәлил бола алады. Демек, рәсмий ис қағазлары услубы лексикасының арнаўлы бирликлер ретинде пайда бола баслаўы да мине сол дәўирден басланады. Бирақ Октябрьге шекемги рәсмий ис қағазлары лексикасы ески өзбек әдебий тилиниң, сондай-ақ жазыўдың араб графикасы тийкарына қурылыўына байланыслы араб парсы тиллериниң күшли тәсирин бастан кеширди. Сонлықтан ол гейпара фонетикалық ҳәм морфологиялық өзгерислерге ушыраған түринде қолланып келди: сәлемнамә (сәлемнама), аризнамә (арза), йазылмыш (жазылды), йасалмыш (жасалды), усы ( ошбу, ошул), шул (сол), мәҳир (мөр), қолум қойдум (қол қойдым), гүўахқлық (гүўалық), бәрча ( барлық), төменги (төмендеги), исимләнмиш (аты көрсетилген), мөҳир басыш (мөр басыў), өтинч (өтиниш), айб (айып), чақырыў хат (повестка), чақырадур (шақырады) ҳәм тағы басқалар. Ески рәсмий ис қағазлары услубының лексикалық қурамында басқа тиллерден аўысқан сөзлер менен терминлер, мәселен, араб-парсы ҳәм орыс тиллеринен келип кирген бирликлер белгили муғдарда ушырасады. Араб-парсы тиллеринен сөзлердиң аўысыўы Орта Азияда жасаўшы көпшилик түрк халықларының, соның ишинде қарақалпақ халқының да турмысында үстемлилик сүрген ислам динине, араб-парсы сөзлерин жедел түрде пайдаланыў жағдайына байланыслы болды. Қолда бар ески жазыў естеликлериниң тилинде орын алған төмендеги сөзлер мине сондай лексикалық бирликлерден ибарат: жаўа (даў), айб (айып), қәрар (қарар), әмийин (аўмийин), ахди (келисим, Download 0.69 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling