%збекстан республикасы жо№ары
Download 0.69 Mb. Pdf ko'rish
|
G.Aynazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Leksikologiya (2004) (1)
Көркем әдебият лексикасы
Турмыстың барлық тәреплерин қамтый алатуғын услкб-көркем әдебият услубы. Оның раўажланыўы көркем сүўретлеўдиң раўажланыўы менен тиккелей байланыслы. Көркем әдебият услубы өзин образлылығы, эмоционаллығы, жалпы халықлық түсиниклилиги, көркем сөз шебериниң шығарманың идеясына, жарлық өзгешелигине, қурылысына, эстетикалық талапларына сәйкес халық тилинен дөретиўшилик пенен пайдаланыў зәрүрлиги арқалы иске асады. Мәселен, мына мысалды алып қарайық, Түргелип ертеден жумысқа шығып, Қолында қабартып белиңди бүгип, Дизеңди сызлатып, мийнетин шегип, Жеген бир зағараң палдан жақсырақ. (Бердақ, «Жақсырақ») Бул мысалда көркем сөз шебери, халық тилинен жүдә пухталық пенен пайдаланған. Бунда оқыўшыға түсиниксиз сөз жоқ. Грамматикалық көз-қарастан сөзлердиң формаларында, бир-бири менен байланысында, гәп қурылысында ықшамлықтан басқа ҳеш нәрсе сезилмейди. Ҳәр бир сөз, грамматикалық форма, ҳәр сөз дизбеги, ҳәр бир гәп өз орнында. Олар бирин-бири толықтырып, бирин екиншиси жетилистирип тур. Қосықтың ҳәр бир сөзинде, ҳәр қатарында образлық, тәсирли мәни ҳәм күшли эмоция сезиледи. Шығармалардың поэтикалық характерине сәйкес буўын бирлиги, рифмалық бирлик ҳәм т.б. сақланған. Халықлық тил - көркем шығарманың тийкарғы қуралы. «#алаўын тапсаң, қар жанар» дейди халық даналығы. Көркем әдбеият услубының талабы ушын халық тилиниң қалаўлы табылыўы шәрт. Орыстың жазыўшысы М. Горкий – тилдиң әжайып күш сыпатында көзге түсетуғын ҳақыйқат гөззаллығы сөзлердиң дәллиги, анықлылығы, образлылығы арқалы дөрейтуғынлығын ескертеди. Ал көркем әдебият болса халық тилине тән усы әжайып күшлерди пухта пайдаланыўды керек етеди. К. Фединиң тастыйықлаўы бойынша, көркем әдебият – бул сөз өнери. Әдебий форманың сонша әҳмийетли уллы басламасы болған композицияда жазыўшы тилиниң ҳақыйқый мәниси алдында ҳәлсизлик етеди. Көркем әдебият услубында жанрлық өзгешеликлерге байланыслы поэтикалық ҳәм прозалық услублар айырылып турада. Прозалық услуб поэзиялық услубқа қарағанда кең ҳәм обрызлық,эмоциялық ҳәм эстетикалық тәсирлилик болғаны менен, олардың ҳәр қайсысының өзине тән айрықшалықлары бар.Мәселен, поэзиялық услуб өзгеше интонация, метрикалық қублыслар, ритмилик ҳәм рифмалық бирлик ҳәм тағы басқалар менен сыпатланады. Поэзиялық услубтағы ритмикалық ҳәм рифмикалық ықшамлылық, аз сөзли терең сүўретлениўшилик прозада тил байлықларынан еркинирек пайдалана бериўге мүмкиншилик бере бермейди. Поэзиялық услуб жанрлық көз қарастан бир неше түрлерди, айтайлық, поэма, баллада, қосық, ертек, драма, комедия, трагедия,ҳәм т. б. өз ишине алады.Ал прозалық услуб болса роман, повесть, гүрриң, новелла, ертек, драма, комедия, трагедия ҳәм т. б. түрдеги шығармалар түринде көринеди. Усының менен бир қатарда монологиялық ҳәм драмалық типтеги поэзиялық шығармалардың басқада түрлери ушрасады. Мәселен, қарақалпақ фольклоры тараўында танылған түр сыпатында дәстанлар белгили орынды ийелейди. Ол қарақалпақ әдебиятының ҳәзирги жағдайында да өзиниң раўажланыў басқышын бастан кеширмекте. Көркем әдебият услубы қарақалпақларда Октябрьге шекемги дәўирде, улыўма алғанда, поэзиялық услуб түринде раўажланып келген еди.Мәселен, дерлик барлық қарақалпақ классиклери қалдырған әдебий мийраслар поэзиялық шығармалар түринде келип кетти. Ал прозалық услубтың Октябрьге шекемги дәўирде тек дәслепки элементлери ғана болады. Олар халық аўыз әдебияты тараўындағы ертеклере, дәстанлар прозасында көринетуғын еди. Соңғы жылларда проза тараўы айырықша пәт пенен раўажланады.Онда гүрриңлер, повестьлер, қунлы ири-ири романлар пайда болады. Булардың барлығы да түрли жанрларды өз ишине алатуғын қарақалпақ көркем-әдебият услубының тағы да раўажланыўына себепши болды. Көркем әдебият услубында тил, әсиресе оның образ дөретиўге, оқыўшыға эстетикалық жақтан тәсир етиўге себепши болатуғын лексикалық ҳәм фразеологиялық байлықлары айырықша әҳмийетке ийе. Л.Н.Толстойдың сөзи менен айтқанда, көркем шығарма ушын нағыз керек сөзлердиң керек орнында қолланылыўы шәрт. Бул көркем әдебият услубына сәйкес сөзлердиң услублық хызмет атқарыўы арқалы иске асады. Әдебий шығарманың тийкарғы лексикасын қурайтуғын сөз топары улыўма қолланылыўшы сөзлерден ибарат. Ал көркем сөз шебери турмысты сүўретлеўде олардан шебер пайдаланыў нәтийжесинде сөз образлылығын дөретип отырады. Мәселен, мына бир куплет қосықты алып қарайық: Шабар болсаң, арғымақтай арқыра, Ушар болсаң, суңқардай уш шарық ура, Жигериңди жумсап жаслай халқыңа, Елдиң мәпин көз нурындай бағып өт. (И.Юсупов, «Тасқын болып ағып өт»). Усы бир куплет қосықта пайдаланылған сөзлердиң барлығы да улыўма қолланылыўшы сөзлерден есапланады. Ал шайыр жүрегине жыллы тийетуғын усы терең ойды бериў ушын керекли сөзлерди дурыс таңлап, оларға күшли образлылықты сыйдырып отыр. Эпитет, метафора, теңеў усаған көркем сүўретлеў қураллары әдебий шығармалардың лексикасында белгили орында турады. Олар өз гезегинде көркем-әдебият услубының айрықшалығын да көрсетеди. Жазыўшы өз шығармасында белгили бир услублық жобада аўызеки сөйлеў тилиниң бирликлеринен де, диалектлик сыпаттағы сөзлерден де, шет тил элементлеринен де пайдалана бериўи мүмкин. Усыған байланыслы онда илаҳийда, наятый, сөйтөс, пинҳамы, гүллейин, таўап, ғайры, наркис, гәрдиш усаған сөзлер де ушыраса береди. Download 0.69 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling